Збекстан республикасы



Pdf көрінісі
бет26/44
Дата13.08.2023
өлшемі371,64 Kb.
#105226
түріСтатья
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   44
Байланысты:
kr

102-статья.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы 
нызам жойбарларын таярлаў жумысын алып барыў, Нызамшылық палатасы 
додалаўына алып киргизилетуғын мәселелерди алдын ала қарап шығыў ҳәм 
таярлаў, 
Өзбекстан 
Республикасы 
нызамлары 
ҳәм
де Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилетуғын шешимлердиң 
орынланыўын қадағалаў ушын өзиниң ўәкилликлери мүддетине 
Нызамшылық палатасы депутатлары арасынан комитетлерди сайлайды. 
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты Сенат 
додалаўына киргизилетуғын мәселелерди алдын ала қарап шығыў ҳәм 
таярлаў, Өзбекстан Республикасы нызамлары ҳәм де Сенат тәрепинен қабыл 
етилетуғын шешимлердиң орынланыўын қадағалаў ушын өз ўәкилликлери 
мүддетине сенаторлар арасынан комитетлерди сайлайды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы 
ҳәм Сенаты, зәрүрлик болған жағдайда, белгили ўазыйпаларды орынлаў 
ушын депутатлар, сенаторлар арасынан комиссиялар дүзеди. 
103-статья.
Мәмлекеттиң қәўипсизлиги, турақлы раўажланыўы тийкарларына 
кери тәсир көрсетиўи мүмкин болған, инсан ҳуқықлары ҳәм 


31 
еркинликлерине, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерине, қәўип туўдыратуғын 
фактлер ҳәм ўақыяларды үйрениў мақсетинде Өзбекстан Республикасы 
Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа шешими 
менен парламент тексериўи өткерилиўи мүмкин. 
Парламент тексериўин өткериў ушын Өзбекстан Республикасы Олий 
Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенаты ағзалары 
арасынан теңлик тийкарында арнаўлы комиссия дүзилип, ол өзиниң 
жумысын нызамға муўапық әмелге асырады. 
104-статья.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы 
депутатларына ҳәм Сенаты ағзаларына олардың депутатлық ямаса 
сенаторлық жумысы менен байланыслы қәрежетлер белгиленген тәртипте 
қапланады. 
Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм де Сенатта турақлы 
тийкарда ислеўши Сенат ағзалары өз ўәкилликлери дәўиринде илимий, 
дөретиўшилик ҳәм педагогикалық жумыстан тысқары ҳақы төленетуғын 
басқа түрдеги жумыс пенен шуғылланыўы мүмкин емес. 
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы 
депутаты ҳәм Сенаты ағзасы қол қатылмаслық ҳуқықынан пайдаланады. 
Олар тийислисинше Нызамшылық палатасы ямаса Сенаттың разылығысыз 
жынайый жуўапкершиликке тартылыўы, услап турылыўы, қамаққа 
алыныўы ямаса суд тәртибинде берилетуғын ҳәкимшилик жаза шараларына 
тартылыўы мүмкин емес. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   44




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет