Ақсақал, ассалаўма әлейкум, қара танаға көзиңиз түспеди ме



Дата07.01.2022
өлшемі75 Kb.
#19587
Байланысты:
ТУУРЫ ЖОЛ


Туўры жол

(Гүрриң)


ҒАЙРАТ АЛЛАМУРАТОВ
– Ақсақал, ассалаўма әлейкум, қара танаға көзиңиз түспеди ме? Ат минген Нурлыбай үй алдында ошаққа қуман қайнатып отырған ғаррыға даўыслады. Ғарры дым болдырмаған менен қыймылы жүдә епсиз еди. Қолын маңлайына көлеңкелеп жигитке термилди.

– Қай баласаң, қызыл қасқа ат аўылда жоқ еди, шамасы басқа аўылдан көринесең, – ғарры бир қараўын қараса да, ошағына үңилип отынды жаға берди.

–Каналдың арғы бойы, әйтекеден киятырман аға, набада қорадағы қашарларға урынып кирип кетпеди ме екен?

–Қорам болғаны менен иши қаңырап атырғой, балам, мына ҳалым менен маған мал күш береди дейсең бе?

Нурлыбай қуўрап қалған мәкке шиңгириклеринен бастырма қылып соғылған қораға көзин таслады. Гөнерип, күн алып кеткенине қарағанда адам қолы жуўығарада бул қораға тиймеген. Бастырманың ортанғы бағанлары сынып, шиңгириклер ойылып атырғанын көргип, излегени булманнан табылыўына тәме етпеди.

–Үш күн болды жойтқанымды табалмай жүргениме. Каналдың арғы жағасын қоймай излеп шықтым, табылмады. Бүгин берман қарап аттың басын айдап едим.

–Жуғымы болса табылар, табылмаса жетим-жесирлерге басымнан садақа дейсең де қоясаң, шырағым. Мийнет болған екен да. Ғаррының қуманы пысылдап суўы сыртына төгилди. – Жүр, балам, түс болып қалды, бираз ҳәлленип, шай-пай ишип кет.

Нурлыбай малын таппай жүрип, ҳәм руўҳый ҳәм жисманый ҳарыған еди. Чай ишип кетиўге егленди. Атын қуўраған геллекке байлады, сая жердиң ҳеш ретин табалмаған соң суўлығын шығарып, жүўенди тартыңқырап байлады.

–Ал, жигит, атың ким, не кәр етесең? Ғарры чайнегине шайды үшинши рет қайтарып атырып сөзге киристи. Аўылдың халқы менен мерекеде көриспесе, бөтен ўақыт адам менен сөйлесип шерин тарқатыўға мәўрит таппайды. Яки адамлар буның менен гәп сатысып отырыўға қумартпайды. Жигиттиң келгени, әсиресе, чайға отырғаны ғаррының қурысып қалған ийегин кемсеңлетиўге жақсы бир мәдет болды.

–Атым Нурлыбай, аўылдың шопаныман. Аўыл ҳалқының малларын басына ақша алып бағаман. Жойтылған тана жақында қосылып еди, тораңғыллықтан бир тасалап шетлеп кеткен екен.

– Жойтылған малың табылмаса, қунын төлеп бересең бе?

– Ендимей не, аға, келисим сондайғой. Мына тананың ийеси де бир шарбая кемпир еди, үйимди аңлып отырады ды қояды, жақынлап кетсем мийимди шағады. Түнде ел жатқан соң үйге қайтып жүрмен. Болмаса, тынышлық жоқ, ерте қайтыўға да болмайды. – Неге излемейсең, табалмасаң қунын төле, қаладағы милийса балама айтсам, еке есесин өндиремен, я малды тап, я пулын бер деп үйимди басына көтерип отырып алады. Сол аға, үш күнниң жүзи болды ишкен асым бойыма тарамайды.

Нурлыбай ыссы көк чайдан ишип ҳәлленди, маңлайынан салқын тери түйир-түйир болып ақты. Жеңи менен сыпырды. Ғарры буны сезип, жигитке сүлги усынды. Жигиттиң сүлгиге көзи түсип еди тап таза. Бир епли қатынның жыйрып кирин ашып жуўғанындай. Үйге бир көз жуўыртты. Үй иши таза, буйымлардың сыры да кетпеген.

–Апай көринбейди, бир таманларға шығынып кетти ме? Нурлыбай бул азадалыққа кеўли толып, қызықсынды.

–Үйде жалғызбан, қарабасым. Кемпир жийирма алты жыл бурын бизди жалғыз қалдырды. Үйдиң қатыны да, еркеги де өзиммен. Туқымың пуш болса, еккен егин бой көрсетпейди демекши бизден перзент болмады. Кемпир де бизди қыймай, үмит пенен он екки жыл өмир сүрди. Ақыры перзент күседи ме, я басқа ма, әйтеўир таслап кеттиғой заңғар.

–Малыңды қай жерден излеў керек екенлигин айтайын саған, – деди, ғарры гәпти бурғысы келип. Туқым маллар ески қорасына талпынады, жем жеген жерине, егер оннан таппасаң бағатуғын жерлериңде қалың қамыслықтың арасын жақсылап қара, семириўге қараған мал жатаған болады. Отлап, тойып жата береди.

–Алдынғы ийесиниң қорасын өзим көрдим жоқ. – Келмеди, – дейди, ийеси бақырынып, тап малын мен несийеге алғандай. Шарбая кемпирден қалыспайды еркек болса да. Жөни менен айтса да болады, түсинеменғой.

– Орны келгенде, және бир гәп айтайын, адамлар арасында, өзиңди жиллишиликке салып турмасаң, ҳәзир олар өз майыңа өзиңди қуўырады. Бәрибир сен жақсы боламан деген менен адамлар қәте қабыллайды. Ҳәмме жақсы көретуғын ийт болғаннан, ҳәмме айбынатуғын арыслан болған абзал. Адамлардан енди дәкки жеме.

«Адамлардан дәкки жеме, ҳәмме жақсы көретуғын ийт болғаннан, ҳәмме айбынатуғын арыслан болған абзал!» Нурлыбайдың қыялын ғаррының усы айтқаны пүтинлей бийлеп алды. Неге бүгинге дейин адамларға қасарыспадым? Олардың алдында басымды ийдим? Мениң әлпайымлығымды, ақкөқиреклигимди ҳәмме аўмалық деп түсине ме? Бүгинге дейин олардың шағыўына тәнимди тутып бердим бе? Яқ, енди мени шағыўына жол қоймайман! Мейли меннен қорықсын, меннен шоршысын, жийеркенсин, мен артық төменшик болмайман! Ҳәмме жақсы көретуғын ийт болғаннан, ҳәмме айбынатуғын арыслан болған абзал!

Нурлыбай тап жойтқан малын тапқандай өзине исеними тасып, мал излегенди тоқтатып, аўылына гәрдийип қайтты. Келешектеги «Өзин» таўып қайтты.

Аўылына кире бергени алыстан көрип отырған бийҳая кемпир алдына таяғын тиренип шыға берди. Кемпир де жойтылған малының изине әбден түсип алған. Нурлыбайды ерте қайтып киятырғанын көрип шәрбаялық атына ерсиз минип алды.

– Ҳә жүўернимек, қудайдан тапқыр, малым қайда? Не излемей жүрсең? Я бир жерде ҳарамланғанын көрдиң бе? Төлейсең, қайдан тапсаң да төлейсең!

– Әстен, әстен. Әстенирек болса кемпир Паршагүл. Шешем айтпайған ғарғысларды айта бермей. Ғарғысларың өзиңе болсын, ана қаладағы балаңа болсын! Өзиң қудайдан тап! Мен не малыңды ҳарам өлтирдим бе? Жойтылса излеп атырманғо. Ертең излеймен, бүгин шаршадым.

–Мына баланы күн алып кетпеди ме? Не деп турсаң, қашан малымды услатасаң соң жатасаң! Билдиң бе, басыңда қазық болып қағылайын сол.

– Кемпир, малың керек болса бар изле. Мени тыныш қой. Бүгин дем аламан.

– Ҳаў мына баланы жин-пин урды ма, деймен сирә, –таппайсаң ба?

– Топыраққа от қоясаң ба? Қой сол отыңды! Ана балаңды да шақыр. Олам от қойсын! Сени де, оны да, өзим де өртеп өлеқалайын.

Шарбая кемпир пәсине қайтайын деди. Буның менен енди қаттыға барыўдың бийпайда екенин ишлей түсинди ме, гүңкилдеўи менен артына қарай айланып изине қайтты.

Нуурлыбай биринши жеңистиң мазасын татты. Енди мызғып дем алса болады. Үш күнде малдың изинде салпылдап өле жазлады. Кемпирдиң қаладағы баласы, жойтылған малы көз алдына келип еди, – Әкесиниң аўзы…деп қолы менен бир силтеп самалды кести. «Ҳәмме жақсы көретуғын ийт болғаннан, ҳәмме айбынатуғын арыслан болған абзал!» – деп марапатланды бийҳая кемпирди қайтарғанына.

Жойтылған тана ғаррының айтқанындай өристиң қалың қамыслығынан, отлап жүрген жеринен шықты. Буның шопан атанғанына еки жылдың көзи болмай атырып жиберген бул тәжирийбесизлиги оның маңлайын қурытыўға сәл қалды. Бирақ Нурлыбай тана менен қоса оған өзин таўып берген ғаррыға ишлей миннетдар болды. Кемпир менен ғаррысының усы күнге дейин бундай тәрбия бермегенине түңилди. Адамлар менен тонды терис кийип сөйлесиўди минезинде ертерек пайда етпегенине ата-анасын ишлей кейиди. Сол жалғыз ғарры менен тағы көрисип сабақлар алыўға жигитте қуштарлықты пайда етти. Оннан еле өзи билмеген «өзиниң» көп қырларын ашып бериўине үмидўар болды. Оның менен бир мәўрит тиллесиўге Нурлыбай бел байлады.

– Ҳәзир пул ушын адамлар не ислемейди дейсең. Қәлеген муқамыңа дөнеди заңғар. Жеке мәп, қоржын қомлаў ҳасыл нийети. Сениң адамгершилигиң, ақкөкиреклигиң бир пулға қымбат. Пулыңды алса болды есап. Мәгар, жасаўдың шәрти сондайдур – деди, ғарры кешеги аўысқанын жапқа салып қойған аўқатан қазанда быжжылдатып ысытып атырып.

– Қалтаңда пулың мол болса, адамгершиликти де сатып алыўға болатуғын шығар, бәлким. Адамлар көп пул табыўға қумарта бередиғо себеби.

Сыры кетпеген таза табақты аўқат салыўға таярлап турған Нурлыбай үнсизликтен бирден саўалға көшти.

– Пулды тапқанлар пулын қайтып жумсайды.

–Пулды табыўдың мың қыйлы жолын билетуғын айрымлар оны жумсаўдың жолын таппай бүлинеди. Ысырап етеди. Пулды аз табатуғынлар бар, жумсайтуғын орнын биледи, ал айырымлар оны да келистире алмайды. Қулласы, жақсы жасаў ушын, адамлар сени сыйлаўы ушын қалтаң да, басың да толы болыўы керек, балам.

Нурлыбай негедур «адамлар сыйлаўы ушын қалтаң толы болыўы керек» деген ойға жабысып қалды. Әзелден төменшик болып қалған минезин көркейтиў, оны адамларға тең етип қәлиплестириў, ҳәтте олардан үстин қойыўға деген ыштыяқы бәлент болғандур. Не де болса, адамларды сыйлаттырыў мақсетин орынлаўда қалтаны толтырыў нийетин биринши сапқа қойды. Мүмкин, усы күнге дейин төмен жасағаны кеўлине батқан болыўы итимал.

– Қәне, ақырғы мал қосылды ма!?–деген, Нурлыбайдың ат үстинде қарылдап шыққан даўысы аўылды силкиндирди. – Ҳеш ким кетип қалмады ма? Шопан төлеми көтерилди. Мал басына жигирма мыңнан төлейсиз.

Аламанда гүбирли пайда болды. Бурынғы Нурлыбайды тап бүгин көрип турғандай биреўлер суғы өткенше қарасты. Оның атқа ширенип турып сөйлемек түўе, өлпең шығатуғын даўысын еситпей қалатуғынын аўыл халқы силтидей қатты.

– Бул нәғығаның, Нурлыбай, ҳақыңды бундай асырып? Балдағына сүйенип турған аламанның жасүлкени Оңғарбай қолындағы балдағын сермеп сөйледи.

–Ҳаў, аға кеше көрдиңғо, Паршагүл апаны, малы жойтылып, орнына мениң жанымды алажазлады. Еле де қудай жарылқап, табылақойды. Болмағанда мына астымдағы атты сатып берейин деп тур едим. Сондай тағы биреў малын жойтса, төлеп беретуғындай қурбым жетиўи керек емес пе? Ямаса, жойтылған малдың қунын сиз мойныңызға аласыз ба? Онда, мейли, сиз пул бермей-ақ қойың.

– Еки жылдан берли он мыңнан бағып жүрсеңғой, жаман болмадың. Ешегиңди атқа алмастырдың. Сондай етип баға берсеңо?

«Ҳәмме айбынатуғын арыслан болыў» пайыты келди деп ойлады Нурлыбай. Еринен бир жамбасын төмен тайдырып, бир аяғын зәңгиден шығарды. Қамшы услаған қолын санына қойып, бир қыялап ғаррыға сөйледи.

– Аға, малыңызды айырып ала қойың, мен сизиң малыңызды бақпайман. Айттым ғой жағдайды. Даўысы аламанға қарата көтериле еситилди. – Ким қәлемесе, малларын айырып алып қайта берсин, ҳәммеге тийисли.

Аламан ғаўырласып кетти. Бири үй жумысына асығып турғанын айтып, малларын айырмай үйине қарай кетти. Булардың разы екенлиги айтпаса да айқынланды. Биреўлер Нурлыбайға бир оқталып, өзлерин басты, иләжи жоқ, малдың изинде өзи жүре алмайды. Биреў қосқан бир малын паданы шаңғытып зорға айырып алып үйине айдап қайтты. Басқа айрыўшылар болмады.

Оңғарбай ғарры да, көпшилик разылық билдиргенине қарсы туралмай, шалғайын услаған қолын шалғайы менен қоса бир силтеп, гүбирлениўи менен үйине кетти.

Нурлыбайға бул аламанды жеңиў ҳүзир бағышлады. Қыйқыўлап паданың изинен малларды кеўилли айдады. Тоқсан бас қарамалға жетер жетпес пада изинде шаң қалдырып аўылдан узақлай берди.

Келеси айда мал басынан жыйнаған нобай пул Нурлыбайдың нурлы күнлерин баслағандай болды. Молақай ақшаны көрген үй ишиниң ҳәр бириниң зәрүрликлери избе-из шығып дизилди. Апасы үйге тас тандыр салыўға гербишке ақша керек десе, ағасы кемпирин тоқтатып таза ешек арба алып бериўин айтады. Қостары Бийбиназ аўылда той-жыйында қаңқыйып тағып жүретуғын тағыншақ әпериўди айтып түни менен Нурлыбайдың мийин шайып шықты.

Мәсләҳәтгөй ғаррының «–Пулды табыўдың мың қыйлы жолын билетуғын айрымлар оны жумсаўдың жолын таппай бүлинеди. Ысырап етеди. Пулды аз табатуғынлар бар, жумсайтуғын орнын биледи, ал айырымлар оны да келистире алмайды» деген гәпи мийинде дүбелейдей уйтқып мазасын алды. Қалай жумсаў керек ақшаны? Қайсысы алдынғы мәселе? Қайсысына пул сарыпланыў керек? Нурлыбай тыянақлы бир пикирдиң ушлығын шығара алмады. –Ғарры менен ойласыў керек, деген ойы қыялына сап ете қалды.

– Болған ўақыядан толық хабардар еттим аға. Енди маған туўры жолды көрсет, – деди Нурлыбай ғаррының үйинде ярым ақшамда уйқыдан безип.

– Шаңарағыңда урыс болмасын десең, ата-анаң менен қостарыңнын ортасында дийўал болып турыўың керек. Ата-анаң келинин сыртлай кейисе, ҳаялыңа билдирме, ҳаялың айып ислесе ата-анаңа сыр ашпа. Өзиң тәрбияла. Өзиң жүўенин тарт. Буның менен не демекшимен, ата-анаңның ойласқан орталығына бир бөлек ақша бер, олар енди қалған жағына аразласып, айырылысамыз деп шатақ салмайтуғын шығар, апаң көнер бәлким, ал ҳаялыңа бир бөлек. Өйткени, қарамасаң қатының да кетеди, – деген гәп бар емес пе. Оның мүтәжин бөлек қанаатландыр.

Нурлыбай Нөкис темир жол вокзалында мине усыларды қыялдан бир-бир өткерип отырғаны еди. Бул ҳәдийселерден алдын қандай Нурлыбай еди, ҳәзир қандай Нурлыбай болды. Қайсы Нурлыбай өзин бахытлы сезер еди. Бахыттың өзи қандай болатуғынлығын сол ғаррыдан сорап билип алмағанына ҳәзир пушайман шегип отыр. Егер бахыттың өзин билип алғанда аўылынан бас алып кетпеген, ата-анасынан ерте айрылмаған, шаңарағы менен айырылыспаған болар ма еди? Бәлки, сол ғарры айтқан елде жумыс ислеўге жол алып, поезд күтип отырмаған болар ма еди? Билмеди.

– Нурлыбаймысаң? – деген Паршагүлдиң баласы Азаттың даўысы буның қыялларын бөлип жиберди.

– Аўа, ассалаўма әлейкум, Азат аға. Апасы менен болған ўақыядан хабары бар болса да, Азаттың күле шырай берип турғанын Нурлыбай көрип сергекленди.

– Қайда шықтың, вокзалда жүрсең? Азат сын көзлерин Нурлыбайға тикти.

– Талап ислеўге дегендей қоңсы елге…

– Яқ сен ол жерди қой, ол жақ тыныш емес, мен саған жумыстың қолайлы жерин айтайын …



Азат Нурлыбайды қолтықлап вокзалдың ишине қарай алып кетти.

Нурлыбай тазадан сатып алған билетине келеси ҳәпте жолға шықты. Азаттың айтқан жерине алып баратуғын поездтиң айнасынан темир жолға қарап отырып және шийрин өтмишин еске түсирди…

Достарыңызбен бөлісу:




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет