Ибрайым юсупов



Pdf көрінісі
бет4/28
Дата08.03.2023
өлшемі0,8 Mb.
#72537
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   28
ФЕСТИВАЛЬ ҚОСЫҒЫ 
Басланады көлде сайран,
Қуслар келсе Аралға.
Кел сүйиклим, болма ҳайран,
Кел жаным, карнавальға. 
Шадлы қосық шарлап алға,
Күш косады бойыңа.
Келиң жаслар фестивальға,
Келиң жаслық тойына. 
Бал-маскарад қызған гезде
Нықабыңды кий, гөззал.
Кеўлиң менен байқап сез де,
Өз ярыңды танып ал. 
Шадлы қосық шарлап алға,
Күш қосады бойыңа.
Келиң жаслар, фестивальға,
Келиң жаслық тойына. 
1960-жыл.
ӘМУДӘРЬЯНЫҢ ҚЫЗЛАРЫ 
(Хорезмше мотив) 
Иске шебер, сөзге шешен,
Айдан арыўдур жүзлери.
Мен айтайын, "бул ким" десең,
Әмудәрьяның қызлары,
Бәлент көктиң жулдызлары. 
Кийгенлери хан атластан,


14 
Жүрген жери бағы-бостан.
Халық исине садық жастан
Әмудәрьяның қызлары,
Бәлент көктиң жулдызлары. 
Минген аты полат тулпар,
Жаңалыққа жаны инкар.
Техникаға шын қарыйдар
Әмудәрьяның қызлары,
Бәлент көктиң жулдызлары. 
Сапластырып қол мийнетин,
Машинаға бурмақ бетин.
Мол-көл етпек ел дәўлетин
Әмудәрьяның қызлары
Бәлент көктиң жулдызлары. 
Таў басында ойнар жәйран,
Жүзин көрип болдым ҳайран
Москваға даңқын жайған
Әмудәрьяның қызлары,
Бәлент көктиң жулдызлары. 
Мийнет каҳарманы Айым,
Жумыр таўдур өскен жайы.
Қарақалпақтың Турсынайы —
Әмудәрьяның қызлары,
Бәлент көктиң жулдызлары. 
Бағ рәўшан жүрген жери,
Ҳасыл алтын тергенлери.
Жулдыздай көп орденлери
Әмудәрьяның қызлары,
Бәлент көктиң жулдызлары. 
Қызлардын сәрдары Айым,


15 
Ышқында шәйда Ибрайым.
Аман болғайсыз илайым,
Әмудәрьяның қызлары,
Бәлент көктиң жулдызлары. 
Март, 1960-жыл. Әмудәрья.


Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   28




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет