Мазмуны: Қосықлар 4



Pdf көрінісі
бет6/6
Дата03.03.2017
өлшемі474,93 Kb.
#5466
1   2   3   4   5   6

- Амангелди
 
Көрип тамаша қылыңыз
Не әжайып палўан келди, 
Келсе бабасын билгиңиз, 
Журт ағасы Амангелди. 
 
Амангелди журт ағасы, 
Миянкөлдиң тоқсабасы, 
Мырза Полатдур бабасы, 
Аты шыққан Амангелди, 
 
Асан аталық болғанда, 
Миянкөлди сорағанда, 
Оны душпан өлтиргенде, 
Қанын алған Амангелди. 
 
Асан сонда Миянкөлде, 
Неше душпан барды онда, 
Көп қолдаўлы Түркстанда, 
Соған барды Амангелди. 
 
Барып душпанды келтирди,

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         138
Геллесин кесип келтирди, 
Мәртлигин журтқа билдирди, 
Арыслан туўған Амангелди. 
 
Амангелди Түркстанда, 
Ҳәмир етсе бир заманда, 
Ләшкер тартып атланғанда, 
Бөлек-бөлек думан келди. 
 
Ашамайлы ҳәм Сандаўлы, 
Қостамғалы ҳәм Қолдаўлы, 
Қолдаўлы төрт ата улы, 
Жақсысыдур Амангелди. 
 
Әмирдиң аты Музаппар, 
Ҳәм Таҳирхан, Мийирҳайдар, 
Шамурат ўаллами Дәнияр, 
Барып көрди Амангелди. 
 
Қоқан ханы қылды зорлық, 
Қыз соратып берди хорлық, 
Асан көрсетти дуғымлық, 
"Жылатпайман елди" – деди. 
 
-Қарақалпақ бермес қызын, 
Ҳәммеси де мениң қозым, 
Тийдирмеспен тириде өзим, - 
Деп Асан ер Қоқан келди. 
 
Сөзинен қайтпады Асан, 
-Қыз аларсаң өлсем қашан, 
Ўатан болмас бизге Қоқан, 
Сен шуўлаттың елди, - деди. 
 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         139
Хан Асанды көп урғызды, 
Және орнынан турғызды, 
-Бермейсең бе – деди – қызды? 
Асан және сөзге келди. 
 
Астырды дарға Асанды, 
Ел деп Асан берди жанды, 
Соны қуртқан залым ханды, 
Гелле қылды Амангелди. 
 
Амангелдидей болмаға, 
Барып ханнан қан алмаға, 
Геллеге кесип, жан алмаға, 
Қай бириңниң шамаң келди. 
 
Қайтпады бектен ҳәм ханнан, 
Кешерлер шийрин жанынан, 
Амангелдиниң қолынан 
Қутылмағы гүман болды... 
 
...Урысқанын көрсең аның
Қатеси жоқ бул дәстанның, 
Қарсы келген ол душпанның, 
Жүрегинде әрман келди. 
 
Патшалар турған тахтында, 
Оның дәўлетли бахтында, 
Амангелдиниң ўақтында 
Нешше ханнан инам келди. 
 
Ол Бухары, Ғыждуўаннан, 
Қашқары, Ташкент, Қоқаннан, 
Әндижаны, Марғуланнан, 
Тәрк болмайын даўам келди. 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         140
 
Амангелди дәўлетинде, 
Бәрекелла хызметине, 
Ҳәр бир журттан ҳүрметине 
Түрли-түрли инам келди. 
 
Өзи озған ғардашынан, 
Кетпес дәўлети басынан, 
Ол Бухардың патшасынан, 
Жарлық мөҳри нышан келди. 
 
Дөремес оныңдай адам, 
Бул сөзди не билсин надан? 
Олар ҳәм өтти дүньядан, 
Нешше түрли заман келди. 
 
Жетисти аллаға дады, 
Қолдаўлыдур ҳаслы-зады, 
Мырза Полаттың зүрьяды, 
Арыслан еди Амангелди. 
- Айдос баба
 
-Кел баба, шығыңыз төрге, 
Ҳақ яратқан нәзеркәрде, 
Теңгени бөлдик төрт жерге, 
Бирин алың, Айдос баба! 
 
-Мәрт болған ўәдеде турар, 
Сөзин бузғанды ант урар, 
Төрттиң бирине дийқан турар,

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         141
Тең бөл! – деди Айдос баба. 
 
-Ханды уллы қылды қудай, 
Дәскеси көп, хан еки пай, 
Сизиң менен бизлер бир пай 
Болдық енди, Айдос баба. 
 
-Адам болсаң, абырай излең, 
Отырар орныңды гөзлең, 
Тиллериңди тартып сөзлең, 
Алмам, - деди Айдос баба. 
 
-Сондай болды истиң түри, 
Айтса кетер кеўил кири, 
Сизди қылдық төрттиң бири, 
Алғыл енди, Айдос баба. 
 
-Уллы болса ханның уллы, 
Болажақсыз бәриң уллы, 
Қайдан алыпсыз бул пулды? 
Айтқыл – деди Айдос баба. 
 
-Ханның қылған буйрығы шул, 
Хан ҳәмирине мойынсынғыл, 
Ҳәммеге бирдей салық пул, 
Алың енди, Айдос баба. 
 
-Хан отырар салқын жайда, 
Тилла көшкили сарайда, 
Мен болмасам ақша қайда? 
Билиң – деди Айдос баба. 
 
-Баба бунша қатты қашпа, 
Сум нәпсиңниң аўзын ашпа, 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         142
Хызметкер көп сеннен басқа, 
Қанаат қыл, Айдос баба. 
 
-Мут пул керек сендей қулға, 
Болажақсыз журтқа тулға
Тең жарыман салық пулға, 
Тең бөл – деди Айдос баба. 
 
-Бабам, қылғыл енди сабыр, 
Мәҳремлерге қылма жәбир, 
Төрт бөлмегим ханнан ҳәмир, 
Алғыл енди, Айдос баба. 
 
-Өлген адам қайтып келмес, 
Батыр жигит қайғы жемес, 
Ўәдесин бузған хан емес, 
Бергил – деди Айдос баба.... 
 
-Әси боларсаң аллаға, 
Теңгени жары алмаға, 
Ханың менен тең болмаға, 
Уяларсаң, Айдос баба. 
 
-Сен билмейсең мениң жайым, 
Оның менен тең қудайым, 
Керек емес бос абайың, 
Тек тур! – деди Айдос баба. 
 
-Мәҳремлер тилин алмасаң, 
Хан ҳәмирине бойсынбасаң, 
Төрттиң бирине турмасан, 
Өзиң билгил, Айдос баба... 
 
-Қанаатсыз қатын иси, 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         143
Ханға қарсы қандай киси, 
Метер

менен қусбегиси
2
 
"Сен қой – деди – Айдос баба!" 
 
Ашыўы келди, атланды, 
Қус беги, метер тоқталды, 
Қылышын алып оқталды, 
Қаҳәрленди, Айдос баба. 
 
Әўелинде тил алмады, 
Сөзине қулақ салмады, 
Метердиң жаны қалмады, 
Шабар болды Айдос баба. 
 
-Саўаш қылып ис басласам, 
Қан төгип кеўил хошласам, 
Геллеңди кесип тасласам,- 
Деди сөгип Айдос баба. 
 
-Ис жаманға енди кетер, 
Бул киси айтқанын етер, 
Тәўбе қылып қусбеги, метер, 
"Қойдық", - деди, Айдос баба. 
 
Шерик қылмай бир бендени, 
Хийўада ханнан өзгени, 
Қосып жиберди теңгени, 
Тең айырды Айдос баба. 
 
Душпаны көп, досы менен, 
Найзасының ушы менен, 
Билегиниң күши менен, 
Ҳақын алды Айдос баба. 
 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         144
Келгенде хан өрре турды, 
Ханға қарсы жуўап урды, 
Бир неше жыл дәўран сүрди, 
Бул ҳал менен Айдос баба. 
 
Көпдур сөзимниң кемиси, 
Дәрьяның урар дегиси, 
Метер менен қусбегиси
Жылаўында Айдос баба. 
 
Еки араға түсти гийне, 
Ханның инамы бир ийне, 
Айдос бийге қылып ҳийле, 
Ғапыл болды Айдос баба. 
 
Айдос деген уллы киси, 
Ақыры кетти қолдан күши, 
"Ханның иси – шайтан иси", - 
Деген екен Айдос баба. 
 
Ханға болмады пуқара, 
Қарсы болды бара-бара, 
Жоқдур өлимге ҳеш шара, 
Шейит өлди Айдос баба. 
 
Дүнья исиниң жоқдур шеги, 
Қолдаўлыдур ата-теги, 
Туўды Ерназар қусбеги, 
Түн сағасы Айдос баба. 
 
 

Метер – хан сарайының хожалық басқарыўшысы ҳәмелдары. 

Қусбеги – хан сарайында аңшылықты басқарыўшы. 
 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         145
- Ерназар бий
 
Әўел Айдос баба өлип, 
Орнын тутты Ерназар бий, 
Қарақалпаққа аға болып, 
Ҳүким етти Ерназар бий. 
 
Қарақалпаққа аға болып, 
Суңқар салып, бедеў минип, 
Кеўлине келгенин қылып, 
Болып өтти Ерназар бий. 
 
Қыпшақ ялғаннан даўа қылды, 
Дөҳметтен мойнына қун салды, 
Бир қалмақ
1
 жасаўыл болды, 
Пул бермеди Ерназар бий. 
 
Жапты жалғаннан жаласын, 
Билип ағзының аласы, 
Қарлы
2
 қалпақтың баласы, 
Қылышлады Ерназар бий. 
 
Хан гүнакар қылғаныңда, 
Бийлигини алғаныңда, 
Ҳәм ақ үйли болғаныңда, 
Муңаймады Ерназар бий. 
 
-Мени ҳешким тилемесин, 
Жалынып сорап жүрмесин, 
Мен өлгенде жыламасын-

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         146
Деди арыслан Ерназар бий. 
 
Ўәйис байға зорлық қылды, 
Қылышын алып оқталды, 
Гүллан хийўалы тоқталды, 
Қаҳәрин жайды Ерназар бий. 
 
Саўаш күни ылғал таслап, 
Сәрдар болып, жыйын баслап, 
Жанғазы ханды қылышлап, 
Сойқан салды Ерназар бий. 
 
Бурынғы бийлик сүрисин, 
Бурынғы жүрис-турысын, 
Ханға сәлемге кирисин, 
Кемитпеди Ерназар бий. 
 
Бий басына бир қус салды, 
Қуслап шықпаға дус барды, 
Хожеке қуссыз бос қалды, 
Қус бермеди Ерназар бий. 
 
Хан ҳәзиретке сәлем қылды, 
Ҳәр қайсысы сарпай алды, 
Хожакең сарпайдан қалды, 
Арыз еттирди Ерназар бий. 
 
-Хожеке айтар арзым бар, 
Нешше қус сизден қарзым бар
Қалыс сарпай бериў дәркар, - 
Деди арыслан Ерназар бий. 
 
Хан ҳәзирети: "метер!" деди, 
"Бежит орныңнан тур!" деди, 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         147
"Уғлана сарпай бер" деди, 
Қуллық қылды Ерназар бий. 
 
"Хош болғай" деп метер турды, 
Ғазийнеге қадем урды, 
Метер менен бирге жүрди, 
Арыслан туўған Ерназар бий. 
 
Метер барып есик ашты, 
Ҳәр түрли гәплерге қашты, 
Бир шекпенге таласты, 
Қол узатты Ерназар бий. 
 
Метер турып сөз баслады, 
Ләтте шапаннан услады, 
Ҳәр түрли сарпай таслады, 
Жаратпады Ерназар бий. 
 
Метер турып гүрриңлести, 
Ҳәр түрли гәптен сөйлести, 
Бир шекпенге көзи түсти, 
Қол узатты Ерназар бий. 
 
Танып тур екен ҳасылды, 
Метер шекпенге асылды, 
Жыйылған сарпай шашылды, 
Жибермеди Ерназар бий. 
 
Шекпенге асылды метер, 
Бий зор берди оннан бетер, 
-Тарт қолыңды, геллең кетер!- 
Деди арыслан Ерназар бий... 
 
-Ханға мәлим шекпен, -деди, 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         148
Көп пул менен питкен, - деди, 
Нағып инам еткен? – деди, 
Еситпеди Ерназар бий, 
 
-Ҳәзирети Палўандур пири, 
Яд етерлер өли-тири, 
Биз ҳәм ханның бир ўәзийри, 
Бериң! – деди Ерназар бий. 
 
-Сөзим ҳадалдур, ҳарам жоқ, 
Ханның өзине шарам жоқ, 
Ал саған берер парам жоқ, 
Кимсең? – деди Ерназар бий. 
 
Бийлик сүрди жети пушты, 
Ким қылыпдур мундай исти? 
Метердиң зәрреси ушты, 
Айбат етти Ерназар бий. 
 
Жаратқан күн билән айды, 
Яд етиңиз бир қудайды, 
Алып шықты Ерназар бий. 
 
Муннан соң Хожели келди, 
Көп кемеде кеңес қылды, 
Қарақалпақты жыйнап алды, 
Арыслан туўған Ерназар бий. 
 
Бәрше жәм болып отырды, 
Ғазийнеге зер толтырды, 
Зарлық төрени келтирди, 
Хан көтерди Ерназар бий. 
 
Бәрше хызметке шақ болды, 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         149
Белинде ақ пышақ болды, 
Беглер беги инам болды, 
Бәрин жыйды Ерназар бий. 
 
Қазы-кәлан, шайқул-ислам, 
Ҳәм нәҳип иззети икрам, 
Бәрше турып қылды сәлам
Ҳүким етти Ерназар бий... 
 
...Кемеден алды иреңди, 
Хан етти Зарлық төреңди, 
Асып Қутлымурат гереңди, 
Зорлық етти Ерназар бий. 
 
Душманына саўда салды, 
Тоғыз ушан ғазийне алды, 
Киси асып, қусбеги болды, 
Арыслан туўған Ерназар бий. 
 
Яўмыт шақырды келсин деп, 
Келип Гөнени алсын деп, 
Мәслаҳат бунда болсын деп, 
-Бармаң, -деди Ерназар бий. 
 
Айтса қаралпақ қылмады, 
"Бармаң" десе тил алмады, 
Көпшиликтен бул қалмады, 
Бирге барды Ерназар бий. 
 
Яўмыттан ылғал келтирди, 
Жақпағанларын өлтирди, 
Ерлигин журтқа билдирди, 
Жалғыз өзи Ерназар бий. 
 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         150
Бийлери мәсләҳәт етти, 
Зарлық ханды алып кетти, 
Хийўа ханын хошўақ етти, 
Хансыз қалды Ерназар бий. 
 
Хийўалы төкти қызылды, 
Бул сөздиң изи үзилди, 
Бийлер баслап журт бузылды, 
Ғапыл қалды Ерназар бий. 
 
Араллы, қалпақ қырқ мың үйли, 
Гәҳи жылап, гәҳи күйди, 
"Алма жеген алпыс бийди, 
Көрей", - деди Ерназар бий. 
 
Бийлер қашты басын бағып, 
Шийрин жанын отқа жағып, 
Қаланың үстине шығып, 
Күтип турды Ерназар бий. 
 
Бийлер анда келе алмады, 
Өлей десе өле алмады, 
Бар десе ҳешким тил алмады, 
Ғазеп етти Ерназар бий. 
 
Қарақалпақ айтқан сөзи, 
Ҳасла келиспеди изи, 
Хорезмде жалғыз өзи, 
Ерлик қылды Ерназар бий. 
 
Қалғанларды жыйнап алды, 
Излим жолға қала салды, 
Қудаға тәўекел қылды, 
Мәртлик пенен Ерназар бий. 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         151
 
Жасаўыл басы ҳәм келди, 
Араллы, қалпақ жәм болды, 
Арбалы көши қамалды, 
Жекке қалды Ерназар бий. 
 
Ийшан келди ел қылмаға, 
Арада елши болмаға, 
Журттың саўабын алмаға, 
Ҳайран болды Ерназар бий. 
 
"Сиз өлсеңиз шейит", -деди, 
"Өкпе-гийнеңди айт", -деди, 
"Енди ырайдан қайт", -деди, 
-Қайтпаң, -деди Ерназар бий. 
 
-Қутлымурат, Қабыл екеўи, 
Жүсипбай менен үшеўи, 
Әмет, Палўан ҳәм бесеўи, 
Шықсын! –деди Ерназар бий. 
 
Алды-артына қарамады, 
Ҳал-аўҳалын сорамады, 
Бийлер ана жарамады, 
Қайтып кетти Ерназар бий. 
 
Батырлықта тақлығынан, 
Аўыз бирлик жоқлығынан, 
Бийлердиң қорқақлығынан, 
Ғапыл болды Ерназар бий. 
 
Гөруғлы бектей ер еди
Қатарда қоса нар еди, 
Толы журтқа дәркар еди, 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         152
Шейит өлди Ерназар бий. 
 
 

Қалмақ – қолдаўлы урыўының бир тийреси. 

Қарлы – сол тийреден шыққан бир бийдиң аты. 

Қылышбай – Манғыт жанындағы қорған аты. Ол жерде Хийўа ханы араллы
өзбек ҳәм қарақалпақ бийлерин өзине қаратыў бойынша бир қанша мәккарлық
планларын иске асырған. 
 
- Рәўшан
 
-Намаз, руўза қарызым бар, 
Бир алладан, мениң қызым. 
Атаңның айтар арзы бар, 
Қулағын сал, жаным қызым. 
 
-Намаз, руўза қарыздар 
Болсаң бир алладан, атам, 
Қалайша болдың арыздар, 
Себеп недур, маған, атам? 
 
-Хан айтса хызметкер тайын, 
Айтайын арзымның жайын, 
Жумсады бизди хожайын, 
Есигиңе келдим, қызым. 
 
Хожайыннан бир жумыс бар, 
Айтса бизге не турыс бар, 
Байда алтын ҳәм гүмис бар, 
Дүнья десең бийпул, қызым.

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         153
 
-Баярың буйырса жумыс, 
Сен сорлыға бар ма турыс, 
Бийпул дүнья, тегин гүмис, 
Бизге қалай рәўа атам? 
 
-Бай жумсады, қызым, мени, 
Байға айттырып келдим сени, 
Әкең қалесе де нени, 
Байда бисяр бәри, қызым. 
 
-Дүнья, ғазийне байда бар, 
Оннан бизге не пайда бар? 
Саяңды меннен аўлақ сал, 
Бети қара болған атам. 
 
-Қызым булайша гәплеме, 
Кесип айт, сөзди еплеме, 
Атаңның сөзин кеклеме, 
Кәтқуда боп келдим, қызым. 
 
-Сөзди кесип айтсам сизге, 
Жақынлапты жасың жүзге, 
Мениң кеўлим байдан өзге, 
Кәмбағалдан сәўер, атам. 
 
-Қызым сениң ақылың жоқ, 
Не ушын болсын қарның тоқ, 
Байда дүнья, ғазийне көп, 
Әкеңе алып бергил, қызым. 
 
-Керек емес байдың малы, 
Ҳәр кимниң ашылғай ығбалы, 
Болса да әкем малдан жарлы, 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         154
Күним сеннес жақсы, атам. 
 
-Ийгиликли исте болмас еп, 
Жақсы адамда сақланбаса кек, 
Дүнья деген байда лек-лек, 
Не керегиң таяр қызым. 
 
-Ата, сениң уят буның, 
Мениң де бар аға, иним, 
Өзиме болар өз күним, 
Ғарезим жоқ байдан, атам. 
 
-Қызым көп көрме күниңди, 
Қайырып бүклермен белиңди, 
Кесермен қызыл тилиңди, 
Өз ҳалыңды билгил, қызым. 
 
-Бай не қылсын жарлыларды, 
Биздей малсыз сорлыларды, 
Жақын етип не қылады, 
Бай өз теңин тапсын, атам. 
 
-Қуда қосса дийдар несип, 
Бай сени көрди минәсип, 
Байға көп қызлар таласып, 
Тийемиз деп жүр ғой, қызым. 
 
-Тийгенлер тийсин, тиймеймен, 
Әсте ғана кете бер сен, 
Қыз болыўдан бес жылым кем, 
Дәл онбесте жасым, атам. 
 
-Он төртте отаў ийеси, 
Байға болсаңыз тийеси, 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         155
Сүйгилик ярға бәршеси, 
Хызмет етип турар, қызым. 
 
-Қатынға қандай хызметкер? 
Ҳәр кимге алла мәдеткер, 
Кәтқуда, дурыс жуўап бер, 
Хызметкериң кимдур, атам? 
 
-Алға басқан нийетиң бар, 
Зилийхадай келбетиң бар, 
Бай ағаңда үш қатын бар, 
Хызметкериң солдур, қызым. 
 
-Кәтқуда боламан дедиң бе? 
Байдан көп пара жедиң бе? 
Сен мени ылайық көрдиңбе 
Үш қатын үстине, атам? 
 
-Қатынлар жатыр жолыңда, 
Мақсетиң питер ойыңда, 
Тетиги байдың қолында, 
Жыңқ ете алмас саған, қызым. 
 
-Ол үш қатын байда болса, 
Кең сарайлы жайда болса, 
Қызыңды бер, пайда болса, 
Басқа сөзди қойғыл, атам. 
 
-Қырқылсын бул қызыл тилиң, 
Тезирек қарап болсын күниң, 
Ашылғанда солсын гүлиң, 
Мени ҳайран еттиң, қызым. 
 
-Емесе сеники жөнбе? 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         156
Ол үш қатын меннен кем бе? 
Алтын менен гүмис тең бе? 
Ҳеш билмеген парқын, атам. 
 
* * * 
 
-Қызым өлгенше тек жүрме, 
Теңиң менен дәўран сүрме, 
Қорлық көрсең меннен көрме
Деп кәтқуда тилин тартты. 
 
Ғарры сөзден қалды тоқтап, 
Барлық күшин белге топлап, 
Жипе-жиксиз қызды боқлап, 
Ашыў менен минди атты. 
 
Күни менен отсыз турған, 
Аш болып диңкеси қурыған, 
Ат аяғын басты зордан, 
Ҳә дегенде жүрмей қатты. 
 
Мениң жайымды билмейсең деп, 
Аштан сирә өлмейсең деп, 
Неге шаўып жүрмейсең деп, 
Атқа керилип қамшы тартты. 
 
Қамшы тийген соң санына, 
Ушы оралды шамына, 
Қатты батқан соң жанына, 
Ат ғаррыны алып қашты. 
 
От салмай бурын минбеген, 
Тулпардай қамшы сүймеген, 
Шамына шыбық тиймеген, 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         157
Ат аўзынан көбик шашты. 
 
Маңлайын қуртты ғаррының, 
Кәтқуда болған сорлының, 
Аш ябы ислеп зорлығын, 
Ҳә дегенде араны ашты. 
 
Ҳаслы ҳайўан әсте кетпей, 
Ғаррының айтқанын етпей, 
Атты иркиўге күши жетпей, 
Албырақлап жаман састы. 
 
Ала қуйын жөнсиз шаўып, 
Кәтқудаға туўды қаўип, 
Гә дузелип, гәҳи аўып, 
Көп аўылға араласты. 
 
Ат киятыр қыялланып, 
Ийтлер шықты шабалланып, 
Майда баллар қыйқыў салып, 
Атқа қарап топырақ шашты. 
 
* * * 
 
Еситсеңиз сөзди аттан, 
Бий ықтыяр елге шапқан, 
Балалар шашқан топырақтан, 
Ат қаймығып кеткен екен. 
 
Көтерилип ғаррының бөксеси, 
Зәнгиден тайып өкшеси, 
Жерге дуўрыланып еңсеси, 
Аттан аўып түскен екен. 
 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         158
Ғарры қалды аттан қулап, 
Қуў ағаштай жерге сулап, 
Жан түршигип, ети жуўлап, 
Жан алқымға келген екен. 
 
Бәденинен диңке кетип, 
Ҳазары мийине өтип, 
Кәтқуда шал қыймыл етип, 
Омыраўын көтерген екен. 
 
Алалмады өзин бийлеп, 
Демиш зорға алды сийрек, 
Көрейин деп азырақ сөйлеп, 
Аўзын қыбырлатқан екен. 
 
Жаны келип тур ийеклеп, 
Сөз сөйледи зордан еплеп, 
Тура алмай жатып гәплеп
Кеўлиндегинин айтқан екен: 
 
-Әсилик етип қудайға, 
Ғарры ат жарысып тайға, 
Саўшы боламан деп байға, 
Саўдаларға түскен басым. 
 
Жаным саўда жетпей елге, 
Тирилей аяғым гөрде, 
Қаларман ба усы жерде, 
Елге күлки болған басым. 
 
Әсби жәллап тилин алып, 
Алдаў сөзге қулақ салып, 
Ел-журтқа рәсўа болып, 
Жаман атқа қалған басым. 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         159
 
Ынжылтпайман деп досымды, 
Көзимнен төктим жасымды, 
Жас етип ғарры басымды, 
Қызға жаўшы болған басым. 
 
Барған менен сапар оңбай, 
Кеўилде дегеним болмай, 
Ашылмаған мына маңлай, 
Қула дүзде қалған басым. 
 
Қайтейин буздым сәнимди, 
Ийт, қус жер болды тәнимди, 
Тәндеги шийрин жанымды, 
Жанған отқа салған басым. 
 
Айтып бола алмай ақ сөзин, 
Өлим топырақ басты жүзин, 
"Ҳеш тоймаған еки көзим, 
Бир қысым шаңға толған басым" 
 
* * * 
 
Бул сөзимде ғалет жоқдур, 
Залымлардың кеўли тоқдур, 
Заман солай бузылып тур, 
Көз жасты ким көрер екен? 
 
Бәйит хатқа сызылып тур, 
Жарлы-гедей езилип тур, 
Заман белли бузылып тур, 
Әдил заман келер ме екен? 
 
Шадланысып тойлар тойлап, 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         160
Еркимизге күлип-ойнап, 
Ҳаялыў-қыз күндей жайнап, 
Жүрер күнлер болар ма екен? 
 
Бердимурат, ҳалыңды бил, 
Пайда жоқ болсаң да бүлбил, 
Сендағы кетерсең бир күн, 
Сөзим тамам болған екен. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет