Ғайрат Алламуратов
«Қайтқан қарыз»
( гүрриң)
Қыстаўлы тез жәрдем көрсетиўши емлеўхана. Ақ халат кийген шыпакер мийирбийкелер зыр-зыр жуўырысады. Трамватология бөлимине жаңа ғана түскен наўқас автоавариядан аўыр жарақатланыпты. Балтыр сүйеклери сынып, көкирек қабырғалары жарылып кетипти. Буның диагнозын алып келген галстук таққан, семиз қарынлы, орта жаслы киси көрип бираз тәшўишке түсти.
–Тақсыр, майыптың аўҳалы жүдә төмен. Операция ислегенимиз бенен оның ден саўлығы төтепки бере алмайды. Өкпеси туберкулёз кесели менен аўыр зақымланыпты.
Жеткер бир адамның өмирине шек келтирип, оның әжелине ат қосшы болғанына шыпакердиң мына айтқан сөзлеринен кейин тәшўиши буннан бетер ҳәўижге келди.
–Енди үмит жоқ па, дуғдыр?
–…
Шыпакер басын шайқағаннан басқа тил қатпады. Алып келген адамы жақыны емес екенин билсе де, жүзинде қыйналғандай бегилерди пайда етти.
–Оны көрсем бола ма?
–Жүриң, бирақ еле өзине келмеди, көзин ашқаны жоқ. Аўырыўды қалдырыўшы иләжларды иследик. Бираздан өзине келип қалыўы мүмкин.
Шыпакердиң өзи баслап бөлмеге кирип барды. Жеткер жүзинен басқа барлық жери ақ винт пенен орап тасланған майыпты көрди. Аўыр гүрсиниўи менен жақынлап, бетине еңкейип тигилди. Қай жеридур бир жери Жеткерди қайта-қайта тигилиўге мәжбүр етти. Тағы қарады. Қәддин тик тутады. Және еңкейип, енди майыптың мурнының тусына барып тақалды. Жеткердиң қайта тигилип қарай бергени – сүйеги сынып, тегис емес ийрек-ийрек болып питкен майыптың мурны. – Я тәўбе! Караматыңнан! – Иштен гүбирленди Жеткер. Оның кеўлиндегисин оқып турғандай, бир нәрседен сетем алып қарап турған Жеткерге шыпакер сораўлы нәзер менен:
–Таныс па еди сизге?
Жеткер жуўап бериў орнына қабағын үйип, ҳәм қәҳәрли, ҳәм қыяллы көзлери менен шыпакерге қыялап қарады. Шыпакер бийорын сораў берген баладай көзин Жеткерден үзип, майыпқа қаратты. Тыпыршылап: – Сиз усы жерде боласыз ба, мен ҳәзир айланып келемен,–деп шығып кетиўге асықты. Жеткер аўыз сөз айтпады. Тек майыпқа қарап тигиледи.
–Я тәўбе! Егер бул сол болса…– деп даўысласа да кейинги сөзлерин әсте пәсеңлетип жутып, үнсиз ойланыўға қарады. Отырғышта қолын дизесине тиреп, ийегиниң астынан жумсақ алақаны менен сүйеди. – Бул мен излеген Қәдирбай болса ше? Мурнының мына сүйеги жиңишкерсе де, сол Қәдирди еслетип тур. –Жеткердиң қас-қабақлары толық бир жерге жыйналды, қатты аўыр ой демин туншықтырды. – Егер буның қарызын–аманатын қайтармасам, оқығаным, ислеп атырған жумысым ҳарам. – Жеткердиң ойын зил бастырып салмақландырған, бет-әлпетиниң әжеп тәўир түске ениўине себеп болған нәрсе бул – Қәдирбайдың Жеткерге керегинде көрсеткен жәрдеми.
Жеткер буннан әдеўир жыллар алдын оқыўды питкерер алдында бир аласатлы ўақыяның қатнасыўшысы болған еди. Жас жигиттиң ары сийнесинде жайғаспай Жеткер қәпелимде «көркем тилли», «қуяңқы» жигиттиң ақылын киргиземен деп, қас қоймай, көз шығарды. Ол арзымас көкти деп емлеўханаға жатып, Жеткердиң өзиниң ақылын кириткен еди. Мине сондағы буның емленип шығыўы, әсиресе, Жеткердиң оқыўына кесапаты тийип кетпеўи ушын зәрүр «аўыз жабар» пулды ата-анасы таўып бере алмаса да, мына өлим менен өмир аралығында әўере сарсаң болып жан талўасасында жатырған Қәдирбай берген еди.
Дурыс, ол ўақытта Қәдир жас, күшке толған ғырстай жигит еди. Оқыўды писент етпесе де, сырт еллерде жумыс ислеп нобай пул табыўдың түрли жолларын баслап бериўшилердиң бири. Жеткердиң аўылдағы қоңсысы руўлас Турдыбай устаның баласы Қәдир «Золотая рука». Ол урныққыр болса да, кәсибиниң маманы. «Золотая рука» лақабы да мәзи берилген емес. Жайдың едени, пәтиги, шифери «Золотая рука»ның қолы тийди болды ҳеш минсиз қабылланады. Жайдың хожайини устаға кеўли толып, ис-ҳақыдан тыс қосымша ақша да беретуғын еди. Дәслеп қоңсы еллерге жумысқа қара басы баратуғын болса, соң-соң аўылдың жигитлерин ертип апарып басшысы болды. Бригады да өзи. Басшы болыў да аңсат па, әсиресе, өзге елде жерлесин қоллаў-қуўатлаў жетекши Қәдирдиң мойнында. Бир жергиликли бийзарылар менен болған төбелесте оның мурны усындай ийрек-ийрек белги болып қалған еди. Ҳәзир де Жеткерге оны танытып отыр.
Мине, усындай табыскер қоңсы Қәдирден Жеткер пул сорап барғанында:
–Иним, жасың меникинен киши болса да, сени сыйлайман. Сен оқып атырсаң. Жоқары мағлыўматлы боласаң. Мен нанымды қашаў менен ағаштың ишинен жонып аламан. Әттең, оқыўға ҳеш қумартпадым. Сен оқып кәмал тап, бирақ ҳәзир күш емес басты ислет. Мен саған керек пулды беремен – деп қыйналмай Жеткердиң қолына услатып жиберген еди.
Өзи оқымаған уста болса да, оқыўдың, билим алыўдың ертеңги күнниң гиреўи, арқаўы екенин, күштиң билекте емес, билимде екенин билип, уқтырғанына Жеткер сонда қайыл қалып, иштен алғыслар айтып қайтқан еди. Мине бүгин болса, сол қайырқомы, қәўендери Қәдирбайды өз Нексиясы менен қағып алды. Буннан қалаберсе ол өлим алдында.
–Ҳәзир көзин ашып маған тигилип қараса, мени таныса … Не айтаман, сени басып кеткен мен деймен бе? Яқ! Тәңирим! Бул мен ойлаған Қәдирбай болмағай! –Жеткер өз ойлаған қыялынан өзи сескенип, қолларының дизгинин басқара алмады, алақанлары еки дизесине епсиз жайғасты.
Мөлерген көзлери менен Жеткерге қарап, оның сүлдерин анық көре алмай ыңырсып майып оянды, көзлерин ҳәлсиз ғана ашып-жумып Жеткерге зорға көзин туўрылай алды. Төбесинде отырған, ойға шүмген адамды танымады да.
–Иихх, аахх.
Жеткер шоршып, селк ете қалды. Майыптың мөлерип қарап турған көзлерине оның көзи түсти. Арқасы муздай терге малынды. –Япырмай! Қәдирғой! Бул айтқанын тек өзи еситти.
–Ихх, киммсеең?
–Қыйналып, қалмаң. Көп урынбаң. Мен Жеткермен.
–Жеткеер… – майып сөзин айтып, көзин жоқары қаратып, бираз ойланып ыңырсып жатты. Кимдидур еслеп атырғанға уқсады ол.
–Қәдирбай емессиз бе? Золотая рука!– деп қосып қойды ол.
–Зоолоотаая рукааа…– Сөзин айтты тәкирарлап. Даўыстан демин көбирек шығарып. Жоқарға қарап жатып, ўақтында алтын қолдың нелер ислегенин көз алдына елеслетти. Ойланып атырып бирден көзи тигилип тынып қалды. Аларып Жеткерге басын бурды. Бул қарас Жеткердиң жети жүйкесин дирилдетти.
–Жееткеер студент!–деди даўысы өлпең еситилип. Жеткердиң үстине бираз сер салып қарап, әсте езиўинен мыйық тартты. Көзлерин жумды. Қәдирбай таныды. Жеткерди таныды. Бирақ басқа сөз қатыўға динкесизлиги имкан бермеди. Қәдир көп нәрселер ҳаққында айтып бериўди, Жеткер менен көп сәўбетлесип отырғысы келгенин ашық жүзи билдирип атыр. Лекин, дем таўсылып баратыр. Өлер алдында жатырған Қәдирдиң бул жыллы келбети, сен айыплысаң мениң өлимиме деп қарамағаны Жеткерге дым аўыр тәсир етип атыр. Шыдамады.
–Қәдирбай төрем, сени мен басып алдым, мееен!–деп оның алақанын услап бетине басты, аўыр гүрсинип жылады. Қәдир Жеткердиң бетиндеги қолынан бас бармағы менен епсиз сыйпады. Жеткер көз жасына жуўылған бетин көтерип майыпқа қарады. Мәрт Қәдир ыржыйыўы менен «–жылама, мениң өлимиме сениң айыбың жоқ,»– дегендей басын шайқады. Оның жүзинде қандай да бир қуўаныштың нурлары бар. Аўа ол енди қуўанышлы. Атадан жалғыз қалдырған бул қатал өмирде өлгенде суўға ендирип, кепинлеп, жерлейтуғын жақыны табылғанына қуўанышлы. Дүзде өлип қалып, денеси қараўсыз қалмайтуғынына қуўанышлы.
–Қәдир ағам! Мен оқыдым. Адам болдым. Сениң арқаңда адам болдым. Мине өмирим, табысым озық, ҳәмме зат жетеди. Бунда сениң жәрдемин мол, ағааа!–деп еңкилдеп жылады. Еки ийни селк-селк етип жылады.
Мыйық тартып, ишинен –Мениң қәдиримди билген адам,–деп Қәдирдиң кеўли толып бар күшин жыйнады, – Ақ решшш…– деп даўысын көтерип айтты. Соңғы сөзин айтты. Қоллары босасып Жеткердиң қолынан жаздырылды. Жансыз дене көзлери жумылып, мыйық тартып жыллы жүз бенен әлемнен өтти.
Жеткер ойнап-өскен аўылындағы «Ақ реш» қойымшылығына Қәдирбай устаны жерледи. Аўылға садақасын тарқатып, қәбирине сүўрет қойды, тастан жай қалады. Нөкиске қайтып, Нексиясын қалалық прокуратура кеңсесине қарай айдады…
Достарыңызбен бөлісу: |