29
депутатлар улыўма санының көпшилик даўысы менен Нызамшылық
палатасының ўәкиллиги мүддетине сайланады.
Әйне бир шахс қатарына еки мүддеттен артық Өзбекстан
Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери болыўы
мүмкин емес.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы
Спикери ҳәм оның орынбасарлары жасырын даўыс бериў арқалы
Нызамшылық палатасы депутатлары улыўма санының үштен еки бөлегинен
көпшилигиниң даўысы менен қабыл етилген Нызамшылық палатасы
шешимине тийкар мүддетинен алдын шақырып алыныўы мүмкин.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы
Спикери:
1) Нызамшылық палатасының мәжилислерин шақырады, оларда
басшылық етеди;
2) Нызамшылық палатасы додалаўына киритилген мәселелерди
таярлаўға улыўма басшылық етеди;
3) Нызамшылық палатасы комитетлери ҳәм комиссияларының
жумысын муўапықластырып барады;
4) Өзбекстан Республикасы нызамларының ҳәм Нызамшылық
палатасы қарарларының орынланыўы үстинен қадағалаўды шөлкемлестиреди;
5) парламентлераралық байланысларды әмелге асырыў жумысларына
ҳәм де халықаралық парламент шөлкемлери жумыслары менен байланыслы
Нызамшылық палатасы топарларының жумысына басшылық етеди;
6) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты, басқа
мәмлекетлик уйымлары, сырт еллер, халықаралық ҳәм басқа шөлкемлер
менен өз-ара қатнасықларында Нызамшылық палатасы атынан жумыс алып
барады;
7) Нызамшылық палатасы қарарларына қол қояды;
8) усы Конституция ҳәм нызамшылық актлеринде нәзерде тутылған
басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы
Спикери бийликлер қабыл етеди.
Достарыңызбен бөлісу: