Збекстан республикасы



Pdf көрінісі
бет13/44
Дата13.08.2023
өлшемі371,64 Kb.
#105226
түріСтатья
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   44
56-статья
Инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлар инсан ҳуқық ҳәм 
еркинликлерин қорғаўдың әмелдеги түрлери және де қуралларын 
толықтырады, пуқаралық жәмийетти раўажландырыўға ҳәм инсан 
ҳуқықлары мәдениятын көтериўге көмеклеседи. 
Мәмлекет инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлар жумысын 
шөлкемлестириў ушын мүмкиншиликлер жаратады. 
57-статья. 
Мийнетке жарамсыз ҳәм жалғыз баслы қартайған шахслар
майыплығы болған шахслар ҳәм халықтың социаллық жақтан мүтәж болған 
басқа қатламларының ҳуқықлары мәмлекет қорғаўында болады. 
Мәмлекет халықтың социаллық жақтан мүтәж болған қатламларының 
турмыс сапасын асырыўға, жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында толық 
қатнасыўы 
ушын 
оларға 
шараятлар 
жаратыўға 
ҳәм
де олардың тийкарғы турмыслық мүтәжликлерин ғәрезсиз түрде 
тәмийинлеў мүмкиншиликлерин кеңейтиўге қаратылған илажларды көреди. 
Мәмлекет майыплығы болған шахслардың социаллық, экономикалық, 
мәдений тараўлар объектлери ҳәм хызметлеринен толық пайдаланыўы 
ушын шараятлар жаратады, олардың жумысқа орналасыўына, билим 
алыўына көмеклеседи, оларға зәрүр болған мәлимлемени тосқынлықсыз 
алыў мүмкиншилигин тәмийинлейди. 
58-статья. 
Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар теңдей ҳуқықларға ийе. 
Мәмлекет ҳаял-қызлар ҳәм ер адамларға жәмийет ҳәм мәмлекет 
жумысларын басқарыўда, сондай-ақ жәмийет ҳәм мәмлекет турмысының 
басқа тараўларында теңдей ҳуқық ҳәм мүмкиншиликлерин тәмийинлейди. 
 
ХI бап. Пуқаралардың миннетлери 
 
59-статья. 
Барлық пуқаралар Конституцияда белгиленген миннетлерди 
орынлайды. 
 
60-статья. 
Пуқаралар Конституция ҳәм нызамларға әмел етиўге, басқа 
инсанлардың 
ҳуқықларын, 
еркинликлерин, 
ар-намысын 
ҳәм
қәдир-қымбатын ҳүрметлеўге миннетли. 


16 
61-статья. 
Пуқаралар Өзбекстан халқының тарийхый, руўхый, мәдений, илимий 
ҳәм тәбийғый мийрасын қәстерлеп сақлаўы шәрт. 
Тарийхый, руўхый, мәдений, илимий ҳәм тәбийғый мийрас мәмлекет 
тәрепинен қорғалады. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   44




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет