Əдебиятлар:
1.Шахабаев Б. Очерки истории казахской дореволюционной
литературы. Алма-ата, 1958.
2. Қаратаев М. Казахская литература. Москва, 1960.
3. Муқимов Р. Қардош халқлар адабиети. Тошкент,1980.
4. Абай Қунанбаев. Асарлар. Тошкент, 1980.
78
5. Аўезов М. Абай жолы.
10-Тема. Қарақалпақ əдебияты.
План:
1. Қарақалпақ халық аўызеки əдебияты.
2. Аўызеки əдебияттың түрлери, белгили дəстанлар.
3. Жазба əдебияттың пайда болыўы ҳəм қəлиплесиўи.
4.Жаңа дəўир қарақалпақ əдебияты.
5. Қарақалпақ əдебиятының белгили ўəкиллери.
Таяныш сөзлер ҳəм ибаралар: халық тарийхы, аўызеки
шығармалар, дəстанлар, “Алпамыс”, “Қоблан”, “Едиге”, “Қырқ
қыз”, жыраўлар, Жийен жыраў, “Посқан ел”, Күнхожа, Əжинияз,
Бердақ, ХХ əсир əдебияты, миллий жазба əдебият, Аяпберген,
Аббаз, Жолмырза, поэзия, драматургия, проза, И.Юсупов,
Т.Қайыпбергенов.
Қарақалпақ халқы өзиниң тарийхында жүдə шийеленискен
аўыр жағдайларды басынан өткерген. Бул халықтың қəлиплесип
пайда болған биринши уясы Аму ҳəм Сырдəрьяның Арал
теңизине қуйған жерлериндеги теңиз дөгереги, еки дəрьяның
аяғы ҳəм Хорезм деп аталған территорияның арқа бөлеги, яғный
солтүслик бөлеги болған. Қарақалпақ өсип, өнип көбейгеннен
кейин, жайылып, олардың үлкен бир бөлеги Евроазияның көп
аймақларына көшип өткен. Арғы шети Днепр дəрьясына, Балқан
ярым атаўына, Византия империясының шегараларына дейин
барып жетип, бир топары ҳəзирги Украинаның орайы Киев
қаласының айланасына жайласқан. Русь мəмлекетиниң Византия
менен жүргизген урысларында Киевтың əтирапында Қарақалпақ
полкының əскерлери руслар тəрепинде болып соғысларға
қатнасқаны туўралы рус жазба-жылнамаларында ашық-айдын
жазылған.Тарийхый жағдайдарға байланыслы қарақалпақлардың
үлкен бир топары Едил менен Жайық (Волга менен Орал)
дəрьяларының бойларында, олардың Əштархан (Каспий)
теңизине қуятуғын жерлеринде, ҳəзирги Россияның Астрахан
қаласының дөгереклеринде жасағаны тарийхта белгили. Соның
ушын да қарақалпақ аўыз əдебиятында, аңызларда, дəстанларда,
ертеклерде Балқан, Қырым, Əштархан, Азуў (Азов), Москеў,
Едил, Жайық жөниндеги еслеўлер ушырасады. Соңғы əсирлерде
Сыр бойындағы қарақалпақлардың үлкен топары Жунғарлардың,
оннан кейин қазақтың киши жүзиниң ханының топылыслары
ақыбетинде отырған мəканларынан үш тəрепке-бир бөлеги
Ташкент тəрепке, екинши бөлеги Ферғана, Қашқадəрья, Бухара
79
тəрепке, үшинши бөлеги :ргеништиң арқа бетиндеги бурыннан
жасап атырған қарақалпақларға қарай көшкен. Қарақалпақлардың
үшинши топары ҳəзирги Қарақалпақстан Республикасының
негизин қураған.
Өзлериниң ертеректеги тарийхында тийкарынан ярым
көшпели, ярым отырықшы турмыс кеширген қарақалпақлар
шарўашылық пенен шуғылланып күн көрген. Ҳəзирги
Қарақалпақстандағы қарақалпақлар ХIХ əсирдиң басынан баслап
Хийўа ханлығының қоластында жасады. Олар жоқарыда
айтылған Орта Азияның дерлик барлық территорияларына
жайылып қонысланған қарақалпақлар менен турақлы қатнаста,
байланыста болды. Туўысқан түркий халықлары болған өзбек,
қазақ, түркмен халықлары менен байланыслары бурынғыдан да
тығызырақ болып күшейди. Нəтийжеде усы территориядағы
мəдений,
əдебий
мийрасларға
қарақалпақлар
өзлериниң
шериклигин билдирди.
Қарақалпақ халқы өзиниң халықлық жазыўына негизинен
ХIХ əсирден баслап ийе болды. Соған байланыслы олардың
ертеректеги əдебиятының тарийхы тийкарынан халықтың
аўызеки дөретиўшилигиниң түрлери болған ертек, қосық,
аңызлар, нақыл-мақаллар ҳəм дəстанлардан ибарат.
Қарақалпақ халқының фольклоры жүдə бай. Қаҳарманлық
дəстанлар
ҳəм
лироэпикалық
яғный
қысса
дəстанлар
қарақалпақлардың руўҳый дүньясының жүдə қəдирли мүлклери
болып хызмет иследи. Қаҳарманлық дəстанлар - “Алпамыс”,
“Қоблан”, “Едиге”, “Ер Шора”, “Мəспатша”, “Қырық қыз”,
“Шəрияр” ҳəм соларға усаған дəстанларды қарақалпақ
жыраўлары миллий музыкалық əсбабы қобыздың жəрдеминде
жырлады. Соның менен бирге Орта Азия халықлары арасында
кеңнен белгили болған лироэпикалық, ашықлық қысса дəстанлар
- Ғəрип ашық”, “Юсип-Ахмет”, “Юсип-Злийха”, “Ашық Ҳəмра”,
“Таҳыр-Зуҳра”, “Гөруғлы”, “Бəзирген”, “Хырмандəли” усаған
дəстанлар да қарақалпақ халқы арасында кең тарқалған. Бул
дəстанлардың дерлик ҳəммесинде туўылған елин қəдирлеў,
халықларға ҳүрмет, досқа, ярға садықлық мотивлери биринши
орында турады. Бул идея əсиресе қаҳарманлық дəстан “Қырық”
қыз дəстанында жүдə анық көринеди. Дəстанда айтылыўынша
батыр қыз, əскербасы Гүлайым изине ерген қырық қыз ҳəм халық
пенен биргеликте, елине басып кирген Ийран шахы Нəдиршаҳға
ҳəм қалмақ басқыншыларының ханы Суртайшаға қарсы саўаш
қылып мəртлик үлгилерин көрсетеди.
Жоқарыда атлары келтирилген батырлық дəстанлар ҳəм
лироэпикалық ашықлық қысса дəстанлардың, “Қырық қыз”
батырлық дəстанынан басқаларының, дерлик ҳəммеси тек
80
қарақалпақларда емес, ал басқа да бир қатар түркий халықлардың
аўызеки əдебиятында бар шығармалар. Мəселен, “Алпамыс”
дəстаны қарақалпақларда, қазақларда, өзбеклерде, башқырларда,
“Қоблан” дəстаны қарақалпақларда, қазақларда кеңнен мəлим. Ал
аталған ашықлық қысса дəстанлардың көбиси қарақалпақ, өзбек,
түркмен, əзербайжан, османлы түрк халықларының ҳəммесине
ортақ.
“Қырық қыз” дəстаны-бул “Мəспатша” дəстаны сыяқлы тек
қарақалпақ халқының жекке өзлери дөреткен фольклорлық
туўындылар. Əсиресе, “Қырық қыз” дəстаны айрықша орынға
ийе. Бул дəстанды дəслеп ХVIII əсирдеги қарақалпақ жыраўы
Жийен жыраў жырлаған, кейин шынжырма-шынжыр келип, оны
қарақалпақ жыраўы Қурбанбай жыраўдан жазып алынып китап
етип басып шығарылған. Бул басқа батырлық дəстанлардан
пүткиллей ерекше. Онда елди, қарақалпақ журтын сыртқы
жаўлардан қорғаў негизги линия етип алынған. Дəстанның бас
қаҳарманы Гүлайым басқа дəстанлардағыдай тек батыр жигиттиң
тилегин тилеп үйде ошақ басында отырған бир сулыў қыз емес,
ал ҳəрекеттеги өр минез жаўынгер қыз. Ол өзиниң ең жақын
досты Сəрбиназ екеўи дəслеп қырық қызды жыйнап ат минип
шабадозлықты, ерде еркин отырып өзин бийлеп ат шабыўды
үйренгеннен кейин қолларына қылыш, найза, оқжай алып, қалқан
көтерип урыс ислерин үйрениў менен шуғылланады. Нəтийжеде
изине батыр қырық қызды ҳəм халықты ертип елге басып кирген
қалмақлардың ханы Суртайшаны əскерлери менен елден қуўып
шығады, жаўды жеңиўде хорезмли батыр жигит Арыслан менен
биргеликте гүрес жүргизеди.
ХVIII əсирдиң ортасында Сырдəрьядағы қарақалпақлар
өзлери қараслы болған қазақ ханы Абулқайырханға қарсы
көтерилиске шығады. Бул гүресте жеңилип, бүлинген
қарақалпақлар, жоқарыда айтылғандай, Сырдəрья бойларынан
түрли жақларға көширип жибериледи. Олардың бир бөлеги
Қубла Арал бойына, бир қаншасы Ферғана ҳəм Самарқанд
əтираларына барып жайласады. Əне сол азап-ақыретлерди
басынан өткерген шайыр-жыршы Жийен жыраў өзиниң “Посқан
ел” деп аталған жыр-дəстанында баянлаған.
Кейин ХIХ əсирдиң орталарына келип қарақалпақларда
Күнхожа, Əжинияз, Бердақ, Омардай шайырлар пайда болды ҳəм
өзлериниң қарақапақ əдебиятының тарийхына жүдə үлкен үлес
болып қосылған əжайып шығармаларын дөретти.
ХЫХ əсирде қарақалпақ жазба əдебиятының баслаўшысы
Күнхожа Ибрайым улы (1799-1880) болды. Ол Арал теңизиниң
қубла жағаларындағы аўыллардың биринде дүньяға келген.
Жергиликли мешит мектеплеринде оқып саўат ашқан, соң өз
81
билимин өзинше оқып жетилистирген. Бирақ ол өмир бойы қара
мийнет ислеп күн көрген, ҳəрқыйлы жумысларға жалланып
күнликшилик қылған. Ол көп жыллар даўамынджа Хийўа
тəрепте, қырда қазақлардың арасында талап ислеген. Усындай
турмыс кешириў менен бирге ол қысса китапларды оқып, оларды
ядлап қосық айтатуғын болған, солардан тəсирленип өзи де қосық
шығара баслаған ҳəм өзиниң шығарған қосықларына өзи нама
ойлап таўып дуўтар менен айтып жүрген. Қарақалпақ
классикалық намаларының бири, “Күнхожа” намасы усы шайыр
өзи дөреткен ең шырайлы нама. Күнхожаның “Ел менен”,
“Жайлаўым”, “Умытпаспан”, “Шопанлар”, “Орақшылар”, “Не
болдым”, басқа да бир қатар қосықлары қарақалпақ халқы
арасында кең таралған шығармалар болды.
ХIХ əсирдеги қарақалпақ əдебиятының ең көрнекли
ўəкиллериниң бири Əжинияз Қосыбай улы (1824-1883). Ол
қарақалпақ жазба əдебиятын қəлиплестириўге жүдə үлкен үлес
қосқан шайыр. Əжинияз ҳəзирги Қарақалпақстанның Мойнақ
районындағы “Ақ бөгет” деген жеринде балықшылық, аңшылық
ҳəм дийқаншылық пенен шуғылланып күн көрген шаңарақта
дүньяға келген. Ол дəслеп аўыллық мектепте, медреседе оқып
тəлим алған, кейин Хийўадағы Шерғазыхан ҳəм Қутлымурат
инақ медреселеринде оқып ахун дəрежесине жетискен.
Қутлымурат инақ медресесин оқып питкергеннен кейин Əжинияз
қазақ далаларына кетип, сол жақта оқытыўшылық қылады. Елине
қайтып келгеннен кейин 1858-1859-жылларда Хийўа ханларының
зулымлығына қарсы қарақалпақлар менен араллылардың
Қоңырат
көтерилисине
қатнасқаны
ушын
көтерилисти
бастырғаннан кейин Əжиниязды аўылы менен қосып Хийўа
əмелдарлары тутқынға алып ҳəзирги Түркменистанның Ташаўз,
Балқан ўəлаятларына көширип сүргин қылады. :ш жыл тутқында
болған Əжинияз тутқыннан қашып жəне қазақ журтына кетеди.
Барып Қожбан бай деген қазақтың аўылында моллашылық қылып
ҳəм бала оқытып күн кеширген. Бирақ жылдан кейин елине
қайтып келип аўылында мектеп ашып балаларды оқытыў менен
шуғылланған.
Əжинияз нəзик тəбиятлы, өткир зейинли, ҳəр тəреплеме
жетик алым, көкиреги шайырлық талғамға, заўыққа толы
айрықша бир инсан болған. Өзи көрген өмир ҳəдийселерин
лирикалық қатарларға түсирип жазып қарақалпақ жазба
əдебиятын аяққа турғызған тулға болды. Оның көп санлы
лирикалық қосықлары ҳəзирги күнде музыкаға салынып қосық
болып айтылмақта. Шайырдың “Гөззаллар”, “Бир жанан”,
“Сəўдигим”, “Йол болсын”, “Бир пəрий” усаған қосықлары ҳəм
көтерилис ўақиялары сүўретленген “Бозатаў” поэмасы, сондай-ақ
82
“Қыз Меңеш пенен айтысы” шығармалары ХIХ əсирдеги
қарақалпақ жазба əдебиятының əжайып үлгилери болып қалды.
ХIХ əсирдеги қарақалпақ ойшыллары ҳəм шайырларының
ишинде дөретиўшилик көлеминиң кеңлиги, заман ўақияларына
терең нəзер салыўы менен ерекше айрылып турған ҳəм кишкене
қосықларынан баслап үлкен көлемдеги қоспалы композициялы
көркем шығармаларын бизиң заманымызға мийрас қылып
қалдырған уллы шайыр Бердақ (əҳғў-ə900) қарақалпақ əдебияты
тарийхында жол көрсетиўши жулдыз болып көзге түседи. Бердақ
мийрасының маңызы, əҳмийети тек қарақалпақ халқы менен
шекленбейди, ол Орайлық Азиядағы барлық халықлардың
руўҳый дүньясы ушын да маңызлы екени тəн алынған. Бердақ
Əмиўдəрьяның Арал теңизине қуйылатуғын жериндеги Ақ қала
аўылында балықшылық, дийқаншылық пенен шуғылланып күн
кеширген “арғабай (Халмуҳаммед) шаңарағында дүньяға келген.
Дəслеп аўылындағы мешит мектебинде, кейин Арал теңизи
əтирапында даңқы шыққан Қарақум ийшан медресесинде оқыған.
:й жағдайына бола питкере алмаған, күн көриў ушын ҳəр түрли
талап ислеген, қосық шығарып ел арасында дуўтар менен қосық
айтып бақсышылық қылған. Дəслеп турмыслық майда қосықлар
шығарып, кейин ала үлкен көлемдеги шығармаларын дөреткен.
Оның “Жаз келерме”, “Халық ушын”, “Болған емес”, “Излер
едим”,”Балам”, “Маған бер” ҳəм басқа да көп қосықларында
турмыс ҳəм заман ўақияларын реал сүўретледи. Бердақтың үлкен
көлемдеги поэмалары менен дəстанлары ХIХ əсир қарақалпақ
əдебиятының жанрлық жақтан раўажланыўында шынында да жол
көрсетиўши бағдар болды. “Аманкелди”, “Хорезм”, “Ақмақ
патша” поэмалары менен дəстанлары қарақалпақ, сондай-ақ
жалпы түркий халықлары тарийхынан мағлыўмат беретуғын ҳəм
шайырдың өзи жасаған заманының картиналарын кеңнен
сүўретлеген энциклопедиялық характердеги шығармалар болды.
Бердақтың “Ақмақ патша” дəстанында залым ханларды
қатты əшкаралап қаралайды. Шығармадағы ақмақ патша узақ
ўақыт перзетсиз болады. Патша халыққа зулымлығын күшейтип,
ақмақ ҳəрекетлер ислей баслайды. Өзиниң кеўил хошлығы ушын
елден сулыў қызларды жыйнап қатынлыққа ала береди. Сондай
қызлардың бири қарақалпақлардан бир ғаррының қызы Гүлим,
патша оны өзиниң ҳəремине алғаннан кейин Гүлим ҳəмледар
болып бир қыз туўады. Патшаға қызлы болғанын айтыўға
қорқысып, туўылған нəрестени жасырып сақлайды. Арадан көп
жыллар өткеннен кейин қыз ержетип бағда қыдырып жүрген
жеринде патша оны көрип қалып өз қызына өзи ашық болып оны
қатын етип алмақшы болады. Халықтың патшаға ашыўы-кеги
күшейип ақырында патшаны өлтиреди. Шығарманың мазмуны
83
халықтың азып көриўине залым, ақмақ патша себепши екенин
көрсетеди.
ХЫХ əсирдиң аяғы ХХ əсирдиң басларындағы қарақалпақ
əдебияты тарийхында өзлериниң ылайық орынына ийе
шайырлардан Өтеш шайыр Алшынбай улы (1828-1902) ҳəм
Омар шайыр Сүйирбек улы (əҳў9-ə9ғ0) болған.
Өтеш Алшынбай улы усы Əмиўдəрьяның тармақларының
бири Көкөзектиң Арал теңизине қуяр жеринде туўылған, усы
əтираптағы жерлерди жайлап кəмалға келгшен. Ол атақлы
Күнхожа, Бердақ усаған қарақалпақ шайырлары менен өкшелес
ҳəм заманлас болған, балық аўлап күн көрген, бай адамларға
күнликши болып хызмет ислеген. Ол хат оқып саўатын ашып
қыссаханлық қылған. Шайыр өзи жасаған заманның турмысынан
келип шыққан дидактикалық, сатиралық ҳəм турмыслық
темаларда өзиниң шығармаларын жазды. Оның “Шерменде”,
“Изимбет”, “Қəдир молла” усаған сатиралық шығармалары,
“Болар”, “Қарыз алма” усаған дидактикалық, “Гүлзийба”,
“Қызлар” усаған муҳаббат темасындағы шығармалары кеңнен
мəлим болды.
Омар шайыр Сүйирбек улы Арал теңизи əтирапында
дүньяға келип өсип ер жеткен. Оның өмири аўыл байларының
есигинде хызмет ислеў менен бирге Қазақ журтына барып
жумысшылық етиў менен өткен. Оның усындай басынан өткен
ўақияларын сүўретлеп жазған “Не пайда”, “Қайтаман”, “Елим”,
“Айтпасам
болмас”, “Айырша”, “Берермен”
сыяқлы
шығармалары
еки
əсирдиң
аралығындағы
қаарқалпақ
əдебиятының белгили шығамаларының қатарына киреди.
Солай етип, қарақалпақ классикалық əдебияты басқа бир
қатар түркий халықларының əдебиятларынан бираз кейинирек
қəлиплескен болса да, халықтың турмысын реал сүўретлеген
өзиниң ири, оригинал шығармалары менен дүнья əдебияты
қатарынан орын алды. Бул əдебияттың пайда болыўында ҳəм
қəлиплесиўинде жоқарыда айтылғанындай, халық аўызеки
дөретиўшилигиниң роли жүдə үлкен болды. Көплеген халық
қосықлары, ертеклер, анекдотлар, аңызлар, дəстанлар əўладтан
əўладқа аўызша өтип айтылып жүрди. Қосықлар, дəстанлар,
қыссалар қарақалпақ халқының халық шайырлары, бақсылары
тəрепинен намаға салып орынланып келген. Халық шайырлары
ҳəм өнерпаз бақсы ҳəм жазыўшы кəтип шайыр сыпатында
танылған. Соның менен бир қатарда қарақалпақ жазба
əдебиятының қəлиплесиўинде өткен əсирлерде қарақалпақлар
арасына жүдə кең таралған шығыс тиллериндеги-араб, парсы,
өзбек, түркмен, татар, азербайдан тиллериндеги диний, илимий,
əдебий китаплардың да роли күшли болғанын айтыў керек.
84
ХХ əсирдиң басларындағы қарақалпақ əдебиятының
раўажланыўы да бираз қыйыншылық жолларды басып өтти. Бул
дəўирде Россияда жүзеге келген үлкен жəмийетлик-тарийхый
ўақиялар қарақалпақ халқының турмысына да үлкен тəсирин
тийгизди. Қарақалпақ зиялы, саўатлы шайырларының бир қатары
Октябрь аўдарыспағына, большевиклердиң дүзимине, олардың
орнатқан тəртип-нызамларына қарсы көзқараста болды. Мəселен
шайыр Аббаз, Қыдырнияз шайырлар совет дүзимине наразылық
қосықларын шығарды.
Қарақалпақ əдебиятының раўажланыўындағы жүдə үлкен
басқыш совет дəўирине туўры келеди. 20-30-жыллардағы
қарақалпақ əдебиятында поэзия жанрында жазылған шығармалар
тийкарғы орынды ийеледи. Бул жылларда əдебиятқа Жолмырза
Аймырзаев, Хожамет Ахметов, Айтбай Матяқубов, Асан Бегимов
сыяқлы жас шайырлар кирип келди. Булар сол дəўирде ҳəм
журналист, ҳəм жазыўшы-шайыр сыпатында дөретиўшилик
хызмет иследи. Бул дəўирдеги қарақалпақ əдебиятында баслы
тема- мийнеткеш халықтың бахытлы турмысын мақтап көрсетиў
болды. Ескилик пенен жаңалық ортасындағы гүрес, аўыл
хожалығын коллективлестириў сыяқлы темаларда көплеп
шығармалар дөретилди. 20-30-жылларда қарақалпақ əдебиятында
киши көлемдеги қосықлар ҳəм прозалық шығармалардан
үзиндилер жазыў менен бир қатарда үлкен көлемли поэмалар да
жазыла баслады. Жолмырза Аймырзаевтың “Жумагүл”, “Гүрес”,
Мыразағалий Дəрибаевтың “Халжан”, “Айымжамал”, Асан
Бегимовтың “Гүресте туўылған” поэмалары усы жылларда
жазылды.
Урыс жылларындағы қарақалпақ əдебиятында да басқа
халықлардың əдебияты сыяқлы урыс, жаўынгерлик темаларында
шығармалар көп жазылды. Ж.Аймырзаевтың “Ербай батыр”,
“Мениң досларым”, Дəли Назбергеновтың “Еки батыр” сыяқлы
поэмаларында урыста мəртлик көрсеткен жаўынгерлердиң
образлары сүўретленген.
Драматургия жанры қарақалпақ əдебиятында тийкарынан,
урыстан алдыңғы жылларда қəлиплести. Əсиресе бул жанрдың
раўажланыўында Əбдираман Өтеповтың роли үлкен болды.
Биринши қарақалпақ драмасы да Ə.Өтеповтың “Теңин тапқан
қыз” деп аталған пьесасы есапланады. А.Бегимов өзиниң
“Хатийра” пьесасында қарақалпақ халқының өткендеги аянышлы
турмысын сəўлелендирген еди. Ə.Өтепов “Көз бояўшы ўəкил”,
“900 грамм”, “Сейитмурат жалқаў” сыяқлы сатиралық драмалар
жазды. Урыс жыллары Ж.Аймырзаев “Лейтанат Елмуратов”,
Сапар Хожаниязов “Бизиң батыр” драмалық шығармаларын
дөретти. Мырзағалий Дəрибаевтың, Нəжим Дəўқараевтың
85
тарийхый темаларда жазылған “Көклен батыр”, “Алпамыс”
пьесалары да қарақалпақ драматургиясының даңқын халықлар
арасына
кеңнен
жайды.
Урыстан
соңғы
жылларда
Ж.Аймырзаевтың “Айгүл-Абат”, “Əмиўдəрья бойларында”,
“Сүймегенге сүйкенбе” пьесалары драматургияның үлкен
табысларының бири болды.
ө0-ү0-жылларда қаарқалпақ əдебиятында бир қатар күшли
прозалық шығармалар дөретилди. А.Бегимовтың “Балықшының
қызы”, Ж.Аймырзаевтың “Қəмекбайдың қылўалары”, Хожабек
Сейитовтың
“Машақатлы
бахыт”,
Төлепберген
Қайыпбергеновтың “Соңғы ҳүжим” романлары буның мысалы
бола алады.
Буннан кейинги жыллары қарақалпақ əдебияты бир неше
жас талантлы жазыўшыларды жетистирип шығарды. Олар түрли
əдебий жанрларда көп санлы шығармаларын жариялады.
Т.Қайыпбергеновтың
“Қарақалпақ
қызы”
дилогиясы,
“Қарақалпақ дəстаны” трилогиясы, Турдымурат Нажимовтың
“Қызылқум қойынында”, Айтбай Бекимбетовтың “Намыс”,
“Өмир жолында”, Караматдийн Султановтың “Əжинияз”,
“Ақдəрья” роман ҳəм повестлери жарыққа шықты.
Поэзия тараўында ХХ əсирдиң екинши ярымында
қаарқалпақ əдебиятында атлары пүткил мəмлекет халықларына
белгили болған Ибрайым Юсупов, Тилеўберген Жумамуратов
усаған шайырлар көзге түсти. Айрықша И.Юсуповтың
дөретиўшилиги қаарқалпақ поэзиясын жаңа басқышқа көтерди.
Оның “Күншығыс жолаўшысына”, “Дала əрманлары”, “Йош”,
“Жети асырым”, “Дузлы самаллар” усаған китаплары қаарқалпақ
поэзиясының бийик шыңы болды. Бул дəўирде атақлы лирик
шайыр Байнияз Қайыпназаров, Тəжетдин Сейтжанов, жас
шайырлардан шайыр ҳəм прозаик Теңелбай Сəрсенбаев сыяқлы
көркем сөз шеберлериниң шығармалары кеңнен белгили болды.
Драматургия тараўында да қарақалпақ əдебиятында елеўли
шығармалар пайда болды. Бул тараўда да бүгинги қаҳарман
жазыўшымыз Ибрайым Юсуповтың орыны үлкен. Оның
“Актрисаның ығбалы”, “Өмирбек лаққы”, “Посейдонның ғəзеби”
лиро-драмалары, Т.Сейижановтың “Күйгелек көзли яр”, “Əбиў
Райхан
Беруний”,
Ж.Аймырзаевтың
“Рəўшан”,
Сапар
Хожаниязовтың “Ақмақ патша” пьесалары сахнаға қойылды.
Ғəрезсизлик жылларында қарақалпақ əдебияты өзиниң
жаңаша раўажланыўын даўам етирди.
Сораўлар ҳəм тапсырмалар:
1.Қарақалпақ халқының тарийхынан қысқаша мағлыўматлар.
86
2. Қарақалпақ халық аўызеки дөретпелери.
3. Аўызеки əдебияттың түрлери.
4. “Қырық қыз” дəстананың сыпаты.
5. Жазба əдебияттың пайда болыў сағалары.
6. Қарақалпақ жазба əдебиятының ўəкиллери.
7. ХХ əсирдеги қарақалпақ əдебияты.
8. Екинши дүнья жүзилик урыс жылларындағы қарақалпақ
əдебияты.
9.
Қарақалпақ
əдебиятының
жанрлар
бойынша
раўажланыўы.
Достарыңызбен бөлісу: |