Збекстан республикасы



Pdf көрінісі
бет9/44
Дата13.08.2023
өлшемі371,64 Kb.
#105226
түріСтатья
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   44
37-статья
Өзбекстан Республикасының пуқаралары мәмлекетлик хызметке 
кириўде тең ҳуқыққа ийе. 
Мәмлекетлик хызметин өтеў менен байланыслы шеклеўлер нызам 
менен белгиленеди. 
38-статья. 
Пуқаралар өзлериниң жәмийетлик белсендилигин Өзбекстан 
Республикасы нызамларына муўапық митинглер, жыйналыслар ҳәм 
демонстрациялар түринде әмелге асырыў ҳуқықына ийе. Ҳәкимият 
уйымлары тек ғана қәўипсизлик себеплерине байланыслы илажлардың 
өткерилиўин тоқтатыў ямаса тыйым салыў ҳуқықына ийе. 


11 
39-статья. 
Өзбекстан Республикасы пуқаралары кәсиплик аўқамларға, сиясий 
партияларға ҳәм басқа да жәмийетлик бирлеспелерге бирлесиў, ғалабалық 
ҳәрекетлерде қатнасыў ҳуқықына ийе. 
Сиясий партияларда, жәмийетлик бирлеспелерде, ғалабалық 
ҳәрекетлерде, 
сондай-ақ 
мәмлекетлик 
ҳәкимияттың 
ўәкилликли 
уйымларында азшылықты қурайтуғын оппозициялық шахслардың 
ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм қәдир-қымбатын ҳеш ким кемситиўи мүмкин 
емес. 
40-статья. 
Ҳәр ким тиккелей өзи ҳәм басқалар менен биргеликте мәмлекетлик 
уйымларына ҳәм де шөлкемлерине, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў 
уйымларына, лаўазымлы шахсларға ямаса халық ўәкиллерине арзалар, 
усыныслар ҳәм шағымлар менен мүрәжат етиў ҳуқықына ийе. 
Арзалар, усыныслар ҳәм шағымлар нызамда белгиленген тәртипте 
ҳәм мүддетлерде қөрип шығылыўы шәрт. 
IX бап. Экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм
экологиялық ҳуқықлар 
 
41-статья. 
Ҳәр бир шахс меншик ҳуқықына ийе. 
Банк операцияларының, аманатларының ҳәм есап-бетлериниң сыр 
сақланыўы ҳәм де мийрас ҳуқықы нызам менен кепилленеди. 
42-статья. 
Ҳәр ким ылайықлы мийнет етиў, кәсип ҳәм жумыс түрин еркин 
таңлаў, қәўипсизлик ҳәм гигиена талапларына жуўап беретуғын қолайлы 
мийнет жағдайларында ислеў, мийнети ушын ҳеш қандай кемситиўлерсиз 
ҳәм де мийнетке ҳақы төлеўдиң белгиленген ең кем муғдарынан кем 
болмаған әдил ҳақ алыў, сондай-ақ жумыссызлықтан нызамда белгиленген 
тәртипте қорғаныў ҳуқықына ийе. 
Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары инсанның ылайықлы 
турмыс дәрежесин тәмийинлеў зәрүрлиги есапқа алынған ҳалда 
белгиленеди. 
Ҳәмледар ямаса баласы барлығы себепли ҳаялларды жумысқа қабыл 
етиўден бас тартыў, жумыстан босатыў ҳәм олардың ис ҳақысын кемейтиў 
қадаған етиледи. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   5   6   7   8   9   10   11   12   ...   44




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет