129-статья. Өзбекстан
Республикасы
Президенти
сайлаўын,
Өзбекстан
Республикасы Олий Мажлисине, ўәлаятлар, районлар, қалалар мәмлекетлик
ҳәкимият ўәкиллик уйымларына сайлаўларды, сондай-ақ Өзбекстан
Республикасының референдумын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси тәрепинен жумысының тийкарғы
принциплери ғәрезсизлик, нызамлылық, коллегиаллық, ашықлық ҳәм
әдилликтен ибарат болған Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў
комиссиясы дүзиледи.
Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы сайлаў
комиссиялары системасына басшылық етеди, өзиниң жумысын турақлы
түрде әмелге асырады ҳәм де өзиниң хызметинде Өзбекстан
Республикасының Конституциясына ҳәм нызамларына әмел етеди.
Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары
ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Кеңеслериниң усынысы бойынша
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм
Сенаты тәрепинен сайланады.
Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына муўапық комиссия
ағзалары арасынан бес жыллық мүддетке комиссия мәжилисинде
сайланады. Әйне бир шахс қатарына еки мүддеттен артық Өзбекстан
Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы етип сайланыўы
мүмкин емес.
XXIII бап. Cуд ҳәкимияты 130-статья. Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен
әмелге асырылады.
Өзбекстан Республикасында суд ҳәкимияты нызам шығарыўшы ҳәм
атқарыўшы ҳәкимияттан, сиясий партиялардан, пуқаралық жәмийетиниң
басқа институтларынан ғәрезсиз ҳалда жумыс алып барады.
131-статья. Өзбекстан Республикасында суд системасы ҳәм судлар жумысының
тәртиби нызам менен белгиленеди.
Айрықша судлар дүзиўге жол қойылмайды.