71
Бәҳәр, сени биз сүйемиз,
Жылда қалмай келе бер.
Көк жапырақлы гүллериңнен
Бизге әкеп бере бер.
1947-жыл.
БАҚША ҚОСЫҒЫ
Таң уйқысы рәҳәт,
Уйықласаң қанбас мййриң.
Таңда ерте ояныў,
Билсең, оннан да шийрин.
Мениң әдетим солай,
Бәрҳә ерте тураман.
Муздай суўға жуўынып,
Бақша бетке бараман.
Секирип түстим бақшаға,
Көз тартты жемис толқыны.
Колларымды талдырды
Шийрин жүзим солқымы.
Алма
жедим аралап,
Тилимди үйирип кетти.
Мийнетимниң ләззетине
Жаным сүйинип кетти.
Таңғы шыққа былғанып,
Кирдим қалың пәлекке.
Қушағыма сыймады
Өзим еккен әлекке.
Еркелеттим суў қуйып,
72
Бир қыйтакша гүлимди.
Шақасына қондырдым
Сайра деп бүлбилимди.
Бүлбилим, сайра-сайра,
Бақшамда саз жаңласын.
Жаслық мийнет ләззетин
Ҳәмме мендей аңласын.
МАРЖАНГҮЛ МЕНЕН ГҮБЕЛЕК
Маржангүл
Ақ гүбелек, көк гүбелек, гүбелек,
Қайдан шықтың арысыңды төбелеп?
Көп қыдырдым сени бәҳәр келгели,
Айтатуғын сөзлерим бар, гүбелек.
г ү б е л е к
Сағынсаң да, излесең де бәрҳәма,
Ашыўшақ қыз, қорқытасаң соншама.
Мен де сениң даўысыңды сағындым,
Бизге арнап қосық айтып берсеңә!
Маржан гүл
Ой бийшара сулыў ғана гүбелек,
Қанатың бар мысал жуқа шүберек.
Саған арнап бәрҳа гүллер теремен:
Айт десең, мен қосық айтып беремен!
Ҳа, гүбелек, гүбелек,
Кең даланың еркеси.
Гүлге
тозаң себелеп,
73
Қурығанба диңкеси?
Қанатлары кағаздай,
Гул-жапырақ көрпеси.
Бир сөз айтсаң, өкпелер,
Суў көтермес сиркеси.
Ушаман
деп алыска,
Елпең-елпең етеди;
Жел сүйкенсе қамысқа,
Ықлап ушып кетеди.
Жоңышқалықта журты бар,
Еки түйир мурты бар.
Ақ көкирек пәпелек,
Желге ушқан үпелек.
Ойнап айттым еркелеп,
Ашыўланба, гүбелек!
г ү б е л е к
Сулыў кызы кең бахтияр үлкениң,
Маған бахыт еркелетип күлгениң.
Бир сораўым: қалай оқып жүрипсең,
Жақсы болар еди айтып бергениң?
Маржангүл
Барлығынан бес баҳасын аламан,
Қосықтан да сени ҳайран қыламан.
Оны айтасаң, қәлем
алсам қолыма,
Сүўретиңди айнытпастан саламан.
Достарыңызбен бөлісу: