Ибрайым юсупов



Pdf көрінісі
бет23/28
Дата08.03.2023
өлшемі0,8 Mb.
#72537
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   28
КУМДАҒЫ РЕВОЛЮЦИЯ 
Ашық кеўил атқан таңдай,
Рус қызы-мәрт келиншек,
Бахытқа мәс болған жандай.
Таң қойнында тур күлимлеп. 
Баслап тоғай бригадасын,
Киристи ол қызғын иске,


107 
Көрип сол бир жас ағашын,
Келген күнин алды еске. 
Дәслеп бунда егилгенде
Наренжан болыи солған бир түп, 
Жайқалып тур бүгин, мине,
Гүлге айналып, жзрған бүртиқ, 
Тоғай шақырып бас былғаған
Жер бетине салып сая,
Шешек атып сылақлаған
Турды жийрен акация, 
Шөл даланың аңызағы —
Шалған арыў жүзнндей-ақ
Ертең бүршик гүл жапырағы
Солқымланар жүзимдей - ақ. 
Деди Таня: 
- Биз егерде,
Жигерленсек күш аямай,
Акация гүллеген жерде
Өсер сөзсиз қалың тоған... 
Күткендей-ақ усы сөзди
Қум шетинде бурқ етти шаң,
Силкиндирип қумлы дүзди
Топылыс ашты батыр адам. 
Бул топылыс—емес урыс,
Бүлдприўши жай, қаланы:
Урыс емес бул қурылыс,
Жанландырған шөл даланы. 
Бул-бомбаның үни емес,


108 
Тыныш журтқа барып түскен,
Бул-азаның күни емес
Нәрестениң демин кескен. 
Бул шөлдеги революция,
Бул-туўысқан халықлар бахыты,
Адымлаўшы дәў машина
Жүрер асап топырақты. 
Зор кранлар созып мойнын,
Шөл қудиретин жатар таплап,
Титиретип қумның қойнын,
Мың машина кетти қаплап. 
Бул ғайратқа сәлем берип,
Төгилди күн зер шапағы,
Тирилгендей өмир кирип,
Көтерилди қум қабағы. 
Самолетлер қустай қалқып,
Тоғай дәнин септи кумға.
Нарт ағашлар гүўлеп, шалқып,
Жатар нурлап, өсип бунда. 
1952-жыл Нөкис-Тахиатас. 


109 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   28




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет