9
ҳуқықына, сондай-ақ әпиў етиў ямаса жазаны жеңиллестириў ҳаққында
өтиниш етиў ҳуқықына ийе.
Хуқықбузарлықлардан жәбирленгенлердиң ҳуқықлары нызам менен
қорғалады. Мәмлекет жәбирленгенлерге қорғаныўды ҳәм әдил судлаўдан
пайдаланыўды тәмийинлейди, оларға келтирилген зыянның орнын
қапланыўы ушын шараятлар жаратады.
30-статья.
Ҳеш ким рәсмий жәрияланбаған нызам тийкарында ҳүким етилиўи,
жазаға тартылыўы, мал-мүлкинен ямаса басқа бир ҳуқықынан айырылыўы
мүмкин емес.
Ҳеш ким бир жынаят ушын қайта ҳүким етилиўи мүмкин емес.
31-статья.
Ҳәр бир инсан жеке өмириниң қол-қатылмаслығы, жеке ҳәм
шаңарақлық сырға ийе болыў, өзиниң ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын
қорғаў ҳуқықына ийе.
Ҳәр ким хат жазысыўлары, телефон арқалы ҳәм басқа сөйлесиўлери,
почта, электрон ҳәм басқа хабарлары сыр сақланыўы ҳуқықына ийе. Усы
ҳуқықтың шеклениўине тек ғана нызамға муўапық ҳәм судтың шешимине
тийкар жол қойылады.
Ҳәр ким өзиниң шахсына байланыслы мағлыўматларды қорғаў
ҳуқықына, сондай-ақ надурыс мағлыўматлардың дүзетилиўин, өзи
ҳаққында нызамға қайшы жол менен топланған ямаса ҳуқықый тийкарларға
ийе болмаған мағлыўматлардың жоқ етилиўин талап етиў ҳуқықына ийе.
Ҳәр ким турақ жайға болған қол-қатылмаслық ҳуқықына ийе.
Ҳеш ким турақ жайға онда жасаўшы шахслардың қәлеўине қарсы
кириўи мүмкин емес. Турақ жайға кириўге, сондай-ақ шығарып алыўға ҳәм
көзден кешириўди өткериўге тек ғана нызамда нәзерде тутылған
жағдайларда ҳәм тәртипте жол қойылады. Турақ жайда тинтиў өткериўге
тек ғана нызамға ҳәм судтың шешимине муўапық жол қойылады.
Достарыңызбен бөлісу: