Сораўлар ҳəм тапсырмалар:
1. Хорезмдеги, Орта Азиядағы əдебий дөгерек ҳəм түркмен
əдебияты.
2.”Гөруғлы”, “Зуҳра-Таҳыр”
дəстанларының
түркмен
аўызеки ҳəм жазба əдебиятындағы орыны.
3. Түркмен жазба əдебиятының пайда болыўы, онда Андалиб
ҳəм Азадийлардың хызмети.
4. Түркмен классикалық əдебияты ҳəм Мақтымқулы менен
Молла Непестиң роли.
5. ХЫХ əсирдиң аяғы ХХ əсир басындағы түркмен əдебияты.
6. ХХ əсирдеги түркмен əдебияты ҳəм Берди Кербабаевтың
дөретиўшилиги.
7. Екинши дүнья жүзилик урыс дəўириндеги ҳəм урыстан
кейинги дəўирдеги түркмен əдебияты.
8. Х.Деряевтың прозаны раўажландырыўдағы роли.
9. Қарассызлық жыллардағы түркмен əдебият.
Əдебиятлар:
1. Муқимов Р. Қардош халқлар адабиети. Тошкент, 1980.
2. Көр-оғлы. Түркменская литература. Москва, 1972.
3. Түркменистан Түрк əдебияты. Анкара Култур ваканлиги.
Анкара, 1998.
4. Тоҳиров Қ. Ўзбек түркман адабий алоқалари. Тошкент,
1979.
48
5. Қуранбаев К. Хидир Деряев. Тошкент, 1977.
6. Кербабаев Б.Алып адым. 1-2 китаплар. Алматы, 1963.
7. Түркмен əңгимелери. Алматы, 1969.
8. Қулиев Қ. Қора карвон. Тошкент, 1982.
6-Тема. Уйғыр əдебияты.
План:
1. Уйғыр халқының тарийхы туўралы қысқаша мағлыўмат.
2. Халық аўызеки дөретиўшилигиниң үлгилери.
3. Уйғыр халық классикалық əдебияты.
4. Əдебиятта халық азатлығы темасы.
5. Ҳəзирги заман уйғыр əдебияты.
Таяныш сөзлер ҳəм ибаралар: халық тарийхы, əдебият
тарийхы, фольклор, “Елликхан”, “Түс жорыў”, “Алтын Яруқ”,
ертеклер, қосықлар, уйғыр жазыўы, “Девон луғат əт-түрк”,
“Қутадғу билиг”, Билал Назым, Садир Палўан, Омар Муҳаммад
Гүлистан, И.Искандаров, Зия Самадов, жаңа уйғыр əдебияты,
Өзбекстандағы уйғырлар, Қазақстандағы уйғырлар.
Уйғыр халқы Оңтүслик Күншығыс Азия территориясында
əййем заманлардан бери жасап киятырған халық. Бул халық жүдə
əййемги бай мəдениятқа ийе. Түрк халықларының ишинде ең
əййемги, ең ески жазыўға ийе болған халық уйғырлар. Бирақ көп
жыллар, көп əсирлер бойы өзлериниң еркинлигине, егеменлигине
ийе болмағанлықтан олардың мəдений естеликлери жүзеге
шықпай киятыр. Уйғыр халқының негизги бөлеги Шығыс
Түркстанда жасайды. Бул үлке бүгинги күнде Қытай
мəмлекектиниң составына, қарамағына киреди. Уйғыр халқының
бир бөлеги Орта Азия республикаларының территорияларында
жасайды. Уйғыр халқы өз азатлығы, ҳешкимге бағынбайтуғын өз
алдына мəмлекет болыў ушын узақ дəўирлерден бери гүрес
жүргизип келмекте.
Уйғыр халқының аўызеки дөретиўшилиги де жүдə бай, онда
көплеп қосықлар, ертеклер, түрли əпсана-аңызлар ҳəм раўаят-
əңгимелер бар. Уйғырлардың “Алтын Яруқ”, “Еликбекхан”, “Түс
жорыў” сыяқлы əййемги ең ески естеликлери бар. Булардан басқа
көплеген фольклор үлгилери басқа түркий халықларының
аўызеки əдебий шығармалары менен үнлес, сабақлас, тамырлас.
“Шаҳсəнем-”əрип”, “Гөруғлы” сыяқлы дəстанлардың уйғыр
фольклорында да түрли вариантлары бар.
49
Уйғыр халқының жазба əдебияты да жүдə əййемги
тарийхына ҳəм бай традицияларына ийе. Уйғыр жазба əдебиятын
үш дəўирге бөлип үйрениўге болады. Биринши дəўир исламға
шекемги яғный уйғырлар ислам динин қабыл еткен дəўирине
дейинги ямаса Х əсирге шекемги болған əййемги дəўир əдебияты.
Буған “Еликхан туўралы” сақланған жазыўлар, “Алтын Яруқ”,
“Түс жорыў китабы” деп аталған шығармалар киреди. Ол
дəўирлерде уйғырлар Будда динине сыйынған. Екинши дəўир Х
əсирде уйғырлар ислам динин қабыл етиў ўақытынан кейин
басланады. Уйғырлар араб жазыўы менен пареллель түрде
өзлериниң жазыўын да қолланды. ХЫ əсирде Орта Азияда
ҳүкимин жүргизген Қараханийлардың пайтахты Қашғар қаласы
болған. Бул бир орайға бағындырылған мəмлекетте илим-
билимге, көркем өнерге, əдебиятқа, мəденитқа үлкен дыққат
бөлинген. Əне сол дəўирде жалпы, барлық түркий халықлардың
əдебиятына тийисли болған “Деван луғат-əт түрк”, “Қутадғу
билиг” сыяқлы шығармалар пайда болды. Бул шығармалар
тиккелей уйғыр халқының да мəдений естеликлери болып
есапланады. Булардан кейин түркий халықлары əдебиятының
раўажланыўына əҳмийетли маңызлы үлес қосқан Аҳмад
Югнакийдиң “Ҳиббатул ҳақайық” (“Ҳақыйқатлық саўғасы”)
шығармасы да уйғыр журтында жазылған деген шамалаўлар бар.
Қай жерде жазылған болса да бул шығармада барлық түркий
халықларының, əлбетте, уйғырлардың да мəдений естелиги
есапланады.
Уйғыр тили көплеген түркий тиллерине, соның ишинде
өзбек тилине жақын тил есапланады. Уйғыр ҳəм өзбек тиллери
түркий тиллердиң қарлуқ топарына киретуғыны мəлим. Уйғыр
əдебиятын өзбеклер аўдармасыз да толық түсинген, уйғырлар да
өзбек əдебиятын оқып дөретиўшилик пенен оннан пайдаланған.
Кейинги əсирлерде уйғыр əдебиятының ўəкиллери Алийшер
Наўайыны өзлериниң устазы деп санаған. Сондай уйғыр
шайырларының бири Муҳаммед-Əмийн Хожақул улы
Ҳирқатий болған. Ол əүқң-əўғң-жылларда Қашғарда жасап
өзиниң шығармаларын жазған. Өз дəўириниң илим-билимли
адамларының бири болып жетисип “Ҳирқатий” деген əдебий
лақап пенен қосықларын жазған. Сол дəўирде Имам Ағзам исмли
адам уйғыр журтына басшы болған. Ол дүньядан өткеннен кейин
оның балалары əкесиниң орынына тахтына таласып, бир-бирине
қарсы урыс жүргизди. Булар “Ақтаўлылар” ҳəм “Қаратаўлылар”
болып бөлинген еди. Изинде бул урыста Афақхожа ийшанның
басшылығындағы
“Ақтаўлылар”
үстин
келип
жеңип,
ҳəкимшиликти өз қолына алды.
50
Афақхожаның Орта Азияда ҳəм Шығыс Түркстанда мыңлап
мүрийдлери бар еди. Атақлы өзбек шайыры Бабараҳим Машреб
те оның шəкирти еди. Ҳирқатий де усындай тарийхый
жағдайларда жасады. Ҳирқатийдиң “Муҳаббатнама” ҳəм
“Миҳнатнама” деп аталған дəстаны жүдə кеңнен белгили болған.
Бул метафораның яғный тымсаллап, астарлап айтылған
образлардың
берилиўи
менен
жазылған
ышқ-муҳаббат
жөниндеги дəстан еди. Шығармада тийкарынан үш образ
қатнасады. Булар-Гүл, Бүлбүл ҳəм Сабо образлары. Шығармада
айтылыўынша, хапа болып муңайып турған Гүлден буның
себебин сорағанда, ол бул дүньяда паянлы бир садық дос таба
алмағанын айтады. Сабо буған дос таўып бериўге сөз береди,
узақ излениўлерден кейин Бүлбүлди табады. Ҳирқатийдиң бул
дəстаны уйғыр əдебиятының кейинги дəўирдеги раўажланыўына
үлкен тəсирин тийгизди. Оның бул шығармасына еликлеп тақлид
қылып жазылған дəстанлар пайда болады. Мəселен Салаҳий
атлы шайырдың “Гүл-Бүлбүл” дəстаны усындай шығармалардың
бири болды.
Бул дəўирдеги уйғыр əдебиятының раўажланыўында
Муҳаммед Садық Зилалийдиң да үлеси үлкен болды. Ол əүўң-
əўңқ-жылларда Яркентте жасап өз шығармаларын жазған.
Шайырдың қосықларының бир жыйнағы бизиң дəўиримизге
жетип келген. Бул жыйнақ топламда уйғыр ҳəм парсы тиллеринде
жазылған бир қатар ғəззеллери, рубайы ҳəм қасийделери орын
алған. Буннан басқа шайырдың диний-ағартыўшылық темада
жазылған “Қырық шилтен” дəстаны, “Муҳаммед Шəриф
бүзрүкўар” деп аталған тəзкиреси яғный жылнама мемуары
мийрас болып қалған. Шайырдың қосықлары үлкен шеберлик
пенен жазылған, оларда ышқы-муҳаббат негизги орынды
ийелейди. Шайыр Зилалий да Мəшреб сыяқлы дəрўишлик яғный
ел гезип жүретуғын қəлендерлик пенен өмир өткерген. Ол өзиниң
айырым шығармаларында өзинен кейин перзент қалмағанын
өкиниш пенен айтып, бирақ өзиниң ҳəр бир ғəззели перзентлери
екенин атап өтеди.
Шайыр Нəўбəтий де Зилалийдиң заманласы болып, оннан
бираз қосықлар мийрас болып қалған. Бул қосықлардың
көпшилиги ышқы-муҳаббат темаларда болып, ғəззел жанрында
жазылған. əўə0-жылда Афақхожа өлгеннен кейин уйғыр
халқының басына жəне көп трагедиялар түсти. Жунғарлар
Шығыс Түркстанды басып алды, ал кейинирек уйғырлар
манчжурлардың колониясына айланды. Уйғыр миллетине
тийисли бир неше халық Или дəрьясының жағалырана мəжбүрий
түрде көширип алып кетилди. Олар бул жерде манчжур
əскерлерине қул болып хызмет қылды. Əне сол зулымлықларға
51
қарсы əўөў-жылда уйғыр халқы үлкен қозғалаң көтерди. Бул
көтерилис ўақтынша табысқа ерискен болса да, кейинирек
душпанлары тəрепинен аяўсызлық пенен бастырылды.
ХVIII əсирдиң ахыры ХIХ əсирдиң басларында Шығыс
Түркстанда бир қанша талантлы шайыр-дөретиўшилер жетисип
шықты. Шайыр Ахун Арший, Ҳислəт Қашғарийлардың бир
неше қосық деўанлары бизиң дəўиримизге жетип келген. ХIХ
əсирдиң биринши ярымында Абдураим Низарий, Турды
“арийбий, Наўрыз Ахун Зиям усаған шайырлар шығармаларын
жазды. Əсиресе булардың ишинде Абдураим Низарийдиң
дөретиўшилиги дыққатқа ылайық. Оның “Муҳаббат туўралы
дəстанлар” деп аталған шығармасы жүдə белгили. Өзиниң “Рабия
ҳəм Саййадин” шығармасында шайыр еки жастың бир-бири
сүйиўине тосқынлық қылған жарамас үрп-əдетлерди, наданлықты
қатты минейди. Бул шығармада инсан ҳуқықларының,
еркинлигиниң турпайы түрде аяққа басылғаны, жай мийнеткеш
халықтың аянышлы, трагедиялы турмысы сүўретлеп берилген.
Бул дəўирде жасаған Турды “арийбий бир қанша лирикалық
ғəззеллер ҳəм “Китабы “арийбий” деп аталған дəстанын жазып
қалдырылған. Шайырдың дəстанында жəмийет турмысындағы
түрли қатлам ўəкиллериниң образлары берилген. Олардың өз
сөзлери менен өзлериниң аўҳаллары баян етилген.
ХЫХ əсирдиң екинши жартысында уйғыр халқының қытай
басқыншыларына қарсы қатты қозғалаңы болып өтти. Бул
дəўирде халықты эксплуатация қылыў күшейген еди. Жəмийетте
парахорлық негизги факторға айланып, барлық лаўазымлар,
мансаб-əмеллер
жоқарыдан
турып
сатылатуғын
еди.
Салықлардың түри көбейген, елде қымбатшылық, қытшылық
күшейген еди. Халықтың үлкен бөлеги күн көрис излеп басқа
еллерге шығып кеткен еди. Əне сонлдай əдалатсызлықларға
мийнеткеш халықтың шыдамы таўсылған еди. Ахырында халық
қолына қурал алып көтерилиске шығыўға мəжбүр болды. əҳүң-
əҳүў-жылларда болған бул көтерилистиң нəтийжесинде Шығыс
Түркстанда еки мəмлекет пайда болды. Булар Қашғар əмийрлиги
ҳəм Или султанлығы еди. Бул мəмлекетлер əө жылға шамалас
жасады. Кейин Россия ҳүкимети қытай ҳүкимети менен келисип
Орайлық Азияны, соның ишинде Шығыс Түркстанды да бөлисип
алды.
ХЫХ əсирдиң екинши ярымында уйғыр классикалық
əдебиятында үлкен көтерилиў жүз берди. Бул дəўирде Билал
Назым Илахун Көккөз сыяқлы халық шайырлары жетисип
шықты. Айрықша Садир Палўан дөретиўшилиги халық
арасында кең тарқалған еди. Оның шығармалары тап ҳəзирги
күнге дейин халық арасында қосық болып айтылып келмекте.
52
Шайыр дəслеп Қытай басқыншыларына қарсы жекке басы жекке
түрде террорлық жолы менен гүрести, кейин қозғалаңшыларға
басшылық қылды. Бир неше ирет қамақханаларда отырып
шықты. Қытай ҳүкимети тəрепинен қуўғынға, қуўдалаўға
ушырады, шайыр қуўдалаўшылардан жасырынып жүриўге
мəжбүр болды. Оның жазған қосықлары өз дəўиринде жəрия
етилмеген, жазба түрде китап болып сақланбаған, тек халық
арасында азатлық, еркинлик туўралы қосықлар сыпатында кең
тарқалған. Соның ушын шайырдың қосықларында айырым
өзгерислер де орын алған. Булар шайырдың қосықларын халық
тəрепинен
дөретиўшилик
пенен
өзлестирилгенлигиниң
нəтийжесинде жүзеге келген.
Саид Муҳаммед Қаший исмли шайыр да сол дəўирде жасап
өз
шығармаларын
дөреткен.
Оның
“Шəрҳи
шикəстə”
(“Бүлгиншиликтиң түсиндирмеси”) деп аталған поэмасында
уйғыр халқының өз мəканларынан зорлық пенен мəжбүрий түрде
Жетисуў ҳəм Или дəрьясының жағаларына көширилиўи əңгиме
етилген. Бул дəстан мəснəўий (еки қатарлы қосық) ҳəм муҳаммес
(бес қатарлы, əө-əү буўынлы) қосық формаларында жазылған.
Дəстанда қытай басқыншыларына қарсы уйғыр халқының
гүреслери кең планда көрсетилген.
Уйғыр халқының əдебиятының өркенлеўине талантлы
шайыр Билал Назымның да үлеси үлкен. Ол дəслеп ғəззеллер
жазды. Кейин оның “Китабы ғазат дəр мүлки Чин” (“Қытай
мəмлекетинде болған урыс туўралы китап”) деп аталған
шығармасы пайда болды. Бунда шайыр уйғыр халқының қытай
басқыншыларына қарсы көтерилген ғазат урысын сүўретледи.
Назымның “Назигүм” деп аталған дəстанында уйғырдың шайыр
қызы Назигүмниң жүдə қыйын турмысы, оның азатлық, еркинлик
ушын алып барған гүреси ҳəм көркем шығармашылығы туўралы
ҳəр тəреплеме мағлыўматлар тəсирли қылып берилген. əҳғө-
жылда уйғырлар қытай басқыншыларына қарсы үлкен қозғалаң,
көтерилис қылған еди. Бул көтерилис қытайлылар тəрепинен
аяўсыз бастырылды. Көтерилисшилердиң барлығы өлтирилди.
Олардың ҳаяллары, бала-шағалары қалмақларға шоры қылып
сатылды. Əне сол сатылғанлардың ишинде талантлы шайыр қыз
Назигүм де бар еди. Ол бир неше мəртебе қамап қойған жерден
қашып шықты. Оны Пекинде Қытай мəмлекетиниң қəўипли
душпаны деп жəрия қылды. Сатқынлар тəрепинен қолға
түсирилген шайыр қызды Қытай ҳүкимети дарға асып өлтирди.
Билал Назым əне сол аянышлы тақдирди шеберлик пенен
сүўретлеп көрсеткен.
1917-жылғы Октябрь революциясынан кейин уйғыр
халқының бир бөлеги Қазақстан территориясында жасай баслады.
53
Уйғыр халқы тарийхында биринши “Кəмбағаллар ҳаўазы” деп
аталған газета шыға баслады. Кейинирек “Тоқпақ” деп аталған
сатиралық газета ҳəм “Қызыл таң”, “Революцияшы (иниқилабшы)
Шығыс” деп аталған журналлар да басып шығарылды. ХХ əсир
уйғыр əдебияты тийкарынан Қазақстан ҳəм Өзбекстан
территорияларында жасаўшы уйғыр жазыўшылары тəрепинен
раўажландырылды. Бунда Омар Муҳаммадий, Ҳабиб Закирий,
Нур Исраилов, Шамсиқыз Раҳимова сыяқлы шайыр-жазыўшылар
жетисип шықты.
ХХ əсирдеги уйғыр əдебиятының негизин салыўшылардың
бири Омар Муҳаммадий есапланады. Ол 1906-жылы Алматы
областында туўылған. Ол Ташкентте институтта оқып, бир неше
жыл уйғыр мектеплеринде оқытыўшылық қылды. Кейин Шығыс
Түркстанның Яркент қаласына барып техникумда оқытыўшылық
қылды. Шайыр əйне нəўқыран жасында 1931-жылы ғө жасында
дүньядан өтти. Оның дөретиўшилиги Ташкентте басланады.
Дəслеп лирикалық қосықлар жазған шайыр кейин “Батыр
жыллар” деп аталған өз алдына китап басып шығарған. Шайыр
қайтыс болғаннан кейин оның “Аўыр күнлерде” аталған,
“Қосықлар ҳəм гүрриңлер” деп аталған еки китабы басып
шығарылған. Омар Муҳаммадий жаңа уйғыр əдебиятының
негизин салыўшы сыпатында белгили болды. Ол бириншилерден
болып уйғыр поэзиясында бармақ ҳəм еркин өлшемлерди
қолланып қосықлар жазған шайыр болды. Ол Европа
əдебиятының традицияларын уйғыр əдебиятында бириншилерден
болып қолланды. Оның шығармалары өз дəўириниң үни, ҳаўазы,
жаңғырығы болып жаңлады. Уйғыр халқының еркинлиги ҳəм
азатлығы шайыр дөретиўшилигиниң бас темасы еди.
Изим Искендеровтың дөретиўшилиги де жаңа уйғыр
əдебиятының раўажланыўына əҳмийетли үлес болып қосылды.
Оның дөретиўшилиги лирикалық қосықлар жазыў менен
басланған. Оның биринши китабы “Гүрес толқынлары” деп
аталып, ə9қң-жылы жəрияланған. Кейин “Хон Тəңри”, “Сөзим”
ҳəм “Уйғыр қызы” деп аталған китапларын басып шығарды.
Жаңа уйғыр əдебиятында Гүлистан, Нур Исраилов, Мумин
Ҳамраев сыяқлы прозаиклер де жетисип шықты.
Уйғыр əдебиятында биринши драмалық шығарма Абдулла
Рузибаев тəрепинен жазылды. ə9ққ-жылда Садиров ҳəм
Асимовлардың “Анархан” атлы пьесасы жəрия қылынды. Бул
шығармада еки жас Анархан ҳəм Ҳамра бир-бирин сүйеди. Бирақ
булардың сеўгисине сол мəкандағы үлкен байлардан бири қарсы
турып, Анарханды өзине ҳаяллыққа алмақшы болады. Қыздың
атасы байдан қарыздар болады, ол еплеп қарызынан қутылады,
бирақ байдан тилхатын қайтарып алмағаны ушын бул есапқа
54
өтпейди. Шығарманың финалында қаҳарманлар-қыз бенен жигит
трагедиялық жағдайда өлип кетеди. Бул шығармада бир тəрептен
наданлық, екинши тəрептен билимсизлик, саўатсызлық сынға
алынады.
Урыс жылларындағы ҳəм урыстан кейинги дəўир
əдебиятында үлкен үлес болып қосылған шығармалардың авторы
Исмаил Саидовты атаўға болады. Əсиресе оның муҳаббат
лирикасы ҳəм ““ариб ҳəм Сəнем” деп аталған драмалық
шығармасы өз дəўиринде жүдə жақсы мəлим болды.
Шығыс Түркстанда 1931-1933-жылларда ҳəм 1944-1946-
жыллары Қытай басқыншыларына қарсы үлкен көтерилислер
болып өтти. Əне сол тарийхый ўақиялар Лутфылла Муталлибов,
Зия Самадий, Жалал Мусаевтай шайыр, жазыўшылардың
шығармаларында өзлериниң сəўлелениўин тапты. Өзбекстанда
уйғыр əдебияты раўажланыўын даўам етти, Рузий Қадирийдай
жазыўшылар жетисип шықты.
Шығыс Түркстан ҳəзир Қытай мəмлекетине қарайды. Ол
жерде 4 (төрт) миллионнан зият уйғыр халқы өз азатлығы ҳəм
еркинлиги ушын избе-из гүресип атыр. Уйғыр əдебиятының Зия
Самадий, Зунун Қадирий сыяқлы даңқлы əдебиятшылары бар.
Зия Самадий Қытай мəмлекетиниң жүргизип атырған миллий
сиясатына қарсы шыққаны ушын ўатанынан шығарылып
жиберилди. Оның “Қанлы дақ”, ““ариб ҳəм Сəнем”, “Қəўипли
минутлар” ҳəм “Қытай зинданларында” усаған пьесалары басып
шығарылған. Зия Самадий уйғыр əдебиятының тарийхында
биринши болып “Маимхан” деп аталған роман жазды. Бул
шығармада уйғыр халқының даңқлы гүресшиси Маимхан образы
шеберлик пенен сүўретленген. Əне содан кейин уйғыр
жазыўшылары роман жанрында да көплеп шығармалар дөретти.
Сораўлар ҳəм тапсырмалар:
1. Əййемги уйғыр мəденияты ҳəм түрк дүньясы.
2. Ояныў дəўириндеги уйғыр əдебияты.
3. Уйғыр əдебиятында еркинлик ҳəм азатлық темасы.
4. Ҳəзирги уйғыр əдебиятының тийкарғы өзгешеликлери.
Əдебиятлар:
1. Ҳамраев М. Веков неумирающее слово. Жазыўшы Алма-
ата, 1969.
2. Қадирий Р. Уйғыр езувичлари. Тошкент, 1974.
3. Қадирий Р. Парлоқ қатралар. Тошкент, 1981.
4. Билал Нозим шеъриятидан. Тошкент, 1986.
5. Билəл Назым. Назүгүм (повесть). Алматы, 1963.
55
7-Тема. Қырғыз əдебияты.
План:
1. Қырғыз халқының тарийхы туўралы.
2. Қырғыз халқы аўызеки дөретиўшилиги.
3. “Манас” эпосы туўралы.
4. Қырғыз жазба əдебиятының қəлиплесиўи.
5. ХХ əсир қырғыз əдебияты.
Таяныш (тирек) сөзлер ҳəм ибаралар: халық тарийхы,
əдебият тарийхы, ертеклер, қосықлар, дəстанлар, “Манас” эпосы,
манасшы бақсылар, Семетей, Сейтек, Тоқтағул, жазба əдебият,
роман, драма, “Кен суў”, “Темир” романлары, Абдулмуминов
драмалары.
Қырғыз халқының аты тарийхый дəреклерде көп
ушырасады. Ҳəттеки ҳəзирги эрадан алдыңғы дəўирге тийисли
жазба естеликлерде де Қырғыз халқы деген атама бар. Олар
тийкарынан
шарўашылық
пенен
шуғылланып,
көшпели
турмысты узақ дəўирлер бойы басынан өткерген. Қырғыз халқы
көп əсирлер даўамында шет ел басқыншыларының зулымы
астында болды. Орайлық Азия жерлерине бастырып келген
араблар, монғоллар, қарақытайлар қырғыз халқын көп ўақытлар
бойы эксплуатация қылды. Кейинги əсирлерде қырғызлар Қоқан
ханларының зулымын басынан кеширеди. ХIХ əсирде қырғызлар
Россия империясы тəрепинен басып алынды.
Қырғыз халқы бурын өз жазыўына ийе болмады, ол 1924-
жылдан баслап жазыўға ийе болды. Тарийхый раўажланыў
нəтийжесинде қырғызлар ХХ əсирде өз мəмлекетине ийе болды.
Қырғыз əдебиятының тарийхы тийкарынан халық аўызеки
дөретпелеринен басланады. Түрли темалардағы ертеклер,
қосықлар ҳəм дəстанларда қырғыз халқының турмысы, олардың
арзыў-əрманлары, үмит-мақсетлери сəўлеленген. Сатиралық,
күлки-ҳəзиллик мазмундағы анекдотлар, Көсе ҳəм Кəл образлары
арқалы берилген. Алдар көсе туўралы ертеклерде идеялық өткир
проблемалар айтылған. “Корманек”, “Ертобылды”, “Ертүштик”,
“Жонил Мырза” сыяқлы халық қаҳарманлық дəстанлары қырғыз
халқы арасында жүдə белгили аўызша тараған шығармалар.
Пүткил дүнья жүзине даңқы жайылған қырғыз дəстанларының
бири-атақлы “Манас” эпосы.
“Манас”-қырғыз
халқының
тарийхының
жүдə
көп
дəўирлерин сүўретлейтуғын батырлық дəстан. Оны жырлаған
манасшы бақсылар жүдə талантлы жыршылар болған. Олар
эпостың сюжетлик желисин, өлшеми, көлеми менен түрин,
56
пүткил стилин раўажландырыўда, байытыўда үлкен роль
атқарған. “Манас”-қырғыз халқының ең сүйип тыңлайтуғын
жыры болып, оның бас қаҳарманы Манас халықтың атақлы қол
басшысы. Оның жаўға атланыслары, басынан кеширген
ўақиялары дəстанның негизги өзегин қурайды. “Некетайдың
асы”-сан-санақсыз
көп
ўақияның
түйинин
сүўретлеп
көрсететуғын эпостағы негизги тема. Онда төрт тəрептеги жүдə
көп халыққа ас бериў дəстүри сүўретленеди. Журтқа ас берип
күтип хызмет барысында Манас батырдың уллы адамгершилик
сыпатлары көринип турады. Манас пенен бир қатарда оның
айрылмас ҳадал дослары болған Алманбет, Көшейлердиң де
образлары сүўретлеп берилген. Ал Қоңырбай, Жолай қусаған
турақсыз, дүньяға көзи тоймайтуғын қанаатсыз, ашкөз
адамлардың топары да дəстанда сүўретленген. Манастың аса
ақыллы, ақыл-парасатлы, сулыў, сүйикли яры Қаныкейдиң
образы айрықша орынды ийелейди, ол дəстандағы ең көркем
образ болған.
“Манас” жырында көшпели халықтың ойын-заўықшыл
болғаны, той-тамашаны жүдə жақсы көретуғыны, олардың
жарқын, жайдары минезлери, той-тамаша, ас ўақытларындағы
ойынлары-садақ тартыў яғный оқжай атыў, гүресиў, айтысыў,
жамбы атыў усаған əдет-дəстүрлери сүўретленеди. Бул той, ас
туўралы жырда жаўға қарсы атланыс жыры менен уласып кеткен
картиналары көрсетиледи.
Бул шығармада халықтың көп əсирлик тарийхы, олардың
шет ел басқыншыларына қарсы еркинлик, азатлық ушын гүреси
сəўлеленген. Бул қосық түриндеги шығарманың көлеми жүдə
үлкен, ө00 мың бəйит қосық қатарынан турады. Дəстан үлкен үш
бөлимнен қуралған. Биринши бөлимде Манастың батырлық,
ерлик ислери əңгиме етиледи. Екинши бөлимде Манастың улы
Семетейдиң, үшинши бөлимде Манастың ақлығы, Сейтектиң
басынан өткерген ўақиялары баянланады. “Манас” эпосы бир
неше дəстан ўақияларын өз ишине алады. Бунда Манастың елдиң
журттың азатлығы ушын көрсеткен ерликлери шеберлик пенен
сүўретленген.
Ол
қырғыз
елин
Аўған
ҳəм
Қалмақ
басқыншыларынан сақлап қалады. Ол Ферғанаға келип баба
дийқаннан
дийқаншылықты
үйренеди.
Түрли
еллерден
палўанлардың көбиси менен дос болады. Тегинде, Манас өзиниң
халқының келешеги ушын гүрескен қаҳарман батыры сыпатында
сүўретленген. Эпостың Семетей ҳəм Сейтектиң өмирине
арналған бөлимлеринде сүйиў-жақсы көриў, муҳаббат темасына
ҳəм турмыслық темаларға көбирек орын берилген.
Қырғыз бақсыларының көпшилиги манасшы бақсылар
болып, олар тек усы дəстанды жырлаған. Манастың қалмақ ханы
57
жиберген Албаслы Қожарт Алп, Алп Кучку, Жолай сыяқлы
палўанларды жеңгени олар менен гүрес ўақиялары айрықша
көтериңки руўҳта жырланған.
Қырғызстанда “Манас” эпосының ə000 жыллық байрамы
өткерилгени ҳəммеге мəлим. Эпостың көп вариантлары жазып
алынды. Əлбетте, ҳəрбир манасшы бақсы бул эпосты жырлағанда
өзиниң ядынан қандай да бир жаңалық қосып дөретиўшилик
қатнас
жасайды.
Соның
ушын
дəстанның
айырым
вариантларында Манас басқа журтларды басып алыўшы, оларға
қырғын келтириўши залым əскер басы сыпатында сүўретленеди.
Айырым вариантларда болса Манас халықты қорғаўшы, əдалатлы
инсан сыпатында сүўретленеди.
Жазыўшы Шыңғыс Айтматовтың жазыўынша, Саяқбай
Қуралаев деген бақсы “Манас” эпосынан бир миллион қатарды
яддан билген. Солай етип, “Манас” эпосы көлеми жағынан
дүньядағы ең үлкен эпос есапланады. Онда қырғыз халқының
тарийхы, географиялық орыны, үрп-əдетлери туўралы кең
мағлыўматлар бар. Бундай үлкен көлемдеги эпосты бир адам
емес, ал пүктил халық дөреткен. “Дəслеп кишкене салма
ағысындай болып пайда болған бул эпос бизиң бүгинги
күнимизге келип үлкен теңизге айланды” (Ч.Айтматов). Бул
шығармада романтикалық, фантастикалық, символикалық көркем
сүўретлеў усылларынан кең пайдаланылған.
“Манас” пүткил халықтың таўсылмайтуғын күш-қуўатының,
ерлиги менен руўҳының жəмленген жыйнағы болып, ол қырғыз
фольклорының таңəжайып туўындысы есапланады. “Манас”
пенен парсы əдебиятының дүньяға белгили шығармасы
“Шаҳнама” дəстанындағы қаҳарманлардың тəғдиринде уқсаслық
барлығы айтылады.
ХIХ əсирдиң орталарында Қырғызлар Россияға қосып
алынғаннан кейин, оның əдебиятында да айырым өзгерислер
пайда болды. Араб жазыўын билген гейбир қырғыз ақынларының
жазба түрдеги шығармалары пайда болды. Солардың бири
Тоғалақ Молда (негизги аты Байымбет Абдураҳманов) халық
ертеклерин ҳəм қосықларын қайта ислеп “Жанбахты”,
“Кемчинтай”, “Ешек ҳəм бүлбүл” сыяқлы оригинал сатиралық
дəстанлар жазды.
Халық бақсыларынан бири Тоқтағул Сатилғанов та (əҳүң-
ə9ққ) қырғыз жазба əдебиятының қəлиплесиўине үлкен үлес
қосты. Ол өзиниң жаслығын жүдə қатты қыйыншылықларда
өткизди. Андижанда Россия басқыншыларына қарсы Дукчи
ийшан басшылығында көтерилген халық қозғалаңына қатнасқаны
ушын сегиз жыл Сибирьде сүргинде болды. Т.Сатилғанов əне сол
аўыр турмысқа тийкарғы себепшилер Рус империясы ҳəм
58
жергиликли əмелдарлар деп билди. Ол “Ийшан халфе”, “Бес
қабан” сыяқлы қосықларында жергиликли əмелдарлардың,
нəпсилери оқпандай болып ашылған диншил руўҳанийлардың
жарамас, иплас ислерин əшкара етти.
Жетим-жесир ҳəлсизди,
Сабаладың, бес доңыз,
Адам орнында жарлыны,
Санамадың, бес доңыз.
Жеп-ишиўден басқаны,
Тəн алмадың, бес доңыз.
Шайырдың сүргинде ҳəм оннан кейинги дəўирлерде жазған
“Хош бол халқым”, “Сүргинде”, “Таў бүркити”, “Сағыныш”, “:ш
хожа” сыяқлы қосықлары да үлкен идеялық көркем қуны бар
шығармалар. Тоқтағул ақынлықты (шайырлықты) тек өнер емес,
ал өзиниң өмириниң мазмуны, мəниси деп билген халық ақыны.
Оның шығармаларының өзеги-қырғыз халқының турмыс
жағдайын айтыў арқалы жас əўладтың руўҳый санасына, аңына
азық, сезимине күш-қуўат бериў болды. “Санат жырлары”,
“Тоқтағулдың қайтып келиўи” шығармаларында бул идея анық
көринеди. “Санат жырында” көп жасап, турмыстың ашшы-
душшысын көп көрген ойшыл ақынның өзиниң жасап атырған
орталығы,
дəўири
жөниндеги
философиялық
ойлары,
қорытындылары жырланған. “Дүнья”, “Өмир”, “Қазақ жеринде”
жырлары ақынның ақыл, билим жолын өзине үлги еткен
лирикалық ҳəм халықлардың дос-туўысқанлығын ардақлаған
шығармаларынан саналады. Тоқтағул қырғыз халқының
əдебиятының
раўажланыўы
жолындағы
табысы
менен
жетискенликлери тарийхында өзиниң орынына ийе уллы ақын.
ХХ
əсирдиң
басларында
қырғыз
халқының
интеллигентлеринен
Достарыңызбен бөлісу: |