Збекстан республикасы



Pdf көрінісі
бет16/44
Дата13.08.2023
өлшемі371,64 Kb.
#105226
түріСтатья
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   44
Байланысты:
kr

 
75-статья
Диний шөлкемлер мәмлекеттен ажыратылған ҳәм де нызам алдында 
тең болып табылады. Мәмлекет диний шөлкемлердиң жумысына 
араласпайды. 
Мәмлекет нызамда белгиленген тәртипте жумыс ислеп атырған диний 
шөлкемлер жумысының еркинлигине кепиллик береди. 
 


19 
XIV бап. Шаңарақ, балалар ҳәм жаслар 
76-статья. 
Шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны болып табылады ҳәм де ол 
жәмийет ҳәм мәмлекеттиң қорғаўында болады. 
Неке Өзбекстан халқының дәстүрий шаңарақлық қәдириятларына, 
некелениўшилердиң ықтыярый разылығына ҳәм тең ҳуқықлығына 
тийкарланады. 
Мәмлекет шаңарақтың толық раўажланыўы ушын социаллық, 
экономикалық, ҳуқықый ҳәм басқа да шараятларды жаратады. 
77-статья.
Ата-аналар ҳәм олардың орнын басыўшы шахслар өзиниң перзентлерин 
ержеткенге шекем бағыў, олардың тәрбиясы, билим алыўы, саламатлығы, 
толық ҳәм ҳәр тәреплеме камалға келиўинде ғамқорлық етиўге миннетли. 
Мәмлекет ҳәм жәмийет жетим балаларды ҳәм ата-анасының 
қәўендерлигинен айырылған балаларды бағыўды, тәрбиялаўды, олардың 
билим алыўын, саламат, толық түрде ҳәм ҳәр тәреплеме камал табыўын 
тәмийинлейди, сол мақсетте қайырқомлық жумысын хошаметлейди. 
78-статья. 
Балалар ата-анасының шығысына ҳәм пуқаралық ҳалатына 
қарамастан нызам алдында тең. 
Баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин 
тәмийинлеў ҳәм де қорғаў, оның физикалық, ақылый ҳәм мәдений жақтан 
толық камал табыўы ушын ең жақсы шараятларды жаратыў мәмлекеттиң 
миннети болып табылады. 
Аналық, аталық ҳәм балалық мәмлекет тәрепинен қорғалады. 
Мәмлекет ҳәм жәмийет балаларда ҳәм де жасларда миллий ҳәм 
улыўмаинсаныйлық қәдириятларға садықлықты, мәмлекеттен және
де халықтың бай мәдений мийрасынан мақтаныш етиў, ўатан сүйиўшилик 
ҳәм Ўатанға болған мухаббат сезимин қәлиплестириў ҳаққында ғамқорлық 
етеди. 
79-статья.
Мәмлекет жаслардың жеке, сиясий, экономикалық, социаллық, 
мәдений, экологиялық ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлейди, олардың 
жәмийет ҳәм мәмлекет турмысында белсенди қатнасыўын хошаметлейди. 
Мәмлекет жаслардың интелектуал, дөретиўшилик, физикалық ҳәм 
әдеп-икрамлылық жақтан қәлиплесиўи ҳәм де раўажланыўы ушын, олардың 
билим алыўына, денсаўлығын сақлаўға, турақ жайға, жумысқа 
орналасыўына, бәнтлик ҳәм дем алыўға болған ҳуқықларын әмелге асырыў 
ушын шараятлар жаратады. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   44




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет