34
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының тастыйықлаўына
киргизеди;
19) айрықша
жағдайларда (реал сыртқы қәўип, ғалабалық
тәртипсизликлер, үлкен апатшылықлар, тәбийғый апатшылықлар,
эпидемиялар) пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде,
Өзбекстан Республикасының пүткил аймағында ямаса оның айырым
орынларында айрықша жағдай енгизеди ҳәм қабыл еткен шешимин үш күн
ишинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң палаталары
тастыйықлаўына киргизеди. Айрықша жағдай енгизиў шәртлери ҳәм
тәртиби нызам менен белгиленеди;
20) Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң Жоқарғы Бас
сәркардасы есапланады, Қураллы Күшлердиң жоқары сәркардаларын
тайынлайды ҳәм лаўазымынан босатады, жоқары әскерий атақлар береди;
21) Өзбекстан Республикасының орденлери, медаллары ҳәм жарлығы
менен сыйлықлайды, Өзбекстан Республикасының маманлық ҳәм ҳүрметли
атақларын береди;
22) Өзбекстан Республикасының пуқаралығына ҳәм сиясий баспана
бериўге байланыслы мәселелерди шешеди;
23) амнистия ҳаққындағы ҳүжжетлерди қабыл етиў ҳаққында
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенатына усыныс киргизеди
ҳәм Өзбекстан Республикасының судлары тәрепинен ҳүким етилген
шахсларды әпиў етеди;
24) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик
кеңесин дүзеди ҳәм оған басшылық етеди, өзиниң ўәкилликлерин әмелге
асырыўды тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти
Администрациясын, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Президенти
жанындағы мәсләҳәт кеңес уйымларын ҳәм басқа уйымларды
қәлиплестиреди;
25) усы Конституция ҳәм нызамларда нәзерде тутылған басқа да
ўәкилликлерди әмелге асырады.
Өзбекстан Республикасы Президенти өз ўәкилликлерин орынлаўды
мәмлекетлик уйымларға ямаса лаўазымлы шахсларға тапсырыўға ҳақылы
емес.
Достарыңызбен бөлісу: