"SCIENCE AND EDUCATION IN THE MODERN WORLD: CHALLENGES OF THE XXI CENTURY" NUR-SULTAN, KAZAKHSTAN, JULY 2019 392
Дәстан сюжетинде кӛрсетилгениндей балларды суӯға апарып таслайды бирақ баллар суӯ
астында жасай береди. Мысалы «Муңлық-Зарлық» дәстанында былай келтириледи.
«Қаншайымның гҥнасы, Хан ҩәӯизи Сәрҩәӯиз,
Мойныма мениң қалмағай, Сәрҩәӯизге келеди,
Ултанында ҩәӯиздиң, Сығалай қарай береди,
Ийманым болғай қудайым. Қаншайымның баллары,
Асық ойнап отырған, Тири екенин Қулмама,
Еки баланы кӛреди,
Сол ӯақлары биледи…»
10
Шәрьяр дәстанында мынандай етип бериледи: Мысалы,
«Ҩаӯ мен ғо суӯға қарап едим, суӯда хоширей кӛринип, мен бир сулыӯ кәнизек
болдым ғо: Енди дҥңдеги суӯды кӛрейин» - деп қыял етти. Әне келип дҥңге қарады. Дҥңге
қараса кӛзи дуздай, мурны биздей, қабатурқы персиян шоры қәддине келди.
- Ҩаӯ, буне суӯда мени әжийне айландырып турма, зыяным қыстап тур ма мени,
ҩаӯыздағы суӯда кӛрейин, - деп қыял етти. Ҩаӯыздың бойына келеди. Жҥзин ҩәӯизге туты.
Әне тийине қараса, бир кекили алтыннан, бир кекили гҥмистен, тиклери зербарақтан
болып, суӯ тийинде балық киби ойнап жҥрген еки бирдей нәресте балаларды кӛрди.»
11
Усы мотив «Муңлық-Зарлық» дәстаны сюжетинде кӛриӯимизге болады. Мысалы,
«Зарлықжан жатқан жерлерге, Саӯсады ханның сҥйеги,
Кем-кем жақын келеди. Ыл жырады жҥреги,
Жети қат аспан пәлекке, Табабылады шӛлден кереги,
Сағымы тҥсип жатырған, Бир кекили алтыннан,
Бир баланы кӛреди. Бир кекили гҥмистен,
Бала екенин биледи, Кҥн менен шағылысып жатқан,
Санжархан жақын келеди, Баланы анық кӛреди.»
12
- деп келтириледи.
Мине еки дәстанда да дәстан мотивлериниң қолланылыӯы басқаша, биреӯи суӯда, биреӯи
қырда, тийкарғы сҥӯретлениӯи жағынан бир-бири менен типологиялық жақын екенлигин
кӛремиз, бундай ғайры тәбий мифлик туӯылыӯ, суӯ астында емин еркин жасай бериӯи,
басқа қарақалпақ халық дәстанларында айтарлықтай ушыраспайды. Бул еки дәстанда да
ертеклик қублыс, мотиви кӛзге тасланады.
Қаҩарманлардың бундай ҩәдден тыс қҥдиретли болыӯының тийкарғы себеби бул
дәстанды дәслепки дӛретиӯшилердиң ямаса ең дәслепки атқарыӯшылар, қаҩарманлар
тәрепинде турып, олардың мәплери ушын ақыл ой, ушқыр қыялды бирлестириӯи
нәтийжесинде усы образлар дӛреген болыӯы керек.
Баллардың суӯ астында ӛлмей емин еркин жасаӯын Слайман пайғамбардың аты
менен байланыстырылады. Сулайман патша диний инанымлар бойынша дҥньяның астын
ҥстин сораған. Ҩайӯанларға да, жин-жыпырларға да шайтанға да, пирлерге де, қулласы
жанлы мақлуқлардың барлығына ҩҥкимдарлық еткен. Дәстанда балалардың суӯ астында
ӛлмей аман жасаӯы усындай диний исенимлердиң кӛриниси болып табылады.
Жуӯмақлап айтқанда биз жоқарыда дәстанлардың мазмунында кӛрип ӛткенимиздей
мифлик мотивлердиң типологиялық жақынлығын дәстан сюжетинен кӛриӯимизге болады.
Мифлик мотивлердиң ислетилиӯиниң тийкарғы себеплери, бириншиден, сол
дәстанды дӛреткен халықтың, атқарыӯшылардың санасындағы ески мифлик сана
қалдықларына байланыслы келип шыққан болса, екиншиден қаҩарманлық дәстанларға тән
поэтикалық дәстҥрлердиң нызамлы жалғасы сыпатында келип шыққанлығын кӛремиз.
Аbstract: The articale deals with the reasons of occurring of mythical motives in the karakalpak folk
eposes. The anthors rereals the typological and artistic familiarities in the plots of the epos.
Резюме: Статья рассматривает проблемы взаимосвязанностей поэтической структури и
мифических мотивов в народных эпосах каракалпаков и в сравнительной основе изучает
их типологических и художественные подабющиеся сторны.