А. С. Пушкин нөкис «Қарақалпақстан» баспасы 1985



Pdf көрінісі
бет2/4
Дата15.03.2017
өлшемі312,58 Kb.
#9807
1   2   3   4

МОЙТУМАР 

 

Шалқар теңиз мəңги тынбай шарпылдап,  



Меңиреў жар тасларды жуўған жерлерде, 

Ай күлимлеп сəўле төгип жарқылдап,  

Лəззетли, пайызлы кешки  иңирде, -  

Шалқып көп қатынлы мусылман ели,  

Дəўран сүрген жерде тарқатып қумар,  

Наз етип, еркелеп турып бир пери  

Мағам инам етти əжеп мойтумар. 

 

Айтты саҳыпжамал қыйылып сонда:  



«Жойтпа бул тумарды, жаным, ҳеш кашан.  

Бир тилсимли күштиң əкси бар онда,  

Мениң саған деген ышқымнан нышан.  

Əжел қурығынан, бəле-мəтерден,  

Үргин, боранларда сақлап, сəўер яр,  

Қутқарып ҳəр қыйлы қəўип-қəтерден,  

Алып қала алмас сени бул тумар. 


 

14

 



Күншығыстың бисяр дəўлетлерине  

Бул тумар қолыңды тийгизе алмас.  

Ҳəм де пайғамбардың үмметлерине  

Ҳəким етип, дəўран сүргизе алмас.  

Ғайры елде мүсəпирлик ҳалыңнан  

Сени азат əйлеп, берип ықтыяр, 

Қубладан арқаға елтип раўан,  

Елиңе апара алмас бул тумар. 

 

Лекин, мəккар көзлер жуўҳалық етип,  



Кеўлаң жат қыялға кеткен  шағыңда,  

Түн жамылып, сеннен ықтыяр кетип,  

Ғайбана яр тутып өпкен шағыңда,  

Сени туўра жолға қайтарып бирден.  

Қайта еске түсип опалы дилбар,  

Бийопа ышқыдан, қыянетлерден  

Аман сақлар сени усы мойтумар. 

 

АНЧАР 

 

Қуўраған шөл, қапырық ыссыда  



Қақсап жатқан сараң саҳрада  

Турды анчар-айбатлы сақшыдай,  

Жалғызсырап қула далада. 

 

Суўсыраған шөл тəбияты  



Туўған оны бир ашыўлы күнде,  

Тамырларын, жансыз шақасын  

Заҳəр менен суўғарған ҳəм де. 

 

Тал түстеги ыссы шыжғырса,  



Қабығынан уў тамыр тынбай,  

Ҳəм кеш түсип, салқын жел турса,  

Жарқырайды қойылып мумдай. 

 

Қус, жолбарыс келмес қасына,  



Текте гейде уйытқыған қуйын  

Соқлығып бул əжел ағашына,  

Зəҳəрленип қашады кейин. 

 

Анда-санда адасқан булыт  



Жапырақларын оның суўғарар.  

Путағынан сонда уўланып,  

Ыссы қумға тамшылар тамар. 

 

Бирақ, бир күни адамға адам  



Буйрық берди бар деп анчарға. 

Үнсиз бағынып жөнелди ол ҳəм  

Зəҳəр алып қайтты азанда. 


 

15

 



Алып қайтты əжел мумын ҳəм  

Жапырағы солған путақты.  

Бирақ қуп-қуў пешанасынан  

Суп-суўық тер буршақлап ақты. 

 

Алып кайтты, соң бийшара қул  



Жығылды талып костың алдына.  

Хожасының аяғына ол  

Басын қойып өлди солманда. 

 

Князь болса, əкелинген уўды  



Жуўыртып алып өз оқларына,  

Садағынан əжел жаўдырды  

Қоңсылардың жат мəканыды. 

 

ПАЙҒАМБАР 

 

Мен руўҳый дебдиўди аңсап,  



Жəзийрада тентирер едим,  

Бир дəрбентке жеткенде шаршап,  

Сарқып түсти қасыма мениң  

Жəбирайыл - алтын қанатлы,  

Пəрўазы кең, салқын қанатлы.  

Сыйпап еди жүзимди əсте,  

Бир хош сезим елп етти сергек,  

Жайнап-жаснап жəҳəн бир пəске,  

Турумтайдай турдым елеўреп.  

Əжеп сеслер еситилер мағаи.  

Сезип турды бул əзийз жаным  

Кең алемниң бизди қоршаған  

Салтанатлы қозғалысларын.  

Көрип турдым сылдырап ушқан  

Периштелер - пəрўазын көкте,  

Суў астында əсте жылысқан  

Əйдарҳалар қурдымын ҳəтте,  

Көк елшиси турды да бираз  

Ашыўланды, кетти қубылып,  

Сонша мəккар, сонша  даңқпараз  

Зибанымды алды суўырып,  

Оннан сайын қоймай жөниме  

Нəзеринен жалын атты ол,  

Кеўип қалған еринлериме,  

Саўсақларын жакынлатты ол,  

Ҳəм тап қылды қанлы семсерге. 

Əжел зарпы жүзине урған,  

Ылақтырып таслады жерге  

Жүрегимди тыпырлап турған,  

Тойған яңлы енди  бəрине,  

Азаптың бул турлерин қойып, -  


 

16

Отлы шала басып тəниме,  



Көкирегимди түсирди ойып,  

Қолық уўы бойға тараған.  

Бул аўҳалда жатырсам жаман, -  

Қүдиретли қудайталадан  

Тал-тал саза еситилди маған: 

Тур, пайғамбар, көп жатып қалдың,  

Көр дүньяны өзиң байқаған,  

Жүреклерин бул адамлардың  

Қосық пенен өрте қайтадан. 

 

ДАЎЫЛ 

 

Астан-кестен етип даўыл тецизди, 



Толқынлар жағаға келип турғада,  

Ақ көйлеги желбиреген бир қыздың  

Жартаста турғанын көргениң барма? 

 

Шақмақ жалт-жулт етип қызғыш нур менен, 



Турар қыз үстине жақты түсирип,  

Самал ойнар жуқа липасы менен,  

Оны желбиретип ҳəмде ушырып. 

 

Теңиз көркем даўыл гүңгиртлеўинен,  



Аспан көркем шақмақ оты жанғанда,  

Жартаста турған қыз сулыў бəринен,  

Теңизден, аспаннан, даўыллардан да. 

 

ҚАРА ШАЛҒЫШ 

 

Қара шалғышқа қарайман тек көз алмай,  



Салқын жаным азап шегер төзе алмай. 

 

Аңкаў жаслык гезде ынтығып мен өзим  



Сүйген едим гректиң бир жас қызын. 

 

Жанымды алды назы менен қыз бала,  



Қара күнге болдым, бирақ мубтала. 

 

Қонақ күтип үйде отырған ўақтым,  



Бир оңбаған жөҳуд есигимди қақты. 

 

Сыбырлады: «сен отырсаң ишип-жеп,  



Грек қызы көзиңе шөп салды» - деп. 

 

Бир алтын бердим де, сөктим изинен  



Ҳəм садық қулымды шақырдым тезден. 

 

Биз кеттик. Астымда ушар қаназат,  



Кеўлимде калмады мийрим шəпаат. 

 

17

 



Грек қызының босағасын көриўден,  

Көзим қараўытты, шатастым мийден. 

 

Атлап төрги жайға мен салсам көзди,  



Сүйип атыр бир əрмен опасыз қызды. 

 

Көзим жер кермеди, зың етти алмас.  



Өлди поса үстинде ол жаўыз ойнас. 

 

Бассыз лашты бир аз тепкиге алдым  



Ҳəм қызға үндемей ғана көз салдым. 

 

Есимде жалынғаны гүнасын тилеп,  



Өлди грек қызы, сөнди муҳаббет. 

 

Жансыз бастан алып қара шалғышын,  



Үнсиз турып сүрттим қылыштың қанын. 

 

Қулым кеш түскенде келип  Дунайға,  



Олардың өлигин таслады суўға. 

 

Соннан берли ҳеш қумар көзге мейлим жоқ,  



Соннан берли бир де шадлы түним жоқ. 

 

Қара шалғышқа қарайман тек көз алмай,  



Салқын жаным азап шегер төзе алмай. 

 

*      *      * 



 

Шаўқымлы көшелер бойлап жүрсем де,  

Барсам аламанлы ибадатханаға,  

Бийғам жаслар мажилисине кирсем де,  

Тынбай қыял сүрип, ойға таламан. 

 

Деймен: жыллар ағар илесип жылға,  



Қанша көп болсақ-та жутар ҳəммени.  

Ҳеш ким бола алмас дуньяға тулға,  

Ҳəзир питер бəлким биреўдиң деми. 

 

Жекке түп тайнапыр емен көрсем де,  



Ойлайман: көп көрген ғарры байтерек,  

Ата-бабалардан қалғандай, енди –  

Меннен соң қалып-та турасаң-аў деп. 

 

Нəрестени сүйип еркелетсем де,  



Ишинмнен ойлайман: əпиў ет мени!  

Саған жол берейин, орнымды ҳəм де,  

Дəўран бизден өтсе, саған жеткени. 

 


 

18

Ҳəр күн, ҳəр жылымды усылай ойланып  



Узатып салыўды үрдис қыламан.  

Демим питер жылым сен-аў деп қалып,  

Ҳəр келеси жылдан гүманланаман. 

 

Урыста-ма, сапарда, суўда ма, қырда,  



Сум əжел қай жерде тутпақ жағамнан? 

Бəлким анаў турған дөңниң баўырында  

Топырақ буйырып жататуғын шығарман?! 

 

Өлген соң парқы не қайда жатқанның,  



Қайда ширигенде не бул жансыз денең.  

Сөйтсе-де, тиришилик атлы дүньяның  

Есигине жақын жатқым келер мен 

 

Қəбиримниң аўзында мудам тасырлап  



Нəўқыран жас өмир ойнасан жүрсин.  

Үстимде бийпаруа жасыл тəбият  

Мəңги гөззаллықта қулпырып турсын. 

 

 



КАВКАЗ 

 

Кавказ, мине, аяғымның астында, тик жар.  



Жар шетинде жалғыз өзим турман басып қар:  

Туў алыста шың басынан ушқан бир бүркит  

Қанат қақпай теңейимде əсте шарықлар.  

Буннан маған байқалып тур болажақ тасқын,  

Көшпе қардың омырылғаны үстинен тастың. 

 

Меннен төмен бултлар тыныш көшип  ойнаған,  



Шаўқым салып сарқырамалар таўдан қулаған.  

Суў астында жап-жалаңаш жар таслар жатар,  

Төменинде азғын шөп ҳəм шатлық қуўраған,  

Етекликте таўдың шалғын көк тоғайлығы,  

Бул жерлерде қус шықылықлап, секирген буғы. 

 

Халқы анаў, мəкан еткен таўдың жырасын,  



Кой-қозылар өрис еткен отлақ жотасын,  

Шопан-да жүр кеўилли көк алапты гезип,  

Зуўлап аққан Арагваның салқын жағасын.  

Жупыны атлы тасаланды, əне, жыраға,  

Асаў Терек масайрайды усы кəрада. 

 

Ол мысалы темир қапес ишинде турып,  



Жемтик көрген жас жыртқыштай ойнап ҳəм улып, 

Жар тасларды жалап жатты аш толкын менен,  

Бос аразылық, ашыў менен жағаға урып,  

Бул биҳуўда! Оған жоқ ҳеш ас ҳəм жубаныш,  

Буўып атыр оны тилсиз жабайы бир күш. 


 

19

 



*      *      * 

 

Грузия қырларында жатар кара түн, 



Қарсы алдымда Арагва шуўлар. 

Ҳəм қайғылы, ҳəм сергекпен, түсиникли қайғым, 

Қайғым тек сол: ойымда сен бар. 

Сен бар, тек сен... сол себепли қыйнамас мени, 

Азапламас муңлы ойларым. 

Жүрек тағы ышқы отына толды, өйткени, 

Муҳаббатсыз жасамас жаным. 

 

*      *      * 



 

Айтагөрме, гөззал, мениң алдымда  

Ҳəсиретли грузин намасын енди.  

Ол қосық түсирер мениң ядыма  

Өзге бир өмирди, алыс мəнзилди. 

 

Аҳ, дарийға, сениң жəллад ҳаўазың  



Есиме салады тыңласам, жаным,  

Хəм айдын саҳраны, ҳəм ай шоғласын,  

Ҳəм де бир бийшара қыздың жамалын. 

 

Сол сулыў сүйкимли əрман елести  



Умытқандай боламан қарасам саған.  

Ал, егер еситилсе қосық айтқан сестиң  

Гөне дəртим жəне қозар қайтадан. 

 

Айтагөрме, гөззал, мениң алдымда  



Ҳəсиретли грузин намасын енди.  

Ол косық түсирер мениң ядыма  

Өзге бир өмирди, алыс мəнзилди. 

 

 



*      *      * 

 

Сизди сүйген едим, бəлхим еле де  



Ядыма түскенде аңсарым аўар.  

Лекин, келиң мəлел бермейин енди,  

Сизди иренжитип алмайын, дилбар.  

Сүйген едим иштен үмитсиз жанып,  

Қызғанып, албырап ҳəр көрген сайын  

Енди басқалар да баҳанды танып,  

Мендей ышқыңызда күйгей илайым. 

 

 



БУДРЫС  ҲƏМ  ОНЫҢ  БАЛАЛАРЫ 

 

                (А.Мицкевичтен) 



 

20

 



Будрыстың үш улы бар, литвалы үш суңқар,  

Атасынан тыңлар олар былайынша нəсият:  

«Атлар жолға болсын тайяр, қане, шаққан ер салыңлар, 

Қылышларды шарлаң дəрҳал, мылтықлар да турсын тақ! 

 

Əдил хабар: Вильнада, дүньяның үш жағына,  



Үш атланыс əнжамы бар деседе.  

Паз атлансын поляқ қа, Ольгерд пруссаққа,  

Кестут руслар жаққа тезден жолға түседи. 

 

Сенлер жас жигитлерсиз, дəўжүрек палўан ерсиз, 



Пана болсын Литва қудайлары!  

Улларым ержеткенде мен кетсем уят енди,  

Жеңиске жоллайман сенлерди бул сапары. 

 

Сый аларсыз бул походта: бириңиз Новеградта  



Руслардан олжа аларсыз оңаша.  

Ҳаяллар онда қатқан, жасаўы қымбат заттан  

Үйлери бай, дəстүрлери тамаша. 

 

Ал, бириңиз пруссаклардан, сумлықлы саксақлардан,  



Ҳасыл затқа ғарқ боларсыз, олар бай.  

Пүткил дүньяның пулы, ушығаның ҳəр тури,  

Ҳинжи, маржан ол жерде теңиз баханшағындай. 

 

Полякларға Паз батыр күшин танытсын батыл,  



Польшада аз байлық пенен салтанат.  

Семсери жақсы ол жақтың, тыйымлысы бирақта:  

Келинликке əкелсин бир перийзат. 

 

Поляк қызындай қыз ҳеш елде-де болған емес,  



Бала мышық ойыны бар минезлеринде.  

Жүзи гүл-гүл, кең қушақ, денесн сүттен де ақ,  

Көз жанары шамдай ысық жағылған түнде. 

 

Мен де жигит болғанман, Польшаға көп барғанман,  



Шешеңизди əкелгенмен сол жақтан.  

Қартайсам да еле мен, оны ойлайман ҳəр дем,  

Гүрсинип Польша бетке гейде қараған ўақта...» 

 

Үш ул хошласты шалға, кетти қəўипли сапарға,  



Күтер егилип ғарры оларды үйинде.  

Күн артынан күн өтти, үш ул дəрексиз кетти.  

Ойлар Будрыс «өлген ғой» деп бəрин де. 

 

Қыста та түсти қар жаўып, келер бир улы шаўып,  



Қара шекпен астында томпаяр бир зат.  

«Ҳе-ҳе! Не ол қолтықта? ... пул емеспе?»  «Жоқ, ата, 

Алып келдим Польшадан бир перизат». 


 

21

 



Өтти жəне қар жаўып, келер бир улы шаўып,  

Қара шекпен астында томпаяр бир зат.  

«Не бар, улым, қолтығыңда? Ушыға ма? «Жоқ, ата,  

Алып келдим Польшадан бир перизат». 

 

Жаўды тағы қырпық қар, ушып келер бир тулпар,  



Қолтығында бир нəрсе бар томпайған...  

Сорамастан «ол не» депте, Будрыс ғарры енди тек те 

Мийманларды шақыра берди үш тойға. 

 

ГҮЛ 

 

Умытылғанын көрдим китап ишинде  



Ийиси жоқ қуўрап қалған бир гүлди,  

Шийрин қыял жанды бийлеп сол гезде,  

Тербеди ой салып бизиң кеўилди. 

 

Қайсы жазда, қайсы манда өстиңиз,  



Көп болды ма, айтың, сизди ким үзген?  

Танысбекен, қандай қолға түстиңиз,  

Китаптың ишине неге қойды екен? 

 

Белгиси ме үлпилдеген сəўлеттиң,  



Я болмаса сумбар лəззет белгиме.  

Яки тоғай гезип жүрген жигиттиң  

Ашығына атап қойған гүли ме? 

 

Қыз ҳəм жигит тири ме я өлди ме?  



Қайда екен бул күнлери мəканы?  

Яки мынаў қуўрақ гүлдей солды ма?  

Усы гүлдей белгисиз бе ўатаны? 

 

КҮНДИЗГИ   ШАМШЫРАҚ 

 

Өшти күни иенен жанған шамшырақ,  



Көк теңизди қаплады кешки думан.  

Ҳағла желқом қалеген жаққа зымырап,  

Толқынла астымда түнерген океан.  

Мен көрип турыппан алыс жерлерди,  

Қубладағы үлкелерди əжайып.  

Қайғы менен ядқа салып өткенди,  

Алысларға телмиремен муңайып...  

Сезип турман көзиме жас келип тур,  

Ҳəм жүрегим суўлар, ҳəм тасар шадлық,  

Таныс қыял айналамда ушып жүр,  

Өткен күнлердеги ессиз ашықлық.  

Жүректи ийелеп ғам шеккен нəрсем,  

Ядқа түсти тилек үмит алдаған...  

Ҳағла сен қəлеген жағыңа, желқом,  



 

22

Толқынла астымда түнерген океан.  



Алдағыш теңиздиц қəўипли еркинше,  

Үш корабль, жеткер алыс жерлерге.  

Бирақта думанлы өз ўатанымның  

Қайғылы шетине апара көрме.  

Ышқы оты менен дəслеп сезимим  

Ең биринши сапар тутасқан елге,  

Жасырын нəзик муза күлип, жаслығым  

Гүлленип даўылда ҳəм солған жерге.  

Ушқалақ қуўаныш бет бурып меннен,  

Кеўлим суўыған жерге апара көрме. 

Жаңа сезимлерди излеўши өзим,  

Қаштым сеннен ата-баба ўатаны.  

Ҳəзликтиң уллары, қаштым сизлерден,  

Минутлық досларым жаслық ўақтағы,  

Сизди ышқы ушын адастырған яр,  

Сизге ашық болмасам да даңқымды,  

Өзимди, тынышлық, азат, еркимди,  

Қурбан еткен едим тəнде жанымды,  

Турақсыз гөззаллар, умыттым сизди,  

Мениң алтын бəҳəримниң жасырын  

Сериклери, сизлерди де умыттым ...  

Бирақта бурынғы жүректи жеген,  

Ышқы жарасына ем табылмады …  

Үш желқом, қəлеген жағыңа ҳағла,  

Астымда түнерген океан, толқынла ... 

 

 



КАЗАК 

 

Бир күни ярым ақшамда,  



Көз алды қараңғы думан,  

Шықты дəрья жағасына.  

Атлы казак киятырған. 

 

Қара малақай басында,  



Тоны шаңға батып қалған,  

Тапанша, қылыш жамбасында,  

Ушы жерге салбыраған. 

 

Жүйрик аты суўлық тислеп,  



Адымлап жүрип киятыр.  

Уп-узын жалы желкилдеп,  

Кем-кемнен узап баратыр. 

 

Дийўаллары қүлап қалған,  



Əне алда еки-үш жай.  

Бул жол аўылға бет алған,  

Онда бар дүт қалың тоғай. 

 


 

23

«Тоғайда табылмас қызлар» -  



Деп ойлады Денис жигит, -  

Түн ишинде сулыў қызлар,  

Уйқыда деп етти үмит. 

 

Дон улы тартты дизгинин,  



Тақымын қысып жиберди,  

Жайларға қарап көринген,  

Аты да шаўып жөнелди. 

 

Майда бултлар арасында,  



Ай гүмистей жарқырап тур,  

Айнасының қапталында  

Сулыў қыз муңайып отыр. 

 

Жүреги соғып дүрсилдеп,  



Жигит сулыў қызды көрди.  

Аты əсте шетлеп-шетлеп,  

Айнаның алдына келди. 

 

- Түн болды тас қараңғылық,  



Ай да уясына батты,  

Жаным, сыртқа жуўырып шық,  

Суўғарып бер мына атты. 

 

- Жоқ! Қараңғы, мен қасыңа  



Жақынласыў қəўетерли,  

Үйимнен шығып атыңа,  

Суў əпериў қаўетерли. 

 

- Əй гөззал қыз, ҳешбир қорықпа,  



Биз бенен дос бол кеўиллес! 

- Түн қорқынышлы сўлыўға.  

- Ал қуўаныш! Қəўипли емес. 

 

Суйиклим, исен сөзиме,  



Қуры босқа қорқа берме,  

Ўақтым қымбатлы өзиме,  

Мəзи бийкарға өткерме. 

 

Мин атыма, сениң менен  



Мен кетемен алыс жакқа. 

Бахытлысаң мениң менен,  

Өзим бар жер бейиш бəрҳа. 

 

Қыз бийшара қəйтсин, көнди,  



Қорқынышты жеңди, бирақ,  

Кетиўге келисим берди,  

Жолы болып калды казак. 

 


 

24

Шаўып кеттн ушқан қустай,  



Бирин-бири жақсы көрди.  

Еки ҳəптеден узамай,  

Үшиншиде өзгерилди ... 

 

 



 

ДОСЛАРЫМА 

 

Сизлерди қудай жарылқар  



Алтын күн, алтын түнлерде.  

Қара қаслы сулыў қызлар  

Көзлерин тигер сизлерге. 

 

Досларым, ойнаңыз күлип  



Түн тез өтсин, болыңыз мəс.  

Шадлықларыңызды көрип, 

Мен күлемен, көзимде жас. 

 

ДОН 

 

Кең далада жарқыраған  



Ағыслы Дон! Бердим сəлем!  

Алыстағы улларыңнан  

Саған алып келдим сəлем. 

 

Дəрьялар атағы шыққан  



Терең Донды дейди аға,  

Араксбенен Евфраттан  

Алып келдим сəлемнама. 

 

Атланыстан алып демин,  



Өз елине келип түсти,  

Арпачайдың, мөлдир суўын  

Дон атлары қанып ишти. 

 

Əдиўли Дон, таярлап қой  



Атлы жаўынгерлер ушын  

Өзиңде жасырын сақлап,  

Жүзимиңниң шийрин суўын. 

 

АЛТЫН ҲƏМ ПОЛАТ 

 

Бəри меники, - деди алтын,  



Бəри меники, - деди полат,  

Сатып аламан, -деди алтын,  

Тартып аламан, - деди полат. 

 

ШАЙЫР 

 


 

25

Оннан қутлы қурбан болыўды  



Талап етпес Апполлон еле,  

Шайыр ғəмгүн ҳəм кем кеўилли,  

Бəнт тек дүнья ғаўғасы менен. 

 

Лал турады əдиўли сазы, 



Руўҳын басар суўық, муз уйқы.  

Бахытсызлардың бахытсызы  

Бул дуньяда ол шығар, бəлки. 

 

Илаҳийда бир сөз егерде  



Қулағына еситилсе еди,  

Уйқысынан турған бүркиттей  

Шайыр жаны титиренеди. 

 

Адамлар ўақ-шақта, бул-муңда,  



Мыш-мышлардан жасайды аўлақ.  

Алтын тажлы патша алдында  

Шайыр басын иймейди, бирақ. 

 

Қаталлық бар көз қарасында,  



Кеўли толы сесли дэртлерге,  

Ол асырар шөл дəрьясына  

Ҳəм шуўлаға орман бетлерге. 

 

 



             *      *      * 

 

               (А.К. ге



 

Сол əжайып мəўрит еле есте:  

Сен доланып алдымнан шықтың,  

Бир жарқ еткен сырлы елестей,  

Руҳындай пəк арыўлыктың. 

 

Үмитсизлик сарсылтқан ўақта  



Сени аңсап əўерелендим.  

Ерке даўысың кетпей қулақтан,  

Зарықтырып, тусиме ендиң. 

 

Жыллар өтти. Есерлик ўақлар  



Септи бастан жаслық қыялын.  

Ерке даўысың кетти қулақтан,  

Умытылды нурлы жамалың. 

 

Меңиреў түнек түпкирде жалғыз,  



Ыңыранып күнлерим өтти.  

Шүкиранасыз, йош, муҳаббатсыз,  

Көз жасты да умытып кеттим. 

 


 

26

Кеўлим тағы толды ҳəўеске:  



Жəне айланып алдымнан шықтың,  

Бир жарқ еткен сырлы елестей,  

Руҳындай пəк арыўлықтың. 

 

Енди мине шəўкилдеп жүрек,  



Гөне дəртим қайта қозғалды.  

Шүкираналық, йош, өмир, тилек  

Елжиретип, кезге жас алдым. 

 

*      *      * 



 

Алдар болса сени турмыс,  

Өз-өзине тəселле бер.  

Бола бермес гил кеўилсиз,  

Кеўилли де күнлер келер.  

Адам келешекти күтер,  

Бүгингиге кеўли толмай.  

Дүнья зуўлап өтер-кетер,  

Не өтсе, сол - əлле қандай. 

 

ҚАРЫНДАСЫ  МЕНЕН  АҒАЛАРЫ 

 

Қатарынан өскен еди еки ағаш,  



Арасында жиңишке таллы қарағай. 

Өмир сүрди бирге туўған қарындас,  

Егиз болып анасынан туўғандай. 

 

Павел менен Радул ағайын,  



Бир-бирине хызмет етти ҳəр дайым,  

Екеўиниң ортасында Елица,  

Шад болады ҳеш жемейдн уўайым. 

 

Қарындасын сүйди ағалар жүректен,  



Жəрдем етти оған барлык тилектен,  

Бирин-бири жақсы көрип екеўи,  

Жүре берди бурынғыша əдеттен. 

 

Алтынлаған жақсы гүмис қын менен,  



Соңғы ўақта пышақ берди сыйлыққа,  

Ал Павелдиң келиншеги көре алмай,  

Бийкешин көп жаманлады халыққа. 

 

Радулдиң ҳаялына айтады,  



Елицаны жаманлап сөз қатады.  

Жоқ жердеги барлық исти əкелип,  

Ғəреметлеп, гүлланына шатады. 

 

Билмеймең бе, сондай сен бир зəҳəрди,  



Өткен бастан неше турли əлўанды, 

 

27

Қарындасын ағасына жаманлап,  



Еки арасын араз қылған дəстанды. 

 

Радулдың ҳаялы сонда сөйлейди,  



Айтқан сөзге жуўап айтып бүй дейди:  

«Болған мениң ол бийкешим алладан,  

Мен билмеймек, ондай уўлы жолларды. 

 

Егер билмей айтсам едим мен саған,  



Менидағы ағаларым жаратқан,  

Мағандағы ҳүрмет етип əдиўлеп,  

Нешше сапар мени кутə сыйлаған». 

 

Ол Павелдин кетти ҳаялы суў жаққа,  



Уллы исги етпек болып ояқта,  

Барып əне, суў бойына жас ҳаял,  

Пышақты кеп салды жүрген қара атқа. 

 

Сойғаннан соң мардыйып бул қайтады,  



Болған исти ол байына айтады:  

«Жақсы көрип бердиң сол бир пышақты,  

Көрмейсеңбе, сойды барып қара атты». 

 

Еситкен соң ушып жайдан турады,  



Елицадан барып исти сорады:  

«Не себептен иследиң сен бул исти,  

Айтса қане, көзиң қəйтип қияды». 

 

Қарындасы жылап жуўап қайтарды, 



«Мен емеспен»  «ағажан» деп айтады,  

Ант ишемен бир қуданың атынан,  

Бундай иске қолым қалай барады». 

 

Сөзлерине инанады ағасы,  



Кетти енди баққа Павел ҳаялы, 

Оған барып қаршығаны өлтирип,  

Келип исти тағы баян қылады: 

 

«Жаратқансаң қарындасты  сүйесең, 



Жаманлығын ҳеш ўақытта көрмейсең.  

Өзиң берген анаў пышақ пенен ол  

Қаршығаны тағы барып өлтирген». 

 

Еситкен соң ушып жайдан турады,  



Елицадан барып исти сорады,  

«Не себептен иследиң сен бул исти,  

Айтса қане, көзиң қайтип қияды». 

 

Қарындасы жылап жуўап береди:  



«Мен емеспен, ағажан» деп айтады,  

 

28

Ант ишемен бир қуданың атынан,  



Бундай иске қолым қалай батады». 

 

Айтқаннан соң өзиниң жан – баўыры,  



Сөзлерине инанады ағасы.  

Қатын енди кетти басқа қыялға,  

Қуртпақ болып Елицаның қарасын. 

 

Жатыр еди мардыйып қыз төсекте,  



Келди ҳаял уйге кирип түнекте,  

Бийкешинен гүмис пышақ урлап ап,  

Жөнеледи үйден кешки мəҳəлде. 

 

Алтын бесик тербетеди баланы,  



Көрсетпестен бундай болған жаманды,  

Бесиктеги баласын да өлтирип,  

Пышақты алып, өз орнына салады. 

 

Таң атыўдан жуўырады байына,  



Хабар салды уйықлап жатқан бийине, 

Адам ойламаған сумлық ойлады, 

Ўай, ўай салып бетин жыртып қоймады: 

 

«Жаратасаң қарындасты сүйесен,  



Жаманлығын ҳеш ўақытта көрмейсең,  

Өзиң берген анаў пышақ пенен ол  

Улымызды өлтиргенин билмейсең. 

 

Инанбасаң мениң айтқан сөзиме,  



Дурыс силтейин сениң ғана өзиңе  

Усы маннан барып көрсең пышақты,  

Не болғаны көринеди көзиңе». 

 

Буны еситип Павел турды орнынан,  



Бала - деген сөз айырды ақылдан,  

Жас Елица жатқан ўақта төсекте,  

Ол пышағын суўырып алды қыпынан. 

 

Көрсе пышақ қызыл қанға боялған,  



Буны көрип жас Павелиң болды таң,  

Елицаны жатқан жерде жулқылап,  

«Не қылғаның, қарындасым, ант урған?» 

 

«Əўелде сен барып сойдың атымды,  



Тағы сойдың бақта жүрген қусымды,  

Ендн қане жуўабын бер бул истиң,  

Не себептен шалдың мениң улымды?» 

 

Қарындасы жылап жуўап қайтарды:  



«Мен емеспен, ағажан» деп айтады, -  

 

29

Ант қыламан бир қуданың атынан,  



Бундай иске қолым қалай батады? 

 

Егерде сен инанбасаң бул антыма,  



Алып шығың мени қуры далаға, 

Апарып ат қуйрығына байлаңыз, 

Ат тəнимдн төртке бөлсин сол манда». 

Жан ағасы қыз сөзине инанбады,  

Апарып ат қуйрығына байлады,  

Атқа байлап, дүрсилдетип куўған соң,  

Қызды тартып асаў атлар ойнады. 

 

Қызды сүйреп ат айдалды майданға,  



Ақты қыздың қызыл қаны майданда,  

Қаны тамған ол жерлерге гүл питип,  

Көтерилди шығып гүллер аспанға. 

 

Қыздан қалды жалғыз бөлек ақ таңба,  



Ширкеў болып ол қаланды алаңға,  

Өткеннен соң бир неше ўақ арадан,  

Павелиха ушырады наўқасқа: 

 

Ҳаял жатты удайына тоғыз жыл,  



Наўқаслары күннен-күнге үдер бул,  

Ҳəр сүйекке неше жаман шөп шығып,  

Уялап ап сорды жылан көзин ол. 

 

Күннен-күнге азапты бул шегеди,  



Жылан сорып қанын тағы ишеди,  

Бир ўақытта қатын сөйлеп байына,  

Сандырақлап түрли сөзге кетеди: 

 

«Хəй, Павелжан, қулағың сал сөзиме,  



Бир мийримиң келсин мениң өзиме,  

Алып барсаң бийкешимниң қəбирине,  

Жазыларман, мүмкин сонда ширкеўде». 

 

Айтқан сөзди Павел мақул көреди,  



Ҳаялды алып, ширкеў жаққа жүреди, 

Булар жақын келе берген ўақытта,  

Ширкеў беттен сесли даўыс келеди. 

 

«Адымлама, жаўыз ҳаял, берманға,  



Келсең егер дус боларсаң жаманға,  

Усыманнан сендейлерге ҳеш ем жоқ,  

Жойыл көзден, кет тезирек арманға». 

 

Буны еситип ҳаял жаман болады, 



Ол байына сөзди былай айтады;  

«Сиз алладан болған бизге мийирман,  



 

30

Онда мени апармасаң қайтеди. 



 

Ҳай, Павелжан, мен сорайман жалынып, 

Дуўшар болдым дурыслықтан жаңылып, 

Ақ сарайға мени енди апармай 

Ат артына байлап жибер берк таңып». 

 

Сүйиклиниң сөзин Павел етеди, 



Ат қуйрығын мықлап əптен түйеди,  

Жас ҳаялын атқа байлай бергенде,  

Шулғыған ат далаға алып жөнеди. 

 

Ат айналды шаўып уллы далада,  



Тəнин етти бөлек-бөлек шил пəрше,  

Оның қаны тамған қара жерлерге  

Өсип шықты шеңгел, жантақ ҳəм сора. 

 

Паршаланып ҳаял тəни бөлинди,  



Бөлинген жер көл боп қақ-кақ жарылды.  

Бир ўақытта көлден шығып кара ат.  

Ат артынан алтын бесик көринди. 

 

Көрсең бесик, қаршыға қус отырған,  



Ҳəм сағыйра бала - онда жатырған,  

Буўындырып шешеси көп болғаны,  

Елицаның пышағы менен шалынған. 

 

 




Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет