Жеңил санаат Жобасы: Кирисиў Жеңил санаат тараўларының дуния жузи бойынша бөлистирилиўи. Жеңил санаат тараўының тараўлық структурасы. Тоқымашылық ҳәм тигиўшилик санаат карханаларының ислеў принцплери



бет2/4
Дата21.12.2023
өлшемі31,84 Kb.
#142266
1   2   3   4
Жунди қайта ислеў. Жунди қайта ислеу ең алды менен жун жуўыў карханаларында әмелге асырылады.Карханаға алып келинген жун ең алды менен тазаланады,соң содалы суўда жуўылады. Жуўылған жун жайылып кептиридгеннен кейин жыйналып жун гезлемелерди тоқыйтуғын фабрикаларға жибериледи. Жуннен гезлеме тоқыў тийкарынан пахтадан гезлеме тоқыўға уқсас болып келеди.Тоқылып атырған гезлемеде ислетилип атырған жунниң 30%ин жасалма жунлер қурайды. Жун жуўыў карханалары тийкарынан санааты төмен раўажланған районларда жайласқан.
Жип гезлеме санааты Пахтадан бирлемши қайта ислеў орнына оның талшығы заводларда әмелге асырылады. Буның ушын пахта ең әўели ҳәр қыйлы шығындылардан тазаланады. Кейин оның талшығы шигиттен ажыратылады. Соң пахта талшығының аўырлығы 20-250 кг таярланады ҳәм талапшыларға жибериледи. Пахтаны шигиттен ажыратқанда оның 35-40 % талшығы 50-60% шигит, 3-5% илюк целлюлоза санааты кәрханаларына жибериледи. Пахта талшығы қайта ислеў тоқымашылық кәрханаларында әмелге асырылады, яғный кәрханаларда пахтадан жип, жиптен гезлеме ҳәм гезлемени қайта ислеў процесслери әмелге асырылады. Жип ислеў-пахтадан жип ислеў ушын оны көпиртиреди, текислеп пахта плиталары таярланады, пахта плиталары ийириў калова жиплер алынады. Тоқыў цехларында жайласқан машиналары арқалы калова жиплерден гезлеме яғный суры тоқылады. Буның ушын ең әўели пасталардан, сабын қалдықларынан тазаланады. Тазалаў хам сурыны жыллы суўда 10 саат услап турыў тийкарында әмелге асырылады. Содан кейин ол хлорлы ҳәк суўы хлор яки натрий хлориди менен тазаланады. Содан кейин таўар және жуўылады, қурғатылып кейин бояаў цехына жибериледи. Бояаў цехында гезлеме түрли түрдеги реңде болады, қурғатылады ҳәм утюгленеди. Кейин болса талапшыларға жибериледи.
Талшықлы ийирилген ҳәм кенепти бирлемши қайта ислеў. Талшықлы зығыр ҳәм кенеп өсимликлериниң пақалынан талшық алынады. Зығыр ҳәм кенептиң алынатуғын талшық: жиңишке яки ийилиўиниң (зығыр талшығы) дакал (кенеп ҳәм жүн талшығы) қатты (манила зығыры) болады. Солар ишинде ең қымбат баҳалы зығыр талшығы болып, одан ҳәр түрли гезлемелер (тара), арқан, ун қапшықлары тоқылады, зығыр талшықлары пектиң бирикпеси менен бир-бири менен байланған. Сол себепли талшық алыў ушын ең әўели талшықты пектиннен тазалаў керек. Соның ушын зығыр майдаланады,кейин жипек жерге жайылыды.Бунда зығыр талшығын замарықларда ийлеп оның қурамындағы пектин затлары жемириле баслайды. Соң 10-40кун өтип талшық қурамындағы пектин жемириледи ҳәм нәтийжеде талшық ажыралып шыға баслайды. Кеийн зығыр талшығы ажыратып алынып,тайланып,гезлеме тоқыйтуғын фаврикаларға жибериледи. Талшық тоқымашылық фаврикаларында таралады калаба жип ҳәм гезлемелер тоқылады.


Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет