Ибрайым юсупов


ПАХТА—БИЗИҢ ОЙЫМЫЗДЫҢ БАСЫ



Pdf көрінісі
бет5/28
Дата08.03.2023
өлшемі0,8 Mb.
#72537
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   28
Байланысты:
Ibrayim Yusupov. Jeti asirim (1962)

ПАХТА—БИЗИҢ ОЙЫМЫЗДЫҢ БАСЫ
2
Сизлер, пахтакешлер, қарапайым халық,
Әжайып адамсызлар ҳәр қәдеми даңқ.
Сиз еккен шигиттен дүнья кийинер,
(Пахтадан еки жүз түрли зат өнер).
Пахта—турмыс көрки, бахыт, қуўаныш,
Пахта—халқымызға миллий мақтаныш.
Пахта—ел ырысқысы, ақ алтын таўы,
Өмир келин болса, пахта—жасаўы.
Сизлер соның ушын шын жүреклерден,
Болсын деп ўатанға күш, зийнет, жәрдем,
Сая излеместен саратанларда,
Қолды үплеместен жамғырда, қарда,
Жерди әрўанадай ийдиресизлер,
Күнге алтын таўын сүйдиресизлер.
Сонлықтан пахтаның ҳәр қанасынан
Мийнетиңиздиң нуры көринер мудам;
Сонлықтан елимиздиң ҳәмме жери де,
Урал,Чиатура кәншилери де,
Қара алтыншылар Донбасс, Кузбасстан, 
Жалынлы жасларымыз жаңа жер ашқан,
Арктика ашыўшы мәрт адамлар да,
Жер жолдасын тапқан илимпазлар да,
Адамлар таўларда, жерде, теңизде,
Бәри-бәри алғыс айтады сизге. 
2
Бул қосық пахтакешлердиң 1958-жылы Москвада болған Пүткил 
союзлық қуралтайына қутлықлаў хат сыпатында жазылған еди. 
И.Ю. 


16 
Сәлем, өзбек аға, өрнекли аға,
Сен белли дийхансаң пүткил дүньяға.
Буннан үш мың жылдай илгери ўақта
Хорезм жеринде егилген пахта.
Гүл, бүлбил мәканы дейди елиңди,
Пахтаның ўатаны дейди жериңди,
Бул ел қайта туўған арыў Шығыста
Шамшырақ лақабын жайды тум-тусқа.
Ышқы намасы бар тилинде мудам,
Бәҳәр мәкан басқан жеринде мудам.
Бул жер, еңбек етсең зурәәттиң кәни,
Өзбек палаўына тойдырар сени.
Өзбек, ол —пахтаның агрономы,
Ҳәр басқан қәдеми тәжирийбе томы.
Бир қырманға төксең өзбек пахтасын,
Чатқал таўларына келгендей басым.
Мол зүрәәт ошағы гөззал Ферғана,
Бир қамтым онда ҳәр ашылған хана.
Қус ушса қанаты күйген Мырзашөл
Ҳәзир ақ алтынды береди мол-көл.
Шийрин жемиске бай өзбектиң бағы,
Шәҳәрге айланған өзбек қышлағы.
Татлы тағам толы ҳәр бир дастурхан,
Өзине "Победа" алған ҳәр дийхан,
Жипек кийген ғарры, атлас кийген қыз,
Ҳәмрақул төсинде жанған үш жулдыз,
Қос-қос гилем тутып сазланған үйлер,
Бәри пахтакештиң бахтынан сөйлер. 
Ўахш ҳәм Ҳиссәрда жүрген каҳарман,
Сәлем тәжик аға, иниңнен саған.
Памир таўларында шарқ урған суңқар
Бәлент абырайыңнан бергендей хабар.
Тәжик дийханлары—жер маманлары, 
Таза усыллардың мәрт сықшылары.


17 
Тарийхнамасына пахташылықтың
Талай-талай даңқлы бет қосып шықтың.
Елсең Фирдаўсийдай шайырды туўған,
Асқар таў суўлары жериңди жуўған.
Сенде Рудакийдиң даналығы бар,
Шадлық сазын шалсын қолыңдағы тар. 
Сәлем, қардаш түркмен пахтакешлери!
Күнге жақын дейди түркменниң жери.
Қуяш қаншелли көп нур тексе сизге,
Пахтаны сонша көп тересиз гүзде.
Көркиңизди жайса гөззал гилемлер,
Даңқыңызды жаяр пахтакеш ерлер.
Жиңишке талшықлы мургаб пахтасы
Дүньяда пахтаның ең барған басы.
Копетдағдай бийик саўлатыңыз бар,
Қарақум шегинер ғайратыңыз бар.
Дана Мактымқулы әўладысаң сен,
Саў бол, күн перзенти-туўысқан түркмен 
Сәлем, ақ қалпақлы азамат қырғыз,
Асқар Алатаўдың жас қыранысыз.
Раҳмет "қанткөпир" қызылшаң ушын
Есапсыз малларың ҳәм пахтаң ушын.
Таўларың кәнге бай, сайларың жасыл,
Чудың топырағындай жер барма ҳасыл!
Сол ҳасыл жерлерде мол болсын пахта,
Өмириң қанттай болсын бәрҳама ўақта. 
Сәлем, инабатлы ер қазақ достым!
Пахташылыққа да сен үлес қостың.
Далаңды қаплаған сүриў-сүриў мал,
Жегениң бал-қаймақ, жая менен жал.
Қарағандыңда көп өндирис наны,
Таўларың темирдиң айтыўлы кәни.
Сентябрь пленумы сениң далаңа


18 
Жаңа толқын берди, күш берди жаңа.
Енди бул даладан жыл сайын, әне,
Ағар миллиард пудлар ел телегине. 
Бағың Алма-атадай алмалы болғай,
Далаң ырғалған ак буўдайға толғай. 
Сәлем Азербайжан —азамат хәзәр
3
Сурейядай сулыў қызларыңыз бар.
Пахтаның пәрўазлы даңқ—атағын сиз
Кавказ таўларына алып миндиңиз.
Бакудиң мунайы—өмирдиң кәни,
Таңлайда татыйды Каспий сазаны.
Мийнеттен ҳәз таўып сиз ҳәр бириңиз,
Маҳмуд Эйвазовтын жасын көриңиз! 
Әрмен пахтакеши, сәлем қабыл ал!
Шийрин жамалыңдай жериң бар гөззал.
Ол жерди әрменше Аястан дейди,
Арарат етеги бир бостан дейди.
Таўларда бағ өсер, мақбалдай денер,
Дослық шигитлери бунда да өнер.
Бәлки, келешекте әрмен дийханы,
Жүзимнен аз екпес еле пахтаны. 
* * * 
Сизлер, кең Ўатанның пахтакешлери,
Төске жулдыз таққан мийнет ерлери,
Сәлем ҳәммеңизге дослық, кеўилден,
Шадлы Қарақалпақ—пахтакеш елден.
Сәлем иниңизден, кәсиплес халықтан,
Дослық дәрьясынан тасқынлап аққан. 
3
ҳәзәр – азербайжан. 


19 
Шийрин сөзли шайырлардың елинен,
Гөззал Хорезмниң ҳасыл жеринен;
Қыз кеткен, Кегейли жағаларынан;
Пахта, жоңышқаға бай далаларынан;
Үстирт, Шақаманның кең жайлаўынан;
Балықлы Аралдан, Қара таўымнан;
Инабатлы сөзден, қанаатлы саздан. 
Туўысқанлық жүрек төринен жазған
Жайнаған жалынлы сәлемимизди
Жоллаймыз, досларым, қутлықлап сизди. 
Анамыз уллы Русь турған басында
Азат халықлардың семьясында
Қарақалпақлар да кең адым менен
Коммунизмге қарай өрлеген.
Минип бурқып аққан Әму бойына
Көз салсаң бул жердиң қыр ҳәм ойына,
Қуўанышлы турмыс алдыңда жайнап,
Асаў толқынлардай жатар масайрап.
Жер танытыў миннет келген қонаққа,
Кел ҳүрметли мийман, мин арғымаққа,
Қәле машина мин, пароход, қайық...
Саған жеримизди аралатайық.
Нөкис—бул үлкениң соққан жүреги,
Москва оған күш —дәрман береди.
Бул жерден жуўырса айнадай тас жол,
Мыңлаған аўылды тутастырар ол.
Миллион жап-салмалар Әмудәрьядан
Алып келсе жердиң тамырына қан,
Бул жолдың мың-миллион соқпақ, гүзары
Анамыз Москвадан басланар бәри.
Бул соқпақлар сиңер теңиз, таўларға,
Шексиз пахталыққа, көк жайлаўларға;
Миймандос үйлерге киргизер сени;
Бағлар үсти менен жүргизер сени;
Бул соқпақлар менен қанша жүрсең де, 


20 
Әжайып дос-яран көбейер сенде.
* * * 
Пахта —бәлент абырай, жақсы атымыз,
Пахта—суңқар болсақ, қос қанатымыз,—
Пахта—телегимиз толып турған дән,
Пахта—аппақ майға қайнаған қазан.
Пахта—бизиң сүрер ҳәз дәўранымыз,
Пахта—тойда шарап, үйде нанымыз.
"Пахта байрамы" дер тойымыздың басын,
Пахтадан баслаймыз ойымыздың басын. 
Сөйлесек тилимизден түспес пахта ҳеш,
Бизде адамлардың бәри пахтакеш;
Елимиз көп пахта алыўы ушын,
Рабочийларда жумсайды күшин.
Айтар шарўалар да "пахтакешбиз" деп,
"Мийнетте, абырайда шериклеспиз" деп.
Ҳәр бир муғәллимниң блокнотынан
Пахта сводкасы табылар мудам.
Оқыўшы бос ўақтын жумсар пахтаға,
Ақ алтын молайса, ол да мақтанар.
Бизиң студентлер, —жалынлы жаслар,
Билимнен кем сүймес пахтаны ҳаслан.
Олар ата-анаға жәрдем бергенде,
Зуўлап комбайндай пахта тергенде,
Аўылымыздың даңқлы жигит-қызлары
Шын муҳәббет пенен сүйсинер бәри.
Пахта —шайыр ушын қосықтын басы,
Пахта—артистлердин йошлы намасы.
Өмир лифасының атласы—пахта,
Барлық егинлердиң патшасы — пахта. 
Сизге, пахтакешлер, ел раҳмети,
Миллион жүреклердиң алғыс, ҳүрмети.
Пахта ушын сизлер қыздырған гүрес,


21 
Тынышлық исине ылайықлы үлес.
От пенен ойнаўшы урысқумарларға
Соққы болып тийер исиңиз бәрҳа.
Биз пахтакеш халықлар азат Шығыста
Жасаймыз абадан, шадлы турмыста.
Ҳасыл жер, шалқар суў бизиң мүлкимиз,
Ҳәр ашылған ғоза - жүзде күлкимиз.
Ҳәр тутылған наўқан әлҳасыл шайы,
Ҳәр туўылған хамар—өмир шырайы.
Бағымызда пискен ҳәр солқым жүзим
Шийринлигин сөйлер өмиримиздиң.
Бул ушын Ленинге биз миннетдармыз,
Партия шақырса, сол жерде бармыз.
Партия жолбасшымыз, қәдирдан, жолдас,
Ақыл, —намысымыз, нурланған қуяш.
Бултлар сая салмас жақтымыз ушын,
Еркимиз, мәңгилик бахтымыз ушын, 
Бизди рухландырған жеңиске, иске,
Мың-мың раҳмет КПССке.
Даңқ сизге, туўыскан пахтакеш дослар,
Тассын бойыңызда жаңадан йошлар.
Пахтаңыздан тоқылған гезлемелердиң
Шексиз ленталары бул уллы жердиң—
Дослық белбеўиндей бирнеще орап,
Тынышлық сүренин барсын жариялап. 
1958-жыл.


Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   28




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет