Збекстан республикасы



Pdf көрінісі
бет43/44
Дата13.08.2023
өлшемі371,64 Kb.
#105226
түріСтатья
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   44
Байланысты:
kr

 
7-статья.
Усы Конституциялық Нызамның мәмлекетлик ҳәкимият лаўазымлы 
шахсларының ўәкиллик мүддетлери, сайланыў (тайынланыў) тәртиби ҳәм 
(ямаса) шәртлерин өзгертиўши ҳәм (ямаса) басқаша түрде тәсир етиўши 
қағыйдалары усы Конституциялық Нызам күшке кирген ўақытта усы 
лаўазымларды 
ийелеп 
турған 
шахсларға 
қолланылады 
ҳәм
де усы шахслар Конституциялық Нызам күшке кирген ўақытта көрсетилген 
лаўазымларды ийелегенлиги ҳәм (ямаса) ийелеп киятырғанлығының 
үзликсиз мүддетлери санына қарамастан, Өзбекстан Республикасының 
басқа 
пуқаралары 
менен 
тең 
түрде Өзбекстан 
Республикасы 
Конституциясының талапларына, соның менен бирге усы Конституциялық 
Нызам редакциясындағы талапларына муўапық усы лаўазымларға 
сайланыўға (тайынланыўға) ҳақылы. 
Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының өзине жаңа 
сайланыў шәртлери ҳәм ўәкилликлер мүддети енгизилип атырған әмелдеги 
судьялары өзиниң ўәкилликлерин олар сайланған мүддет тамамланғанына 
шекем даўам еттиреди. Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының 
вакант 
судьялық 
лаўазымлары 
усы 
Конституциялық 
Нызам 
редакциясындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясында белгиленген 
тәртипте толтырылады. 
 
 


51 
8-статья.
Усы Конституциялық Нызам ҳәм усы Конституциялық Нызам 
редакциясындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерис ҳәм 
қосымшалар тийислисинше Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң 
Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенаты ағзалары санының 
кеминде үштен еки бөлегинен ибарат көпшилиги тәрепинен қабыл етилген 
конституциялық нызам ямаса Өзбекстан Республикасының референдумы 
менен киргизилиўи мүмкин. 
9-статья.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети: 
мәпдар мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте нызамшылықты усы 
Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан Республикасы 
Конституциясына муўапықластырыў бойынша ис-илажлар бағдарламасын 
еки айлық мүддетте ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий 
Мажлиси палаталарына киргизсин; 
мәмлекеттиң усы Конституциялық Нызам редакциясындағы 
Өзбекстан Республикасы Конституциясында белгиленген социаллық-
экономикалық миннетлемелердиң орынланыўын, сондай-ақ мәмлекетте 
әмелге асырылып атырған ҳәкимшилик реформалар шеңберинде 
республика атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ўазыйпалары ҳәм 
функциялары қайта көрип шығылыўын есапқа алған ҳалда орынланыўын 
тәмийинлеўге тийисли ис-илажлар бағдарламасын үш айлық мүддетте 
ислеп шықсын ҳәм тасыйықласын; 
ҳәр жылы келеси жыл ушын Өзбекстан Республикасының 
Мәмлекетлик бюджети ҳаққындағы нызам жойбарын таярлаўда мәмлекетттиң 
усы Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан Республикасы 
Конституциясында белгиленген социаллық-экономикалық миннетлемелерди 
орынлаў ушын зәрүр қәрежетлер бағдарланыўын нәзерде тутсын. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   44




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет