Международный научно-образовательный электронный журнал «образование и наука в XXI веке»



Pdf көрінісі
бет30/328
Дата19.01.2023
өлшемі12,18 Mb.
#61977
түріСборник
1   ...   26   27   28   29   30   31   32   33   ...   328
Байланысты:
Зарина мақола 722 бет

Калт сўзлар: Ҳарақатли уйинлар, спор уйинлари, кураш, беллашув, 
жамоавий уйинлар. 
Ойынлар тийкарынан үш топар бойынша бөлип қаралады: дөретиўшилик, 
ҳәрекетли ҳәм спорт ойынлары. 
Ойын элементлериниң дәслепки көринислери балаларда ерте қәлиплеседи. 
Дәслеп бул ҳәрекетлер баланың көз алдында жарқын затларға реакция билдириў 
көринисинде пайда болады [1]. 


116 
Әсте-ақырынлық пенен бул рефлекторлы ҳәрекетлер нәтийжели болып, 8-
9 айға толғанда ҳәрекетлер активлесе баслайды. Дәслебинде бала ата-анасы 
менен ҳәр қыйлы ойыншықлар менен ойнаўды үйренеди. 
Педагогикалық әмелиятта белгили бир өзгешеликлери бойынща бир 
нешше түрлерге бөлип үйрениў дәстүрге айланған. Ол өз гезегинде қыйын ҳәм 
аңсат мәселелерди шешиўде керекли материал ўазыйпасын атқарып береди. 
Топарлардың ҳәр бири өзиншеликке ийе. 
Биринши топар ойынларына қатнасыўшылар актив гүрес алып баратуғын 
ойын түрлери киреди. Бундай ойынларда беллесиў барысында қарсыласлар өз-
ара контактта болады. Бул ойынлар ҳәрекетлердиң қыйынлығы менен көзге 
тасланады (Қашарман). Ойын ҳалатлары тез өзгерип турады, жеңип шығыў 
ушын ҳәр қыйлы ҳалатлардың келип шығыў қатнасыўшылардан айрықша 
итибар, өзгеше ҳәрекетлерди әмелге асырыўды талап етеди. 
Екинши топар ойынларында қарсыласлар бир-бири менен контактқа 
кириспейди, команда ағзалары өз-ара келисим менен ойынды алып барады, ҳәр 
қыйлы тактикаларды қолланады, бирақ қарсылас команда ағзаларына туўрыдан-
туўры тәсир ете алмайды. Мәселен, майданшада ойналатуғын ойынлар.
Үшинши топар ойынлары – булар эстафеталар, онда ҳәр бир оқыўшы 
белгили бир бағдарға ийе болады, майданда орынларын алмастырып турады ҳәм 
белгили бир ўазыйпаларды атқарады. Ҳәрекетлер избе-излилик пенен ҳәм 
шеберлик пенен әмелге асырылады. Ойын эстафетасында туўрыдан-туўры 
контакт болмайды. Бирақ тартыс кескин ҳәм табанлылық пенен алып барылады. 
Ойыншылардың жайласыўына байланыслы эстафеталар сызықлы 
(беллесиўшилер параллель колоннада турады, майданшаның еки тәрепинде 
қарама-қарсы жайласады ҳәм ойын барысында орын алмасады) яки болмаса 
айланба (командалар дигиршик киби жайласады). Ойыншылар шепке ҳәм оңға 
ҳәрекет етеди[2]. 
Жоқарыда атап өтилген ҳәрекетли ойынлардың қурылысы ҳәр қыйлы 
болғаны менен улыўмалық тәреплери де көп. Қағыйдалар менен 
тәртиплестирилген. Ойыншылардың ҳәрекетлери белгили бир мақсетке 


117 
бағдарланған, жеңис команданың тәртипли ойынлары тийкарында қолға 
киргизиледи [3]. 
Ҳәрекетли ойынлардың бир нешше топарларға бөлиниўи ойынның 
белгили бир өзгешеликлерин түсиниўге ҳәм оларды таңлап алыўды 
жеңиллестиреди. 
Ҳәрекетли ойынлардың заманагөй топарларға бөлиниўи бир қатар 
илимпазлардың дөретиўшилик мийнетлериниң нәтийжелерине тийкарланып 
исленген. 
Мысал ушын, К.Н. Грум ойынның ҳәрекетлерине байланыслы оларды 
тынышы яғный организге улыўмалық тәсир етиўши ҳәм денениң механикалық 
орын алмастырыўды нәзерде тутатуғын ойынлар деп бөледи. Ойын 
материаллары қол, аяқтың ҳәм улыўма денениң шынығыўының басым болыўын 
нәзерде тутыўшы белгилерди айрықшалап көрсетеди. 
Ҳәрекетли ойынлар бойынша қәниге А.Ф. Торопов мазмунының 
қыйынлығы бойынша бөлип қараўды усынады. Ойынды таңлағанда ең алды 
менен жазды нәзерде тутпасатан, күш ҳәм уқыпты есапқа алыўды усыныс 
етеди[4].
П.Ф. Лесгафт тәрепинен ҳәрекетлери ойынлардың топарларға 
бөлистирилиўи нәтийжели болды. Ол ойынларды беллесиўшилердиң бир-
бирине тәсир етиўи шеңбери менен бөлип қарайды. Оның теориясы бойынша 
ойынлар еки топарға бөлинеди: 
1) әпиўайы. Онда ойыншылардың ҳәр бир белгили бир мақсетти гөзлейди. 
2) қыйын. Командаларға бөлиниў, онда ҳәр бир ойыншы өзиниң 
ҳәрекетлери менен улыўма топардың улыўмалық мақсетин қоллап-қуўатлайды. 
А.С. Макаренко ойынлардың турмыслық әҳмийетин тәрбияда ҳәм билим 
бериўде деп есаплады. Бирақ, ойынлардың бөлиниўин анық деп атап өтиўге 
болмайды. 
Жас өспиримлердиң топ пенен алып баратуғын ҳәрекетли ойынларын А.И. 
Вишневский ҳәм М.С. Козловлар топарларға бөлип үйренген: 


118 
- қарсылас команданың ойыншылар менен топ ушын туўрыдан-туўры 
беллесиў алып бармайтуғын ойынлар; 
- қарсылас команданың ойыншылары менен шекленген тәризде тартыста 
болатуғын ойын түрлери; 
- топ ушын туўрыдан-туўры беллесиў алып барылатуғын ойынлар[5]. 
Бир қатар методикалық қолланбаларда ҳәрекетли ойынлар бир нешше 
түрлерге бөлип үйренилген. Мысал ушын, шынығыўларды шөлкемлестириў 
формасы бойынша, мәўсимниң өзгешеликлери бойынша, ойыншыларда ойын 
баҳалықларының үстемлиги бойыша[4]. 
Солай етип, атап өтилген ҳәрекетли ойынлар бир қатар улыўмалық 
тәреплерине ийе. Олар қағыйдалар менен тәртиплестирилген, ойыншылардың 
ҳәрекетлери белгили бир мақсетти әмелге асырыўға қаратылған. Ойынлардың 
бир түрлерге бөлип үйренилиўи олардың белгили бир өзгешеликлерин 
анықлаўға, бир-биринен айырмашылығын анықлаўға көмеклеседи. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   26   27   28   29   30   31   32   33   ...   328




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет