Университети



Pdf көрінісі
бет8/10
Дата27.03.2017
өлшемі0,6 Mb.
#10446
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10

 

Сораўлар ҳəм тапсырмалар

1. Ш.Айтматовтың өмири жөнинде мағлыўматлар. 

2.  Ш.Айтматовтың  дөретиўшилигинде  ҳəр  тəреплеме  жетик 

инсан, адамшылық түсиниги. 

3.Жазыўшының 

адамның 


ишки 

дүньясын 

руўҳый 

мəдениятын сүўретлеўдеги шеберлиги. 



4. Шыңғыс Айтматов повестлери, оларда сөз етилген баслы 

мəселелер. 

5.  Жазыўшының  “Əсирге  татырлық  күн”  романы,  ондағы 

сюжетлик линиялар. 

6.Жазыўшының  “Плаха”  романында  ортаға  қойылған 

проблемалар. 

7.Шығармаларда адам ҳəм тəбият мəселеси. 

8.Шығармаларда 

аңыз-əпсаналардан, 

ертеклерден 

пайдаланыў шеберлиги. 

      


 

Əдебиятлар: 

1. Муқимов Р. Қардош халқлар адабиети. Тошкент, 1980. 

2. Ш.Айтматов ва ўзбек адабиети. Самарқанд, 1989. 

3. Ш.Айтматов. Боранды бекет. Алматы, 1986. 

4. Ш.Айтматов. Жанпида. Алматы, 1989. 

5.  Ч.Айтматов  “Қиямат”, “Асрга  татигулик  кун”.  Романлар. 

Тошкент, 1989. 

6. Чингиз Айтматов. Сочинения в ҳ-и томах. 

 

9-Тема. Қазақ əдебияты. 

 

План: 


 

1. Қазақ халқының тарийхынан мағлыўматлар. 

2. Халықтың аўызеки дөретиўшилигиниң үлгилери. 

3. Қазақ демократиялық əдебияты. 

4. Абай Қунанбаевтың дөретиўшилиги. 

5. ХХ əсирдиң басындағы тарийхый жағдайлар. 



70 

 

6. Қазақ реалистлик əдебиятының қəлиплесиўи. 



7. Қазақ əдебиятында прозаның раўажланыўы. 

8. Қазақ драматургиясының раўажланыўы. 

9. Қазақ əдебиятының көрнекли ўəкиллери. 

 

Таяныш  сөзлер,  ибаралар:  “Қыз  Жибек”, “Сулыўшаш”, 

дəстанлар,  Исатай  Тайманов,  Сүйинбай  ақын,  ХЫХ  əсир  жазба 

əдебияты,  Абай  Қунанбаев,  Ибрай  Алтынсарин, “Алаш  Орда”, 

Жамбыл Жабаев, қазақ прозасы, роман ҳəм повестьлер, драмалық 

шығармалар,  проза,  Мухтар  Аўезов,  Сəбит  Муқанов, “əбит 

Мүсирепов, М.Шаханов. 

 

Қазақ  халқы  бай  мəдений  мийрасқа  ийе,  əсиресе  оның 

халық  аўызеки  дөретиўшилиги  жүдə  раўажланған.  Тарийхый 

өтмиште, негизинен, мал-шарўашылық пенен шуғылланған қазақ 

халқында  жазба  əдебият  соңғы  əсирлерде  пайда  болды.  Жазба 

əдебияттың пайда болыўында, оның қəлиплесиўинде қазақ халық 

аўызеки  əдебиятының  роли  жүдə  үлкен  орынға  ийе.  Қазақ 

ақынлары  жырлаған  өлеңлер,  дəстанлардың  темалары  түрли-

түрли болып, оларда халықтың тарийхы, турмысы өзиниң көркем 

сəўлелениўин  тапқан. “Қобланды  батыр”, “Ертарғын”, “Қамбар 

батыр”  усаған  халық  қаҳарманларының  басынан  өткенлерин 

жырлаған  шығармалар,  епшил  ҳəм  дана  Алдар  көсе  туўралы 

анекдотлар,  түрли  салт-дəстүр  қосықлары,  ертеклер  қазақ 

фольклорының негизин қураған. 

Қазақ  халық  аўызеки  дөретпелеринде  “Қыз  Жибек”, 

“Сулыўшаш”, “Қозы Көрпеш ҳəм Баян сулыў” сыяқлы муҳаббат-

лирикалық  дəстанлар  да  көплеп  ушырайды. “Қозы  Көрпеш  ҳəм 

Баян  сулыў”  дəстаны  айрықша  дыққатқа  ылайық  дəстан.  Бул 

дəстанның  сюжети  шығыс  əдебиятындағы  “Лəйли  ҳəм  Мəжнүн” 

дəстанының  мазмунына  жақын.  Бунда  да  кəмбағал  жигит  Қозы 

Көрпеш бир байдың қызы Баян сулыўды жақсы көреди. Бул еки 

жастың  бирин-бири  сүйиўине  сол  дəўирдеги  феодаллық  дүзим, 

ески  үрп-əдетлер  тосқынлық  қылады.  Байлық  ҳəм  кəмбағаллық 

ортасындағы 

қарама-қарсылықлар 

сүйискен 

жаслардың 

трагедиялы  набыт  болыўына  алып  келди.  Ышқы-муҳаббат 

ўақияларының  трагедиялы тамамланыўы “Қыз Жибек”, “Биржан 

ҳəм Сара”, “Сулыўшаш” дəстанларында да сүўретленеди. 

Қазақ  халық  аўызеки  дөретиўшилигинде  халық  ақынлары, 

жыраўлар үлкен роль ойнаған. Бухар жыраў, Нысанбай, Досхожа, 

Махамбет  Өтемисов,  Халилбай  Мəмбетов  сыяқлы  атақлы 

ақынлар  көп  шығармаларды  өзлери  де  шығарған.  Мəселен 

Махамбет  Өтемисовтың  “Ийсатай  Тайманов”  дəстанында  халық 

көтерилисшилериниң  баслығы,  азатлық  ҳəм  еркинлик  ушын 



71 

 

гүресте  қаҳарманларша  набыт  болған  Таймановтың  образы 



сүўретленген. 

Қазақ  халқында  ақын  жыршылардың  бир-бири  менен 

айтысыўы жарысларға айланған. Əне сол айтысыўларда олардың 

таланты, шабыты, шеберлиги анықланады. Атақлы ақын “Биржан 

Сал менен ақын қызлардан Сараның” айтысыўы ямаса “Сүйинбай 

бақсы  менен  Күнекейдиң  айтысыўлары”  халық  арасында  кең 

тарқалған.  Бул  айтысыўлар  ҳешқандай  таярлықсыз  экспромт 

түринде,  бирден  яддан  шығарыў  тəризинде  өткерилетуғын 

болған.  Бақсылар  қанша  тез  ҳəм  қызық  қылып  өлең  шығарса 

соған қарап баҳа берилген. 

Өзиниң жүдə жақсы жыршылық шеберлигинен аты шыққан 

ақынлардың бири Жамбыл Жабаев болды. Ол атақлы Сүйинбай 

бақсының  шəкирти  болған.  Ол  аўызеки  шығармашылық 

үлгилериниң  көбин  ядтан  айтып,  соның  менен  бирге  өзи  де  көп 

шығармалар 

шығарған. 

Оның 

“Кəмбағалдың 



соры”, 

“Шолтабайға”, “Мырзабек 

болысының 

баслығына”, 

“Қəдирбайдың  ийти”  деп  аталған  шығармалары  халық  арасында 

белгили болған. 

Қазақ халқының сол бай аўызеки дөртиўшилиги оның жазба 

əдебиятының  қəлиплесиўине  үлкен  тəсир  жасады.  Қазақ 

классикалық  əдебиятының  негизин  салыўшылары  Шоқан 

?əлиханов, 

Ибрай 

Алтынсарин, 



Абай 

Қунанбаевлардың 

дөретиўшилиги  қазақ  халқының  аўызеки  дөретиўшилиги  менен 

жазба əдебиятының ортасындағы көпир ўазыйпасын атқарды. Бул 

шайырлар  бир  тəрептен  атақлы  ақын  болған,  екинши  тəрептен 

уллы ағартыўшылар, халыққа билим таратыўшылар болды. Олар 

демократиялық 

бағдардағы 

қазақ 

əдебиятының 



негизин 

салыўшылар  еди.  ХЫХ  əсирдиң  басларында  қазақ  далаларының 

бир бөлегиниң Россияға қосып алыныўы нəтийжесинде халықтың 

турмысында 

аса 

маңызлы 


өзгерислер 

пайда 


болды. 

Прогрессивлик  көзқарастағы  ой-пикирлерге  ийе  болған  рус 

интеллигенциясының  тəсири  нəтийжесинде  жергиликли  қазақ 

интеллигентлери  де  қəлиплесе  баслады.  Солардың  бири  Шоқан 



?əлийханов  болды.  Ол  əдеўир  оқымыслы,  ағартыўышылық 

тəрептары  болған  адам  еди.  Қазақстан  ҳəм  Шығыс  Түркстан-

Қашғар  ўəлаяты  бойынша  уйымластырылған  көпшилик  илимий 

экспедицияларға  қатнасып,  олар  туўралы  көплеп  илимий 

мақалалар  жазған.  Соның  менен  бирге  ол  публицист  жазыўшы 

сыпатында  да  көп  шығармалар  жазып,  қазақ  прозасының 

қəлиплесиўине  үлкен  үлес  қосады.  Шоқан  ?əлийханов  халық 

аўызеки  дөретиўшилигиниң  үлгилерин  жазып  алыўға  кирискен 

биринши алым болды. Ол “Манас” эпосынан көп үзиндилерди де 

бириншилер қатарында жазып алды. 



72 

 

Қазақ ағартыўшыларынан Ибрай Алтынсарин өзиниң барлық 



хызметин  оқытыўшыққа  арнады.  Ол  балаларды  жаңа  усылдағы 

мектеплерде  оқытыўды  усынды.  Ол  балалар  ушын  əдебият 

сабақлығын  жазды,  бул  сабақлықта  қазақ  фольклорынан,  рус 

əдебиятынан үлгилер келтирилген еди. Ол “Кел балалар, оқыйық” 

деген  өлеңинде  саўатлы  болмай  турып,  дүньяны  билиў  мүмкин 

емеслигин  жайдары  қылып  түсиндирди.  Ол  көп  ғана  реалистлик 

əңгимелер  де  жазды.  Бул  əңгимелерде  мийнетти,  ақыл-билим 

күшине  исениў  ҳəм  гуманистлик  идеяларды  биринши  орынға 

қойған  еди.  Мəселен, “Қыпшақ  Сайытқул”  деп  аталған 

гүрриңинде  пəмли,  парасатлы , ақыллы  балалар  туўралы  пикир 

жүритип оқыўшыларды олардан өрнек алыўға шақырады. 

Қазақ  классикалық  əдебиятының  тийкарын  салыўшы  Абай 



Қунанбаев  өз  дəўириниң  аты  шыққан  ағартыўшыларының  бири 

болды.  Ол  бай  адамның  үйинде  туўылып  кəмалға  келген.  Бир 

тəрептен  қазақ  халық  аўызеки  дөретиўшилигиниң  тəсиринде, 

екинши  тəрептен  рус  демократиялық  əдебиятының  тəсиринде 

қəлиплесип,  ағартыўшы  ҳəм  көркем  сөз  дөретиўшиси  болып 

жетилисти.  Абайдың  лирикалық  қосықлары  түрли  темаларға 

арналған. Оның өлеңлериниң көпшилигин илим-өнер үйрениўге, 

саўатлы  болыўға  шақырған  ағартыўышылық  руўҳындағы 

шығармалары  қурайды.  Буған  мысал  иретинде  төмендеги 

қатарларды келтириўге болады 

           Жаслықта илим бар деп ескермедим, 

           Пайдасын биле тура тексермедим, 

           Ер жеткенде енбеди уўысыма, 

           Қолымды мезгилинен кеш сермедим. 

Абайдың  муҳаббат  жөниндеги  лирикасы  да  шын  кеўиллик 

ҳəм  оқыўшыны  өзине  тартатуғын  түрде  жазылған.  Ол  халық 

қосығына  жақын,  дала  халқының  руўҳына  сай  жайдары  кейипке 

ийе. 


           Бердим сəлем қалемқас, 

           Саған қурбан мал ҳəм бас, 

           Сени ойлап күн-түни, 

           Ағар көзден қанлы жас. 

 

            Асыл адам айнымас



            Ышқы отына қайрылмас, 

            Көрсем де, көрмесем де, 

            Көңил оннан айрылмас. 

Абай  қазақ  поэзиясында  биринши  болып  реалистлик  поэма 

жанрын  алып  келди.  Оның  “Искендер  ҳəм  Масут”  деп  аталған 

поэмаларында  заманласларын  ойландырып  турған  көп  проблема 

ҳəм  мəселелерди  сөз  етеди.  Ол  əдеп-икрам,  минез-қулқ, 


73 

 

руўҳыйлық  ҳəм  ағартыўшылық-билим  туўралы  бирдейине  жаны 



ашып  өлеңлер  жазды.  Билимли  заманға  қалай  жетиў  жолларын 

изледи,  əдалатлы,  тəртипли  дүзим  жасайтуғын  жəмийетти 

аңсады. 

Абай  қазақ  прозасының  раўажланыўына  да  өзиниң  үлкен 

үлесин  қосты.  Оның  “Нəсият” (“Абайдың  қара  сөзлери”) 

шығармасы 

кишкене-кишкене 

дидактикалық 

əңгиме-

гүрриңлерден  турады.  Оларда  Абайдың  алдыңғы  қатарлы 



жəмийетлик-сиясий 

көз 


қараслары 

ҳəм 


философиялық 

бақлаўлары 

өзиниң 

көринислерин 



тапқан. 

Абайдың 


дөретиўшилигине рус əдебиятының тəсири үлкен болды. Шайыр 

Пушкинниң  “Евгений  Онегин”  романынан  айырым  бапларын 

қазақ  тилине  аўдарды.  Бул  қазақ  əдебиятында  шет  тилинен 

исленген  биринши  аўдарма  болды.  Абай  рус  империясының 

басып  алыўшылығын  қаралады  ҳəм  оған  қарсы  өзиниң 

шығармаларында ой-пикирлерин билдирди. 

Бирақ екинши тəрептен прогрессив Россия да бар екенлигин 

атап  көрсетип,  оннан  өрнек  алыў  қазақ  халқын  саўатсызлықтан, 

наданлықтан  қутқарады деп үгитледи. Соның менен бирге басқа 

еллердиң  де  турмыс  тəризинен  өрнек  алыўға  шақырды.  Түркий 

халықларының  ишинде  татар,  өзбеклерди  мəденият  ҳəм  билим 

жағынан  алдыңғы  қатардағы  халықлар  деп  билип  өзиниң 

қəўимлес елине үлги қылып көрсетти. 

Сондай  қылып,  қазақ  ағартыўшылары  Шоқан  Ўəлийханов, 

Ибрай  Алтынсарин  ҳəм  Абай  Қунанбаевлардың  дөретиўшилиги 

қазақ  жазба  əдебиятының  қəлиплесиўине  үлкен  үлес  болып 

қосылды. Бул жазба əдебият реалистлик көркем өнер бағдарында 

пайда 


болды 

ҳəм 


ХХ 

əсирдеги 

қазақ 

əдебиятының 



раўажланыўына фундамент болып хызмет етти. 

ХIХ  əсирдиң  ахырында,  ХХ  əсирдиң  басларында 

Қазақстанда  санаат  ҳəм  саўда  капиталының  раўажланыўы 

нəтийжесинде  жергиликли  буржуазия  қəлиплести.  Бул  жағдай 

əдебиятта  да  буржуазияның  идеясына  туўры  келетуғын 

шығармалардың пайда болыўына алып келди. Қазақстанда “Алаш 

орда” атлы уйымның ағзалары “Азат Қазақстан” мəмлекети ушын 

гүрес алып барды. Октябрь аўдарыспағы, гражданлар урысы, жер 

реформасы усаған өзгерислер, большевиклердиң ҳүкимет басына 

келип  жүргизген  сиясатлары  узақ  ўақытлар  даўамында  ХХ 

əсирдеги  қазақ  əдебиятының  негизги  темалары  болып  қалды. 

Бирақ  қазақтың  шайыр-жазыўшылары  бирдейине  əдалат  ушын, 

ҳақийқаттың  жеңип  шығыўы  ушын  шығармалар  жазыўдан 

шегинбейди.  ХХ  əсирдиң  басында  қазақ  əдебиятының 

раўажланыўына  жазыўшылардан  И.Көбеев,  С.Торайғыров, 


74 

 

С.Дөнентаев, И.Жансүгиров, С.Сайфуллинлердиң дөретиўшилиги 



үлкен үлес болып қосылды. 

Бул  дəўирде  поэзия  жетекши  жанр  болды,  онда  Ж.Жабаев, 

Тайыр  Жароқов,  Сəбит  Муқанов,  Абдилдə  Тəжибаев, “алий 

Ормановлардың  жазған  поэзиялық  шығармалары  үлкен  маңызға 

ийе болды.  

30-40-жылларға  келип  қазақ  əдебиятында  дəстан,  поэма 

дөретиўшиликтиң раўажланғанлығы көзге түседи. 

Сəбит  Муқановтың  “Ақ  айыў”, “Колхоз  аўылының  бир 

күни”,  Тайыр  Жароқовтың  “Полат  қуйыўшы”, “Ағым”,  “Шөлде 

орман  шуўлайды”,  Абдилдə  Тəжибаевтың  “Қурманғазы”, 

“Балалық”, “Жамбыл”  усаған  дəстанларында-поэмаларында  өз 

дəўириниң маңызлы мəселелери көркем анализленген. Булардың 

ишинде  А.Тəжибаевтың  “Жамбыл”  шығармасы  айырқша  күшли 

руўҳланыў  ҳəм  шеберлик  пенен  жазылған.  Бул  биографиялық 

шығармада  Жамбылдың  өмири,  ол  жасаған  дəўирдиң  ўақиялары 

менен  байланыстырып  берилген.  Жамбыл  сол  дəўирдеги  көп 

ўақияларды  өз  көзи  менен  көрген  адам.  Жамбыл  бирдейине  өз 

халқының  өркенлеп  гүллениўи  ушын  жаны  ашыған  көркем  сөз 

устасы  болды.  Ол  Россия  империясының    басқа  еллерди  басып 

алыўшылық 

сиясатын 

қаралады. 

Россия 

патшаларынан 



Романовлар  династиясының  үш  жүз  жыллығы  белгиленип 

байрамлап  атырған  пайытта,  Жамбылға    бул  ўақияға  арнап өлең 

жазыў  тапсырылған.  Ал  Жамбыл  бул  истен  тиксинетуғынын 

айтып  ол  усыныстан  бас  тартқан.  Соннан  кейин  полиция  оны 

қатты  жазалаған.  А.Тəжибаевтың  “Жамбыл”  шығармасында  сол 

ўақиялар үлкен шеберлик пенен сүўретленген. 

Урыс  дəўириндеги  ҳəм  урыстан  кейинги  дəўирдеги  қазақ 

əдебиятында  жаңа  талантлы  жазыўшылар  өсип  жетилисти.  Бул 

дəўирде,  негизинен,  поэзия  биринши  орында  турды.  Урыстан 

кейинги  жылларда  қазақ  əдебиятында  бирнеше  поэма-дəстанлар 

дөретилди.  Булардың  көпшилиги  ҳəзирги  заман  темаларында 

болып, 


заманласлардың 

образы 


сəўлелендирилген 

еди. 


Ж.Молдағалиевтың  “Муса  Жалил”  поэмасы  атақлы  татар 

шайырының  естелигине  бағышланған  болса,  Г.Қайырбековтың 

“Ибрай  Алтынсарин”  поэмасы  уллы  қазақтың  ағартыўшы 

шайырының өмирине арналған еди. 

Урыстан  кейинги  жылларда  қазақ  əдебиятында  проза 

жанрында  шығармалар  дөретиў  биринши  орынға  шықты.  Бул 

дəўирде  қазақтың  ири  прозаик  жазыўшылары  жетисип  шықты. 

И.Көбеев,  С.Муқанов, “.Мүсирепов, “.Мустапин  сыяқлы 

жазыўшылардың  дөретиўшилиги  буның  мысалы.  Сəбит 

Муқанов  өзиниң  дөретиўшилигин  өлең  жазыў  менен  баслаған 

болса да, кейин ол прозалық шығармалар да жаза баслады. Оның 



75 

 

“Темиртас”, “Ботакөз”, “Өмир мектеби” (“Мениң мектеплерим”), 



“Палўан  шолақ”  усаған  повесть  ҳəм  романлары  жүдə  кеңнен 

белгили  шығармалар  болды.  Жазыўшының  “Темиртас”  романы 

Қазақстандағы жер реформасы ўақияларына бағышланған. Бунда 

Сағындық,  Қозыбек,  Муратбек  ҳəм  Темиртас  усаған  образлар 

қазақ  аўылындағы  жаңа  турмыс  тəрептарлары  сыпатында 

сүўртленген.  Бирақ  бас  қаҳарман  шығармада  актив  қатнаспай, 

көбинше  бақлаўшы  сыпатында  сүўретленген.  Бул  шығарма 

жазыўшының  биринши  романы  болғаны  ушын  бир  қатар 

кемшиликлерге  жол  қойылған  еди.  Солардың  қатарында 

геройлардың  характерин  сүўретлеўде  избе-изликтиң  жоқлығы, 

роман  тили  турпайы  болғаны  усаған  кемшиликлер  орын  алған 

еди. 


Сəбит Муқановтың екинши романы “Ботакөз”, оны автор он 

бес  жыл  даўамында  жазды.  Онда  ə9əң-ə9ғ0-жыллардағы 

тарийхый  ўақиялар  сүўретленген  еди.  Биринши  дүнья  жүзилик 

урысы, Октябрь революциясы, гражданлар урысы жылларындағы 

тарийхый  ўақиялардың  сүўретлениўи  Асқар,  Ботакөз,  Темирбек, 

Кузнецов,  Булатов  образлары  арқалы  берилген.  Аўыл  қызы 

Ботакөз ҳəм мектеп муғаллими Асқар Досанов бул шығарманың 

бас геройлары. Булар Кулаков, Ийтбай, Кошкин сыяқлы унамсыз 

қаҳарманларға  қарсы  қойылады.  Шығарманың  ахырында  бул 

гүрес унамлы геройлардың жеңиси менен тамам болады. 

Сəбит  Муқановтың  дөретиўшилигинде  түрли  темаларға 

арналған шығармалар бар. Ол “Палўан шолақ” повестинде 1916-

жылғы  халық  көтерилсилерин  негизги  материал  қылып  алған. 

Көтерилисшилердиң  баслығы  Нурмағамбет  (Шолақ  палўан 

лақабы)  патша  ҳүкиметине  қарсы  гүрес  баслайды.  Бирақ 

жазыўшы  бул  қаҳарман  сыпатын,  образын  фольклорлық 

дəстанлардағы  батырларға  усатып  бергени  ушын  исенимсиз 

шыққан.  Бас  қаҳарман  ўақты  хошлықты,  ҳəзликти  жақсы 

көретуғын,  ертеңги  күнди  ойламайтуғын  адам  сыпатында 

оқыўшыда тəсир пайда етеди. 

Сəбит Муқановтың ең жақсы шығармаларының бири “Өмир 

мектеби”  романы.  Бул  автобиографиялық  роман  түринде 

жазылған  шығарма.  Романның  композициялық  қурылысы  да 

өзине  тəн  бир  дүзилиске  ийе  болып,  ол  кишкене-кишкене,  өз 

алдына  бөлек  əңгимелерден  турады.  Романға  негизги  материал 

қылып  ХХ  əсирдиң  басларындағы  қазақ  халқының  турмысы 

алынған. Падашы бала Сəбит, батрақ, жалланып жумыс ислеп күн 

көрген  Муқан,  Сəбиттиң  ағасы  Мустапа,  оқытыўшы  Моллағазы, 

“айбулла 

ақынлар 


шығарманың 

негизги 


образлары, 

қатнасыўшылары  болған.  С.Муқановтың  булардан  да  басқа 



76 

 

романлары,  мəселен, “Сыр-дəрья”, “Мөлдир  махабат”  усаған 



шығармалары көп. 

Атақлы қазақ жазыўшысы Мухтар Аўезов қазақ прозасында 

айрықша  орынға  ийе.  Оның  дөретиўшилиги  де  ХХ  əсирдиң 20-

жылларында  басланып,  дəслеп  драмалық  шығармалар  жазған. 

“Еңлик-Кебек”, “Қаракөз”, “Хан  Кене”  сыяқлы  пьесаларында 

жазыўшы қазақ халқының өмириниң маңызлы жүйелерин таңлап 

алған. Кейин Мухтар Аўезов “Түнги сарын”, “Абай” драмаларын 

жазып,  қазақ  драматургиясының  ҳəм  миллий  театрының 

раўажланыўына үлкен үлес қосты. Урыс дəўиринде ҳəм кейинги 

жылларда  Мухтар  Аўезов  “Сынаў  саатларында”, “Жалаңаш 

қылыш”, “Намыс  гвардиясы”, “Алма  бағында”  усаған  онлаған 

идеялық-көркемлик  жағынан  жетилискен  драмалық  шығармалар 

жазды.  М.Аўезов  прозаға  драматургия  арқалы  келди.  Оның 

“Излер”, “Бүркитли  аўшы”  сыяқлы  дəслепки  прозалық 

шығармалары да əдеўир сəтли шыққан шығармалар. 

Мухтар  Аўезов  төрт  китаптан  туратуғын  Абай  туўралы 

роман-эпопея  дөретти.  Бул  тек  қазақ  əдебиятында  емес,  бəлки 

пүткил  жер  жүзи  əдебиятыдағы  тарийхый-биографиялық 

романлардың  ең  жақсыларының  бири  есапланады.  Бул 

шығарманы  жазыў  барысында  жазыўшы  көп  тарийхый 

документлерди  көрип  шыққан.  Абайдың  аты  менен  байланыслы 

халық арасындағы əңгимелерди жыйнап үйренген. Дəслеп “Абай” 

деп  аталған  пьеса  жазды.  Абай  туўралы  көп  илимий-

публицистикалық  мақалалар  жариялады.  Кейин  “Абай”, “Абай 

жолы”  романлары  жазылды.  Абай  тарийхый-биографиялық 

роман.  Онда  бир  тəрептен  қазақ  ағартыўшысы  Абайдың  өмири 

сүўретленген  болса,  екинши  тəрептен  ХIХ  əсирдеги  қазақ 

халқының  жəмийетлик  турмысы,  сол  дəўирдеги  сиясий  дүзим, 

тарийхый  ўақиялдар  сүўретленген.  Шығармада  бир-бирине 

уқсамайтуғын, ҳəр қайсысы өз алдына бир қатлам ҳəм бир топар 

ўəкили  болған  образлар  берилген.  Абайдың  əкеси  Қунанбай, 

анасы Улжан, кемпир апасы Зере кемпир, ағасы Тəкежан, турмыс 

шериги-ҳаялы  Айгерим,  досты  Ербол,  адвокат  Андреев 

усағанлардың ҳəр бири өзине тəн характерлерге ийе. 

Қазақ  əдебиятының  ири  ўəкиллериниң  бири  “абиден 

Мустапинниң  “Қарағанды”  романы  да  үлкен  даңққа  ерискен 

шығармалардың  бири.  Бунда  қазақтың  рабочий  класының 

қəлиплесиўи ҳəм раўажланыўы көркем образларда исенимли етип 

сүўретленген.  Қарағандыда  көмир  кəниниң  ашылыўы  ол  жерде 

жасап атырған халықтың санасын, түсинигин өзгертип жибереди. 

Жаңа  қалалар  қурыла  баслайды.  Кешеги  қазақ  шопан 

жигитлериниң  алдыңғы  қатардағы  шахтер  болып  жетискени 

сүўретленген.  Жазыўшының  “Шығанақ  Берсиев”  романында 



77 

 

қазақ  интеллигенциясының  образы  жасалған,  ал  “Миллионер” 



романында Қазақстанда колхоз дүзиминиң орнатылыўы туўралы 

айтылады.  Бул  роман  өзбек  əдебиятындағы  жазыўшы  Айбектиң 

“Алтын  алаптың  шамаллары”  романын  еске  салады.  Ғабийден 

Мустапин  соңғы  жылларда  Қазақстандағы  гражданлық  урыс 

жылларында  болған  ўақияларды  сүўретлеўге  арналған  оның 

“Даўылдан  соң”  шығармасы  да  өз  ўақытында  жақсы  баҳаланған 

еди. 

Жазыўшы Ғабит Мүсрепов өзиниң “Қазақ солдаты” романы 



менен  жүдə  кеңнен  белгили  болды.  Бул  роман  рус  шайыры 

А.Твардовскийдиң  “Василий  Теркин”  шығармасына  уқсаған. 

Бунда  урыстан  алдыңғы  ҳəм  урыс  дəўириндеги  қазақ 

аўылларында  болып  өткен  ўақиялар,  фронттағы  қорқынышлы 

соқлығысыўлар  əпиўайы  қазақ  жигитиниң  өмирин  сүўретлеў 

процессинде  ашылып  барады. “Оянған  үлке”  романында 

Қазақстан  шөл-далаларының  қазылма  байлықларға  толы  екени 

ҳəм  бул  тараўдағы  өзгерислер  сүўретленген.  Солардың  изин  ала 

“Курляндия”, “Қан  менен  тер”  романларының  авторы 

Əбдижəмил  Нурпейисов  та  қазақ  əдебиятының  прозасына  үлес 

қосқан жазыўшы. 

Сондай-ақ,  қазақ  əдебиятының  өркенлеўинде  орынлары  бар 

Олжас  Сүлейменов,  Мухтар  Шаханов,  Ж.Молдағалиевлер  де 

қазақтың  көркем  сөзине  өзлериниң  ҳəр  түрли  жанрдағы 

шығармалары менен үлеслерин қосты. 

 

Сораўлар ҳəм тапсырмалар: 

1. Қазақтың халық аўызеки əдебиятының үлгилери. 

2. “Қозы Көрпеш-Баян сулыў” дəстаны. 

3.Қазақ жазба əдебиятының қəлиплесиўи. 

4. Ағартыўшылық əдебиятының ўəкиллери. 

5.ХХ  əсирдиң 20-жылларындағы  қазақ  əдебиятындағы  ҳəр 

түрли бағдарлар. 

6.Қазақ 


прозасының 

раўажланыўындағы 

С.Муқанов, 

М.Аўезовлардың роли. 

7. Қазақ əдебиятындағы тарийхый темалар. 

8. Соңғы жыллардағы қазақ əдебияты. 




Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет