Збекстан республикасы



Pdf көрінісі
бет38/44
Дата13.08.2023
өлшемі371,64 Kb.
#105226
түріСтатья
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   44
Байланысты:
kr

137-статья.
Ҳәмме судларда ислер ашық көриледи. Ислерди жабық мәжилисте 
тыңлаўға нызамда белгиленген жағдайларда ғана жол қойылады. 
138-статья.
Суд ҳәкимиятының ҳүжжетлери барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм 
басқа шөлкемлер, лаўазымлы шахслар ҳәм де пуқаралар ушын миннетли. 
 
139-статья.
Өзбекстан Республикасында суд ислерин жүргизиў өзбек тилинде
қарақалпақ тилинде ямаса тийисли орындағы көпшилик халық сөйлесетуғын 
тилде яки нызамға муўапық басқа тилде алып барылады. Суд ислери алып 
барылып атырған тилди билмейтуғын судта қатнасыўшы шахслардың 
дилмаш арқалы ис материаллары менен толық танысыў ҳәм суд ислеринде 
қатнасыў ҳуқықы ҳәм де судта ана тилинде сөйлеў ҳуқықы тәмийинленеди. 
140-статья.
Судлардың жумысын қаржыландырыў тек ғана Өзбекстан 
Республикасының Мәмлекетлик бюджетинен әмелге асырылады ҳәм ол 
әдил судлаўды толық ҳәм де ғәрезсиз әмелге асырыў имканиятын 
тәмийинлеў керек. 


46 
ХХIV бап. Адвокатура 
 
141-статья.
Физикалық ҳәм юридикалық шахсларға қәнигели юридикалық 
жәрдем көрсетиў ушын адвокатура жумыс алып барады.
Адвокатура жумысы нызамлылық, ғәрезсизлик ҳәм өзин-өзи 
басқарыў принциплерине тийкарланады. 
Адвокатураны шөлкемлестириў ҳәм оның жумыс тәртиби нызам 
менен белгиленеди.
142-статья.
Адвокат өз кәсиплик ўазыйпаларын әмелге асырып атырғанда оның 
жумысына араласыўға жол қойылмайды. 
Адвокатқа өзиниң қорғаўындағы шахс пенен тосқынлықларсыз ҳәм 
қупыя ушырасыў, мәсләҳәтлер бериў ушын шараятлар тәмийинленеди. 
Адвокат, оның ар-намысы, қәдир қымбаты ҳәм кәсиплик искерлиги 
мәмлекет қорғаўында болады ҳәм нызам менен қорғалады. 
 
XXV бап. Прокуратура 
 
143-статья.
Өзбекстан Республикасы аймағында нызамлардың анық ҳәм бирдей 
орынланыўы үстинен бақлаўды Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры 
ҳәм оған бойсыныўшы прокурорлар әмелге асырады. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   44




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет