Збекстан республикасы


XXVII бап. Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик



Pdf көрінісі
бет41/44
Дата13.08.2023
өлшемі371,64 Kb.
#105226
түріСтатья
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   44
Байланысты:
kr

 
XXVII бап. Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик 
 
152-статья.
Өзбекстан 
Республикасы 
Қураллы 
Күшлери 
Өзбекстан 
Республикасының мәмлекетлик суверенитетин ҳәм аймақлық пүтинлигин, 
халықтың тыныш турмысы ҳәм қәўипсизлигин қорғаў ушын дүзиледи. 
Қураллы Күшлердиң дүзилиўи ҳәм оларды шөлкемлестириў нызам 
менен белгиленеди. 
153-статья.
Өзбекстан Республикасы өз қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын 
жетерли дәрежеде Қураллы Күшлерине ийе. 
АЛТЫНШЫ БӨЛИМ. КОНСТИТУЦИЯҒА ӨЗГЕРИС
КИРГИЗИЎ ТӘРТИБИ 
154-статья.
Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм 
қосымшалар тийислисинше Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң 
Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенаты ағзалары улыўма санының 
кеминде үштен еки бөлегинен ибарат көпшилиги тәрепинен қабыл етилген 


49 
конституциялық нызам ямаса Өзбекстан Республикасының референдумы 
менен киргизиледи. 
Усы Конституцияның 1-статьясы ҳәм усы статья екинши бөлиминиң 
қағыйдалары қайта көрип шығылыўы мүмкин емес. 
Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм 
қосымшалар киргизиў ҳаққындағы конституциялық нызамда оның 
нормаларын, сондай-ақ Конституцияның нормаларын қолланыўдың өзине 
тән өзгешеликлери нәзерде тутылыўы мүмкин. 
155-статья.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси тийисли усыныс 
киргизилгеннен кейин алты ай даўамында Конституцияға өзгерис ҳәм 
қосымшалар киргизиў ҳаққында кең ҳәм ҳәр тәреплеме додалаўды есапқа 
алған ҳалда конституциялық нызам қабыл етилиўи мүмкин. Егер Өзбекстан 
Республикасы Олий Мажлиси Конституцияны өзгертиў ҳаққындағы 
усынысты қайтарса, усыныс бир жыл өткеннен кейин ғана қайта 
киргизилиўи мүмкин». 
2-статья.
Усы Конституциялық Нызам референдум жуўмақлары Өзбекстан 
Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен рәсмий жәрияланған 
күннен баслап күшке киреди. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   44




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет