24
сондай-ақ Министрлер Кабинети ағзаларының
жумыслары бойынша
есабатларын тыңлаў;
5) Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына муўапық
Министрлер Кабинети ағзаларына кандидатураларды көрип шығыў ҳәм
мақуллаў;
6) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң мәмлекеттиң
социаллық-экономикалық турмысының ең әҳмийетли мәселелери бойынша
ҳәр жылғы баянатын тыңлаў;
7) мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы
шыхсларына парламент
сораўын жибериў ҳәм парламент қадағалаўының басқа формаларын әмелге
асырыў;
8) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық
палатасы Спикери ҳәм оның орынбасарларын, комитетлердиң баслықлары
ҳәм олардың орынбасарларын сайлаў;
9) Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының усынысына муўапық
Өзбекстан Республикасының Олий Мажлисиниң
Нызамшылық палатасы
депутатын қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыў ҳаққындағы мәселелерди
шешиў;
10) өз жумысын шөлкемлестириў ҳәм палатаның ишки тәртип
қағыйдалары менен байланыслы мәселелер
бойынша шешимлер қабыл
етиў;
11) сиясий, социаллық-экономикалық турмыс тараўындағы ол ямаса
бул мәселелер бойынша, сондай-ақ мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясаты
мәселелери бойынша қарарлар қабыл етиў;
12) усы Конституция ҳәм нызамларда
нәзерде тутылған басқа да
ўәкилликлерди әмелге асырыў.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы
өзин-өзи тарқатып жибериў ҳаққында депутатлар улыўма санының кеминде
үштен еки бөлиминен ибарат көпшилик даўысы менен шешим қабыл етиўи
мүмкин.
Достарыңызбен бөлісу: