Университети



Pdf көрінісі
бет1/10
Дата27.03.2017
өлшемі0,6 Mb.
#10446
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   10

 

 

ӨЗБЕКСТАН  РЕСПУБЛИКАСЫ  ЖОҚАРҒЫ  ҲƏМ 



ОРТА АРНАЎЛЫ  БИЛИМЛЕНДИРИЎ  МИНИСТРЛИГИ 

 

 



 

БЕРДАҚ АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МƏМЛЕКЕТЛИК 

УНИВЕРСИТЕТИ 

 

 



ҚАРАҚАЛПАҚ ФИЛОЛОГИЯ ФАКУЛЬТЕТИ 

 

ТҮРКИЙ ФИЛОЛОГИЯСЫ КАФЕДРАСЫ 



 

 

ТҮРКИЙ ХАЛЫҚЛАРЫ ƏДЕБИЯТЫ 

 

пəнинен бакалавр қəнигеликлери ушын лекциялар тексти 



 

 

 



 

Таярлаған:                                акад. ХАМИДОВ Х. 

 

 

 



 

НӨКИС - 2010 



 

 

 

 

 

 

 

 

 

1-Тема:  Кирисиў. Əййемги түркий естеликлер. 

                                                         План: 

 

1.Түркий  халықлар  əдебияты  пəниниң  предмети  ҳəм 



ўазыйпалары. 

2.Барлық  түркий  халықларға  тийисли  болған  əййемги 

фольклорлық шығармалар. 

3 “Алпамыс”, “Манас”, “Гөруғлы”  сыяқлы  дəстанлардың 

улыўма түркийлик өзгешеликлери. 

4.Əййемги жазба естеликлер ҳаққында. 

5. Х-ХII əсирлердиң əдебий естеликлери.  

 

 



Таяныш  сөзлер  ҳəм  ибаралар: “Түркий  халықлар 

əдебияты”  пəнин  үйрениўдеги  негизги  мақсет  олардың 

арасындағы  байланысларды  беккемлеў  екени,  Пүткил  түркий 

халықларға  тийисли  əдебий  мийраслар, “Жаратылыс  дəстаны”, 

“Алп Ер Тунға (ЕрТуған)” туўралы дəстан, “Манас”, “Алпамыс”, 

“Гөруғлы” 

сыяқлы 

дəстанлардағы 



ортақлық, 

шериклик, 

“Оғызнама”  туўралы,  Түркий  руникалық  жазыўлар, “Дийўан 

луғат-əт-түрк”, “Кутадғу 

билиг”, “Ҳиббатул-ҳақайық” 

шығармалары туўралы. 

Өткен ХХ əсирдиң соңғы он жыллығында бурынғы советлик 

дүзимниң  үстемлигинен  қутылғаннан  кейин  түркий  еллериниң 

əдебиятын  бир  пүтин,  тутас  бир  пəн  сыпатында  үйрениў 

мүмкиншилиги  жүзеге  келди.  Өзлериниң  келип  шығыўы  бир-

бирине  жақын  туўысқан  болған  халықлардың  тарийхый 

тамырлары, мəденияты жалпы бир өзекке ийе. Бул халықлардың 

үрп-əдетлеринде,  мəресим-дəстүрлеринде,  халықтың  аўызеки 

дөретиўшилигинде  бир-бирине  уқсас  жағдайлар  жүдə  көп  орын 

алған. Əлбетте, тарийхый раўажланыў барысында кейинирек бир 

қатар 


айырмашылықлар, 

бирин 


екиншисинен 

айырып 


көрсететуғын 

өзиншекликлер 

жүзеге 

келген. 


Бундай 

өзиншеликлер  тарийхый  раўажланыўдың  нəтийжеси  сыпатында 

биз үйренип атырған пəн түркий халықлары əдебиятында да орын 

алыўы тəбийғый жағдай. 

ХХ  əсирдиң  басларында  ата-бабалары  бир  болған  түркий 

қəўимлерин  бирлестириў,  олардың  өз  ара  байланысларын 

беккемлеў  ушын  көп  ҳəрекетлер  болды.  Бирақ  бул  ҳəрекетлер 

түрли  реакцион  күшлер  тəрепинен  қарсылыққа  ушырады.  Бул 

күшлер  түркий  халықлардың  араларына  алааўызлықлар, 

жəнжеллер, талас-тартыслар салыўға урынды, түркий қəўимлерди 

бирлесиўге 

шақырған 

зиялы, 

билимли 


адамларды 

“пантүркистлер”, “асакеткен  миллетшилер”  деп  айыплады. 

Сондай айыплар тағылған жəдидши ғайраткерлер болған Фитрат, 


 

Чолпан,  Қадирий,  Мустапа  Шоқайлар  жоқ  қылынды.  Тарийхта  



сталинлик  репрессия  деп  аталған  ə9қў-жылдағы  қуўдалаўдың  ең 

аўыр зулымлықларын түркий қəўимлери өз басынан өткизди.  

Түркий  қəўимлердиң  бирлесиўине  тосқынлық  қылатуғын 

жүдə көп факторлар бар. Булар, бириншиден, майда миллетлерди 

өзлерине  бағынышлы  колония  қылып  алыў  ушын  умтылып 

атырған  империалитслик  мəмлекетлер,  екиншиден,  түркий 

қəўимлердиң  өзиндеги  ишки  қарама-қарсылықлар.  Булар  өз 

басының  ғана  мəпин  ойлайтуғын  надан  қопал  сиясатшылар  еди. 

Бурынғы  Совет  ҳүкимети  дəўиринде  де  түркий  қəўимлердиң 

көпшилиги  колония  жағдайында  жасады. :стемлик  қылған 

мəмлекетлер  бир-бирине  жақын  туўысқан  халықлардың 

бирлесиўине  барлық  ўақытларда  қарсылық  қылып  келгени 

мəлим. Еллер өз еркинлигине ерискеннен кейин  келип шығыўы  

бир-бирине жақын болған халықлар ортасында тыныш-татыўлық, 

экономикалық-сиясий  ҳəм  мəдений  байланысларды  беккемлеў 

мүмкиншилиги туўылды. 

Түркий қəўимлер дегенде биз өзбек, қазақ, қырғыз, түркмен, 

қарақалпақ,  уйғыр,  татар,  башқурт,  чуваш,  азербайжан,  қарачай, 

түрк,  гагауз,  қумық,  балқар  сыяқлы  отызға  жақын  миллетлерди 

көзде  тутамыз.  Бул  миллетлер  Европа-Азия  материгиниң  үлкен 

бөлегиндеги 

территорияларда 

жасайды. 

Усы 


туўысқан 

халықлардың əдебиятын бир пүтин ҳалда тутас үйрениў-олардың 

жəмийетлик-руўҳый  турмысын  жақыннан  түсиниўге  жəрдем 

береди. 


Жоқарыда  көрсетилген  халықлардың  ең  əййемги  əдебий, 

мəдений естеликлерине дыққат пенен қарағанда олардың дерлик 

бир-бирине  уқсас  шығармалардың  вариантлары  көзге  түседи. 

Мəселен, “Гөруғлы”  циклиндеги  дəстанлардың  османлы 

түрклерде, 

азербайжанларда, 

түркменлерде, 

өзбеклерде, 

қарақалпақларда 

бир 


қанша 

вариантлары 

ушырасады. 

“Алпамыс”, “Қоблан”, “Қорқут  ата”, “Едиге”  сыяқлы  дəстанлар 

туўралы  да  соны  айтыўға  болады.  Бундай  жағдайда  тек  дəстан 

жанрындағы  шығармалардың  мысалында  ғана  емес,  ал  халық 

аўызеки  дөретиўшилигиниң  басқа  жанрларында  да  көплеп 

ушыратыў  мүмкин.  Мəселен,  Насриддин  Əфəнди  туўралы 

анекдотлар 

түрк, 


азербайжан, 

түркмен, 

өзбек 

халық 


дөретиўшилигинде  көплеп  ушырасады.  Əййемги  заманларда 

айтылған,  жырланған  түрли  мəресим,  салт-дəстүр  ҳəм  мийнет 

қосықлары,  нақыл-мақаллары,  ертеклери  жөнинде  де  сондай 

жағдайдар көзге түседи.   

Ҳəрбир  халық  өзлериниң  келип  шығыўының  тарийхы 

туўралы 


түрли 

аңыз-əпсаналарды, 

əңгимелерди, 

нақыл-


мақалларды,  раўаятларды  шығарған.  Түркий  қəўимлер  туўралы 

 

да бундай раўаят-əпсаналар көплеп ушырасады. Ерте заманларда 



жазылған  айырым  тарийхый  китапларда  түркий  халықлардың 

келип  шығыўын  диний  əпсана-аңызлар  менен  байланыстырады. 

Оларда барлық адамзат тарийхы Нух пайғамбардың төрт улынан 

таралған  əўладлардан  басланады.  Бул  əпсана  аңыз  бойынша 

түркий  қəўимлер  Нуҳ  пайғамбардың  Яфес  атлы  баласының 

əўлады  екен.  Бул,  əлбетте,  əпсана,  аңыз  гəплер.  Ҳəзирги 

ўақыттағы  илимий  изертлеўлер  бойынша  түркий  қəўимлердиң 

түп  ата  мəканы  Алтай  журты  болғаны,  тарийхый  раўажланыў, 

өнип-өсиў  нəтийжесинде  ол  жердеги  халықлардың  тумлы-тусқа 

тарқалғаны  жөнинде  гипотеза,  болжаўлар  бар. “Жаратылыс 

дəстаны”  деген  шығармада  да  түрк  еллериниң  келип  шығыўы 

туўралы  усыған  усаған  гəплер  келтирилген.  Ең  ертедеги  түрк 

жырларының бири “Алп Ер-Туңға” деп аталған жыр-дəстан. Бул 

жырдың қаҳарманы Алп Ер-Туңға тарийхый адам, шахс, айырым 

тарийхый  мағлыўматларға  қарағанда  ҳəзирги  эрадан  бурынғы 

ВЫЫ  əсирлерде  жасаған.  Бул  шахс  туўралы  бир  қатар 

шығармаларда  мағлыўматлар  бериледи.  Солардан  бири  Маҳмуд 

Қашғарий өзиниң шығармасында Алп Ер-Туңғаның парсыша аты 

Афрасияб  деп  атап  көрсеткен.  Фердаўсийдиң  “Шаҳнама” 

шығармасында  да  Афрасияб  Туранның  патшасы  болғанлығы, 

оның  мəрт,  ер  жүрек  батыр  ҳəм  ис  көзин  билгиш  патша 

болғанлығы  туўралы  мағлыўмат  бериледи.  Солай  етип,  Алп  Ер-

Туңға  туўралы  Күншығыс  халықлары  əдебиятында  көплеп 

шығармалар  жазылған.  Маҳмуд  Қашғарийдиң  “Дийўан-луғат  əт-

түрк”  китабында  “Алп  Ер-Туңға  туўралы”  жырдан  көплеп 

үзиндилер  келтирилген.  Оларда  Алп  Ер-Туңғаның  ерликлери, 

Туран  жерин  шет  ел  басқыншыларынан  қорғаўы,  Ийран 

басқыншылары менен жүргизген саўашлары сөз етиледи. 

Əййемги тотемистлик яғный айырым ҳайўанларға сыйыныў, 

оларды  өзлериниң  келип  шығыўы  менен  байланыстырыў 

түриндеги 

дəреклердиң 

айырымларында 

түрклердиң 

қасқырға(бөриге) сыйынғанын, қасқырды өзиниң ата-бабасы деп 

есаплағаны  туўралы  мағлыўматлар  берилген.  Бул  əпсана-аңызда 

айтылыўынша,  душпанлар  менен  урыста  өлген  түрк  урыўынан 

бир ул бала тири қалады. Ол бала да қатты жарадар болған. Еле 

нəресте күйинде болған бул баланы бир ана қасқыр бир үңгирге 

аўызына  тислеп  көтерип  алып  барып  өзиниң  перзентиндей  етип 

тəрбиялайды.  Сол  бала  ержеткеннен  кейин  оннан  он  ул  бала 

туўылады, олар он түрли түрк урыўының негизин салған бабасы 

болады.  Əййемги  ерте  заманлардағы  түрк  урыўы  Ашина 

қəўиминиң байрағында қасқырдың геллесиниң сүўрети болған. 

Түркий  халықлардың  келип  шығыўы  бойынша  “Алан  Қуўа 

туўралы” əпсана-аңыз бар. Онда Алан Қуўа атлы ҳаял түрклердиң 



 

ең  үлкен  түп  анасы  сыпатында  айтылады.  Онда  айтылыўынша, 



Алан  Қуўа  жүдə  ақыллы,  мийиримли  ҳаял  болған.  Ол  əпсана-

аңызда барлық түрк қəўимлери Алан-Қуўаның перзентлери екени 

айтылған. 

Əййемги  түркий  халықлардың  ортақ  ескерткиши-мийрасы 

болған  “Оғузнама”, “Қорқут  ата”  сыяқлы  жыр-аңызлар  бар.  Бул 

жырларда  сөз  етилген  ўақыялардың  көпшилиги  ҳəзирги  эрадан 

алдыңғы 

дəўирлерде 

болған. 

Грек 


тарийхшыларының 

шығармалары  арқалы  бизге  жетип  келген  “Тумарис”, “Шырақ” 

туўралы  аңыз-əпсаналар  да  барлық  түркий  халықларының 

мəдений естелиги болып есапланады. Булардан да басқа əййемги 

түркий  халықлар  Иран  тиллери  топарына  киретуғын  халықлар 

менен  иргелес,  қоңсы  болып  жасаған.  Тарийхый  өзгерислер 

нəтийжесинде  олар  менен  қосылып,  араласып  кеткен  түркий 

қəўимлер  де  бар.  Бул  жағдай  көбирек  өзбеклерде  байқалады. 

Əййемги  Хорезм  жерлеринде  пайда  болған  заростризм-

зардуштийлик  дини  менен  байланыслы  болған  əпсана-аңыз, 

раўиятлар да тиккелей түркий халықларының ерте заманлардағы 

өтмишине  байланысы  бар.  Əсиресе,  бул  динниң  шарапатлы, 

муқаддес  китабы  болған  “Авестаның”  ҳəзирги  дəўирге  жетип 

келген  үзиндилери,  бөлекшелери  ерте  заманлардағы  усы  аймақ 

халықларының  мəдениятының  тарийхы  жүдə  бай,  түрли-түсли 

болғанын  көрсетеди.  Ийран  шайыры  Фердаўсийдиң  “Шаҳнама” 

шығармасы  арқалы  ҳəм  басқа  да  жазба  дəреклер  арқалы  мəлим 

болған  Зарийна,  Рүстем,  Сияўиш  туўралы  əпсана-аңызлар  да 

түркий халықлар арасында кең тарқалған.  

Ерте  заманлардағы  қыпшақлардың  да  өзине  тəн  мəденияты, 

фольклоры  болған.  Булар  туўралы  алымлар  тəрепинен  үлкен 

илимий  изертлеў  жумыслары  жүргизилип  атыр.  Евро-Азия 

материгиниң 

жүдə 


үлкен 

территориясында 

көшпели, 

шарўашылық  пенен  шуғылланып  жасаған  əййемги  қыпшақ 

мəденияты  жөнинде  еле  көп  илимий  изертлеў  жумыслары 

ислениўи  керек.  Бул  тараўда  И.Стеблева,  Н.Гумилев,  Аджи 

Мурад,  Ə.Қайдаров  ҳəм  басқа  да  алымлардың  дəслепки  илимий 

жумыслары бар. 

Солай  етип,  əййемги  түрк  мəденияты  жүдə  бай  ҳəм  түрли 

түсли  болып,  ол  барлық  түркий  миллетлердиң  мəдениятының 

тарийхына  туўрыдан-туўры  қатнаслы  ҳəм  байланыслы.  Буларды 

бир  пүтин,  тутас  түрде  салыстырып  үйрениў  түрк  еллери 

мəдениятының  байланысын  беккемлейди  ҳəм  оларды  бир-бири 

менен жақынластырады. 

Пүткил 

дүнья 


цивилизациясын, 

мəдениятын, 

өсип 

раўажланыўын  жүзеге  келтириўде,  оны  алға  илгерилетиўде 



түркий  халықлардың  роли  жүдə  үлкен.  Европада  жасаўшы 

 

халықларға  темирден  пайдаланыўды  дəслеп  үйреткен  түркийлер 



болды.  Ҳəзирги  ўақытта  жүргизилип    атырған  илимий, 

археологиялық  изертлеўлердиң  нəтийжелери  бойынша  түркий 

халықлар ҳəзирги эрадан алдыңғы дəўирлерде-ақ өз жазыўларына 

ийе  болған.  Сибирьден  табылған  темир  пластинкаға  жазылған 

жазыўлар жүдə əййемги дəўирге тийисли екенлиги дəлийлленди. 

Сондай-ақ  Киши  Азиядан  табылған  əййемги  жазыўлардың  да 

түркий  тилде  жазылғаны  дəлийлленген.  Ең  əййемги  жазыў  деп 

есапланған  шумер  жазыўында  жазылған  “Гилгамиш”  дəстаны 

“Алпамыс”  дəстанының  əййемги  варианты  деп  шамаланбақта. 

Усыған  уқсаған  мысаллар  кейинги  жылларда  көплеп  жəрия 

қылынбақта. 

Жақынға  дейин  ең  əййемги  жазба  естеликлер  сыпатында 

Орхон-Енисей  жазыўлары  үйретилип  келди.  Шынында  да  бул 

жазыўлар  бизиң  күнлеримизге  толық  сақланып  жетип  келген 

бирден-бир  естелик  есапланады.  Бул  жазыўлар  ХXIII  əсирдиң 

ахырларында,  ХЫХ  əсирдиң  басларында  Орхон  ҳəм  Енисей 

дəрьяларының  жағаларынан  табылған,  олар  В-ВЫЫ  əсирлерде 

жасаған  түркий  халықларға  тийисли,  олар  түрк  руникалық 

жазыўы деп те аталған. 

V-VII  əсирлерде  Орайлық  Азияда  түрк  қағанлықлары 

үстемлик,  патшалық  қылғаны  мəлим.  Бул  қағанлықлардың 

басында турғанлардың бири болған Билге қаған ҳəм оның иниси 

Күлтегин  түрк  халықларын  бирлестириў  ушын  үлкен  ислерди 

əмелге  асырған.  Сол  түрк  қағанларының  қəбир  тасларына 

жазылған жазыўлар бизиң дəўиримизге толық жетип келген. Бул 

жазыўларды  рус  ҳəм  европалы  алымлар  оқып,  қандай  жазыў 

екенин, оларда не айтылғанын билиў ушын дерлик бир əсир бойы 

изертлеў  жумысларын  жүргизген.  Ахыр-аяғында  бул  сырлы 

жазыўды  Дания    алымы  В.Томсен  биринши  болып  оқыўға 

ерискен.  Бул  жазыўларда  түркий  халықлардың  мəмлекет 

қурыўдағы жүргизген гүреслери əңгиме етиледи. Түрк еллериниң 

өз еркинлиги ушын Қытай басқыншыларына қарсы ҳəм олардың 

өз ара бир-бирлери менен жүргизген урыслары баян етилген. Бул 

жазыўларда  күшли  мəмлекет  қурыў  ушын  туўысқан  халықлар 

бирлесиўи  кереклиги  уқтырылған.  Бул  жазыўлардың  тарийхый 

дəрек  екенлигин  айрықша  атап  өтиў  керек.  Елтерис  ханның 

балалары Билге қаған ҳəм Күлтегинлердиң ел басқарыўдағы күш 

салыўлары,  искерликлери,  олардың  елдиң  еркинлиги  ушын 

жүргизген  гүреслери  бүгинги  күн  ушын  да  үлкен  тəрбиялық 

маңызы  бар.  Себеби,  ол    ел  басқарыўшылар,  қолбаслаўшылар 

түркий халықлардың еркинлиги ушын гүрескен. Өзин өзи бийлеў 

ушын гүрес мəселеси ҳəзирги түркий халықлардың да ең актуаль, 

күн  тəртибиндеги  мəселелердиң  бири.  Сондай  екен,  Орхон-


 

енисей 



жазыўларында 

айтылған 

ўақыялар 

бүгинги 


адамларымызға  да  жүдə  керекли  тəрбия  қуралы  болып  хызмет 

қылады.  Тонюқуқ  жазыўларында  мынадай  сөзлер  жазылған: 

“Түрк  халқы  бас-басына  кетиўшиликке, арқайыншылыққа түсти. 

Өзиниң  ханы  менен  бирге  болмады.  Табғачқа  бағынғаны  ушын 

тəңри  оларға  “өл”  деген  қусайды,  түрк  халқы  өлди,  жоқ  болды, 

түўесилди. Түрклер халқының жеринде бир де урыў қалмады.”  

Буннан  мəлим  болады,  түрк  қəўимлериниң  бир-биринен 

бөлинип  кетиўи  нəтийжесинде  олардың  басына  аўыр  күнлер 

туўған.  Соннан  кейин  Билге  қаған,  Күлтегин  ҳəм  Тонюқуқ 

басшылығындағы  азатлық  ушын  гүреслерине  бола  тағы  да  түрк 

мəмлекети  қайта  тикленди.  Шығыс  Түркстанда  табылған  “Түс 

жорыў китабы” деп аталған шығарма ҳəм Орхон-Енисей (уйғыр) 

жазыўында  болып,  ол  тасқа  емес  қағазға  жазылған.  Бул 

естеликтиң  де  тарийхый-əдебий  əҳмийети,  түрк  халықлары 

əдебиятын үйрениўде орыны бар.   

Араблар  ислам  динин  түркий  халықларға  ВЫЫЫ  əсирден 

баслап  тарата  баслаған.  Кавказ  ҳəм  Орта  Азиядағы  түркий 

халықларға  ислам  дини  жүдə  қатты  гүреслер,  қырғын  урыслар 

менен  мəжбүрий  түрде  тарқатылды.  Кейинирек  көплеген  түрк 

еллери  бул  динди  өз  ыхтыяры  менен  урыссыз-ақ  қабыл  етти. 

Ҳəзирги  түркий  халықлардың  көпшилиги  ислам  динине 

сыйынады.  Чуваш,  гагауз  сыяқлы  түркий  халықлар  христиан 

динине, ал якут, алтай сыяқлы халықлар будда динине сыйынады. 

Түрк  еллеринен  жетисип  шықан  уллы  əскербасылар 

тарийхта көп болған. Олар туўралы көплеп тарийхый ҳүжжетлер 

сақланып,  бизиң  дəўиримизге  жетип  келген.  Айырықша  түркий 

халықлар  мəмлекет  қурыўда,  империялар  орнатыўда  дүньяда 

жетекши  орында  турады.  Тек  ХIХ  əсирдиң  ахыры  ХХ  əсирдиң 

басларында ғана түркий халықлар орнатқан империялар тарқалып 

кетти. Буның себеплериниң бири олардың   араларындағы өз ара 

аўызбирликтиң  болмағаны,  бир-бирине  қарсы  жəнжеллер  ҳəм 

урыслар  болды.  Күншығыста  араблардың  басып  алыўшылығы 

менен үстемлиги бир қанша ҳəлсизленгени себепли, оның орнына 

дəслеп ийранлы Саманийлер династиясы мəмлекет басына келди. 

Буннан 

кейинги 


дəўирлерде 

Сельжуклер, “азнаўийлер, 

Хорезмшаҳлар  сыяқлы  түркий  мəмлекетлер  пайда  болды. 

Булардың  дерлик  ҳəммесин  түркий  қəўимлерден  шыққан 

тарийхта  даңқы  тараған  мəмлекет  басшылары  басқарған  еди. 

Солар дүзген мəмлекетлер мың жыллардан бери жасап келмекте. 

Х-ХI  əсирлерде  жазылған  Маҳмуд  Қашғарийдың  “Дийўан 

луғат  əт-түрк”,  Юсип  Хас  Хажибтың  “Қутадғу  билиг”,  Ахмед 

Югнəкийдиң  “Ҳиббат  əл-ҳақайық”  шығармалары  пүткил  түркий 

халықлардың  əдебий  мийрасы  болып  есапланады.  Маҳмуд 



 

Қашғарийдиң  “Дийўан  луғат  əт-түрк”  шығармасы  тек  ғана 



сөзлик,  сөзлердиң  арабша  түсиндирме  аўдармалары  емес,  ол 

араблар  келместен  бурынғы  дəўирлердеги  түркий  əдебияты 

шығармаларының  үлгилерин  өзинде  жəмлеп  келген  əжайып 

көркем  шығармалардың  да  жыйнағы  есапланады.  Онда  халық 

аўызеки  дөретиўшилигине  тийисли  түрли  нақыл-мақаллар, 

даналық сөзлер, қосықлар, көркем сөйлемлер, дəстан-жырлардан 

үзиндилер  көплеп  келтирилген.  Алты  мыңға  жақын  түркше 

сөзлерге  арабша  түсиндирмелер  берилген.  Көплеген  түркий 

тайпалардың 

ҳəм 


урыўлардың 

тарийхы, 

этнографиясы, 

жəмийетлик-экономикалық  жағдайлары,  олардың  жасайтуғын 

орынлары туўрады мағлыўматлар да бул шығармада орын алған. 

Усындай бай мағлыўматлар келтирилгени ушын да бул шығарма 

өз  дəўириниң  энциклопедиясы  дəрежесине  көтерилген.  Пүткил 

дүнья  илими  ҳəм  мəденияты  тарийхында  усы  типтеги 

шығармалардың дəслепки үлгилери иретинде бул шығарма оғада 

үлкен  əҳмийетке  ийе.  Себеби  бул  дəўирге  шекем  дүнья 

тарийхында 

ҳешким 


тиллерди 

бир-бирине 

салыстырып 

изертлемеген  еди.  М.Қашғарий  бул  шығарманы  жазыў  ушын 

жүдə  көп  тил,  əдебий,  тарийхый  материал  жыйнаған.  Шығыс 

Түркстаннан  Каспий  теңизиниң  бойларына  дейинги  жерлердеги 

жасап  атырған  түркий  қəўимлердиң  тилин  изертлеген.  Шығарма 

ə0ўү-ə0ўў-жылларда жазылған, кейинги дəўирлерде ол үш китап 

көлемине келтирилип басып шығарылған еди. 

Юсип  Хас  Хажибтың  “Қутадғу  билиг”  деп  аталған 

шығармасы  да  түркий  тилде  жазылған  биринши  көркем  əдебий 

шығарма,  ол  дидактикалық  яғный  ақыл-нəсият  характерине  ийе. 

Юсип  Хас  Хажиб  “Қутадғу  билиг”  шығармасын 1990 жылларда 

жазып  питкерген.  Оны  Қараханийлердиң  патшасы  Табғаш 

Буғраханға  бағышлаған.  Шығарма  араб  поэзиясындағы  қосық 

жазыўдың  өлшем  системасы  болған  аруз  өлшеминиң  мəснəўий 

формасында жазылған. Шығарма жетпис үш баптан турады. Бул 

шығармада  жəмийетлик  турмыстың  көп  тəреплери  жөнинде  сөз 

етилген.  Солардан  илим-өнер  ийелеў,  тил  үйрениў,  адамлар 

менен  сөйлесиў  мəденияты,  ел  басқарыўдың  тəртип-талаплары, 

минез-қулық,  əдеп-икрам,  өз  ара  ҳүрмет,  сыйласық  усаған 

мəселелер  жөнинде  ой-пикир  айтысыў  формасында  сөз 

жүргизиледи. 

Шығармада 

қатнасқан 

кейипкер, 

герой 

сыпатындағы  Күнтуғды,  Айтолды, :гдүлмиш,  Узғурмыш  деп 



аталған  символикалық  образлар  жəрдеминде  автор  өзиниң  көз 

қарасларын  билдиреди. “Қутадғу  билиг”  шығармасында  түркий 

халықлардың ХI əсирдеги тилиниң сыпаты көринип турады, онда 

арабша,  парсыша  сөзлер  онша  көп  емес.  Бул  шығарма  өзиниң 

қунлылығы себепли “Түркий Шаҳнама” деп аталды. 


 

Ахмед  Югнакийдиң  “Ҳиббатул-ҳақайық” (“Шынлықлардан 



туратуғын  саўға”)  шығармасы    да  жалпы  түркий  халықларға 

тийисли  мийрас  қатарына  киреди.  Шығарманың  авторы  ҳəм 

жазылған анық ўақыты жөниндеги мағлыўматлар жүдə аз. Оның 

тилиниң  өзгешеликлерине  қарап  ХII-ХIII  əсирлер  орталығында 

дөретилген деген жуўмақ айтылады.  Бул китапта да əдеп, минез-

қулық, илим-билим мəселелери сөз етиледи. Бул шығармада дин, 

шариат мəселелерине суфизм философиясы көз қарасынан келип 

шықан  пикир айтылады. Əлийшер Наўайы өзиниң “Насаийм үл-

муҳаббат”  шығармасында  Аҳмед  Югнакийди  суўфы  шайырлар 

қатарына қосқан. 

Улыўма,  жалпы  түркий  əдебияты  шығармаларының 

қатарына  киретуғын  мийрастың  бири  “Оғузнама”  дəстанын  атап 

көрсетиўге  болады.  Бул  шығармада  түркий  халықлардың  келип 

шығыў  тарийхы,  ҳəр  бир  урыўдың  шежирелери  көрсетилген. 

Шығармада  көплеп  қосық  үзиндилер  де  келтирилген.  Оғуз 

ханның туўылыўы менен байланыслы раўаятлар, əпсана-аңызлар, 

оның  елди  басқарыўы,  елдиң  абаданлығы,  түркий  халықлардың 

еркинлиги, жақсы жасаўы ушын ислеген ислери əңгиме етилген. 

Жоқарыда  сөз  етилген  əдебий  мийраслар  түркий  еллер  ең 

ерте  заманлардан  жүдə  жоқары  дəрежедеги  мəдениятқа  ийе 

болғанын  көрсетеди.  Түркий  халықлардың  бир  қатар  алымлары, 

жазыўшы  шайырлары  сол  заманның  жағдайына  бола  өзлериниң 

шығармаларын  араб  ҳəм  парсы  тиллеринде  жазған.  Усындай 

жоқары  мəдениятқа  ийе  болған  түркий  халықлардың  əдебиятын, 

олардың  ҳəр  бириниң  өз  алдына  раўажланыў  процесслерин 

үйрениў жүдə пайдалы. 




Достарыңызбен бөлісу:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет