8
Шахсты услаў ўақтында оған түсиникли тилде оның ҳуқықлары ҳәм
услап турылыўы тийкарлары түсиндирилиўи шәрт.
28-статья.
Жынаят ислегенликте айыпланып атырған шахс оның айыбы нызамда
нәзерде тутылған тәртипте ашық суд додалаўы жолы менен
дәлилленбегенше ҳәм судтың нызамлы күшке кирген ҳүкими менен
анықланбағанша айыпсыз деп есапланады. Айыпланыўшыға өзин қорғаў
ушын барлық шараятлар тәмийинленеди.
Айыплылыққа байланыслы барлық гүманлар, егерде оларды
сапластырыў мүмкиншиликлери тамамланған болса, гүманланыўшының,
айыпланыўшының, судланыўшының ямаса судланған шахстың пайдасына
шешилиўи керек.
Гүманланыўшы,
айыпланыўшы
ямаса
судланыўшы
өзиниң
айыпсызлығын дәлиллеўи шәрт емес ҳәм қәлеген ўақытта үнсизлик сақлаў
ҳуқықынан пайдаланыўы мүмкин.
Ҳеш ким өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гүўалық бериўге
мәжбүр емес.
Егер шахстың өзиниң айыбын мойынлағанлығы оған қарсы бирден-
бир дәлил болса, ол айыпкер деп табылыўы ямаса жазаға тартылыўы
мүмкин емес.
Еркинен айырылған барлық шахслар өзине қарата инсаныйлық
қатнасықта болыныўы ҳәм де инсан шахсына тән болған ар-намысы
ҳәм қәдир-қымбаты ҳүрмет етилиўи ҳуқықына ийе.
Шахстың судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый
ақыбетлер оның туўысқанлары ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар болыўы
мүмкин емес.
Достарыңызбен бөлісу: