А. С. Пушкин нөкис «Қарақалпақстан» баспасы 1985



Pdf көрінісі
бет4/4
Дата15.03.2017
өлшемі312,58 Kb.
#9807
1   2   3   4

ЦЫГАНЛАР 

 

Бессарабия жерлерин жайлап,  



Шаўқымласып көшер цыганлар.  

Бүгин дəрья бойын қолайлап,  

Қонды жыртық шатырда олар.  

Қонысы шад, басанда ерки,  

Тыныш уйықлар ашық аспанда,  

Гилемлерин өр жаққа керип,  

От жылтырар арба астында.  

Таярлаўда кешки тамағын,  

Атлар сыртта жайылып атыр.  

Шатырлардың алып бир жағын,  

Үй аюы еркинсип жатыр,  

Далаңлықта бəри қыймылда:  

Татыўласып, ҳəр үй өз үйин  

Таң ертеңги жолға таярлар,  

Қыйқыўласар баллар жарысып,  

Қосық айтар гейбир ҳаяллар.  

Балға тийген төстиң даўысы,  

Көп жерлерге барып таралар,  

Бирақ мине, көшпели қоста  

Шаўкым тынды. Уйқыға жатты.  

Еситилер далада - тыста  

Ийт улыўы, киснеўи аттың.  

Барлық оттың жарығы сөнген,  

Бəри тыныш, ай нур төгип тур. 

Жерге қарап аспан əлеминен  

Шатырлардың бəрин көрип тур,  

Бир шатырда уйықламай ғарры,  

Жылтыраған қып-қызыл шоғы,  

От басында отыр үңилип,  

Ҳəм пуў менен қапланған түнги  

Қуў далаға қарар тигилип.  

Бул ғаррының жас ғана қызы  

Ай далаға қыдырып кеткен.  

Еркинликке үйренген өзи,  

Ўақыт болса жатардан өткен.  

Аспандағы ай да еңкейип,  

Батыўға да мине қарады.  

Земфирасы еле жоқ, еле,  

Суўып кетти пақыр  тамағы. 

 

Мине келди.  



Изинен оның 

 

50

Цыганларға бурын биймəлим,  



Бир жас жигит келер асығыс,  

«Мынаў қонақ, ата, - деди қыз,-  

Қорған беттен, даладан таптым –  

Қонақ бол, деп шақырдым қосқа.  

Базлердей боп өткерер ўақтын,  

Тилеги сол, ойы жоқ басқа.  

Бирақ дəстүр айыплар буны.  

Ал мен, ата, дос болажақпан.  

Аты Алеко, сүйеди мени,  

Келседағы бөлек жат журттан. 

 

Ғ а р р ы 



 

Жүдə жақсы, азанға шекен  

Шатырымыздың панасында сен,  

Болабер яки бөлек жат, мейлиң,  

Орын бизде табылады, кең. 

Нанымды бөлис, қайылман, балам,  

Жанымды бөлис, тайынман, балам.  

Бизлик болып, бизге үйренис,  

Бизиң ығбал усы каңғыған.  

Ал, сəҳəрден басланар жүрис.  

Бир жүресең, қалмай арбадан.  

Бир өнер ал, таңла биреўин,  

Қосықшы бол - сениң қəлеўиң,  

Темирши бол, ямаса, балам,  

Аю менен аўылды айлан. 

 

А л ек о 



 

Олай болса бунда қаламан. 

 

З е м ф и р а 



 

Ол бəрҳама менлик болады.  

Меннен оны кимлер қуўады?  

Кеш боп калды... ҳəм ай да батты,  

Дөгеректи басты қараңғы.  

Мени ериксиз уйқы да тартты. 

 

Таң ағарды,  



Ал, ғарры əсте 

Гезер меңиреў шатыр əтирапын.  

«Тур, Земфира, күн шығып кетти.  

Ўақыт болды, оян, қонағым.  

Койың енди мамық төсекти».  

Шатырлары жыйылды қайым,  

Ал, арбалар жүриске тайын.  

Бəри бирден қозғалып алға,  



 

51

Шожып кетти қула даланға.  



Ешеклерге дуўденлер тайлап,  

Ишлеринде балалар ойнап,  

Еркеклери, ҳаял-қызлары, 

Ғарры-жасы келеди жайлап. 

Қыйқыў, шаўқым, цыган қосықлары, 

Аюы да келер ырылдап, 

Мойнындағы шынжыр сылдырлап. 

Ғарры, бала - бəри жалаңаш, 

Ҳəммесиниң үсти ҳəр қыйлы. 

Ийт үреди, жөнге қарамас, 

Арба   шыйық-шыйық, найлар сыңсыйды. 

Бəри ерси, бəри жарамас. 

Сондай ерси, сондай бийбастақ, 

Бирақ сондай тез-тез қыймылдар. 

Биргелкили байрамын баслап, 

Қуллар қосық айтқандай шуўлар. 

Тегисликке  каңраған 

Қарайды жигит муңайып. 

Кеўлинде оның қыйнаған 

Ой бардай турған қамалып. 

Қара көзли Земфира 

Қасында-ғой мудамы. 

Жүрсе де енди ол қайда 

Өмирдиң еркин адамы. 

Ал күн болса жаркырап, 

Жерге нурын шашып тур, 

Сонда неге қалтырап, 

Жигиттиң түри қашып тур? 

 

Тəңир қусы билмейди 



Ғамланыўды, мийнетти,  

Машақатланып жүрмейди,  

Уяға етпес знйнетти.  

Шақада түнде қалтырап,  

Тəңирдиң сестин тыңлайды,  

Күн шығыўдан ол бирақ,  

Силкинеди, сайрайды.  

Сулыў бəҳəр соңынан 

Ыссы жаз келип алмасар.  

Гейде жаўын, гə думан,  

Жаздың орнын гүз басар,  

Ал адамлар зеригип.  

Кеўиллерин муң басар.  

Палапанлар  жетилип,  

Узақ, еллерге ушар.  

Бəҳəрге шекем келеси  

Ыссы жерлерде жасар. 

 

Усы қусқа усаған бийғам,  



 

52

Ол жыл қусы бир самал қуўған,  



Бир үмитли уясын таппай,  

Болды оған бəри де жаттай,  

Қайла барса-жолы қəлеген,  

Қайда барса - киси панайы.  

Уақытының барлық бөлегин  

Ояныўдан берер қудайы,  

Өмир болса жалқаў жүрегин  

Қоздырмады оның удайы.  

Оны гейде даңқлы, сыйқырлы  

Еликтирди узақ жулдызлар.  

Күтпеген сəн, ерлик: ҳəр түрли  

Болды онда гейбир ўақытлар.  

Жалғыз басы үстинде оның  

Талай-талай көк гүркиреди.  

Астында да гүлдирмаманың  

Бийғам болып мүлгип жүреди,  

Соқыр ҳəм де жаўыз тəғдирдиң  

Мойынламай жүрди тутымын.  

Бирақ қудай мөмин кеўилин  

Ермекледи таўып утырын.  

Толқынлатып қайнап та еди  

Жəбирленген оның жүреги.  

Биротала қалай суўынар?  

Асықпа, ол еле оянар. 

 

З е м ф и р а 



 

Айт сен, жаным, қайғырасаң ба, 

Путкил таслап кеткенлигиңди? 

 

А л е к о 



 

Не тасладым? 

 

З е м ф и р а 



 

Ойламайсаң ба, 

Туўған қала, туўған елиңди? 

 

А л ек о 



 

Өкинип не? Сен билсең еди,  

Ядына бир түсерсең еди.  

Қəлпин қəпес қалалардың сол –  

Бир ўақлары түсинсең еди;  

Онда адам топ-топ қамалған,  

Таң ҳаўасын ҳеш жута билмес.  

Өмир бойы туншығып қалған,  

Көк майсаның қарасын көрмес.  


 

53

Онда бəрҳа сатылар еркиң,  



Ақша, буғаў - көрериң ҳəр күн. 

Не тасладым? Аўа, тасладым,  

Ески ҳуким - алдамшылықты,  

Оңбаған сол самсамшылықты,  

Ҳəм де нағыз қорлаўшылықты. 

 

З е м ф и р а 



 

Бирақ онда уллы сарайлар,  

Онда барғой көркем гилемлер. 

Онда ойын, шаўқымлы тойлар,  

Сондай байлық, қызға кийимлер. 

 

А л е к о 



 

Неге керек қала шаўқымы?  

Сүйиўшилик жоқ жерде ҳасла  

Басылар ма кеўилдиң маўқы?  

Ал сөз қызлар туўралы болса:  

Ҳеш толмай-ак өңир ҳəм жағаң,  

Сондай қымбат ҳинжи маржанға –  

Қəдирлесең, артықсан маған!  

Мениң болса тилегим жалғыз:  

Бөлисемен муҳаббатымды,  

Уəдемди мен бузбайман ҳəргиз. 

 

Ғ а р р ы 



 

Бай халықта туўып өссең де,  

Сен сүйесең бизди - ойың сол,  

Азатлыққа ким үйренсе де,  

Оған бəрҳа ийе бермес ол.  

Бир аңыз бар бизиң халықта,  

Бир адамды патша бир ўақта  

Жүрт аўдарып жиберген бизге,  

(Бурын оның атын билсем де  

Бирақ ҳəзир умытып қалдым)  

Жасы барған ғарры еди ол дым,  

Бирақ сондай ол қуўнақ еди:  

Қосықшылық қəбилетке бай,  

Даўысы саз, суў шаўқымындай.  

Ол жасады Дунай бойында  

Ҳəм халықты көрди жанындай,  

Таңландырды сөйтип ҳəммени  

Тутқын етип онын гүрриңи.  

Бала яңлы еди минези.  

Сада еди сондай дым өзи. 

Басқа адамлар ол ушын бəрҳа  

Аң ҳəм балық аўлап береди.  



 

54

Қатты ағыслы дəрья қатыўдан,  



Қысқы боран даўыллатыўдан,  

Мамық жүнге орады оны –  

Ҳəмме келип əзиз ғаррыны,  

Жарлы турмыс ғалмағалына  

Бирақта ол көнлиге алмады,  

Тек жығылды желдиң ығына.  

«Кекли қудай қылмысым ушын  

Жазалады   мени» десе де,  

Азатлықты күтти, келсе деп.  

Бəрибир ол қайғыға батты,  

Гезип жүрип Дунай жағасын, 

Көзлеринен жас төгип татлы,  

Еследи ол алыс қаласын.  

Ҳəм өлерде, алыс түсликке,  

Жəбир-жапа шеккен сүйегин  

Ҳəм бул жерге жат болып ҳəтте,  

Тыншымаған шерли өлигин,  

Апарың, деп нəсият етти. 

 

А л е к о 



 

Улларының тəғдийри усы;  

О сен Рим, даңқлы держава!  

Муҳаббат ҳəм қудай жаршысы,  

Даңқ деген не, айтып бер маған?  

Қəўимлерден қəўимге көшкен,  

Мақтаў сөзлер, гөр сазасы ма?  

Яки ошақ басында айтқан  

Цыганлардың əпсанасы ма? 

 

Мине еки жаз өтти. Еле  



Топарласып гезер цыганлар.  

Баяғыдай болып ҳəр жерде 

Көшип-қонып тынбай жүр олар.  

Мəденияттың буғаўларынан  

Жийиркенген цыганлар яңлы,  

Алеко да еркин бир адам,  

Бийпарўа ҳəм билместен ғамды  

Цыганлардай көшип жүр мудам.  

Сол турысы ҳəм сол семьясы,  

Ойламастан ҳəм баяғысын,  

Үйренисти цыган салтына  

Ҳəм олардың сүйди панасын,  

Ҳəм берилип солар ырқына.  

Жалқаўлықты бойын бийлеген  

Ҳəм сүйди ол сөйтип бəрқулла  

Тилин быдыр-быдыр сөйлеген.  

Барлық жерин буйра жүн басқан  

Жатағынан бул жерге қашқан  



 

55

Алеконың аю қонағы  



Аўылларда, жолда, далада  

Сарайына молдаванлардың  

Жақын жерде, жығын алдында  

Сондай аўыр қозғалып ол дым,  

Ыр-ыр етип еп пенен ойнар,  

Жалықтырған шынжырды шайнар.  

Ҳасасына өңменин артып,  

Дəбин ғарры еринип қағар.  

Алекосы қосығын айтып,  

Арман-берман аюды айдар.  

Земфирасы елди айланып,  

Напақалық садақа жыйнар.  

Кеш болыўдан үшеўи бирге  

Писпеген көк буўдай қайнатар.  

Буннан кейин уйықласа ғарры,  

Шатыр тыныш, ҳəммеси жатар. 

 

Ғарры салқын қолын  бəҳəрдиң  



Қуяшына отыр қыздырып. 

Қызы айтып тек ышқы жырын,  

Ал, Алеко отыр бозарып. 

 

З е м ф и р а 



 

Қəҳəрли ҳəм ғарры ерим,  

Шал яки сал мени отқа.  

Шыдайман ҳəм қорықпайман  

Пышақ, оттан мен ҳеш ўақта.  

Мен сени ҳеш көргим келмес,  

Сени сондай жек көремен,  

Мен сүйемен басқа адамды,  

Сүйгеним сол деп өлемен. 

 

А л е к о 



 

Зериктирди, тоқтат, бул наманы  

Бул не қосық, ерси, қапылған, 

 

З е м ф и р а 



 

Сүймейсен бе? бəри бир маған!  

Өзим ушын айтып атырман. 

 

Шал яки сал мени отқа;  



Сөз айтпайман, болғаны,  

Қəҳəрли ҳам ғарры ерим,  

Танымайсаң сен оны. 

 

Жазғы күннен бетер сулыў,  



 

56

Бəҳəрден де сымбатлы.  



Мени сондай сүйеди ол,  

Жас ҳəм сондай айбатлы. 

 

Сондай қушып аймаладым,  



Оны түн тынышында, 

Бязлер сонда күлискенбиз,  

Сениң аппақ шашыңа. 

 

А л е к о 



 

Қой, Земфира, түсинип турман ... 

 

З е м ф и р а 



 

Сыр уқтыңба бул қосығымнан? 

 

А л е к о  



 

Земфира! 

 

З е м ф и р а 



 

Сен қапалан, мейли ашыўлан,  

Сен ҳақкында айтып атырман. 

 

                               (кетеди)  



Ғ а р р ы 

 

Ўақтымызда бизиң дөреди  



Усы қосық, мениң есимде:  

Ермек ушын көп ўақтан бери,  

Айтылады халықтың ишинде,  

Мениң Мариулам буны жыр етип,  

Кагуд бетте көшип жүргенде,  

От басында қызын тербетип,  

Айтер еди қысқы түнлерде.  

Жыллар өтип менин есимнен,  

Əсте-əсте шыға баслаған.  

Бирақ тағы еситкенликтен.  

Ойға түсти, дым таныс маған. 

Түн. Тынышлық. Сəўлеси айдың  

Жарқырап тур. Земфирасының  

Сөзлеринен ғарры оянды.  

«Ата, Алеко қорқынышлы дым,  

Тыңлап қара, өксип жылайды,  

Уйықлап жатып ол мыңғырлайды». 

 

Ғ а р р ы 



 

 

57

Тийме оған, тынышлық сақла,  



Ҳəзир болса түн ярым ақшам.  

Русларда мынадай сөз бар:  

Адам гейде уйықлап жатқанда  

Хүрей қысып катты буўылығар.  

Тарқап кетер ол таң атқанда  

Тыныш отыр, мəгар сол шығар. 

 

З е м ф и р а 



 

«Земфира» деп сыбырлап атыр!  

 

Ғ а р р ы 



 

Түсинде де сени излейди,  

Оған сондай қымбатсаң ақыр. 

 

З е м ф и р а 



 

Оның ышкы маған кемейди,  

Жабырқадым, жаныма батты.  

Мен дым ... тоқта, тыңлап турсаңба?  

Айтып атыр басқа бир атты... 

 

Ғ а р р ы  



 

Кимниң атын? 

 

З е м ф и р а 



 

Тыңласа, тоқта,  

Қырылдайды, тисин қайрайды.  

Оятаман. 

 

Ғ а р р ы 



 

Қой, ҳеш оятпа. 

Түңги ҳүрейди қуўсаң болмайды, 

Өзи кетер. 

 

З е м ф и р а 



 

Əне, аўнады... 

Турды, мени шақырды, ояў. 

Мине келдим, уйықла тыныш ҳаў! 

 

А л е к о 



 

Қайда болдың?  

 


 

58

З е м ф и р а 



 

Атам қасында.  

Сени қысты қандай да ҳүрей.  

Сен шыдадың бирақ мой бермей.  

Қатты қорықтым мен ырасында.  

Уйықлап жатып қайрап тисиңди  

Ҳам атымды айтып шақырдың. 

 

А л е к о 



 

Аўа, сени көрдим түсимде  

Екеўимиздиң арамызда бир...  

Қорқынышлы ҳаяллар кердим. 

 

З е м ф и р а 



 

Əжийнели түске исенбе,  

Исенбеймен ҳеш бир нəрсеге:  

Түске де ҳəм исенимге де  

Ҳəм де сениқ  жүрегиңе де. 

 

Ғ а р р ы 



 

О ақылсыз балам, оншама  

Не ушын сен көп гүрсинесең?  

Бунда адам дарқан соншама,  

Ҳəм ҳаяллар бар бунда ҳəсем,  

Азап шегип болма сен қапа. 

 

А л е к о 



 

Мени қызың сүймейди, ата!  

 

Ғ а р р ы 



 

Капаланба, ол бир садағой,  

Сениң  кайғың - орынсыз қайғы;  

Қыз жүреги дымнан шалағай  

Сүйип жүрсең. Буның болмайды,  

Айға қара, анаў көктеги,  

Өз басына қалқады еркин.  

Жер-жаҳанға нурын теп-тегис,  

Алағатсыз төгеди ҳəр күн.  

Айға биреў буйырып жерден;  

Сол жерде тур, қозғалма, дерме?  

Биреўди сүй, басқаға ерме! –  

Деп ким айтар қыз жүрегине?  

Қапаланба? 

 


 

59

А л е к о 



 

Маған еркелеп,  

Ҳəм аймалап ол сүйген еди.  

Мениң менен ўақтын соншама  

Шадлық пенен өткерген еди,  

Қытықлады мени назлары.  

Оҳ, қаншама ҳəз таўып денем,  

Мени бийҳуш ете жазлады.  

Алдарқатып ойшыл кеўлимди,  

Азда болса еплеп хошлады.  

Енди қалай! Бузық ол енди!  

Оҳ, Земфирам, суўый баслады. 

 

Ғ а р р ы 



 

Тыңла, саған айтайын қəне,  

Бир гүрриңди өзим ҳаққында.  

Ертеректе, Дунайға еле,  

Москаль топылмаған ўақтында –  

(Қара, мине, Алеко, буның  

Еске салды ески қайғыны)  

Султаннан биз дым қорқар едик;  

Аккерменниң бийик минарының  

Төбесинде Буджаққа патша  

Ҳəким болып отырар еди.  

Мен жас едим ҳəм көкрегим  

Толы еди қуўанышыма.  

Ҳəтте онда бир талшық мениң  

Ақ енбеген еди шашыма,  

Жас қызлардың ишинен сонда  

Узақ жүрип бирин таңладым.  

Сүйип қалдым, сөйтип соңында,  

Ҳəм сол болды мениң алғаным.  

Оҳ жаслығым, аққан жулдыздай  

Көз алдымда тек бир жалт еттиң. 

Оҳ, муҳаббат, мийир қанғызбай  

Оннан бетер тез өтип кеттиң.  

Оҳ, Мариулам қыйнайды мени;  

Бир ғана жыл ол сүйген еди.  

Бир сапары Кагуль суўының  

Жағасына барғанымда да  

Цыганлардың басқа қəўими  

Ушырасты таборымызға.  

Ол цыганлар бизлерге жақын  

Қурды барлық өз  шатырларын.  

Бизлер менен еки күн қонды,  

Үшинши күни раўан болды.  

Ал Мариула қызын неликтен  

Таслап кетти соларға ерип  


 

60

Мен ғой тыныш уйықлай бериппен.  



Таң атқанда қасымды көрсем,  

Мариула жоқ! Тум-тусты барлап.  

Шақырдым ҳəм излеп қарадым.  

Ой, нəресте, Земфира шырлап,  

Жылай берди, мен де жыладым! …  

Соннан бери қайт болдым шыннан,  

Дүньядағы мен барлық қыздан,  

Ҳешқашан да сөйтип бир қызды,  

Таңламады мениң нəзерим,  

Ҳəм соншама жеккелигимди,  

Бөлиспеди ҳеш бир назелим. 

 

А л е к о 



 

Ҳаў, сен неге сол ҳүрметсиздиң  

Кейнинен дəрҳал қуўмадың?  

Неге ол бузықтың ҳəм сум қыздың, 

Жүрегине қанжар урмадың? 

 

Ғ а р р ы 



 

Неге? Жаслық қустан да еркин  

Муҳаббатты зорлап бола ма?  

Қуўанышқа жетисер ҳəр ким,  

Ўақты менен ақырын ғана.  

Бир өткен ис қайталана ма? 

 

А л е к о 



 

Жоқ, мен ондай адам емеспен,  

Өз еркимнен қайтпайман ҳаслан.  

Ҳəм өш алып, шықпастай естен, 

Ҳаз етемен маўқымды бассам,  

О, жоқ! Антым: мийрим қылмастан,  

Тереңинде түпсиз тениздиң  

Уйықлап жатқан душпанды тапсам,  

Онык басын келеде езгим.  

Түршикпестен, қайта артып кегим,  

Тап толқынға ийтерер едим.  

Бирақ қатты қорқыныш менде,  

Оянса да күтилмегенде, 

Оны сондай гиналар едим,  

Ызасында зилли күлкиниң.  

Ҳəмде оның шүмип кеткени,  

Шыбын шелли көринбес еди,  

Қайта маған сондай күлкили,  

Сондай татлы сезилер еди. 

 

Ж а с   ц ы г а н 



 

61

 



Енди тағы, тағы бир сүйдир! 

 

З е м ф и р а 



 

Ўақыт … Ерим қызғаншақ, қатал. 

 

Ц ы г а н 



 

Текте қурттай ерниңди тийдир. 

 

З е м ф и р а 



 

Ол еле келмей турғанда хош бол. 

 

Ц ы г а н 



 

Ушырасыў енди қашанға?  

 

З е м ф и р а 



 

Бүгин: бирақ ай батқаннан соң – 

Қорған арты, əўлийе қасында... 

 

Ц ы г а н 



 

Келмейсең ғой! Сен алдап турсаң. 

 

З е м ф и р а 



 

Жуўыр, ане, қара турғанын,  

Алдамайман, келемен, жаным. 

 

Уйықлап атыр Алеко терең,  



Бир гүңгирт түс қыйнады оны.  

Оянды да ҳəўлирип бирден,  

Қармалады тум-тусын қолы.  

Қалтыраған қолы бирақта,  

Жамылғысын əсте тартады –  

Ал, қостары болса узақта ...  

Ол қалтырап турды, тыңлады…  

Дөгерекгиң бəри тып-тыныш,  

Бийлеп алды оны қорқыныш,  

Денеси гə ыссы, гə суўық; 

Ол түргелип шатырдан шықты.  

Арбалар тур шатырға жуўық.  

Қəўетерли. Гезди жəн-жақты.  

Дала жым-жырт, дөгерек үнсиз,  

Думаншылық, ай да батыпты.  

Жылтылдайды жулдызлар ҳəлсиз,  



 

62

Шық үстинде емески бир из  



Қорған бетке қарай тартыпты:  

Қай гəрепке тартса сырлы из,  

Изди қуўып келер сабырсыз. 

 

1 - д а ў ы с 



 

Кеш боп кетти. 

 

2 - д а ў ы с 



 

Азмаз тоқтаса! 

 

1 - д а ў ы с 



 

Кеш боп кетти, жаным, түсин сен. 

 

2 - д а ў ы с 



 

Қайтпайықшы, тап таң атқанша. 

 

1 - д а ў ы с 



 

Кешиктик. 

 

2 - д а ў ы с 



 

Дым қорқып сүйесең. Зарре тоқта! 

 

1 - д а ў ы с 



 

Сен дым коймадың. 

 

2 - д а ў ы с 



 

Зəрре тоқта! 

 

1 - д а ў ы с 



 

Егер мен жоқта,  

Оянса ол... 

 

А л е к о 



 

Қашшан ояндым.  

Асықпаңлар, сизлер! Кайжаққа?  

Сизлер ушын тап усы жер де  

Жақсығой дым, жақын қəбирге! 

 

З е м ф и р а 



 

63

 



Достым, жуўыр, тез қаш!  

 

А л е к о 



 

Тоқта! 


Сулыў жигит, қайда барасаң! 

 

(Оған пышақ урады



 

З е м ф и р а  

 

Алеко! 


 

Ц ы г а н 

 

Ўаҳ-аҳ! Өлдим мен! 



 

З е м ф и р а 

 

Оған неге пышақ урасаң?  



Оны қанға боядың, қара!  

Не иследиң, бул не? 

 

А л е к о 



 

Ҳештеңе! 

Ал, қушақла, бат мийлығыңнан  

Енди соның муҳаббатына. 

 

З е м ф и р а 



 

Қорықпайман мен сеннен ҳаслан.  

Абайыңды писент етпеймен.  

Нəлетлеймен қанхорлығыңды. 

 

А л е к о 



 

Ал сенде өл 

 

(Пышақ урады



 

З е м ф и р а 

 

Сүйип өлемен. 



 

Шығыс жақтан таңның шапағы  

Сəўле шашып кем-кем жақтырды.  

Алеко услап қанлы пышағын,  

Қулпы тасқа келип отырды.  


 

64

Қарсы алдында жатыр қос өлик,  



Қорқынышлы жүзи қандардың;  

Ал цыганлар болса сескенип,  

Өликлерди тез қоршап алды.  

Бир тəрептен гөри қазылды. 

Ал ҳаяллар изли-изинен  

Аза тутып топ-топ ағылды,  

Ҳəр өликтиң сүйди көзинен,  

Ғарры атасы жалғыздан жалғыз,  

Өликлерге қарап бир шетте,  

Қайғы басып отыр қыймылсыз;  

Табытларды көтерип кетти,  

Қушағына ҳəм суўық жердиң,  

Еки жасты апарып көмди.  

Ал Алеко болса узақтан,  

Барлығына қарап отырды.  

Ҳəм үстине гөрдиң ақырғы, 

Топырағы тасланған ўақта,  

Ол тым-тырыс ийилди бүкке,  

Тас үстинен қулады шөпке. 

 

Сонда ғарры дəрьяға келди,  



Ҳəм жағада ол былай деди:  

«Бизге тийме, тəкаббыр жигит!  

Заң-законсыз, биз жабайымыз,  

Керек емес бизге қан төгис,  

Биз ҳешкимди жазаламаймыз.  

Қанхор менен жасай алмаймыз,  

Ал сен болсаң бундай жабайы  

Тəғдир ушын туўылмағансаң.  

Сен тек өзиң ушын удайы,  

Еркинликти күсеген жансаң.  

Сениң сестиң қорқыныш бизге,  

Биз қорқақпыз, кең пейиллимиз.  

Сен жаўызсаң, бизлерге тийме.  

Кешир! Саған өмир тилеймиз». 

 

Делиниўден, көшпели кəўим,  



Топарласып шаўқым салысқан,  

Шожып кетти таң ала геўгим,  

Қəўетерли сол бир қоныстан. 

Шубырысып узақ далаға,  

Демде сиңип кетти. Бирақта,  

Гөне гилем тутылған арба,  

Қалып қойды кийели журтта.  

Усылай: гейде кыстың алдында  

Азан менен қою думанда  

Өз ўақтынан кешигип қалған,  

Тырналардың узын дизбеги,  

Көтерилип қула далаңнан,  



 

65

Түслик жаққа бағыт алғанда,  



Қайғы басып тыррыўлап зорға, 

Күтип енди өлим ҳалатын,  

Қалар еди бир жалғыз тырна,  

Салбыратып сынған қанатын.  

Қас қарайып түссе де түнек,  

Арбада от жақпады ҳешким.  

Бастырманың астына келип,  

Таң атқанша жатпады ҳешким. 

 

                     Э П И Л О Г 

 

Тап усылай қосықтың сырлы,  



Күши менен гүңгирт кеўлимде,  

Гəҳи шадлы, гəҳи қайғылы,  

Көрген күнлер елеслер менде.  

Қəўетерли саўаш күшейип, 

Сести көп ўақ тынбаған жерде,  

Стамбулға руслар келип,  

Буйрық шегип ымлаған жерде,  

Бизиң ески қос баслы бүркит,  

Даңқын еле жаймаған жерде,  

Сол сырт елде - қалған алыста,  

Дусластым мен ески қоныста,  

Цыганлардың арбаларына,  

Мөҳмин, еркин балаларына.  

Олар менен бирге маң бастым. 

Гездим талай, даланы астым.  

Аўқатларын тең бөлип таттым.  

Ҳəм отының басында жаттым.  

Ырғатылып дүзип топарын,  

Сүйдим айтқан шад қосықларын,  

Ҳəм сүйкимли Мариуланың,  

Нəзик атын көп қайталадым.  

Бирақ бахыт жоқ араңызда  

Тəбияттың ғəрип уллары!  

Жатар жыртық шатырыңызда,  

Ҳəм хорланып пақыр жанлары.  

Ҳəм көшпели паналарыңыз,  

Апатлардан қуў даладағы,  

Сизлерди ҳеш қутқара алмады.  

Бийкар кетти инталарыңыз,  

Ҳəм тəғдирден қорғанбадыңыз. 

 

                         М А З М У Н Ы  



 

                             Қосықлар 

 

Ескерткиш аўдарған И. Юсупов. 



Патша аўылындағы еске түсириўлар аўдарған И.Юсупов. 

 

66

Қысқы жол аўдарған Н.Дəўқараев. 



Қысқы кеш аўдарған Н.Дəўқараев. 

Теңизге аўдарған Ж.Аймурзаев. 

Тутқын аўдарған Н.Жапақов. 

Арион аўдарған Қ.Əўезов. 

Сибирьге хат аўдарған И.Юсупов. 

Чаадаевқа аўдарған И.Юсупов. 

Аўыл аўдарған И.Юсупов. 

Еркинлик аўдарған Т.Мəтмуратов. 

Мойтумар аўдарған И.Юсупов. 

Анчар аўдарған И.Юсупов. 

Пайғамбар аўдарған У.Хожаназаров. 

Қара шалғыш аўдарған И.Юсупов

Шаўқымлы көшелер бойлап журсем де аўдарған И.Юсупов. 

Кавказ аўдарған И.Юсупов.  

«Грузия қырларында жатар қара түн» аўдарған И.Юсупов.  

«Айтагөрме, гөззал мениң алдымда» аўдарған И.Юсупов.  

«Сизди сүйген едим...» аўдарған И.Юсупов. 

Будрыс хəм оның балалары аўдарған И.Юсупов. 

Гүл аўдарған А.Бегимов. 

Күндизги шамшырақ аўдарған Б.Қайыпназаров. 

Казак аўдарған Б.Қайыпназаров. 

Досларыма аўдарған Б.Қайыпназаров. 

Дон аўдарған Б.Қайыпназаров. 

Алтын ҳəм полат аўдарған Б.Қайыпназаров. 

Шайыр аўдарған Т.Мəтмуратов. 

«Сол əжайып мəўрит еле есте» аўдарған И.Юсупов. 

Алдар болса сени турмыс аўдарған И.Юсупов. 

Қарындасы менен ағалары аўдарған А.Бегимов. 

Татьянаның Онегинге хаты аўдарған Қ.Əўезов. 

Қус  аўдарған Т.Мəтмуратов. 

Кайта тиклениў  аўдарған Т.Мəтмуратов. 

Ҳəзлик аўдарған Б.Қайыпназаров. 

Қосық жазатуғын достыма аўдарған У.Пиржанов. 

 

Поэмалар 

 

Бақшасарай фонтаны аўдарған Т.Мəтмуратов. 



Цыганлар аўдарған М.Сейтниязов 

 

На  каракалпакеком   языке 



А. С. Пушкин Стихи и поэмы 

Издательство «Карақалпакстан» Нукус – 1985 

 

Арнаўлы редактор  И. Юсупов  



Редактор З.Ишманова  

Художник К.Нажимов  

Худ. редактор И.Қыдыров  

Тех. редактор З. Алламуратов  



Корректор Т.Турдымуратова 


Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет