1
Сона – бул жерде ғаз-үйрек мәнисинде. И.Ю.
10
ШЫБЫҒЫ СЫНСА ШЫНАРДЫҢ
Шыбығы сынса шынардың,
қабығынан шығар жас.
Ол сонда жылар гүўилдеп,
қәдимгише куўанбас.
Миллионлаған жапырақ
сол жаралы путаққа
Парўана болып турғанын
көз бенен көрдим мен ырас.
«Ағашта сирә болар ма , , ,
жан-сезим, шадлық, қайғы ғам?
Бул өтирик, кенеўсиз
бир қыял ғой» дер маған.
Ырасында да мүмкин бул
қыялы шығар шайырдың,
Шынында шынар ағаш ғой,
Ал, мен болсам... — мен адам.
Мен адамман! Сонлықтан
жүрегим биреў, жаным көп.
Сол жүректен жол таўып,
алыста аққан каным көп.
Ак, кара канлар бәри де
өзимниң каным, өз жаным,
Қымтамаспан олардан
«мынаўсы мениң наным» деп.
Ертеңги әўлад бахыты ушын
бүгинги еткен мийнетим.
Атомнан нур алдым мен
артсын деп өмир зийнетин.
Космосқа кеше ушырдым
кыялды емес, шынлықты,
Мен адамман, Жер ушын
11
түсирген Айдың суўретин.
Адамсыз адам жасар ма?
Жалғызға дүнья тарылып,
Қәўиминен қуўылған
Ларрадай өлер жарылып.
Адам түўе ғазлар да
бөлинип қалса тобынан,
Қара кешке ғанқылдап,
топарын излер сарылып.
Жалғызлық пенен азлықтын
дәўири кетти келмеске.
Бөлинсең бөри, айырылған
адамды айыў жемес пе
Ҳәзир дүнья даўылда
толқынға түскен кемедей,
Кемеге минген жаны бир,
тәғдири бир емес пе!
Жүзсекте қайсы теңизде,
жүрсекте қайсы қурғақта,
Мен — көп ушын көпшилик
мен ушын сөйлер бул ўақта.
Тынышлық, дослық — еки сөз
сағынышлы бәҳәр қусындай,
Кеўиллерге қурық басып,
ақылға уя салмақта.
Қус — ушыўға, ал адам —
туўылар бахыт, ерик ушын.
Бахытлыман, азатпан,
ғәрезсизбен, бар күшим,
Өз бахытыма масайрап
жата алмайман бирақта,
Өйткени, мен адамман.
Адам-адамлар ушын.
12
Өйткени, еле көп жерди
қыс қаплап, тур, жаз емес
Шерткени еле ҳәмменнн
қуўанышлы саз емес.
Мийнетин терең тамырдын
емшектей емиўши
Сықылсыз ҳарам терис путақ
шынарда еле аз емес.
Кубада биреў жыласа
жас сорғалар бетиме,
Конгода урған ҳәр таяқ
батар мениң етиме.
Асанумаға тийген қанжар
жаралады жанымды,
Әлжир тартқан азаптан
қабырғам менин сөтилер...
Шыбығы сынса шынардың,
қабығынан шығар жас.
Гүўилдеп ғана жылар ол,
самалға ҳеш жубанбас...
Биз бирақта даўылға
жалынар жапырак емеспиз,
Баз адамбыз, бирлессек,
ҳеш даўыл бизди жығалмас.
Бирлессек егер «жоқпан» деп,
бақырар қудай өзи де.
Шықпас еди-аў, бирлессек,
Лумумбаның көзи де,
«Бирликке келиң адамлар!»
деп есикти қағып тур
Ҳақ нийетли жанлардың
бирлесерлик гези де.
13
Декабрь, 1960-жыл.
Достарыңызбен бөлісу: |