3
Өзбекстан Республикасы өзиниң аймағында жасаўшы миллет ҳәм
халықлардың тиллери, үрп-әдетлери ҳәм дәстүрлериниң ҳүрмет етилиўин
тәмийинлейди, олардың раўажланыўы ушын шараят жаратады.
5-статья.
Өзбекстан Республикасы нызам менен
тастыйықланатуғын өзиниң
мәмлекетлик нышанлары — байрағы, герби ҳәм гимнине ийе.
Мәмлекетлик нышанлар мәмлекет қорғаўында болады.
6-статья.
Өзбекстан Республикасының пайтахты – Ташкент қаласы.
II бап. Халық ҳәкимияты
7-статья.
Халық мәмлекетлик ҳәкимияттың
бирден-бир дәреги болып
табылады.
Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик ҳәкимият халық мәплерин
гөзлеп
ҳәм
Өзбекстан
Республикасы
Конституциясы
ҳәм
де оның тийкарында қабыл етилген нызамлар ўәкиллик
берген уйымлар
тәрепинен ғана әмелге асырылады.
Конституцияда нәзерде тутылмаған тәртипте мәмлекетлик ҳәкимият
ўәқилликлерин өзлестириў, ҳәкимият уйымлары жумысын тоқтатып қойыў
ямаса сапластырыў, ҳәкимияттың жаңа ҳәм параллель дүзилислерин дүзиў
Конституцияға қарсы болып табылады ҳәм нызамға муўапық
жуўапкершиликке тартыўға тийкар болады.
Достарыңызбен бөлісу: