Збекстан республикасы



Pdf көрінісі
бет31/44
Дата13.08.2023
өлшемі371,64 Kb.
#105226
түріСтатья
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   44
Байланысты:
kr

116-статья.
Министрлер Кабинети конституциялық нормалар шеңберинде ҳәм 
нызамшылыққа муўапық Өзбекстан Республикасының пүткил аймағындағы 


37 
барлық уйымлар, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, лаўазымлы шахслар 
ҳәм пуқаралар тәрепинен орынланыўы мәжбүрий болған қарарлар ҳәм 
бийликлер шығарады. 
Министрлер Кабинети өз жумысында Өзбекстан Республикасы Олий 
Мажлиси ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти алдында жуўапкер 
болады. 
Әмелдеги Министрлер Кабинети жаңадан сайланған Өзбекстан 
Республикасы Олий Мажлиси алдында өзиниң ўәкилликлерин тоқтатады, 
бирақ Министрлер Кабинетиниң жаңа қурамы дүзилгенге шекем Өзбекстан 
Республикасы Президентиниң қарарына муўапық өз жумысын даўам етип 
турады. 
117-статья.
Өзбекстан Республикасы Бас министри: 
1) Министрлер Кабинетиниң жумысын шөлкемлестиреди ҳәм оған 
басшылық етеди, оның нәтийжели ислеўи ушын жеке жуўапкер болады; 
2) Министрлер Кабинетиниң мәжилислеринде басшылық етеди, оның 
шешимлерине қол қояды; 
3) халықаралық қатнасықларда Өзбекстан Республикасы Министрлер 
Кабинети атынан жумыс алып барады
4) Өзбекстан Республикасы нызамларында нәзерде тутылған басқа да 
ўазыйпаларды орынлайды. 
118-статья.
Өзбекстан Республикасы Бас министри кандидатурасы Өзбекстан 
Республикасы Олий Мажлиси палаталарының лаўазымлы шахслары 
сайланғаннан ҳәм уйымлары дүзилгеннен кейин бир ай ишинде ямаса Бас 
министр лаўазымынан босатылғанынан кейин ямаса Бас министр
Министрлер Кабинетиниң әмелдеги қурамы отставкаға шығарылғаннан 
кейин бир ай ишинде Нызамшылық палатасы көрип шығыўы ҳәм 
мақуллаўы ушын Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен барлық 
сиясий партиялар фракциялары менен мәсләҳәтлесиўлер өткерилгенинен 
кейин усынылады. 
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы 
Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усынылған Өзбекстан 
Республикасы Бас министри кандидатурасына усыныс киргизилген күннен 
баслап он күн ишинде көрип шығады. 
Бас министр лаўазымына талабан Өзбекстан Республикасы Олий 
Мажлисиниң Нызамшылық палатасында оның кандидатурасы көрип 
шығылып атырғанда Министрлер Кабинетиниң жақын мүддетке ҳәм узақ 
келешекке мөлшерленген ҳәрекет бағдарламасын усынады. 
Бас министр кандидатурасы оның ушын Өзбекстан Республикасы 
Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутатлары улыўма санының 
ярымынан көпшилиги тәрепинен оны жақлап даўыс берилген жағдайда 
мақулланған есапланады. 


38 
Бас министр лаўазымына усынылған кандидатура үш мәрте 
қайтарылған жағдайда, Өзбекстан Республикасы Президенти Бас 
министрди тайынлайды ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң 
Нызамшылық палатасын тарқатып жибериўге ҳақылы. 
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң ағзалары 
олардың кандидатуралары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң 
Нызамшылық палатасы тәрепинен мақулланғаннан кейин Өзбекстан 
Республикасы Президенти тәрепинен лаўазымға тайынланады. 
Өзбекстан Республикасы Президенти Бас министрди, Өзбекстан 
Республикасы Министрлер Кабинетиниң әмелдеги қурамын ямаса ағзасын 
отставкаға шығарыўға ҳақылы. 
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы 
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ағзасының өз жумысына 
байланыслы мәселелер бойынша есабатын тыңлаўға ҳақылы. Министрлер 
Кабинети ағзасының есабатын тыңлаў жуўмақларына көре Нызамшылық 
палатасы оны отставкаға шығарыў ҳаққындағы усынысты Өзбекстан 
Республикасы Президентине көрип шығыў ушын киргизиўге ҳақылы. 
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ағзалары парламент 
сораўларына ҳәм Нызамшылық палатасы депутатының, Сенат ағзасының 
сораўларына нызамда белгиленген тәртипте жуўап бериўи шәрт. 
Министрлер Кабинетиниң жумысын шөлкемлестириў тәртиби
ҳәм ўәкиллик шеңбери нызам менен белгиленеди. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   44




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет