18
қәўипсизлигине қарсы ҳәрекет ететуғын, урысты, социаллық, миллий,
расалық ҳәм де диний өшпенлиликти нәсиятлайтуғын, пуқараларының
конституциялық
ҳуқықлары
ҳәм
еркинликлерине,
халықтың
денсаўлығына, социаллық әдеп-икрамлылығына
қол қататуғын сиясий
партиялардың,
басқа
мәмлекетлик
емес
коммерциялық
емес
шөлкемлериниң, сондай-ақ миллий ҳәм диний белгилери бойынша сиясий
партиялардың әскерийлестирилген бирлеспелердиң дүзилиўи ҳәм жумысы
қадаған етиледи.
Астыртын жәмийетлер ҳәм бирлеспелер дүзиў қадаған етиледи.
72-статья.
Мәмлекет мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлериниң
ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине әмел етилиўин тәмийинлейди, оларға
жәмийет турмысында қатнасыў ушын теңдей ҳуқықый мүмкиншиликлер
жаратады.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың мәмлекетлик емес
коммерциялық
емес
шөлкемлердиң
жумысына
араласыўына,
сондай-ақ мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлеридиң
мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысына араласыўына
жол қойылмайды.
73-статья.
Кәсиплик аўқамлар хызметкерлердиң
социаллық-экономикалық
ҳуқықларын ҳәм мәплерин гөзлейди ҳәм қорғайды. Кәсиплик аўқамларына
ағзалық ықтыярлы болады.
74-статья.
Сиясий партиялар ҳәр қыйлы социаллық қатлам ҳәм топарлардың
сиясий еркин билдиреди ҳәм өзлериниң демократиялық жол менен сайлап
қойылған ўәкиллери арқалы мәмлекетлик ҳәкимиятты дүзиўде қатнасады.
Сиясий партиялар өз жумысын қаржыландырыў дәреклери ҳаққында
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына
ямаса ол ўәкиллик берген уйымға белгиленген
тәртипте ашық есабатлар
усынылады.
Достарыңызбен бөлісу: