39
XXI бап. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият тийкарлары.
Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары
120-статья.
Ўәлаятлар, районлар ҳәм қалаларда (районға бойсынатуғын
қалалардан тысқары) халық депутатлары Кеңеслери мәмлекетлик ҳәкимият
ўәкиллик уйымлары болып табылады.
Халық депутатлары Кеңесине оның депутатлары
арасынан нызамға
муўапық сайланатуғын баслық басшылық етеди.
Ўәлаят, район, қала ҳәкими лаўазымын ийелеп турған шахс
бир ўақыттың өзинде халық депутатлары Кеңесиниң баслығы лаўазымын
ийелеўи мүмкин емес.
Халық депутатлары Кеңеслериниң ўәкиллик мүддети – бес жыл. Әйне
бир шахс қатарына еки мүддеттен артық әйне бир ўәлаят, район, қала
халық
депутатлары Кеңеслериниң баслығы етип сайланыўы мүмкин емес.
Халық депутатлары Кеңеслери депутатлары сайлаўы ҳәм халық
депутатлары Кеңеслериниң жумысларын шөлкемлестириў тәртиби нызам
менен белгиленеди.
Жаңадан шөлкемлестирилген ҳәкимшилик-аймақлық бирликлерде
халық депутатлары Кеңеслерине сайлаў халық депутатлары Кеңеслерине
нәўбеттеги улыўма сайлаўларға шекем қалған дәўирден аспайтуғын
мүддетке өткериледи.
121-статья.
Тийисли аймақтағы атқарыўшы ҳәкимиятқа ўәлаят, район ҳәм қала
ҳәкими басшылық етеди.
Ҳәкимлердиң ўәкиллик мүддети – бес жыл. Әйне бир шахс қатарына
еки мүддеттен артық әйне бир ўәлаят, район, қаланың ҳәкими етип
тайынланыўы мүмкин емес.
Ҳәкимлердиң жумысларын шөлкемлестириў
тәртиби нызам менен
белгиленеди.
122-статья.
Халық депутатлары Кеңеслериниң ўәкилликлери төмендегилерден
ибарат:
1) тийисли жергиликли бюджетлерди көрип шығыў ҳәм қабыллаў,
олардың орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў;
2) аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықты
социаллық қорғаў бағдарламаларын тастыйықлаў;
3) ҳәкимди лаўазымға тастыйықлаў, оның жумыслары ҳаққындағы
есабатларды тыңлаў;
4) усы Конституцияда ҳәм нызамларда
нәзерде тутылған басқа да
ўәкилликлерди әмелге асырыў.
Достарыңызбен бөлісу: