Международный научно-образовательный электронный журнал «образование и наука в XXI веке»



Pdf көрінісі
бет27/328
Дата19.01.2023
өлшемі12,18 Mb.
#61977
түріСборник
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   328
Байланысты:
Зарина мақола 722 бет

 
Гилт сөзлер: Түрк журналистикасы, медиа базар, медиа ланлшафт, медиа 
орталық. 
 
 
Өткен әсирдиң 60-жылларына келип Түркия жәмийетинде ҳалат бираз 
кескинлести, сол жылдың 27 май сәнесинде бир қатар генерал ҳәм офицерлерден 
қуралған топарлар мәмлекетте ҳүкиметлик аўдарыспақ иследи [1]. 
Мәмлекетте ҳүкиметтиң алмасыўы биринши гезекте нызамшылықта 
өзгерислердиң болыўына алып келди, журналистлерде материаллардың 
объективлиги, дәлиллеў ҳуқықлары пайда болды. 1961-жылы социалистлик 
идеялардың ағымы менен мәмлекетте екинши конституция қабыл етиледи. Бул 
динди сиясат пенен байланыстырыў ҳәрекети болды, ол басқа мусылман 
мәмлекетлерде «ислам социализми» деп аталды[2]. 
Мәмлекетте журналистиканың өзгериске ушыраўыа баспасөз бойынша 
консультатив кеңестиң дүзилиўи болды. Ғалаба хабар қураллары цензурадан 
ғәрезсиз сезе баслады, сол ушында өткен әсирдиң алпысыншы жыллары ғалаба 
хабар қуралларының раўажланыўы дәўири деп атап өтиледи. Телевидение менен 
радио ғалабаласа баслады, телевидениени ҳәм радионы ғәрежет пенен тәминлеў 
АҚШ, Франция ҳәм Канада мәмлекетлери тәрепинен әмелге асырылды. 
Баспа ғалаба хабар қуралларында да өзгерис болды, АҚШ билим ҳәм өз 
тәжирийбесин арттырған Халдун Симави түрк газеталарының раўажланыўына 
үлкен үлес қосты. Халдун Симавиниң мийнетлериниң нәтийжесинде 


108 
журналистлер жаңалықларды бериўдиң американша усылын үйренди, ал 
дизайнерлер болса америка таблоидлары версткасы элементлеринен 
пайдаланды. Мәмлекетте биринши реңли нусқада шыға баслаған «Hürriyet» 
газетасында дағазалар ҳәм сиясий сатиралар бөлими пайда болды.
 
60-жыллары түрк газеталары еркинликте болғаны менен сол ўақытта 
басылымлар мәмлекетте көзге көринген үш шаңарақтың қолында еди. Олар 
«Hürriyet» ның тийкарын салыўшы Симави, «Миллиет» газетасы Карджан 
шаңарағының қолында, Нади шаңарағының қолында «ДЖумхуриёт» газеталары 
бар еди. Әсиресе «Hürriyet» газетасын басып шығаратуғын Симавилер шаңарағы 
әўмет жумыс алып барды. Олар Германия ҳәм Нью-Йоркк көшип кеткен түрклер 
ушын газетаны тарқатты. 
80-жыллар түрк журналистикасы ушын жақсы жыллар болды, ғалаба 
хабар қуралларын исбилерменлик топарлар сатып ала баслады. Бул медиалардың 
ири финанс-ислеп шығарыў топарлары тәрепинен монополияласыўына алып 
келди, объективликтиң орнын экономикалық ҳәм идеологиялық мәплер ийелей 
баслады. 1990-жыл март айынан баслап теле ҳәм радио еситтириўлериниң 
монополиясы мәмлекет тәрепинен алып тасланды. Туўрыдан-туўры спутник 
арқалы көрсетиўлерди жеткерип бериў имканиятынан көп ғана жеке меншик 
телеканаллар пайдалана баслады. 
Түркияда телевидение 80-жыллары ғалаба хабар қуралларының шеннен 
тыс сиясийласып кеткенлиги себепли қәлиплескен еди. Сол ўақытта Түркияның 
барлық радиостанцияларын бирлестиретуғын ғәрезсиз корпорацияны дүзиў 
шешими қабыл етилди. 1964-жылы 1-май күни Түрк телерадиокомпаниясы 
дүзилди (TRT). Оған төрт миллий радиостанциялар бириккен Radyo 1, Radyo 2 ( 
ТРТ-FM, түрк классикалық, миллий ҳәм поп-музыкалар), Radyo 3 (классикалық 
ҳәм батыс поп-музыкасы, инглис, француз ҳәм немис тиллеринде өз 
еситтириўлерин алып барады), Radyo 4 (тек ған түрк музыкасы бериледи). TRT 
ға «Түрк даўысы» радиоканалы қараслы, ол 26 тилде еситтириўлерин алып 
барады. 


109 
Түрк 
медиа 
орталығында 
жаңалықлар 
медиаландшафтының 
қәлиплесиўине тәсир еткен факторлар: 
Бириншиси, бул сиясий ҳәм экономикалық факторлар. Олардың арасында 
жәмийеттиң демократияласыўы, жаңа базарлардың ашылыўы, Түркияның 
Европа аўқамына умтылыўына атап өтиўге болады. Бул факторға қосымша 
сыпатында ҳүкиметтиң авторитар тәризде басқарыўын яғный ҳүкиметтиң 
баспасөзге тәсири артып барды. 
Екинши топарға миллий-мәдений ҳәм диний факторлар киреди. Яғный бул 
дәўирде ғалаба хабар қуралларынла корпоратив мәденият, тил мәденияты, буның 
нәтийжесинде базарға ислам факторының тәсир етиўи күшейип кетти. 
Үшинши топарға территориялық-административлик характерге ийе 
факторларды киргизиўимизге болады, яғный коммуникациялар базарында 
түркияның ири қалалары есапланған – Анкара, Стамбул, Измирдиң тәсири артып 
кетти. Бул қалаларда қәлиплескен медиа орталық регионлардағылардан бираз 
өзгешеликке ийе еди. Бул биринши гезекте регионлардағы экономикалық 
жағдай, олардың географиялық жайласыўы ҳәм коммуникация қуралларының 
тегис жайласпағанлығы менен дәлиллеўге болады. 
XX әсирлердиң ақырларынан баслап Түркия баспасөзи базарында еки 
гигант медиатопар болды – «Doğan» ҳәм «Sabah». Жаңа әсир басында ҳалат 
өзгерди ҳәм олар менен Zaman топары бәсекилесе баслады. 
Ең бай ҳәм өзгеше тарийхқа ийе газета сыпатында «Vatan» газетасын атап 
өтиўге болады, газетаға Ахмет Эмин Ялмен тәрепинен тийкар салында. Газета 
еки жылдан соң өз жумысын тоқтатты. Ал 1919-жылдан баслап газета қайта 
басып шығарыла баслады. Тилекке қарсы республикалық партияны сынға 
алабергеннен соң газета өз жумысын және тоқтатты. «Vatan» 2002-жылы қайта 
тикленди, бирақ газета үлкен өзгериске ушыраған еди.
Мәмлекетте бир қатар газеталар өзлериниң сиясий көз-қарасларынан 
аўымастан жумыс алып бармақта. Мәселе, шеп миллий күнделикли газета 
(Aydınlık), газета азғана ўақыт ишинде оппозицияның исенимине киреди. Ал 


110 
«Джумхуриет» өзиниң тийкар салынғанынан баслап Мустафа Кемал Ататурктиң 
реформаларының даўам еттириўшиси сыпаында жумыс алып бармақта. 
Бүгинги дәўир түрк журналистикасын аралас типте раўажланып атырған 
журналистика сыпатында атап өтиўге болады. Бир тәрептен европаша дәстүрлер, 
екинши тәрептен ислам дәстүрлери де түрк ғалаба хабар қуралларына өзиниң 
тәсирин жоғалтпады. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   328




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет