Збекстан республикасы



Pdf көрінісі
бет36/44
Дата13.08.2023
өлшемі371,64 Kb.
#105226
түріСтатья
1   ...   32   33   34   35   36   37   38   39   ...   44
 


43 
132-статья.
Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды нызам шығарыўшы 
ҳәм атқарыўшы ҳәкимият ҳүжжетлериниң Конституцияға муўапықлығы 
ҳаққындағы ислерди көреди. 
Конституциялық суд Өзбекстан Республикасы Президентиниң 
усынысына тийкар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты 
тәрепинен Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси усыныс еткен 
сиясат ҳәм ҳуқық тараўындағы қәнигелер арасынан, Қарақалпақстан 
Республикасы ўәкилин қосқан ҳалда сайланады.
Конституциялық судтың судьялары қайта сайланыўы ҳуқықысыз
он жыллық мүддетке сайланады. 
Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды өзиниң қурамынан 
Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының баслығын ҳәм оның 
орынбасарын бес жыллық мүддетке сайлайды.
133-статья.
Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды: 
1) Өзбекстан 
Республикасы 
нызамларының 
ҳәм 
Өзбекстан 
Республикасы Олий Мажлиси палаталары қарарларының, Өзбекстан 
Республикасы Президенти пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлериниң, 
ҳүкимет қарарлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары 
шешимлериниң, 
Өзбекстан 
Республикасы 
мәмлекетлераралық 
шәртнамалық ҳәм басқа миннетлемелериниң Өзбекстан Республикасының 
Конституциясына муўапықлығын анықлайды; 
2) Өзбекстан Республикасының Президенти тәрепинен қол қойылғанға 
шекем – Өзбекстан Республикасы конституциялық нызамларының, 
ратификациялаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы нызамлары 
Өзбекстан Республикасының Президенти тәрепинен қол қойылғанға
шекем – Өзбекстан Республикасы халықаралық шәртнамалардың Өзбекстан 
Республикасы Конституциясына муўапықлығын анықлайды; 
3) референдумға шығарылып атырған мәселелердиң Өзбекстан 
Республикасы Конституциясына муўапықлығы ҳаққында жуўмақ береди; 
4) Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының Өзбекстан 
Республикасының Конституциясына, Қарақалпақстан Республикасы 
нызамларының Өзбекстан Республикасының нызамларына муўапықлығы 
ҳаққында жуўмақ береди; 
5) Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм нызамлары 
нормаларына түсиник береди; 
6) Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының белгили исте 
қолланылыўы лазым болған нормативлик ҳуқықый актлердиң Өзбекстан 
Республикасының Конституциясына муўапықлығы ҳаққында судлар 
басламасы менен киргизилген мүрәжатын көрип шығады; 
7) конституциялық 
судлаў 
ислерин 
жүритиў 
әмелиятын 
улыўмаластырыў 
нәтийжелери 
бойынша 
ҳәр 
жылы 
Өзбекстан 
Республикасы Олий Мажлиси палаталарына ҳәм Өзбекстан Республикасы 


44 
Президентине мәмлекеттеги конституциялық нызамлылықтың жағдайы 
ҳаққында мәлимлеме усынады; 
8) Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм нызамлары 
менен берилген ўәкиллиги шеңберинде басқа ислерди көрип шығады. 
Пуқаралар ҳәм юридикалық шахслар, егер суд арқалы қорғаўдың 
басқа барлық қуралларынан пайдаланып болынған болса, судтта көрип 
шығылыўы тамамланған белгили исте суд тәрепинен өзине қарата 
қолланылған нызамның Конституцияға муўапықлығы ҳаққындағы шағым 
менен Өзбекстан Республикасы Конституциялық судына мүрәжат етиўге 
ҳақылы. 
Конституциялық судтың шешими рәсмий жәрияланған күннен баслап 
күшке киреди. 
Конституциялық судтың шешими ақырғы ҳәм оның үстинен шағым 
етилиўи мүмкин емес. 
Конституциялық судты шөлкемлестириў ҳәм оның жумыс тәртиби 
нызам менен белгиленеди. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   32   33   34   35   36   37   38   39   ...   44




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет