28
Нызам Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты
тәрепинен алпыс күн ишинде көрип шығылады ҳәм мақулланған жағдайда,
қол қойылыўы ҳәм жәрияланыўы ушын Өзбекстан Республикасы
Президентине он күннен кешиктирмей жибериледи.
Егер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты нызамды
мақуллаў ямаса мақулламаў ҳаққында алпыс күн ишинде шешим қабыл
етпесе, Нызамшылық палатасы тәрепинен нызам қол қойылыўы ҳәм
жәрияланыўы ушын Өзбекстан Республикасы Президентине жибериледи.
Өзбекстан Республикасы Президенти нызамға алпыс күн ишинде қол
қояды ҳәм жәриялайды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты тәрепинен
қайтарылған нызам Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң
Нызамшылық палатасына қайтарылады.
Егер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты тәрепинен
қайтарылған нызамды қайта көрип шығыўда
Нызамшылық палатасы
депутатлары улыўма санының үштен еки бөлегинен ибарат көпшилик
даўысы менен нызамды және мақулласа, нызам Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси тәрепинен қабыл етилген болып есапланады ҳәм де қол
қойылыўы ҳәм жәрияланыўы ушын Өзбекстан Республикасы Президентине
Нызамшылық палатасы тәрепинен жибериледи.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты тәрепинен
қайтарылған нызам бойынша Нызамшылық палатасы ҳәм Сенат жүзеге
келген келиспеўшиликлерди сапластырыў
ушын Нызамшылық палатасы
депутатлары ҳәм Сенат ағзалары арасынан теңлик тийкарында келисиў
комиссиясын дүзиўи мүмкин. Палаталар келисиў комиссиясы усынысларды
қабыл еткенде нызам әдеттеги тәртипте көрип шығылыўы керек.
Өзбекстан Республикасы Президенти нызамды өзиниң қарсылықлары
менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине қайтарыўға ҳақылы.
Егер алдынғы қабыл етилген редакцияда тийислисинше Өзбекстан
Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм
Сенаты ағзалары улыўма санының кеминде үштен еки бөлегинен ибарат
көпшилик даўысы менен мақулланса, нызам Өзбекстан Республикасы
Президенти тәрепинен он төрт күн ишинде қол қойылыўы ҳәм
жәрияланыўы керек.
Нызамлардың ҳәм басқа нормативлик ҳуқықый актлердиң
жәрияланыўы олардың қолланылыўының мәжбүрий
шәрти болып
есапланады.
Достарыңызбен бөлісу: