ҚОҢЫРАТ
(Қоңырат намасына)
Мәрўерт суўлы Алтын көлдиң ҳаўасы
Ҳәр бир дәртке дәрман екен, Қоңырат.
Қарақалпақта қалалардың ағасы,
Көрмегенге әрман екен Қоңырат.
Келеди, келеди, поезд келеди,
22
Келген сайын қуўанышқа бөледи.
Ески тарийх ерте туўған ел едиң,
Қайтадан жаңарып күлдин, Қоңырат.
Теңизден ушқан ғаз көлиңди жайлар,
Үстирт кийиклери шөлиңди жайлар,
Койныңда өндирис қазаны қайнар,
Жериң әрўанадай ийер, Қоңырат.
Жиңишкениң бойында жаңа қонысың,
Нәўше ақ терегиң бултты шолысын.
Бозларың бузаўлап, ортаң толысын,
Исиң раўаж алып барар, Қоңырат.
Өтер, кәрўан-кәрўан поездлар өтер,
Өткен сайын сени гүллентип кетер.
Сонда сен жасарып буннан да бетер,
Ҳаўазың әлемди тутар, Қоңырат.
1959-жыл.
ГРАДУСНИК ҲАҚҚЫНДА БАЛЛАДА
4
(болған ҳәдийсе)
Тазе пәлек арасынан,
Үзген секерпарасы бар,
Бир ғарры келипти бүгин
Аўыл докторханасына.
- Қаўының не?
- Кимге әкелдиң? —
Десек үндемейди ол дым,
4
"Жас Ленинши" газетасының материалы бойынша жазылды.
И.Ю.
23
Турыпты тек күлимсиреп,
Ортасында коридордың.
Таңырқатып аўырыўларды,
Ҳәр есикке бир-бир барды.
Аңлыйды ҳәм кирип-шыққан
Ақ халатлы арыўларды.
Бул жүристе оны көрсең,
“Мына ғарры мәс-пе?” дерсең.
Бирақ ҳәзир ол туўралы
Бир әпсана еситерсең:
... Ғарры байғус, сөйтип бирден,
Ҳеш бир ойламаған жерден
Қаўын қоста мурттай ушып,
Аўырды да, қысылды дем.
Ийегине илинди жан.
Өткен жылы қайтыс болған,
Кемпири де түсине енип,
“Бейишке кел” деди оған.
Қарақанлық пенен солай,
Таң да атты көз жумылмай,
Еплеп ешегине минип,
Кетти “духтуржайға” қарай.
— “Аўырмаған киси аўырса,
Әжел оған бермес пурса”
Дейди ғой журт. Не илаж бар,
Егер дем таўсылып турса?
Сонда да мен айтсам шынын,
Қызығы бул ялғаншының
Көп пе деймен ... — деди ғарры,
24
Қәддин тиклеп, бузбай сынын.
Аққуў қустай айдын көлде,
Медсестра оған келди.
— Ата, хабар бергениңде
Жиберер едик тез жәрдемди.
Емлеймиз, қайғырма ҳаслан, —
Деп қол суғып жағасынан,
Сүйрик саўсақлары менен
Градусник қойды оған...
Енди тамашасын қара:
Бир заманнан медсестра
Таба алмай сол ғаррыны,
Зер-зебил болды бийшара...
Мине бүгин ғарры тәндар,
Қолтығында қаўыны бар,
Келип тур сол сестраға,
Дейди: — Қызым, бол бахтияр.
Силкип көрип алдың, қызым,
Қолтығыма салдың, қызым,
Сол кетистен үйге барып,
Терлеп уйықлап қалдым, қызым.
Сумлық екен мына дәриң,
Аўырыўдың қылды кәрин.
Баяғы Луқман тәўиптиң
Қызы емесписең, жаным? —
Деп ғарры күтә абайлап,
Шаршысына қойған байлап
Градусникти шешип алып,
Қайтып берди жузи жайнап.
25
Берди ҳәмде қаўынды да.
— Же, қызым, мазалы жүдә.
Раҳмет духтурларға,
Дәртке даўа тапқан мудам.
1960-жыл.
Достарыңызбен бөлісу: |