г ү б е л е к
Бәрекалла, оннан келсин талабың!
Саўал берсем, үйилмесин қабағың:
Өзиң сондай жақсы қызсаң, бирақта,
74
Неге мендей уша алмайсаң, қарағым?
Маржангүл
Ҳаў, гүбелек, мақтанасаң шалқайып,
Билмей турып кемис тақсаң, бул—айып.
Самолетқа минип турып ушқанда,
Жоңышқалықта қалмаппедиң аңқайып?
г ү б е л е к
Буның дурыс. Және қулақ салсаңә.
Аўнап жатып жоңышқалықта шалқаңа,
Күн қызғанда ылай суўға шомылып,
Неге мендей қыдырмайсаң бәрҳама?
Маржангүл
Мына ғана ақылы жоқ пәпелек,
Мени бунша алдастырып не демек?
Ала жазлай ойнағаннан не пайда?
Ҳәр нәрсениң ўақты бар ғой, гүбелек.
г ү б е л е к
Сынап едим, бәле екенсең сен бирақ.
Мени сөзден қалдырдың ғой ҳәзир-ақ.
Менде сени излеп едим сағынып,
Ўақтын болса ойнайықта азырақ?
Маржангүл
Мейли, достым, кеўлиң сениң қалмасын,
Гүллериңди қошантайлар жулмасын.
Бир майданнан сабағыма кетемен,
75
Ойын көпке созылатуғын болмасын.
г ү б е л е к
Жоқ, азғана ойнаймыз тек қуўана.
Ўәде болсын көринген шел, ҳуў ана!
Басып озсаң, гүл беремен байраққа,
Ал мен ушным, сен изимнен қуўала!
1951-жыл.
АЛА ТАЙ
(қайта исленген халық қосығы)
Әкем айтты, "ҳим" деди,
"Ала тайға мин" деди.
"Арман-берман шап" деди,
"Отлақ жерди тап" деди.
"Ала тайды отлатып,
Жақсы күтип бақ" деди.
Жақсы киси жат болмас,
Тай, күтпесең, ат болмас.
Үлкенниң тилин алмаған,
Оңлы азамат болмас.
Шүў, жаныўар, ала тай,
Сен жигиттиң қанаты-ай.
Азамат бол, ай бала,
Бола көрме жалатай.
1959-жыл.
СҮТИЛМЕК
Әтшөк келсе албырап,
"Бәҳәржанды күтиң" деп,
Жап бойында жаўдырап,
Көгереди сүтилмек.
76
Ҳа сүтилмек, сүтилмек,
Сүтке толған сүтилмек!
Әсте ғана жулайын,
Жартыламай пүтинлеп.
Жап бойынан жалықпай
Күнде терип алайын.
Көкке қосып, көбейтип,
Қошантайға салайын.
Сүтилмек жел қошантай,
Қошқар болар сеп-семиз.
Бунда турып не пайда
Күнге қуўрап кепсеңиз?
Ешки болып ылағым,
Қошантайым қой болар.
Колхозымыз бай болып,
Үйимизде той болар,
Жасырынба, мен сениң
Қәдирданың болайын;
Қошқар болса қозыбай,
"Сутилмек жеп өсти" деп,
Сени ядға алайын!
1951-жыл.
|