Иб. Юсупов куншығыс жолаушысына



Pdf көрінісі
бет2/5
Дата03.03.2017
өлшемі1,06 Mb.
#5427
1   2   3   4   5

МУХАЛЛЕС 

 

«Дурыс емес, гӛззал тәбият ҳәм де нәўбәҳәр,  



Жер — аспанның кӛринисинде десең егерде.  

Тәбиятта нәўбәҳәр де сен бар жерде бар,  

Периштем, теқ сен жүрген жерде. 

                                                                         Гетеден 

 

Қыстың куни кар гүллер, ярым, сен жүрген жерде,  



Жупар ийис шашар желлер, ярым, сен жүрген жерде  

Бостанға дӛнер шӛллер, ярым, сен жүрген жерде,  

Ӛзгеше сайрар бүлбиллер, ярым, сен жүрген жерде.  

Қәдемиңе қайыл жер, ярым, сен жүрген жерде. 

 

Арғымақ жәўланында Әмиў бурқып ағады,  



Таң самалын жалынтып сен барасаң жағада.  

Жар астындағы жайын кӛрип сени набада,  

Жайа болған жигиттей ӛрден ыкқа шабады,  

Саған ашық ҳәммелер, ярым, сен жүрген жерде. 

 


21

 

 



 

Кәдем бассан қаймығып, қар ерир суў болғалы,  

Бәҳәр намасын шалып, гүрлеп сайға толғалы,  

Жап бойын қаплап сүйрик, шығар теректиң палы,  

Кӛл үстинде басланып қуслардық фестивалы, 

Таўда суңқар кус түлер, ярым, сен жүрген жедде.  

 

«Кӛрсең тәрийпин айт» деп, түнлер жалынар танға,  



«Гүл жүзине қонба» деп, таңғы шық кейир шақға,  

Ийнеликлер үймелеп, әтшӛклер шақырғанда,  

Атлас камал гүбелек жоңышқалықта байрамда,  

Гүўилдер пал ҳәррелер, ярым, сен жүрген жерде. 

 

Бәҳәр әййямы сенсең, қумар кӛзим, кел бери,  



Гүл-ғүншаны оятсын жеңил хошқәдемлериң,  

Сен десем сергип жаным, қалмас кеўилдиң шери,  

Ерик гүллерин шашып қарақалпақ жерлери,  

Шадлық бәҳәри күлер, ярым, сен жүрген жерде. 

 

                                                           1959-жыл. 



 

 

22

 

 



 

 

Р У Б А Я Т 

 

Бир ғана кун тнып ақса егерде,  



Уйық тебер еди Амударьяны.  

Шаир истен канаат тапса егерде,  

Тап сол куни онынг тнып қалғаны. 

 

*       *       * 



 

Егер шайр екенингди умытсанг,  

Залели жоқ, халқ умытпас сонда-да...  

Егер адам екенингди умытсанг

Шаирман деп дуйим журтты алдама. 

 

*       *       * 



 

Асып-тасу суға ғана жарасар,  

Бассынба сен басқаларды томенсип.  

Оскен сайын тут озингди аласа, 



23

 

 



 

«Ағаш миуа питкен сайын томеншик»… 

 

*       *       * 



  

Мақтаншақлық—томенлеудинг греуи,  

Буынсыз тил—мақтаншақтынг треуи, 

Тынглап корсенг, оннан наҳань адам жоқ,  

Англап корсенг, соннан надан адам жоқ. 

 

Қанат берсек қауындай бир металлға,  



Кунде жерди он айланып отеалған,  

Қиял қусын азат ақыл шынлығы— 

Окшелетип, Марсқа-да бет алған. 

 

*       *       * 



 

Рекеталар, бул,—уақыттынг тезлиги,  

Даурь дангқын космосқа-да жая алған.  

«Спутник», бул, — жанга заман созлиги, 

Туған куни барлық тилден жай алған.  

 

*       *       * 



 

Бир туктен шаш болмас, бир гуриштен ас,  

Бир түптен бағ болмас, тау емес бир тас,  

Брақ қуралады бари бреуден,  

Он еки мушеден жамлескен геуденг. 

 

*       *       * 



 

Қонды бир тамшы шық пискен алмаға,  

Ҳамь «мен—мазмунман» деп керди кокирек,  

Брақ кун шықты-да оны жалмады,  

Алма тур. Ал қайда сол шықтан дерек? 

 

*       *       * 



24

 

 



 

 

Ана кирпик болса, перзент коз болар,  



Перзент—кептер, ана —зер гумбез болар.  

«Аналық ҳақыны толық отедим»,— 

— Деген гап кенеусиз курғақ созь болар. 

 

*       *       * 



 

Булбилдинг тикарғы касиби—сайрау,  

Онынг унинде бар сырлы қайталау,  

Қосығымды бир рет мен қайталасам,  

О, булбил, не ушын журт кулер маған? 

 

*       *       * 



 

Салмадан су ағып отти сылдырлап,  

Атқүлақлар осек тақты былдырлап,  

Тек мешин иркилип деди оларға: 

«Ким арқалы осип турыпсыз нурлап?»  

 

*       *       * 



 

Унгилип тур едим тау дарьясына,  

Философша бир ой келди басыма:  

«Сулулап егеу ушын, ҳей минеткеш су, 

Қанша енгбек еттинг миллион тасынга?» 

 

*       *       * 



 

Гей бреулер жас гезинде-ақ тозады.  

Гей бир гуллер қартайса-да солмаған, 

Тань картайса—табняттынг нзамы, 

Брақ жаслай жан қартайса, сол жаман-  

 

*       *       * 



 

25

 

 



 

Муҳаббетте электрдинг зангы бар:  

Бри—плюс, бри—минус, —кос журек.  

Еки журек бир ноқаттан табылар. 

Биз екеумиз нур беремиз сонда тек»  

 

*       *       * 



 

Айна текте корсетер сырт жузингди,  

Сырткы шрай—шарқ урған бир шағала.  

Егер толық коргинг келсе озингди

Журегимнинг айнасынан сғала. 

 

*       *       * 



 

Қапталымнан откен қзыл койлектен,  

Желпиген леп желиктирди жас жанды.  

Асте ғана желпип откен сол лептен, 

Журегимде бир дубелей басланды.  

 

*       *       * 



 

Мен—гибрид, сабық налден когерген,  

Пушкин менен Науайынынг шангынан,  

Мен—таза қан, сап журекте исленген,.  

Мен - Бердақтынг жалғыз тамшы қаныман. 

 

Қай жерге болмасын алып барар жол,  



«Жол» деп аталады сонынг ушын-да,  

Брақ, кайсы жерге апарады ол?  

Маселе сонда. 

 

 



 

 

 



 

26

 

 



 

Либадия тортликлеринен 

 

Либадняда сарай бар, иши салқын,  



Топса менен тутқасы сары алтын,  

Патша еснесе бул жерде апельсин жеп  

Куйик нанға зар болып журген халқым. 

 

Ақ сарайдынг алдында еки шнар,  



Жоқарыға қарасанг козинг тнар,  

Жоқарыға қарама, шаир бала,  

Керегингнинг ҳаммеси жерде болар. 

 

Либадия бағында осер каштан,  



Миуасын қатты кордим қара тастан,  

Биҳуда минет тап сонынг миуасындай,  

Тас онер-де, ас онбес оннан ҳаслан. 

 

                                       1958-жыл. 

 

ӨМИР ФИЛОСОФИЯСЫ 

 

Бир жгит тырнағын егеп отырып,  

Иренжир омирдинг қысқалығынан:  

«Кун келте, жыл қысқа, аз омир сурип,  

Жумыс, жумыс деп-ақ отеди-ау адам!»  

Кординг-бе, бул сатенгге енди не дерсенг!  

Ақмақтынг-да бар озь философиясы.  

— Минет, бул—омирдинг мазмунығой билсенг, 

Жумыс—ауладлардынг эстафетасы.  

Ырас, омир қысқа. Балки биз оны—  

Еле узайтармыз. Брақ, сен тусин:  

Уақыт—дала, мақсет—омирдинг жолы,  

Озингнен коп жасар ҳақ жоллы исинг.  

Сатенглер раҳатти гозлейди тегин,  

Ынгыранса жалқаудынг кунлери кешер.  

Бир жақсы ис птирип кейип еткендеги  



27

 

 



 

Минутынг—бир дауьран, жылға баслесер.  

Дарья озь арнасын унггир тынбастан,  

Тамшы тама-тама тасты теседи.  

Озь омирин азсынып тоқтап қалмастан,  

Буртиктен тайнапыр шнар оседи...  

Маркс, Ленин усындай аз омирде-ақ  

Капитал зулымына теренг гор казды. 

Усындап аз омирде Толстой, Бальзак  

Ҳарбри, аз-да болса, жузь ктап жазды...  

Ҳарь ким озинше дауьран суреди:  

Бреу белги салар ҳеш қолдан келмес.  

Бреулер коп жумыс ислеп улгереди,  

Бреулер.., тырнағын-да егеп улгермес. 



 

                           1957 жыл, Нокис. 

 

ӨЗБЕК САЗЫ 

 

Жүрек тарынан исленген әсбап тар ма деймен,  

Саздың ең сулыў ағласы ӛзбекте бар ма деймен. 

 

Тақыянды шекеге қойып шертесең тарды, гӛззал,  



Шерт, бирақ мениң жаныма бунша дәрт салма деймен. 

 

Сүйрик саўсақта қыяғың ҳәр тийгенде шарханаға,  



Тар емес, жүрегиме тийип турар ма деймен. 

 

Ышқыңа шыдам бермей қашсам деп, қашаалмайман,  



Алты жуп сырлы дузағың мудам таяр ма деймен. 

 

Бул дузақтан шығарлық жол сорадым Наўайыдан,  



«Мен де күйгенмен дейди, — ядыма салма деймен». 

 

Айттым таң самалына «алып қаш» деп тардың сесин,  



Бир шалқытты да қашты, ол да қорқар ма деймен. 

 


28

 

 



 

Титиретпей қақ тарыңды, жаным Тәнаўбар гӛззал.  

Буншалар титиретип мениң жазығым бар ма деймен? 

 

Шийрин  саз  пияласың  толтырып  шарап  берип, 



Кейнинен «мәс болдың» деп күлкиге алма деймен. 

 

Сӛйлесин тап ышқыңнан, шерт шадлы мақамларды,  



Алтын саз тутқызса дәуран, щалмай болар ма деймен. 

 

Титиретип тарды бирақ, ӛртеме Ибрайымды,  



Ҳей, сен сәзенде гӛззал, мийримиң бар ма деймен. 

 

                                                     Нӛкис, 1958-жыл. 



 

ЖОЛАУШЫНЫНГ ТУНГИ ҚОСЫҒЫ 

 

(Гётеден) 

 

Қарангғы тунде ту анда  



Қалғып аскар тау турар,  

Толықсып салқын думанда,  

Ойпатлар жым-жырт маужырар. 

 

Жапырақлар-да қозғалмас,  



Гузар жолда тнар шанг...  

Сабыр етип тур азмаз,  

Сен-де усылай тнарсанг. 

 

 



ТЕНГИЗ ҲАМЬ СЕН 

 

Ақшам келсем тенгизге,



  

Ақбас толқын бар еди.  

Орлеп, га қайтып изге,  

Жағаға соғар еди. 

 


29

 

 



 

Азанда корсем басылған  

Толқыннынг тунги шатағы.  

Нурлы ажары ашылған  

Асау куш тнып жатады. 

 

Тек енди онынг жузинде  



Салтанатлы тусь бардай.  

Жасырынып жатқан тубинде  

Бир ажайып куш бардай. 

 

Шайпалар майда толқынсақ,-  



Сабырлы куштинг ырғағы.  

Балықшы катер қиқулап,  

Қайықлар тағы зырлады... 

 

Сондай-ак, жаным, мен саған  



Ашык болып жургенде  

Муҳаббетим тулаған—  

Толқындай еди орь геуде. 

 

Сен турдынг биик ушбада  



Тамашалап толқынды.  

Аяғынгды қушпаға  

Секирип толқын умтылды. 

 

Есимде ози сол куннинг:  



Жағыстан тусип келдинг сен.  

Жанынга унлес толқыннынг  

Қушағына ендинг сен. 

 

Соннан кеин узамай  



Еки журек басылды.  

Тынды даул, найзағай,  

Жарқырап тенгиз ашылды. 

 

«Табыстық еркин бетме-бет,  



30

 

 



 

Жас омир жетти мақсетке.  

Кеулде брақ муҳаббет  

Кемиген жоқ, албетте. 

 

Қайтама жазғы тангдағы  



Тенгиздей тныш куш алған.  

Айқынланып жань-жағы,  

Салтанатлы тусь алған. 

 

Ышқым сондай кенг, жумсақ,  



Аур тартқан салмағы.  

Жиегинде ойнар толқынсақ,  

Сабырлы куштинг ырғағы. 

 

Мойнақ—Нокис, 1957-жыл, феваль.  

 

 

МАГНОЛИЯ 

 

Қара теңиз жағасында жайқалып,  



Май жапырақлы магнолия ӛседи,  

Кӛрген сайын жас кеўлиме ой салып,  

Ышқы сезими менде арта түседи. 

 

Тереқ тамырын жуўып шалқар океан,  



Тур бәлентте сулыўлыққа таласып  

Жаз таңында қалың жапырақларынан  

Шық тамшысын емер қубла куяшы. 

 

Бири ашып, бири ғуншасын салып,  



Қысы-жазы шашар аппақ гүллерин,  

Пал ҳәрреси палаўызға қадалып,  

Ийисин алып қашар мәўсим желлери... 

 

Сол сыяқлы жүрегимде мениң де  



Қысы-жазы гүллеп жатар муҳаббет.  

31

 

 



 

Бурқыраған магнолия гүлиндей  

Сап ышқымды, сәўер ярым, қабыл ет. 

 

                             1955-жыл, Хоста. 



 

АҚТАС РОМАНТИКАСЫ 

 

Хостаға жазда, жаным, келсең еди,  



Аралап қуртоғайды жүрсең еди.  

Қытықлап ақ балтырды қос бурымың,  

Актастың аясына минсең еди.  

Актас, бул, — тәбияттың бир балконы,  

Алдынан ашылады Кавказ оның.  

Қарсыңда уйлығысып қарлы таўлар,  

Таласып созар еди-аў саған қолын.  

Пальмалар пешанаңды желпип әсте,  

Тәрийплеп қубылжыған қуслар сести,  

Бананлар жапырағын жаўып саған,  

Магнолия гүлин тӛгип дәсте-дәсте;  

Сымбатлы сәрўи таллар қатар дүзеп,  

Шиповник бояў сүртип ӛзин безеп,  

Әсирлик тиссалар да тас тӛбеңнен  

Таңланып қарар еди гезек-гезек.  

Булытлар кӛрип сени усы жерде,  

Шабысып шомылғанда қара терге,  

Кызғанып ийирилген аппақ думан,  

Жүзиңе тутар еди жуқа перде.  

Ал сонда пәгли қурдым жемтик аўлап,  

Айқасып аш толқынлар, тынбай шаўлап, 

Ыңыранып ырғыр еди гранитке,  

Ақтастан алыў ушын сени жаўлап...  

Рафаэль ӛзи салған сүўретине  

Ашық болып қалғаны есиңде ме?  

Гүрилдеп қол шаппатлар еди сондай  

Тәбият сендей сулыў перзентине. 

 


32

 

 



 

                                Хоста. 1955- жыл. 

 

ГЕЙНЕДЕН 

 

Гоззал баҳарь айы келгенде.  

Гуллер тағы ашьлар гуулеп.  

Сонда менинг жас журегимде  

Оянады тунгыш муҳаббет. 

 

Гоззал баҳарь айы келгенде  



Қуслар салар тоғайда шауқым,  

Ашық болып сол гезде мен-де, 

Журегимде тасады зауқым.  

 

*      *      *               



 

Козлеримнен токкен жасымнан,  

Коп шрайлы гуллер ӛнеди.  

Мен гурсинсем, ҳарь шеккен налам 

Булбил пғанына донеди. 

 

Жаным егер сен мени суйсенг,  



Сол гуллерди. саған берейин.  

Танг саҳарде айнангды ашып,  

Бас ушынгда сайрап журейин. 

 

*      *      * 



 

Даул уйытқып майданда,  

Кақсын мейли айнамды.  

Мейли, жерди комсин қар,  

Даулдан журек қорқпайды,  

Ойткени, онда жасайды  

Суйген яр менен науьбаҳар. 

 

*      *      * 



33

 

 



 

 

Омир деген келер, кетер,  



Кеткен омиринг қайтып келмес:  

Брақ, менинг журегимде  

Ышкы оты мангги сонбес. 

 

Бир ғана рет корип сени,  



Аяғынга жғылып бирден,  

«Мадам, сизди суйемен» деп,  

Сбырлар едим олерде мен. 

 

                       1956-ж. аударылған. 

 

ҚОЙ, ДАҢҚПАРАЗ БОЛЫЎДАН УЯЛ... 

 

Ҳәй, жас ойшыл, нәсиятым саған:  



Болакӛрме ӛйтип даңқпараз.  

Болса егер адам даңқпараз,  

Жерде жақсы ат қалмас оннан … 

Бирақ та сен шайыр болдың да, 

Ӛзиңе аўыр шоқмарды алдың.  

Журттан мақтаў дәме қылдың да,  

Изинде кӛп күлкиге қалдың.  

«Әкел маған гүлиңди, халқым,  

Мен шайырман" демекшисең сен.  

Наўайының сӛзи емес, даңқың  

Мәжнүн болып излемекшисең, 

 

Қой, даңқпараз болыўдан уял,  



Неге керек қанатсыз қыял!  

Оннан қайта бәҳәр келгенде  

Жол бойына кӛгерт бир түп нәл.  

Жыллар ӛтер, гүжим ержетер, 

Сая берер шаршағанларға.  

Талай әўлад астынан ӛтер,  

Силтеў болар адасқанларга.  


34

 

 



 

Тәжирийбели жолаўшы турып,  

Бунда ойға батар гей күни.  

«Раҳмет буны еккенге» деп журт,  

Узақ жыллар яд етер сени ...  

Ҳей, жас ойшыл, сен маған қара!  

Соннан абзал даңқ бар ма сирә?  

Қой, даңқпараз болыўдан уял,  

Кимге дәркар қанатсыз қыял! 

 

                                1957-жыл, Нөкис. 



 

МОНТЕР БАЛА СЫМ ТАРТЫП КЕЛДИ 

 

Кеше жаңа жайлаўға бизиң, 



Монтер бала сым тартып келди.  

Москваның таныс ҳаўазын,  

Тартқан сымы бизге әкелди.  

Қайтқан ғаздай дизилди қатар,  

Телеграфтың бағаналары.  

Қуўанысты шопанлар, ғаррылар 

Ҳәм жайлаўдың жас балалары. 

Жас монтерды арқадан қағып,  

Фермамыздың баслығы күлди. 

Гүлжәмийла жеңгей қуўанып,  

Бир кастрюль сүт алып келди, 

«Уста қәйним, әкелдим саған сүт,  

Мә, ишип ал маўқыңды басып. 

Әттең, сол бир қыз күним болғанда,  

Болар едим мен саған ашық! ...  

Бир доғалақ сымға отырды да,  

Күлди жигит жадырап күндей.  

«Рахмет саған, саўыншы жеңге,  

Болса екен аў қызлар да сендей.  

Сен айтасаң, қыз күним болғанда,  

Болар едим дейсең сен ашық.  

Ал мениң сүйген қызым кийиктей,  



35

 

 



 

Мени кӛрсе кетеди қашып.  

Гейде күлер мениң үстимнен,  

Сӛзге сараң, гейде дым туйық.  

«Муҳаббат деген не ӛзи?» - деп меннен  

Қасақана сорар тымпыйып.  

Жүрегим соғар сымдағы тоқтай,  

Ӛтсем күнде үйиниң тусынан.  

Ойласам қулап түсе жазлайман,  

Столбаның ушабасынан.  

Мени кӛрсе сол почтальон қыздың  

Мысқыл шашып күлимлер кӛзи.  

Айтшы жеңге, ол да неге сендей  

«Сүйемен» деп айтбаўы неси?...  

«Беў, ангӛдек, тил билмес қәйним,  

Түсинбейсең, сен еле жассаң:  

Қызлар деген ӛртенип кетсе де,  

«Сүйемен» деп айтпайды ҳаслан... 

«Аҳ, солай ма, демек, ол да мени 

Жүр екен ғой ишинен сүйип!»  

«Солай қәйним, абайлап иш, аўзың –  

Ыссы сүтке қалмасын күйип» … 

«Түсинбеппен аў оған мен гешше»  

Деп жас жигит жадырап күлди... 

Сӛйтип бизиң жайлаўға кеше,  

Монтер бала сым тартып келди. 

 

                                1954-жыл. Нөкис. 

 

 

ҚУРЫҚ 

 

Кӛл бойында, Еркин ӛзек таманда,  



Жас жылқымын қурық таслар ғунанға.  

Тақымында қара торы арғымақ,  

Жигит ҳәмирин булжытпай жүр табанда. 

 


36

 

 



 

Сайгүликти бӛлип қуўып үйирден,  

Ӛкшелетип, зеребесин үйирген. 

Гейде кӛлдиң барысындай ақырып,  

Гейде илгир лашын қусап шүйилген. 

 

Ғунан бийе жүйрик екен жаныўар,  



Қыз қылықлы жилўасы бар сәни бар,  

Ағып барар ол қуйрықлы жулдыздай,  

Жылкы кӛрки усындайда танылар. 

 

Бүктен ушқан кырғаўылдай дүрлейди,  



Кең жайлаўда керип туяқ сермейди,  

Ал қызғаншақ айғыр үйир бйсында  

Жылқыманды жат кӛз бенен серлейди. 

 

Жылқыманда тәсил деген кӛп еди,  



Гейде тартып, гейде дизгин тӛгеди.  

Шабандозға туў сыртынан суқланып,  

Қараўыллап қыз турыпты тӛбеде. 

 

Аңлар жигит, уйткып барар қуйындай,  



Ышқы ҳәўири лаўлап жанар бойында.  

Салкын самал баса алмас желигин,  

―Сүймейди ол‖ деген жат сӛз ойында. 

 

Жас байталға ҳәзир қурық таслайды  



Ҳәм туўлатып, шоқлығынан услайды.  

Бирақ арқан тутқан мықлы қоллары  

Қыз алдында қалтырана баслайды. 

 

Муҳаббат ол арқан емес атпаға,  



Байтал емес қурық таслап тутпаға,  

Қыздың жаны жақсы кӛрер мәртликти,  

Әдетленбе сыр алдырып буқпаға! 

 

Сен сезесең оның қарап турғанын,  



37

 

 



 

Ал сезбейсен тап ҳәзирги ығбалын:  

Сезбейсең сен ―сүйиклим‖ деп сыбырлап,  

Ерлигиңе иштей ырза болғанын ... 

 

Ҳей, жылқыман, беккем усла қурықты,  



Жас байталға берме, достым, ырықты! 

Туў сыртыңда ерлигиңе елжиреп,  

Күни ертеңги ярың қарап турыпты... 

 

                                 1958-жыл, Нөкис. 



 

ҚУЎМА СУЛЫЎ АЙНАҢНЫҢ АЛДЫНАН... 

 

Қаламыздың кӛп бағы, шарбағы,  



Кең айналы сулыў жай да кӛп.  

Бирақ та, сен турған тамдағы,  

Еки әйнек ҳешбир қайда жоқ. 

 

Нӛкистиң қайсы шетинен түнде,  



Жиберсе де кӛзимди таңып,   

Сокыр қусап болжаған күнди,  

Қағар едим мен оны танып. 

 

Аҳ, әйнегиң алдында бир түп,  



Анаў қыйсық жийде болсам!  

Сығалар едим қақпастан кирпик,  

Сен қай ўақта үйде болсаң. 

 

Ал жийдениң неси артық меннен?  



Артығы сол: үйиңнин түбинде.  

Самал ессе жапырағы менен,   

Сабалайды айнаңды күнде. 

 

Бәҳәр гүли сасып турса да,  



Пай, гүлиң де сулыу-аў» дейсең. 

Гүзде қолынды тикен жырса да,  



38

 

 



 

Ашыўланбай мийўасын жейсең. 

 

Ал мен егер жантассам қасына,  



Жийде урлыққа келгендей кӛресең.  

— Ҳай бала, қой, асылма шақасына! —   

Деп жекиринип, изинен күлесең... 

 

Дурыс, бәлки, мен уры шығарман,  



Бирақ жийдеңде не жумысым бар?  

Куўма сулыў айнаңның алдынан,  

Жийдең емес, жүрегиң дәркар! 

  

                               1950-жыл, Нӛкис. 



  

 

*      *      *             

 

Қосығым сенинг журегинг янглы  

Жақсы корер еркелеткенди.  

Дамеленип, кейпингди англып  

Жане саған оқыдым енди.  

Сен қосықты жақсы коресенг,  

Брақ, менинг қосығымды емес.  

Мен оқиман, ал сен кулесенг,  

Кулгенинге тусинбеймен ҳеш.  

Тусинбеймен мен саған жаным,  

Я мысқыллап отырсанг-ба тек?  

Қорқасанг-ба, унамағанын  

Бетке айтсам, иренжийди-ау деп?  

Тусинбеймен... Ал сен алдынгдағы  

Қзымызды суйесенг келип.  

Қосығыма бугин-де тағы  

Қимадынг-ау зарре еркелик!  

Йош-та кетти, тамағым-да кепти,  

Папиросты сылтаулап астен,  

Қадимгише торги жайға кеттим,  



39

 

 



 

Мартлик қлып, сыр билдирместен...  

Япырмай бала, щныменен-ақ  

Болғаны-ма қосығым онгсыз?  

Сонда неге журт қол шапатлап,  

Мақтасады сонша жинт-қыз?  

«Аулдағынынг аузы сасық» деп,  

Елестирмей журген бол-ма сен,—  

Қасынгда жазып, шақырусыз келип,  

Қол жазбадан окып жургенге!  

Шукир, сыншы болмағанынга,  

Сен, муз журек оқушым, инан.  

Унаса-да қосығым қызларға,  

Жыллы созь жоқ озь ҳаялымнан...  

Дамеленип шаршадым англып,  

Тусинсенгши жаным ау енди:  

Қосығым-да журегинг янглы  

Тауир корер еркелеткенди. 



 

                                    1958-ж.  

 



Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет