А. С. Пушкин нөкис «Қарақалпақстан» баспасы 1985


ТАТЬЯНАНЫҢ ОНЕГИНГЕ ЖАЗҒАН ХАТЫ



Pdf көрінісі
бет3/4
Дата15.03.2017
өлшемі312,58 Kb.
#9807
1   2   3   4

ТАТЬЯНАНЫҢ ОНЕГИНГЕ ЖАЗҒАН ХАТЫ 

 

         («Евгений Онегин» романынан) 



 

Мен сизге жазаман, буннан да бетер  

Тағы да мен айта аларман нени?  

Билсем енди Сизиң ықтияр жетер,  

Жек көрип жазаға тартсаңыз мени,  

Сиз лекин бахытсыз пайыма мениң  

Аяп, бир бакқайсыз жайыма мениң.  

Қалайда қалдыра қоймассыз мени,  

Сол келди басыма, ойыма мениң.  

Айтпайын деп едим баста мен өзим,  

Инаның уятыма, ҳақ туўра сөзим,  

Айтбасам, сиз буны билмес едиңиз:  

Қашан үмит етип сарғайттым жүзим.  

Сийрек-сийрек гөне қалып аўлақта,  

Ҳəптеде бир жола ең жақсы ўақта  

Ҳəўеспиз көрмеге, тыңлаўға Сизди,  

Айтқан сөзиңизди бизиң қыслақта. 

 

Арзыў, ҳəўеслерди мен булай дейин,  



 

31

Көрисип сиз бенен тағы да кейин,  



Күн-түни бир нəрсе ҳаққында ойлап,  

Тағы жаңадан ушырасқанға дейин.  

Ҳешкимди сүймейди деседи Сизди,  

Бундай түпкир Сизге ол кеўилсизди,  

Бизше?... Асып кеткен ҳеш нəрсемиз жоқ,  

Жүремиз шадланып тек ғана Сизге. 

Мен сизди ҳеш қашан билмес едим де.  

Бул ашшы азапты көрмес едим де,  

Не ушын келдиңиз, түпкирде бизге,  

Жаннан жапа шектим, Сизди көрдим де.  

Қалай билсемде мен жай болар едим  

Жүректен таўып дос яр болар едим,  

Шын ҳақыйқат туўра жубайы болып,  

Басқа! ... Жоқ, дүньяда ҳешкимге енди  

Бере алмаспан бундай етип кеўлимди.  

Билдим солай жазылыпты несийбем,  

Ҳақыйқат сеники болдым мен енди.  

Болды гиреў барлык өмирим мениң,  

Тек сени келсе деп қасыма мениң,  

Билсем сени маған жиберген қудай,  

Өлгеннмше сенсең есимде мениң. 

 

Қасыма сен мениң түсимде келдиң,  



Ай болып жақтырып, сəўлелер бердиң.  

Сөз қатып жағымлы қарасың менен,  

Мениң жүрегимди еритип жибердиң,  

Бурында ... жоқ оны түс емес дедим,  

Кирип келгениңди сол заман сездим,  

Шалқа түсип, бийҳушлыққа жүз тутып,  

Ол келген ойымда анық сол дедим.  

Айтшы? Еситкеним дурыс емеспе,  

Əстен сөйлескениң дурыс емеспе.  

Мен бердим жəрдемди ғəрип-қəсерге,  

Шүкирлик еткеним дурыс емеспе?  

Толқынлы жаныма ҳəсиретлер салдың.  

Сен емеспе? Келип ақылымды алдың  

Тастай қараңғыда жылт етип əстен,  

Əдеп пенен бас жағымнан таялдың.  

Сен емеспен? Маған шадлық сөз қатқан,  

Сүйикли үмитли сөзлерди айтқан,  

Сен кимсең? Периштем, дəрманымбысаң  

Яки нəкəспысаң əрманға шатқан? 

 

Мениң буннан гүманымды өзин шеш,  



Болса болып қалар булар бəри ҳеш.  

Булай тəжирийбесиз жанды алдаған?  

Өзгеше жазылған ... оңбас ерте-кеш,  

Солай болса болсын! Тəғдирим мениң  

Қайтпайман беремен қолыңа сениң,  


 

32

Төгип көз жасымды сениң алдыңда,  



Интизарман қорғаўыңа мен сениң.  

Ойлап көр! Жалғызбан, басқа киси жоқ,  

Мен күтемен сени нəзер сал келип.  

Жүректиң үмитин йошландыр келип,  

Яки үз көрилген сол аўыр түсти,  

Емес! Жолын таўып қыйна сен келип,  

Таўысаман! Буны оқыў азаплы,  

Уят қəтер менен қаттым қорқыныш,  

Лекин намысың бар, ол маған кəмил  

Соған өз-өзимди шатаман тыныш. 

 

ҚУС 

 

Шықпайды елимниң дəстүри естен,  



Жат елде жүрсем де мен қəстерлеймен  

Бəҳəр байрамында қусты қəпестен  

Босатып ушырып жиберип жүрмен. 

 

Кеўлим жубанышта мениң бул ўақта,  



Жаратқан аллаға жоқдур налышым,  

Бир ғана кишкентай жанлы мақлуққа  

Мен еркинлик бере алғаным ушын! 

 

ҚАЙТА ТИКЛЕНИЎ 



 

Қодирең художник ол тек  

Жабысып алып кистине,  

Генийдиң салған сүўретин үйкеп,  

Дағал суўрет салар үстине. 

 

Бирақ, жылжып - жыл өткен сайын  



Көпшип түсер ол жат бояўлар.  

Дөретпеси Генийдиң тағы  

Сулыўлығын қайта баянлар. 

 

Солай өшип мениң кеўлимнен  



Алжасықтың дағал излери,  

Əўелги сап, таза күнлердиң  

Пайда болар көринислери. 

 

ҲƏЗЛИК 

 

Өмирдиң жаңа ашылған гүллери,  



Кеўилсиз бенделик пенен солады,  

Билинбей жойылып жаслық күнлери,  

Оның изи қапалықтан толады. 

 

Ес-түссиз туўылған мəҳəлден баслап,  



Жеткенимше жигитшилик ўақтыма,  

 

33

Ҳəзликлерди мен билмедим жақсылап,  



Жүректе дəрт, келмеди үмит - бахтыма. 

 

Өмир қапысынан мен узағырақ, 



Сығаладым шыдамсызлықлар менен.  

Ҳəзлик анаў жерде деў менен бирақ,  

Тек үрей изинен ушқан екенмен. 

 

Əжайып суйкимли сулыўлық пенен,  



Алтын қанатларын ақырын қағып,  

Мениң алдымда ең ушқырлық пенен,  

Ашықлық қыяллар өтеди ағып. 

 

Мен изинен узақтағы мақсетке –  



Уштым, мақсетиме жете алмадым. 

Шадлық пенен қанатлар питкенликке,  

Бахыттың тез өтер ўағын ойладым. 

 

Геўгим жас күнлеримниң шам-шырағы,  



Қашан жайнап жарқырайды жанады.  

Мениң бул түнерген жолларым тағы,  

Яр гүлшаны менен жақтыланады. 

 

 



ҚОСЫҚ ЖАЗАТУҒЫН ДОСТЫМА 

 

Арист! Сен де көп қатары сыйыкыпсаң Парнасқа! 



Ер салмақшы болыпсаң үркек асаў Пегасқа, 

Гүлтаж ушын асығыпсаң кəўип-қəтерге қарамай,  

Аяўсыз сынға қарсы саўаш баслап, япырмай!  

Арист, сен исен маған қағаз, кəлемнен ўаз кеш. 

Булақ, тоғай, қəбирстанды ядыңа да алма ҳеш.  

Йошсыз салқын қосық жазып, ышқыда күйип - жанба, 

Таўдан қуламай турып тезирек пəске жақынла! 

Сенсиз де шайырлар көп жетип атыр жетеди, 

Қосықларын бастырыўдан ҳəмме умытып кетеди.  

Итимал, бул ўақлары, булшаўқымнан алыслап, 

Бир делбе қыял менен өмирликке кеўлин хошлап  

Мектеп панасына тыныш жасырынған биреўлер. 

Екинши «Тилемахты» басқа əке өсирер ... 

Биймəни мылжыңларға бас қоспа, қорық сен зинҳар,  

Пəттелеп қосық жазып бизлерге берген ҳазар.  

Соңғы əўлад ҳүрметине нағыз шайырлар сазыўар,  

Пиндте гүлтажылар көп, кəлўенлер де азлап бар,  

Масқара болыўдан қорық! Бул гəп жетсе Апполонға,  

Мəлим болар сениң де жармасқаның Геликонға,  

Сонда ол буйра шашлы басын шайқап өкиниш пеннн,  

Сениң данышпанлығыңа шыбық силтемеспекен?  

Ал, енди не? Сен бозарып жуўап бериўге тайынсаң,  

Сөйтип маған: «Көп сөздиң не кереги бар - дерсең,  


 

34

Кеўлиме алсам бир исти, райдан мен қайтпайман,  



Билип кой, əўметим келди мен лираны таңлайман,  

Адамлар мен жөнинде қалай айтса - солай айтсын,  

Ғəзеплен, шоршы, бақыр - бəрн бир мен шайырман!  

Арист! Уйқасты уқшатқанлар шетинен шайыр емес,  

Тынбай жаза берген менен ҳешким оны шайыр демес.  

Қосық жазыў аңсат емес, асқынлап жүргениңдей,  

Яғный Витгнештеинниң французларды жеңгениндей,  

Бирақ, орыс елиниң мақтанышы ҳəр қашан, -  

Дмитриев, Державин, Ломоносов - үш данышпан, -  

Үйретеди бизлерди сап ақылға қандырып, -  

Дүньяға шығар-шықпастан көп китап өлер ант урып.  

Сонда да уйқас қуўғанлар тынбай жазып атады,  

Китап дүкəнларында шаң басып, ширип жатады.  

Оларды ҳешким еске алмас, жоқ болып кетер қулласы,  

Бəрине де басылған Фебтиң нəлет тамғасы! 

 

Мысалға сен, Пиндке шығып бахытлы болып аларсаң,  



Шайыр атын көтериўге ҳуқуқлы да боларсаң.  

Сөйтип сени ҳəмме адам заўықланып окыйды,  

Шайыр болғаның себепли, сениң кеўлиң толқыйды,  

Дəрья болып ағып келер байлыклар деп қарайсаң, 

Ҳəтте, мəмлекетти де сатып аламан деп ойлайсаң.  

Темир аршаларыңда алтын, гүмис сақланар. 

Жамбаслап жатып ишип-жеп, уйықлап кеўлиң хошланар. 

Олай емес, əй дастым, шайыр халқы бай болмас,  

Тəғдир инам етпеген мəрмəрден сарай салалмас.  

Толып турмас сандығы сап алтынға төрдеги,  

Пəс ылашық, жер төле, усылар бəлент шертеги –  

Усылар оған кең сарай ҳəм де жаңлаған заллар,  

Шайырларды журт мақтар, күн көреди журналлар,  

Фортунаның дөңгелеги жумалап кетер аңғытқа,  

Жупыны болған Руссо - жарымай кетти табытқа.  

Камоэнс жатады əпенделер қасында,  

Костров өлип кеткен биреўдиң тамбасында,  

Əллекимлер жерлеген, олар кеширген турмыс,  

Ҳəсиретли муңнан ибарат. Гүрлеген даңкы елес, тус. 

 

Пəмлеўимше сен енди берилип сəл-пəл қыялға,  



«Не гəп өзи, - дейсең маған усап жаңа Ювеналға,  

Қатал ҳүкимлер айттың дара-дара атма-ат.  

Поэзия жөнинде салдың сөйтип бадабат,  

Сиңлиси менен Парнастың жүрсең өзиң айтысып,  

Қосықты қалай жазыўды үйретпе маған сен паңсып,  

Жиллимисең, саўмысаң, не болған - əй өзиңе?»  

Арист, көп сөз не керек жуўабым мынаў сөзиңе: 

 

Ядыма түсти, аўылда бар еди ғəрип бир нмам,  



Ағарған буйра сақалы, өзи ғана дым уяң,  

Қоңсы қобасы менен татыў еди, дос еди,  



 

35

Оннан өткен данышпан ол əтирапта жоқ еди.  



Бир сапары сол имам босатып шийше кесени,  

Биреўдиң неке тойынан түнде қайтқан мəс еди. 

 

Жол-жөнекей алдынан бир топ дыйқан шығыпты,  



«Биз гунəкар бендемиз, саўап не, деп сорапты:  

Ал тақсыр, сен бизлерге ишиўге жол бермейсең,  

Ише қойсақ тек жүр деп гүналайсаң, тергейсең. 

Исенип жүрсек биз саған, өзиңниң мынаў жүрисиң …»  

«Қойың, депти иймам сонда, келисейик - келисиң,  

Берекет табың, ширкеўде айтқанымды булжытпаң,  

Айтқанымды булжытпаңда, қылғанымды ҳеш қылмаң». 

 

Саған ҳəм усы жуўапты айтпасыма болмай тур, 



Ақламайман өзимди ҳеш қандай да бир түйир. 

Бахытлыдур қосыққа ҳəўеси жоқ ҳəр киси, 

Тыныш өткизер өмирин, болмас ҳəсирет тəшўиши. 

Журналларға ода жазып ҳеш бир жəбир кылмайды, 

Экспромттың үстинде ҳəптелеп шуғылланба 

Ол жақтырмас сəйир етиўди бəлент - бийик Парнаста, 

Излемейди пəк муза, минбейди де Пегасқа. 

Қəлем тутқан Рамаков оған ҳеш нəрсе демес, 

Ол тыныш ҳəм ўақты хош, артист ол - шайыр емес! 

 

Буннан артық гəпти созып, сени зериктирмейин,  



Сатиралық тымсал менен саған азап бермейин,  

Енди саған жан достым, берген мəслəҳəгим бул.  

Сырнайыңды шертесең бе, шертпейсең бе өзиң бил,  

Қайсысы мақул ойлап көр, өзиң таңла ал, бирақ,  

Даңқ шеп емес, бирақ та тыныш  жасаў жақсырақ. 

 

 



 

П О Э М АЛАР 

 

 

 

БАХШАСАРАЙ ФОНТАНЫ 

 

Бул фонтанды мен сыяқлы келип көргенлер көп, бирақ, 



олардың биразы ҳəзир тири емес, базы-биреўлери еле ел 

гезип жүр. 

                                                                                                             

Саадий. 


 

Хан отырар қабағын үйип,  

Лəблеринде түтейди шылым.  

Қəҳəрли хан алдында, бийик  

Сарайы да пəсейген бүгин.  


 

36

Жым-жырг еди ҳəўли-ҳəреми:  



Отырар ол қəҳəрли түрде,  

Түтеп турған бет-əлпетинде  

Ғамгүнликтен белги бар еди.  

Əтираптың бул ҳүкимдары  

Қолларын бир силтеп жиберди:  

Тəжим етип тарқады бəри. 

 

Көшкисинде бнр өзи енди:  



Еркинирек алды ол демин,  

Жыйрықланған маңлайы оның  

Жан толқыўын берди қайнақай. 

Булытларды сəўлелендирип,  

Тербетилип турған айнадай. 

 

Нени тилер жаны исинген?  



Шүмип отыр ол қандай ойға?  

Жəне урысып Иресей менен  

Алмақшыма, Польшаны қолға?  

Өш алыўма оның нийети?  

Қашып отыр дым берекети. 

 

Неге ғамлы бəрҳама Герей?  



Таў халқының ўайранларынан,  

Генуяның ўайранларынан  

Қəўипленип қорқама Герей?  

Олай емес, Герей шаршаған,  

Жалыққан ол шаны-шəўкеттен.  

Урысты ол қашшан тəрк еткен,  

Ҳəреминиң - ҳəммеге мəлим –  

Бир азада сарай болғаны,  

Қəнизек қыз кəпирге тəнин  

Бағыш етсе қалай болғаны? 

 

Жақ, Герейдиң ҳаяллары ҳеш  



Сирə гүна қылыўды билмес.  

Суўық нəзер, бақлаў астында  

Муңлы, зарлы күнлери кешер,  

Тутқынлықта сақлаў астында  

Саядағы гүл киби өсер.  

Жананлардың сулыў шырайы  

Жасырынған зиндан төрине.  

Мегзер олар теплицадағы  

Солғын тартқан араб гүлине,  

Күнлер, айлар, жыллар өтеди  

Биринен соң бири дизилип,  

Жаслық шақты алып кетеди  

Билдирместен əсте сызылып. 

Биргелкили өтеди ҳəр күн,  

Шықылдаўдан саат жалықпас.  


 

37

Ҳүким сүрер ҳəремде салқын,  



Өмир маза берип жарытпас.  

Нəўжаўанлар кийим кийисип,  

Ойын қурар ҳəм де күлисип,  

Сөйлеседи, жыйналысады,  

Суў бойында гүрриң қурады.  

Көңил қойып күшли тасқынға,  

Салқын саялардың астында  

Сейил етип адым атады,  

Сөйтип көңлин алдарқатады. 

 

Қумса қарар астынан көздиң,  



Оннан қашып қутылыў бийкар.  

Көзи жаман, қулағы сезгир,  

Ҳəтте кийттəй қыймылды бийкар,  

Бул кəрада орнаған тəртип  

Оның ушын булжымас нызам;  

Қəстерлейди қураннан артық,  

Бəржай етер не тилесе хан,  

Кыйнамайды оны муҳаббат,  

Сезим деген оның ушын жат.  

Тас қудайдай қатып қалған ол,  

Жалбарыныў, гүрсиниў, көзжас  

Оның жанын ҳəргиз қозғамас.  

Инсанлықтан кетип қалған ол,  

Өкпелеўди сирə билмейди,  

Қорлаўыңды нəзерге илмейди.  

Оған нашар туқымы мəлим;  

Мəккарлығын көп көрген оның,  

Енди қайтып оған инанбас.  

Жағымталлы көз қарасы да, 

Моншақ-моншақ аққан жасы да  

Оның жанын жибите алмас. 

 

Шаңкай түсте шашларып жазып,  



Шомылыўға барады қызлар.  

Тутқынлардың сийнеси гөззал,  

Тынық суўда көринер қызық.  

Қыппа-тайлақ қызларды көрип,  

Тек əйтеўир итибар берип,  

Алыс кетпей жүрипти қул да  

Ҳəрем ишин гезеди түнде,  

Аяғының ушынан басып,  

Жайдан жайға өтип жүреди.  

Түн жарпында уйқысын ашып,  

Ҳəр есикке қулақ түреди.  

Бақлайды ол барлық ҳаялды.  

Ким уйқыда, кимлер оянды?  

Ким ыңырсыр, кимлер аҳ шегер,  

Барлығын ол көңлине түйер.  


 

38

Кимлер қандай қыялқа көшти?  



Илип алар сылт еткен сести.  

Айтса олар биреўдиң исмин,  

Тағдиринен налыса олар,  

Себебинен алдамшы түстиң  

Бəлелерге гириптар болар. 

 

Герей неге ғам шегер тынбай?  



Шылым өшип қалды қолында.  

Дем алыўға батына алмай  

Қумса күтер есик жолында.  

Ол күтеди буйрық ҳəрдайым,  

Хан не десе - бəрине тайын.  

Турды Горей ойларға талып.  

Есик ашық. Жəне ойланды.  

Ядка алып сүйген зайыбын,  

Кеше өлген ҳаялларының 

Кəбирине қарай жолланды,  

Мөлдир фонтан қасына барып,  

Ханды күтип тақатсызланып,  

Бир топ қызлар гилем үстинде  

Шадланысып отырар еди.  

Ақ шабақлар суўдың ишинде  

Қуўанышын толтырар еди,  

Шоқ қызлардың көзди тиккени –  

Тынық суўдың мəрмер түплери.  

Қызық ушын гейпара қызлар  

Тынық суўға сырғасын таслар. 

Тасып жүрди қуллар, асыққан,  

Жупар ийси шийрин шербетти.  

Бир мəҳəли шийрии қосықтан  

Ҳəрем иши жаңғырып кетти. 

 

ТАТАР   ҚОСЫҒЫ 

 



 

Көзжас пенен жəбир-жапаның  

Сен есесин кейин аларсаң.  

Зая кетпес қартайған шағың,  

Меккени бир зыяратларсаң. 

 



 

Дунай ушын болып жаралы,  

Жан тапсырса егер ким анық,  

Бейиш қызы күтип алады  

Жолларыңа шығып сыланып. 

 



 

39

 



Бахытлы ғой сондай, Зарема,  

Бул дуньяның қызығын қойып, 

Сени алған өз қушағына, 

Ҳəремдеги гүллердей көрип. 

 

Олар қосық айтар ... Сулыўлар.  



Муҳаббеттиң шырайы қайда,  

Гөззаллықтың қудайы қайда,  

Қайда калды Зарема дилбар?  

Мақтаўларға қулақ аспайды,  

Бийшара қыз көзин жаслайды.  

Көкиреги қайғыға толған,  

Жасын түскен жапырақтай солған.  

Қəдди-бойы ийилген қыздың,  

Бурынғыдай сəни жоқ жүздиң.  

Оның ушын бəри қайғылы.  

Себеп: Герей бирден айныды.  

Айныды хан ... Ҳəй грузин қызы,  

Сеннен зыят қайсы жулдызы?  

Бурымлары белге оралған,  

Айнымайды ҳəргиз жыланнан.  

Жаўдыраған, жан алар көзиң  

Түннен қара, қуяштан анық.  

Жүрек дəртин кимлердиң сеси  

Баян етер өзиңдей болып?  

Басқалардың посасы, инан,  

Артық емес сениң посаңнан!  

Сени сүйип берилген еркек  

Қалай жүрер басқа шырай деп?  

Ҳəремине Польшаның қызын  

Əсир қылып алғалы берли,  

Узақ түнге кешип уйқысын,  

Жалғыз жүрип Герей түнерди.  

Бийпəрўа хан, мийримснз Герей  

Сени жалғыз сүйгеним демей, 

Жалғыз қойып жайда өзиңди.  

Сулыў шырайыңнан безинди. 

 

Жас Мария, гүлдей Мария  



Басқа елдиң аспанын көрди,  

Гүлдей көрки, гүлдей жаслығы  

Өз елинде басланып еди.  

Қызда ғарры əке бар еди,  

Қызын көрип қуўанар еди,  

Қызын ғарры ерке өсирди,  

Қызы не ислесе - кеширди.  

Балалығын оның сыйлады,  

Бақырыўға көзи қыймады.  

Ғарры тилек тилейди ойшан:  



 

40

Ашық болсын қызымның бахты,  



Күндей жақты, күндей раўшан,  

Гүлдей болсын қызымның бахты.  

Жақсы көрип Мария қызын,  

Жақсы тилек тиледи ғарры.  

Оған зəрре ғам көлеңкесин  

Түсирмесем дер еди ғарры.  

Турмыс қурып кеткениңде де  

Еслеп жүрсин дер еди ғарры:  

Жаслық шағың түс киби шийрин,  

Ысықлығын туўылған үйдиң.  

Таң қаларлық қыз еди тынық,  

Дене дүзиў, жүриси қатқан,  

Жəўҳəр көзи жайнап баратқан.  

Тəбиятқа шырай ендирип  

Жиберердей жайнар еди қыз.  

Зыяпатты сəнге келтирип,  

Арфа сазын ойнар еди қыз.  

Ҳəмелдарлар, байлар топары  

Жүрер еди қыздың изинен.  

Жас жигитлер, мурны жоқары, 

Суйип күйер еди ишинен.  

Ашылмаған ышқы бəҳəри  

Бала еди еле аңгөдек,  

Билмес еди: ышқы деген не?  

Əкесиниң ҳəўлисинде тек  

Ойнап жүрген қыз еди еле. 

 

Оннан бери көп жыл өткен бе?  



Татар тобы дөнди Польшаға,  

Жайылды тез олар сөншама, -  

Гүдилерге тийген өрттен де.  

Урыс оты шарпып өткенде  

Солғын тартты гүлленген шырай:  

Шадлы күлки, ойынлар қалып,  

Жасыл тоғай, аўыл муңайып,  

Каңырады айбатлы сарай.  

Марияның үйи қаңырап,  

Үй төринде өликлер қулап  

Жатар еди үнсиз қатара, -  

Князликтиң кийими менен,  

Тажы менен, буйымы менен.  

Солай етип ол жерде жəне  

Пайда болар жана сахана...  

Əке гөрде, қызы тутқында,  

Ҳəмир етер сарайда - бунда  

Оның қалған нəсил-урпағы.  

Өзи харап болған елатты  

Жəне женшип əбден қуртады. 

 


 

41

Ҳəўлисинде Бақшасарайдың  



Князь қызы жылап қамсығар,  

Марияның жүзлери солғын,  

Көзинен жас əсте тамшылер.  

Аяйды хан бийшара қызды:  

Төсегинде жатады сергек.  

Уйықлатпайды Герейди жөнлеп 

Қыздың аҳы, қыздың көзжасы.  

Сол қыз ушын ҳəремниң қатал  

Тəртиплерин босастырады.  

Нызамларға болса да əси.  

Түн сақшысы азанда, кеште  

Қыздан хабар алмайды сирə;  

Уйқлай ғой деп төсегин салып  

Қайырқомлық етпейди ҳеш те,  

Кесент етпес қыз уйқысына;  

Марияға қараўыл деген  

Батына алмас қараўға ҳəргиз.  

Əсира қыз қурдасы менен  

Аўлақ жайда шомылар жалғыз;  

Қызға арнап барлық иззетин,  

Марияның муңлы лəззетин  

Бузып аларман деп тосыннан,  

Қəўетерде жүрер еди хан.  

Марияға рухсат берген  

Жасаў ушын пинҳамы жайда.  

Қыз көринбес, аўысып келген  

Адам яңлы əлле бир қайдан.  

Шам жанады ол жерде тынбай,  

Жай ишине жым-жыртлык шүмген;  

Қыз отырып ойланар, сондай  

Қуўанышлы, татлы күнлерин  

Əрман етип үмитленеди.  

Өз елинде жайнап жүргени  

Көз алдына қайта келеди.  

Күндеслерден алыста, жалғыз  

Көзжас төгип жылайды нигар,  

Шағал мəслик қурып басқалар  

Шаўқым салар ақшамы - күндиз.  

Таңқаларлық көркем өжире  

Жас дилбарды сақлар жасырын.  

Қыз жүреги дəртли шежире,  

Айта алмас бирақ ашығын.  

Жүрегинде нигардың бизиң,  

Пес қылықлар ишинде нурлап  

Жасырынған бийбаҳа бир зат,  

Ол соныңдай əдиўли сезим … 

 

Қас қарайды, қараңғы түсти  



Тавриданың гүл бағларына;  

 

42

Жасыл жапырақ араларынан  



Еситилер бүлбүлдиң сести.  

Жулдыз шашырар, соңынан ай да  

Ашық көктен көрсетер өзин,  

Бул бағларға, жасыл тоғайға  

Шашып турар аппақ сəўлесин.  

Басларына ақ сүп бүркенген  

Татарлардың ҳаяллары тек  

Бақшасарай көшелеринен  

Сая киби жеңил дирилдеп,  

Лып-лып жүрер үйме-үй барып,  

Бир-бириниң хабарын алып,  

Сарай жым-жырт, ҳəрем уйқыда,  

Лəззет қушағында алаңсыз.  

Селтең бермес ҳеш нəрсе. Мына  

Қумса ғарры уйқламас жалғыз.  

Бир айланып ғыр-əтирапты,  

Ол да келип уйқыға жатты;  

Лекин, қорқыныш оятар оның  

Уйқлап жатқан əрўағын ҳəтте.  

Күтип турма қəўип-қəтер жолын,  

Азаплы ой қыйнайды тек те.  

Бир нəрсениң сытырлағаны,  

Я биреўдиң сыбырлағаны, 

Гей ўақлары шаўқым, қыйғырық  

Еситилер қулақларына;  

Бирден шоршып, секирип турып,  

Қулақ түрер жан-жақларына... 

Дөгереги турыпты тынып,  

Тек суў сести ҳуўшыңды алып,  

Мəрмер ҳəўиз ишипде ойнар.  

Гүл ышқында бүлбүл оянып,  

Қараңғыда тамылжып сайрар.  

Ол буларға узақ қунығар  

Ҳəм қайтадан жəне буйығар  

Күншығыстың айлы ақшамы  

Қандай жақсы, əжеп көринер!  

Қандай жақсы нурын шашқаны  

Пайғамбардың үмметлерине!  

Ҳəм олардың үй, жайларыда,  

Таңқаларлық гүл бағларыда  

Қушағына тартады бизди;  

Көктеги ай сəўлесин сепкен  

Шарбақлары жым-жыртлық шөккен –  

Қандай көркем, қандай пайызлы! 

 

Уйқлар ханның барлық ҳаялы,  



Тек бириниң төзбейди жаны,  

Уйқлай алмай турып орнынан,  

Қапыларды ашты асығыс,  


 

43

Етпегей деп қараўыл гүман,  



Түн ишинде қашты асығыс ...  

Қумса ғарры əнекей, жатар,  

Сезип қойса ол ғарры егер,  

Аямайды, минези қатаң,  

Сондай сергек, сондай ҳийлекер! ...  

Өтип кетти оның жанынан,  

Сездирместен, саядай жылдам. 

 

.     .     .     .     .     .     .     .     .     . 



 

Қарсы алдында турған қулыпты  

Ашты оның қолы дирилдеп.  

Ишке кирди, өзин умытты...  

Ҳəм денесин қорқыныш бийлеп,  

Қарай берди ар-сар ҳалында: 

Шыра жанар нуры қалтырап.  

Сийнесинде крест жалтырап  

Бир қыз жатыр будтың жанында.  

Грузин қызы булардың бəри  

Өткен күнниң татлы сеслерин  

Көңилинде оятып тағы  

Еске алар көп елеслерин.  

Көз алдында ол князь қызы  

Бир рəҳəт қойнына енип,  

Лаплап жанып қырмызы жүзи,  

Уйқлап атыр пəкизе болып,  

Жүзиндеги кепкен көзжаслар  

Нурлы күлки менен нурланар,  

Жаўын жуўып өшкен иреңде.  

Ай нурыпың астында зорға,  

Көринедн усылай. Жерге  

Түсип келген периште яңлы –  

Тутқын қызды аяп атырған,  

Ҳəм түсинде жылап атырған...  

Аҳ, Зарема, не болып қалды?  

Гиреў тартып көзиңниң алды,  

Иши жанып, саққа жүгинип  

Жалбарынды: «Аяғыл мени,  

Өтинишим - қуры урынып  

Айтылған сөз болмасын» деди.  

Оның зары қызды оятты –  

Уйқысынан соныңдай татлы.  

Князь қызы көзи оңында  

Бийтаныс бир нашарды көрди.  

Албырақлап, қорқып, соңында  

Оған сөйлеп сораўлар берди.  

Не ғып жүрсең бир өзиң бунда?  

Кимсең өзиң? - Мен келдим саған:  

Қутқар мени, иреҳим ет маған  



 

44

Тəғдирымде бир үмит бар тек ... 



Бахытлы едим, ол енди ертек.  

Жасар едим алаңсыз, бийғам,  

Лəззет берген ол сая жылдам  

Өтип кетти. Қайрыға, муңға  

Шүмип солдым. Сөзимди тыңла,  

Мен бул жерле туўылмағанман,  

Мениң журтым қайларда калды!  

Көргенлерим өзиме аян,  

Бəри, бəри ядымда барды.  

Төбеси көк тиреген таўлар,  

Қайнаўытқан сарқырамалар,  

Дəстүрге бай мəканлар, жайлар;  

Бирақ қандай себеплер менен  

Келдим бунда? Билəлмадым мен,  

Тек те теңиз ... Желқом үстинде  

Турған адам мениң есимде.  

Қорқыныш ҳəм кайғы дегенди  

Ҳəзиргеше билмедим ҳешўақ ...  

Ғалаўытсыз мына ҳəремде  

Жүрер едим гүллеп ҳəм жаснап.  

Ҳəм өзимше көңилимди хошлап,  

Муҳаббеттиң татлы сеслерин  

Күтер едим жан-тəним менен,  

Ҳəм жайнады қарар көзлериң  

Бəржай болған əрманым менен.  

Қанлы саўашларды тəрк етип,  

Күсеп Герей тыныш өмирди,  

Нешше қəўип-қəтерден өтип,  

Ҳəреминде тағы көринди.  

Тəжим етип ханның алдында  

Турдық бизлер. Оның көзлери  

Түсти маған, үнсиз қалды да  

Соң шақыртты ... ҳəм соннан бери  

Жүрдик бизлер лəззетте жасап,  

Бахыт өзин бизге арнады. 

Биздн дөҳмет, ҳеш қандай насақ  

Ҳəм қызғаныш, ғəзепли азап  

Бир ирет те шоршыта алмады.  

Мария! Сен көринип оған...  

Соннан бери көңили қара.  

Суўық нəзер салады маған,  

Сөйтип мени əйлеп аўара,  

Тыңламайды арзыў-ҳалымды.  

Ол наладан, пəрядтан безген,  

Сезимлер жоқ онда жалынлы,  

Маҳрум болған шийрин тил, сөзден.  

Жынаятта қолың жоқ ҳаслан,  

Сен айыплы емессең ҳешбир,  

Мек гөззалман. Өзиңнен басқа  


 

45

Мына ҳəрем ишинде ҳешким  



Тең келалмас шырайда маған.  

Туўылғанман шын ықлас дейип.  

Мен мынаны айтайыи саған,  

Сүйе алмассаң мениңдей болып.  

Суўық көркиң менен неге сен  

Əзиз жанға ҳазар бересең?  

Қалдыр оны. Меники Герей,  

Посалары жүзимде бирдей  

Лаплап турар. Катаң ант ишип,  

Барлық ойын, арзыў үмитин  

Мениң пикир-ойыма қосып,  

Санар еди бəрин бир пүтин.  

Мен өлермен оның дəртинен...  

Көрмейсеңбе, жылап турман мен  

Дизе бүгип алдыңда сениң.  

Өтинемен тилегимди бер:  

Қуўанышым, мəдарым мениң,  

Сол бурынғы Герейимди бер...  

Не тилесем бəржай ет бəрин.  

Ол меники! Ол саған əсир.  

Мейлиң ғарға, мейлиң жалбырын, 

Сен өзиңнен бездир - муддасыл.  

Ант иш ... егер қуран ушын мен  

Безген болсам туўған динимнен,  

Бирақ, сениң диниңнен анам,  

Сол дин менен ант еткил маған –  

Герей ханды Зарема ушын  

Қайтып бер деп... Бирақ, сен түсин:  

Бул сөзлерим түспесе мақул,  

Көрсетемен қанжардың күшин.  

Өскен жерим Кавказға жақын. 

 

Буны айтып зым-ғайып болды,  



Князь қызы көп ҳайран енди.  

Түсиниксиз бийгүна қызға  

Жан қыйнаған жəбиркеш тили.  

Гүмилжилеў, анықтай базда,  

Қорқыныштай бир түрли үни.  

Қандай көзжас, қандай пəрядлар  

Бул қорлықтан оны қутқарар?  

Өтермекен аҳыў-зар болып  

Қалған өмири мына қəпесте?  

Пəрўардигар өзи яр болып,  

Герей қызды алмай-ақ еске.  

Биротала умытса егер,  

Азат əйлеп ғам-ғуссалардан,  

Жас өмирин қырықса егер.  

Ўаз кешип бул дəртли дүньядан,  

Мария бир қуўанар еди!  



 

46

О дүньяға думалар еди.  



Өмириниң татлы гезлери  

Өтип кеткен қалмай излери.  

Бул дүньяда оған не қалды!  

Енди оның кетиўи дəркар,  

Оны күтип тынышлық мəңги,  

Шақырып тур күлимлеп сəл-пəл. 

 

.     .     .     .     .     .     .     .     .     . 



 

Күнлер өтти, кетти Мария.  

Бул дүньяда жоқ ғой ол енди.  

Жақтыртып ол барған əлемди,  

Перидей нур септи Мария.  

Ҳəсиретпе, қуллык, нала ма?  

Аўырыў ма, басқа бəле ме? –  

Еткен оны табытқа дуўшар,  

Ким биледи? Ашылмай ғумша  

Солып... Сарай қаңырап қалған.  

Герей оның қалдырып өзин,  

Лəшкер жыйнап көп татарлардан,  

Жат еллерге баслаған ҳүжим  

Ғəзепли хан жүреди ғамгүн  

Қырғын саўаш майданларында,  

Басқа бирақ, жүреги ханның,  

Бир жасырын нийет бар онда.  

Қызғын айқасыўлар ўағында  

Ол қылышын жоқары гөзлер,  

Қатып қалар селт етпей бирден,  

Бет-əлпине ҳайранлық енген...  

Тум-тусына салады нəзер,  

Əлле неден сескенген болып,  

Көз жаслары ағар сел болып. 

 

Умытылған ески ҳəрем бар,  



Лекин ҳəзир көринбейди хан,  

Қартаяды онда ҳаяллар  

Азапларға гирипдар болған,  

Көптен бери араларында  

Грузин ҳаял жоқ болды бирден,  

Гүң сақшылар түн ярымында  

Суў түбине атып жиберген,  

Князь қызы көз жумған түнде  

Заремаға тутылды аза.  

Қандай гүна болса да онда  

Аўыр болды наятый жаза. 

Кавказ дөгереги еллерин, 

Иресейдиң бираз жерлерин 

Қаңыратып ҳəм етип уайран, 

Тавридаға қайтып келди хан. 


 

47

Марияның естелигине 



Мəрмер тастан орнатты фонтан.  

Ҳəм де оның уша басына  

Мусылманның бир айы қонды,  

(Əлбетте, бул биймəни белги,  

Саўатсызлық шыққан ушына),  

Жазыўлар бар: көп жыл өтсе де  

Еле берин өше қоймаған.  

Суў сыңғырлап мəрмер текшеде,  

Асып ағар өз кенарынан,  

Азанда да, түсте, кеште де  

Көзжас болып тамшылар фонтан,  

Усылай етип, урыста өлген  

Баласына жылайды ана.  

Жас қызлар бул өтмишти билген:  

Бинə болған естелик мына –  

«Көзжаслардың фонтаны» депти,  

Ҳəм де солай аталып кетти.  

Мен арқаны қалдырып жырақ,  

Бəзимлерди таслап талай күн,  

Сапар шегип, еттим зиярат  

Мүлгип турған Бақшасарайды.  

Талай меңиреў өткелден өттим,  

Талай апат ҳəм пəлекеттиң  

Себепкери болған татардың  

Саўаштан соң заўық-сапа қылған  

Отырыспа, зыяпат қурған,  

Шаўқымласқан үйине бардым.  

Ҳəзиргеше рəҳəг тынған  

Үйлерде ҳəм бағлар ишинде,  

Суўлар ойнар, гүллер ырғалар, 

Жүзим шақалары таўланар,  

Зер жылтырар жайлар ишинде.  

Мен ол жерде жаслық мəҳəли  

Тор ишинде жайнамай солған,  

Көзжаслары етекке толған  

Нашарларды көрдим қапалы.  

Көрдим тағы ханлар кəбирин  

Ҳəм ең соңғы жайлаған жерин.  

Қəбирдеги мəрмер сүтинлер  

Тəғдирдиң ҳəм болажақ истиң  

Бəрин айтып маған пүтинлей  

Турған яңлы, Мысалы түстиң  

Бир көринип кеткени яңлы.  

Ханлар қайда? Қаяқта ҳəрем?  

Ҳəмме нəрсе өзгерер мəңги...  

Сөзим басқа, бул мəзи бəнем:  

Фонтан сести, гүллер нəпеси  

Бийҳуш етти, ақылым лал етти.  

Сулыўлықтың сырлы елеси  


 

48

Көңилимди толқытып кетти.  



Ҳəм сарайда бир қыз дым ысық  

Сая киби изсиз жылысып  

Көз алдымнан көринип өтти! 

 

.     .     .     .     .     .     .     .     .     . 



 

Көргеним ол кимниң саясы?  

Бийҳуш еткен мени сол ўақта  

Кимниң көрки, меҳиргиясы?  

Я қыймастай пирли əрўақпа?  

Марияның таза жаны ма?  

Зареманың қызғаныш пенен,  

Қансыраған ҳəрем ишинен  

Бир жылт етип өткен ўағы ма? 

 

Сағынаман жүрип сүргинде  



Гөззял көркин, ысық дийдарын.  

Оның зары ядта бүгин де, 

Бериледи оған ойларым...  

Ҳəй сен ақмақ! Жетер! Қой енди  

Пайдасы жоқ қайғы дегенди,  

Бахты қара муҳаббетке сен  

Хызмет етип, қəдирлегейсең.  

Есиңди жый, қашанға шекем  

Қыйналасаң матаўда турып?  

Не қыласаң қайғы-зар менен  

Өз-өзиңди əшкара қылып? 

 

Мен музаға жаным берермен,  



Даңқ, ышқыда болмас ойларым,  

Тез айланып қайта келермен  

Бурқып аққан Салғыр бойлары  

Мен көрермен теңиз жағасын,  

Суўлар жуўған таўдың жар тасын.  

Ядқа түсип теңиз салқыны,  

Сол елеске боларман инкар, -  

Тавриданың мөлдир толқыны  

Көзлеримди қайта қуўантар.  

Хоширей журт! Көңил хошлығы!  

Жүзимликлер, тоғайлар - бəри  

Сондай көркем, жоқтай ҳеш мини.  

Ақылың алар дүр-яқытлары.  

Қою саяманлы дарақлар  

Жолаўшыны тартар өзине  

Ҳəм бул алып шуғла жалатқан  

Жүрегине жақын сезилер.  

Азан менен қуяш аралап,  

Суў бетинде нур ойнаттырар.  

Таўлар асып, теңиз жағалап  



 

49

Жолаўшының аты шапқылар,  



Толқып жатар оның қасында  

Шалқар теңиз қурып салтанат,-  

Аю дағдың айналасында ... 

 



Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет