Жипекшилик санааты Бул санаат ең алдыменен жипек қурты жейтуғын тутшылық яғний тут тереги менен байланыслы сол себепли бул жипекшилик санааты қайсыдур районда тут жетистириў имканияты жәмленген жерлерде раўажланады. Жипек қурты ораған пилле өнимлери тайар ҳалына келген соң пиллешилик фаврикаларына жибериледи. Бул пиллешилик фаврикаларына алып келинген пилле өнимлеринен жипекти ажыратып алыў жумыслары әмелге асырылады. Буның ушын келтирилген пилле өнимлери арнаулы ускенелерде жыллы суўда қайнатылады,нәтийжеде пилле босасады. Кейин болса жипек орап алынады. Бул алынған жипек талшықлары тайланып жипек тоқыў фаврикаларына жибериледи.
Тигиўшилик санааты Жеңил санаат тармақларының ишинде тигиўшилик санаатының көлеми 1/5 бөлимин қурайды бул тигиўшилик санаатында тийкарынан халық ушын кийим-кеншек тайарланады. Тигиўшилик санааты Азия регионының дерлик барлық республикаларында раўажланған болып халық хожалығында әҳмийетли орын ийелейди. Өзбекстан тигиўшилик санаатында ислеп шығарыўды шөлкемлестириўдиң ең баслы формаларынан есапланған қәнийгелесиў ҳәм кооперацияласыў дәрежеси бир қатар раўажланған мәмлекетлерге салыстырғанда бир қанша пәс. Республикада консентрациялаў дәрежеси бир қанша жоқары болыўына қарамастан еле бул тараўды жоқары дәрежеге көтериў ушын имкәниятлар бар. Ислеп шығарыўды аймақлық шолкемлестириўдиң комбинациялаў формасы ҳәзирги кунде тигиўшилик санаатында қолланылмай атыр. Бирақ илим ҳәм техниканың жәнеде раўажланыўы жаңа типтеги тармақлар ара ислеп шығарыў системасын дузиўди талап етпекте. Усыған байланыслы тигиўшилик санаатының тийкарғы ўазипаларынан бири ислеп шығарыўдың тийкарғы формалары болған қәнийгелесиў, консентрация,кооперация,ҳәм комбенацияны раўажландырыў болып табылады.
Тигиўшилик санаатында ислеп шығарыўды концентрациялаў төмендеги жоллар менен әмелге асырылады:
- ири карханалар қурыў,ислеп турған карханаларды кеңейттириў ҳәм реконструкция қылыў;
- ислеп турған карханаларда ири қәнийгелестирилген линияларды шөлкемлестириў,орайластырылған тигиўшилик карханаларын қурыў.
Себеби улкен көлемли карханалар майда карханаларға қарағанда бир қатар абзаллықларға ийе.
Бириншиден илим ҳәм техниканың раўажланған жетискенликлерин,илим изертлеў ҳәм тәжрийбе конструкторлық ислерин ҳәм де кархананы басқарыўдың автоматластырылған системасын ислеп шығарыўға енгизизиў ушын шарайат жаратылады.
Екиншиден жаңа техниканы енгизиў ҳәм оны унемли пайдаланыў ислеп шығарыў процессин комплексли механизацияластырыў ҳәм автоматластырыў ҳәм де жаңа жетик технологиялық процесслерди ҳәм технологияны енгизиў ушын шарайатлар жаратылады.
Ушиншиден мийнетти ҳәм ислеп шығарыўды аймақлық шөлкемлестириўдиң тийкарғы формалары сол тийкарда қәнийгелестириўдиң барлық турлери яғний буйымлардың технологиялық бирлиги,материял ҳәм гезлемелердиң турлери,буйымлардың турлери,буйым размерлери,модельлердиң технологиялық бирлиги ҳәм т б кең қоллаў ушын шарайат жаратылады.
Төртиншиден басқарыў аппаратын қысқарттырыў,тайарлаў пишиў,буйымларды пардозлаў шығындылардан көп тутыныў өнимлерин ислеп шығарыў тайар өнимлерди сақлаў процесслерин консентрациялаў ҳәм кийимлерди модельлестириў,техник ҳужжетлерди тайарлаў қызмет көрсетиў ҳәм бир-бирине жақын жайласқан тигиў цехларын орайластырыў шарайат жаратылады.
Бесиншиден мийнет өнимдарлығы асады өним сыпаты жақсыланады өним баҳасы нормалласады ҳәм де карханада тигилген буйымлар ассорцементин байытыў ҳәм тутыныўшылар талабын және де толықырақ уйрениў ҳәм қандырыў ушын имкәният туўылады.
Тигиўшилик санаатында қәнийгелесиў уш турде предмет (буйым) бойынша,буйым деталлары бойынша ҳәм технологиялық басқыш бойынша әмелге асырылады.
Предмет бойынша қәнийгелесиўде кархана яки оның бөлимлериниң бир қыйлы турдеги өним ислеп шығарыўға қәнийгелесиўи тусиниледи. Буйым деталлары бойынша қәнийгелесиў буйымның айрым бир бөлимин ҳәм деталларын тайарлаўда жек кархана яки оның болимлеринде қәнийгелесиўин характерлейди.
Технологиялық басқыш бойынша қәнийгелесиў жеке кархана яки оның айрым бөлимлериниң мәлим бир технологиялық процесс яки айрым операцияларды орынланыўына қаратылған қәнийгелесиўди тусиниледи. Тигиўшилик санаатында қәнийгелесиўдиң раўажланбағанлығы технологиялық басқыш бойынша кооперацияластырыўдың раўажланыўына тосқынлық қылмақта.Тигиўшилик санааты карханаларында жумыс орынларын коллектив шөлкемлусеириў усылыда қолланылады.Бул усылдың абзаллығы соннан ибарат ол бириншиден,жумыс өнимдарлығын асырыўға ҳәм өнимниң көп муғдарда ислеп шығарылыўына ҳәмде тутыныўшыларға өз ўақтында жеткерип бериў имканият жаратады.
Тигиўшилик санаат карханаларында жумыс орынларын рационал шолкемлестириў формасы ислеп шығарыўдың өнимдарлығына тәсир көсетиўши факторларынан бири есапланады. Соның ушын мийнетти илимий тийкарда шөлкемлестириў илажлары ишинде жумыс орынларын рационал шөлкемлестириў аҳмийетли орын ийелейди. Жумыс орынларын ақылға муапық шөлкемлестириў дегенде –техник имканиятлардан жумыс ўақты ҳәм мийнет ресурсларынан толық пайдаланыў жумыс шарайатын жумысшыларға қолай турде шөлкемлестириў илажларының комплекси тусиниледи.
Жумыс орынларын рационал шөлкемлестириўде кархана стол ҳәм стулларының конструкциялары ҳәм өлшемлери бирдей режеге туўры келиўине макеиге жипти ораў ушин авто орамалар болыўына,операцияны орынлаў ушын зәрўр болған киши механизация ускенелериниң барлығына жумысшыға мәлим ислеп шығарыў операциясының бекитилгенлиги ҳәм жумыс пенен толық тәмийнленгенлиги ҳәм мийнет предметлерин жумыс орына апарыў ҳәм ислеў берилгеннен кейин алып қойыў усылларына жумысшының жумыс орнына орналасыўы,ис ҳәрекетлериниң орынланыўы қол жумысларында ислетилетуғын қайшы,сабақ кранштинлери утюглеўде қолланылатуғын ускенелердиң тазалығы ҳәм т б жумысшының жумыс орнында айрым кураллар менен тәмийнленгенине,жумыс орнында санитария гегена ҳәм қәўипсизлик техникасы илажлары жаратылғанлығына жумыс орны техник ҳужжетер менен тәмийнленгенлигине итибар қаратыўы керек.
Хәзирги ўақытта илимий техникалық прогрестиң жетискенликлериннен кең пайдаланған ҳалда тигиўшилик санаат карханаларында роботлар менен биргеликте жумыс алып барылмақта. Санаат роботларын тигиўшилик санаатында қоллаўдан мақсет бириншиден,мийнет шарайатларын жақсылаў адам организими ҳәм ден-саўлығы ушын зийанлы физикалық жумысларды орынлаўды жеңиллестириў,екиншиден тийкаргы ҳәм жәрдемши технологиялық ис операцияларын механизацияластырыў ҳәм автоматластырыў ҳәм усылар тийкарында мийнет өнимдарлығын асырыў өним ҳәм де жумыс сапасын жақсылаў; ушиншиден жумысшы кушине болған қарежетлерди кемейттириўден ибарат.
Тигиўшилик санаатында қолланыў ушын операция орынлаўшы ҳәм қызмет көрсетиўши санаат роботлары ҳәм монипуляторларын жаратыў уш жөнелисте алып барылмақта.
- гезлемелерди пишиў,белгиленген контр бойынша тигиў,буйымларды тақлаў ҳәм жайластырыў операцияларын орынлаўшы робот ҳәυ техникасы комплекслерин жаратыў
- деталларды почкадан ажыратыўшы ҳәм деталларды пачкаға тақлаўшы автоматик мониполиятор жаратыў
- гезлемелерди тайарлаў ҳәм пишиў сехлеры ҳәм складларда көтериў ҳәм тусириў операцияларын орынлаў ҳәм де пардозлаў буйымларына ҳәм тигиў ярым автоматларына деталларды бериў ҳәм оннан алыў ислерин орынлаў ушын робот ҳәм мониполияторларға техноллогиялық курал жаратыў. Жаңа карханаларда режелестириўде ҳәм ислеп турғанларын қайта қурыўда шөлкемлесиўши технологтялық нәтийжелердиң аҳмийети улкен. Себеби қурылажақ кархананың қаншелли өнимдарлы ислеўи усы нәтийжелерге байланыслы. Бунда мийнет өнимин асырыўға өним сыпатын жақсылаўға ислеп шығарыў майданы ҳәм техникадан толық пайдаланыўға жәрдем беретуғын мәселелердиң шешимин табыўға аҳмийет берилиўи керек. Тигиўшилик санаатында технологиялық процесслерди басқарыўды раўажландырыў микропроцессор техникасын қоллаўды раўажландырыў тийкарында әмелге асырылады.
Микропроцессорлар системасы менен тигиў машиналары технологиялық процесс режимлерин ҳәм жәрдемши усылларын орынлаўды басқарыўды автоматластырў имканияты бар. Бундай тигиў машиналарын қоллаў автоматик емес ҳәрекеттеги әпиўайы машинаға қарағанда минет өнимдарлығын 40-45% асырады ҳәм пардоз бериў сыпатын жақсылайды. Микропроцессор техникасын тайарлаў, пишиў, пардозлаў бөлимлеринде,складларында қоллаў көзде тутылады. Қадағалаўшы ҳәм басқарыўшы микропроцессорлар тигиў ҳәм пардозлаў цехларында автомат ҳәм ярым автомат ускенелерде қолланылмақта.
Химияластырыў кийимлерди ислеп шығарыў технологиясына бир қатар өзгерислер киритпекде; тәбийий талшықларды тежеў өнимниң материял көлемин кемейттириў,өнимниң тигиў ўақтын қысқартыў,қол жумысы менен исленетуғын ислер салмағын кемейтиў, өним сыпатын жақсылаў ҳәм мийнет өнимдарлығын асырыў имканиятлары жаратылмақта.
Тигиўшилик санаат карханалары ислеп шығаратуғын өнимлер халықтың кийим-кеншекке болған мутажин қандырады,сол себепли тигиўшилик карханаларын барлық эканомикалық районларда мийнет ресурсларында есапқа алған ҳалда жайластырыў талап етиледи. Себеби тайар кийим-кеншеклерди узақ жерлерге алып барыў,бириншиден,гезлемелерди алып барыўға қарғанда 1,5 есе қымбатқа туседи,екиншиден,тайар өнимлердиң табар көринисин сақлаў қыйыншылық туўдырады,ушиншиден темир жол вагонлары ҳәм көтериў көлеми гезлемелерди тасыўға қарағанда еки мәрте кемейеди. Сол себебли тигиўшилик карханаларын бундай карханалар жоқ мийнет ресурслары жетерли болған аймақларға қурыў мақсетке муапық.