51
8-статья.
Усы Конституциялық Нызам ҳәм
усы Конституциялық Нызам
редакциясындағы Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерис ҳәм
қосымшалар тийислисинше Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң
Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм
Сенаты ағзалары санының
кеминде үштен еки бөлегинен ибарат көпшилиги тәрепинен қабыл етилген
конституциялық нызам ямаса Өзбекстан Республикасының референдумы
менен киргизилиўи мүмкин.
9-статья.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
мәпдар мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте нызамшылықты усы
Конституциялық Нызам редакциясындағы
Өзбекстан Республикасы
Конституциясына муўапықластырыў бойынша ис-илажлар бағдарламасын
еки айлық мүддетте ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий
Мажлиси палаталарына киргизсин;
мәмлекеттиң усы Конституциялық Нызам редакциясындағы
Өзбекстан Республикасы Конституциясында белгиленген социаллық-
экономикалық миннетлемелердиң орынланыўын,
сондай-ақ мәмлекетте
әмелге асырылып атырған ҳәкимшилик реформалар шеңберинде
республика атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ўазыйпалары ҳәм
функциялары қайта көрип шығылыўын есапқа алған ҳалда орынланыўын
тәмийинлеўге тийисли ис-илажлар бағдарламасын үш айлық мүддетте
ислеп шықсын ҳәм тасыйықласын;
ҳәр жылы келеси жыл ушын Өзбекстан Республикасының
Мәмлекетлик бюджети ҳаққындағы нызам жойбарын таярлаўда мәмлекетттиң
усы Конституциялық Нызам редакциясындағы Өзбекстан Республикасы
Конституциясында белгиленген социаллық-экономикалық миннетлемелерди
орынлаў ушын зәрүр қәрежетлер бағдарланыўын нәзерде тутсын.
Достарыңызбен бөлісу: