Збекстан республикасы


-статья.  Пуқаралар қоршап турған тәбийғый орталыққа ықтыятлы түрде  қатнас жасаўға миннетли.  63-статья



Pdf көрінісі
бет14/44
Дата13.08.2023
өлшемі371,64 Kb.
#105226
түріСтатья
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   44
Байланысты:
kr

62-статья
Пуқаралар қоршап турған тәбийғый орталыққа ықтыятлы түрде 
қатнас жасаўға миннетли. 
63-статья. 
Пуқаралар нызам менен белгиленген салықларды ҳәм жыйымларды 
төлеўи шәрт. 
Салық ҳәм жыйымлар әдил болыўы ҳәм де пуқаралардың өзиниң 
конституциялық ҳуқықларын әмелге асырыўына тосқынлық етпеўи тийис. 
 
64-статья. 
Өзбекстан Республикасын қорғаў – Өзбекстан Республикасының ҳәр 
бир пуқарасының миннети. Пуқаралар нызамда белгиленген тәртипте 
әскерий ямаса альтернативалы хызметти өтеўге миннетли. 
 
ҮШИНШИ БӨЛИМ. ЖӘМИЙЕТ ҲӘМ ШАХС 
ХII бап. Жәмийеттиң экономикалық тийкарлары 
65-статья. 
Пуқаралар 
пәраўанлығын 
асырыўға 
қаратылған 
Өзбекстан 
экономикасының тийкарын меншиктиң ҳәр қыйлы түрлери қурайды. 
Мәмлекет базар қатнасықларын раўажландырыў ҳәм ҳадал бәсеки ушын 
шараятлар жаратады, тутыныўшылардың ҳуқықлары үстинлигин есапқа 
алған ҳалда экономикалық искерлик, исбилерменлик ҳәм мийнет етиў 
еркинлигине кепиллик береди. 
Өзбекстан Республикасында барлық меншик формаларының
тең ҳуқықлылығы ҳәм ҳуқықый жақтан қорғалыўы тәмийинленеди. 
Жеке 
меншикке 
қол 
қатылмайды. 
Меншик 
ийеси 
өз
мал-мүлкинен нызамда нәзерде тутылған жағдайлардан ҳәм тәртиптен 
тысқары ҳәм де судтың шешимине тийкарланбаған ҳалда айырылыўы 
мүмкин емес. 
 
66-статья. 
Меншик ийеси өзине тийисли болған мал-мүлкке өз ықтыяры менен 
ийелик етеди, пайдаланады ҳәм бийлик етеди. Мал-мүлктен пайдаланыў 
қоршаған орталыққа зыян келтирмеўи, басқа шахслардың, жәмийет ҳәм 
мәмлекеттиң ҳуқықларын ҳәм де нызамлы мәплерин бузбаўы тийис. 


17 
67-статья. 
Мәмлекет қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын 
тәмийинлейди. 
Исбилерменлер нызамшылыққа муўапық ҳәр қандай искерликти 
әмелге асырыўға ҳәм оның бағдарларын ғәрезсиз түрде таңлаўға ҳақылы. 
Өзбекстан Республикасы аймағында экономикалық кеңислик 
бирлиги, товарлар, хызметлер, мийнет ресурслары ҳәм финанслық 
қәрежетлердиң еркин ҳәрекетлениўи кепилленеди. 
Монополиялық искерлик нызам менен тәртипке салынады ҳәм 
шекленеди. 
68-статья. 
Жер, жер асты байлықлары, суў, өсимлик, ҳайўанат дүньясы ҳәм басқа 
да тәбийғый ресурслар улыўма миллий байлық болып табылады, олардан 
ақылға муўапық пайдаланылыўы тийис ҳәм олар мәмлекет қорғаўында
болады. 
Жер нызамда нәзерде тутылған ҳәм оннан ақылға муўапық 
пайдаланыўды, оны улыўмамиллий байлық сыпатында қорғаўды 
тәмийинлеўши шәртлер тийкарында ҳәм тәртипте жеке меншик болыўы 
мүмкин. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   44




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет