Атты III халықаралық ғылыми-тәжірибелік конференция жинағЫ



Pdf көрінісі
бет400/418
Дата24.09.2022
өлшемі8,11 Mb.
#40095
1   ...   396   397   398   399   400   401   402   403   ...   418
Ключевые слово: эпос, миф, сюжет, колдуня, фольклор, образ, мотив, профет, жиров, 
бахчи
Қарақалпақ халық дәстанлардың поэтикалық қурлысында мифлик млтивлер 
айрықша орынды ийелейди. Себеби олардың мазмуны, сюжети жағынан бир-биреӯине 
жақынлығы, уқсаслығы олардың ӛз- ара тирологиялық байланысын кӛриӯимизге болады. 
Қарақалпақ халық дәстанларының кӛпшилик тҥрлерине тән перзентсизлик мотиви 
қурайды. Бул мотив кӛпшилик дәстанлардан орын алыӯы адамлардың әрман 
тилеклериниң ӛз дӛретпелеринде сәӯлелениӯи менен белгиленеди. Бирақ перзентсизлик 
дәстанларда улыӯма характерли болғаны менен ҩәр қайсысында ӛзине тән ӛзгешеликлери 
менен бериледи. Буның себеби сол дәстанлардың дӛрелиӯ заманы, дӛретиӯшилердиң кӛз-
қараслары ҩәм дӛретиӯшилик айрықшалығынан болыӯы керек.
Мысалы, «Қоблан» дәстанында перзентсиз кемпир-ғарры, перзент тилеп ӯлиелерди 
аралайды ҩәм «Қуӯсырық» әӯлиеге жан сойып, перзент тилейди.»
1
«Ер Шора» дәстанында 
да усы мотив қайталанады. Мәселен, «Нәрик бай ӛлериниң ағында, сақалының ағында
ҥни тарғыл, сақалы буӯрыл болғанда, тӛринен гӛри жуӯық кегенде, әӯлеге расанға қой 
айтып, шайырларына тай айтып, әӯле қоймай, тҥнеп, масайық қоймай жылап, боздай 
бозлап енде қудай берип бир уллы, бир қызлы болды.»
2
Мине кӛргенимиздей еки дәстан 
сюжетинде бирдей мотив қолланылады. Перзентсизлик ақыбетинен әӯлеге мал салып
қудайдан перзент тилейди ҩәм перзентли болады. 
Дәстанның басланыӯындағы перзентсизлик тҥйини ӯақыяның избе-из байланысы 
менен қатнасы бар екени сезиледи. Перзентсизлик темасының дәстанның басында орын 
алыӯының кӛп ғана себеплери болыӯы мҥмкин. Ал олардың ишиндегиси ең баслысы 
«қаҩарманның туӯылыӯынан» ӯақыяны баслаӯ дәстҥрине байланыслы болыӯы итимал. 
Белгили илимпаз Қ.Мақсетов ӛзиниң «Дәстанлар, жыраӯлар, бақсылар» деген 
мийнетинде кең тоқтап ӛтип былай деп кӛрсетеди. «Перзентсизлик халық поэзиясында 
белгили бир мотивке айланыӯы адамзат жәмийетиниң ертедеги тарийхы менен, сондай-ақ 
халық поэзиясының әййемги тарийхы менен байланыслы блыӯы мҥмкин. Перзент тилеӯде 
әӯле қусаған нәрселердиң қосылыӯы динниң тәсирине байланыслы екенлигинен болыӯы 
керек. «Қоблан» дәстанынының басында «Қуӯсырық» әӯлеге жан сойып, перзент тилеӯи 
тиккелей ислам дининиң басым екенлиги айқын кӛринеди.»
3
Қарақалпақ халық дәстанларында туӯылған балаға ат қойыӯ мотиви жийи гезлеседи. 
Бул дәстҥрий мотивке айланғанын кӛриӯимизге болыды. Бала туӯылған менен бирден 
оған ат қойыӯ қыйын болады. Кӛп жағдайларда хылық дәстанларында баланың атын «Ақ 
сақаллы, басында бар сәллеси, ийнинде бар жәндеси, қолында бар ҩасасы» ғарры қояды. 
Бул жағдай бир жағынан халықтың баланың атын жасы ҥлкен ғаррыға қойдырыӯ дәстҥри 
болса, екинши жағынан баласының атына қҥдиретликти байланстырыӯ болып 
есапланады. Себеби, жоқарыдағы тәрип етилген ғарры баланың атын қояды да, «кӛзден 
ғайып болып» кетеди. Мысалы, «Қоблан» дәстанында: «Таңның алды болған ӯақтында 




Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   396   397   398   399   400   401   402   403   ...   418




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет