35
бергенде яки олар бир неше мәрте
Өзбекстан Республикасының
Конституциясына қайшы келетуғын
шешимлер қабыл еткен жағдайда,
сондай-ақ Нызамшылық палатасы менен
Сенат арасында Өзбекстан
Республикасы Олий Мажлисиниң нормал ислеўине қәўип туўдыратуғын
шешилмейтуғын келиспеўшиликлер болғанда
Өзбекстан Республикасы
Президентиниң Өзбекстан Республикасы
Конституциялық суды менен
келискен ҳалда қабыл етилген шешим тийкарында Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы, Сенаты тарқатып жиберилиўи
мүмкин.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы,
Сенаты тарқатып жиберилгенде жаңа сайлаў үш ай ишинде өткериледи.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы
ҳәм Сенаты айрықша жағдай әмел етиў дәўиринде тарқатып жиберилиўи
мүмкин емес.
112-статья
.
Өзбекстан
Республикасының
әмелдеги
Президенти
өзиниң
ўазыйпаларын орынлай алмайтуғын жағдайларда оның ўазыйпа ҳәм
ўәкилликлери ўақтынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты
Баслығына жүклетиледи, бунда үш ай мүддет
ишинде нызамға толық
муўапық ҳалда Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы өткериледи.
113-статья.
Ўәкиллик мүддети тамамланыўы менен отставкаға шыққан Өзбекстан
Республикасы Президенти өмирлик
Өзбекстан Республикасы Олий
Мажлиси Сенаты ағзасы лаўазымын ийелейди.
XX бап. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети
Достарыңызбен бөлісу: