Ибрайым юсупов



Pdf көрінісі
бет13/28
Дата08.03.2023
өлшемі0,8 Mb.
#72537
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   28
Байланысты:
Ibrayim Yusupov. Jeti asirim (1962)

АЗОВСТАЛЬ 
Қараўытып ашық аспан шетинде,
Бир жапырак булыт турғанын көрди көз.
Сонда маған сулыў саздай шертилди
«Азовсталь, Азовсталь» деген сөз. 
Гейбир шайыр колға қәлем алғаннан,
«Сулыўлық» деп бақырады салғаннан.
Сулыўлықтық туўыларын қалайша
Усы жерде көрип ҳайран қалғанман. 
Ол туўылар домна печьтиң ишинде,
Мың градус ыссылықтың күшинде.
Булшық ети сом полаттай шыныққан
От жүрекли адамлардың исинде. 
Бул адамлар жалын менен гүрескен,
Шойын менен бирге қайнап, бир өсқен.
Дәстандағы Азаўлының дәўиндей,
Домна печьлер көкте ийин тирескен. 
Үңилип көр тар тесикке айнадан,
Печь ишинде нур көрерсең қайнаған. 
Аспандағы жанар күнниң өзи-де
Қорытылып атырғандай қайтадан. 
Мартен печьлер аўзын кеңнен ашады,
Әйдарҳадай ысқырып от шашады.
Шойыншылар найза урған батырдай,
Узын көсеў менен көсеп қашады. 
Полат қанат прокатлар сырғанар,
Жақа куйған отлы таяқ трубалар,
Түн ишинде сызып аспан баўырын,


59 
Ағып жүрген жулдыздайын сорғалар. 
Пароходлар тобын бузып толқыннын,
Алыс кәнлеринен Камышбуруннын, —
Қойындағы ыссы нандай ысытып, 
Алып келер рудасын Қырымның.
8
«Тынышлықтың шам-шырағын жағамыз, —
Дейди бизиң рабочий ағамыз, —
Қылышларды қайта баста қорытып,
«Парахатшылық пазналарын соғамыз!» 
Жаса, халқым, мийнет даңқын таратқан,
Коммунизм гигантларын жаратқаң.
«Азовсталь, Азовсталь» деген сөз 
Қосық болып қуй ылсын шын пола ттан.
АББАЗ ШАЙЫРҒА УКРАИНАДАН ХАТ 
Украинаның жолы әжеп жол екен,
Қанша көп жүрсең де жүрмедим дерсең.
Иззет, ҳүрмет, дос-яранға толы екен,
Сирә бийтаныс жан көрмедим дерсең. 
Бул жолда парқ емес көп пенен азың,
Ески досларыңдай қурарсаң бәзим.
Бул шадлы заманда, әзийз устазым,
Жүз дәўран сүрсең де, сүрмедим дерсең. 
Алдымда көп екен көрмеген сыйым,
Гүл берип қарсы алды қаншама жыйын,
Бул заманда шайыр болмақтан қыйын
8
Керчте жүклеген рудасын арнаўлы пароходлар «Азовсталь» 
заводына жол-жөнекей ысытып әкеледи. И.Ю. 


60 
Жумыс бар ма десем, «билмедим» дерсең. 
Шайыр десе ескен самал тынғандай,
Кең залларды кернеп адам толғандай.
Сонда «шайырман» дегениң жалғандай,
«Көп екен халқыма бермегим» дерсең. 
Шайыр деген өз халқының елшиси,
Шад өмирден мол берилген еншиси.
Бола алмасаң ҳасыл сөздиң кәншиси,
«Бийкар бул мәжилиске кирмегим» дерсең. 
Уллы Киев, уллы елдиң орайы,
Лыққа толды мәденият сарайы.
Қуўаныштан толқып, демим тарайып,
Турғанымды айтсам, «көрмедим» дерсең. 
Сондай ўақта сен түсерсең есиме,
Сөзиме сөз, күш қосылар күшиме. 
«Сөйле иним, албырайсаң несине?
Лазым сөз маржанын термегиң» дерсең. 
Сонда халқым келгендей-ақ жаныма,
Қызыў енер тамырдағы қаныма,
Сол гезде шайырлық океанына
Қайықлы барып - ақ өрледим дерсең. 
Сен бир тарлан түлеп ушқан таўдағы,
Биз палапан қонақлаған жардағы.
Қарақалпақтың сен бүгинги Бердағы,
Қәйтип «сөз маржанын термедим» дерсең! 
Днепр бойынан атланып кеште,
Биз барамыз жүйрик экспрессте.
Сениң бүлбилгөя ҳаўазың есте,


61 
Қалайша «яд етип жүрмедиң» дерсең? 
Сен отырсаң қара талдың астында,
Мақбал тыслы еки көпшик дәстиңде,
Қол былғасам «қара айғырдың» үстинде, 
«Көзим гиреў тартып көрмедим» дерсең. 
«Шайыр кеўли қартайыўды билмейди,
Ол бир ағаш, қысы-жазы гүллейди», 
Деп ғарры Державин айтыпты дейди,
Десем, «бала, бул қай ермегиң?» дерсең. 
Шалқы, шайыр, шалқыйтуғын гез келди,
Кеўилге йош, тилге шийрин сөз келди.
Жигирмаңда елиң жайнап өзгерди,
«Жаста бүйтип, дәўран сүрмедим» дерсең. 
Мине, поездымыз Харьковке жетти,
Халық жапырылып бизге ҳүрмет көрсетти.
Бурынғы заманда бундай иззетти
Бәлки «түсимде де көрмедим» дерсең. 
Ўатанымыз шадлы өмирдиң бағы,
Онда гүллер поэзия дарағы.
Бурқып ақсын ҳасыл сөздиң булағы,
«Шалқысын шайырлық өрнегим» дерсең. 


62 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   28




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет