32
107-статья.
Өзбекстан Республикасы Президенти өзиниң ўазыйпасын атқарып
турған дәўирде басқа ҳақы төленетуғын лаўазымды ийелеўи, ўәкиллик
уйымының
депутаты
болыўы,
исбилерменлик
жумысы
менен
шуғылланыўы мүмкин емес.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң шахсы қол қатылмайды ҳәм
нызам менен қорғалады.
108-статья.
Өзбекстан Республикасы Президенти Өзбекстан Республикасы Олий
Мажлисинин мәжилисинде төмендеги антты қабыл еткен ўақыттан баслап
өз лаўазымына кирискен болып есапланады:
«Өзбекстан халқына садық хызмет етиўге, республиканың
Конституциясы ҳәм нызамларына қатаң әмел етиўге, пуқаралардың
ҳуқықлары
ҳәм
еркинликлерине
кепиллик
бериўге,
Өзбекстан
Республикасының Президентине жүкленген ўазыйпаларды ҳақ нийет пенен
орынлаўға салтанатлы түрде ант етемен».
Достарыңызбен бөлісу: