X International Open Pedagogical Forum
«EDUCATION: REALITIES AND PROSPECTS»
May 28, 2022, Naberezhnye Chelny
303
Bulletin of NCSP
U • №3 (38) may 2022
журналда мынандай қызықлы фактлер келитрилген: «Бул жерде (Үстиртте – Е.Қ.) әжайып дүз аңларынан қуланлар,
тарпанлар (жайбайы атлар) ҳәм сайғақлар бар. Сайғақларды тас пенен қоршалған қораға айдап киргизип, ол жерде
терең етип қазылған орға түсирип услайды».
Усы экспедиция қурамында болған илимпаз Эдуард Эверсман бираз қызықлы ҳәм қунлы мағлыўматларды
жазып қалдырады: «Антилопалар менен сайғақларды услаў ушын Үстиртте қырғызлардың (Үстиртте жасаўшы қазақ
ҳәм қарақалпақларды руслар сол ўақта қырғыз деп атаған – Е.Қ.) таслы дийўал менен қоршалған, узынлығы 300-
400 адым, бийиклиги 3-4 фут, кишкене саңлақлы орын бар; қасында секирип шығып кете алмайтуғын тас пенен
қоршалған шуқыр ой бар. Аң аўлаға шыққан қырғыз әтираптағы 10-15 шақырым жерге кетеди ҳәм маралдың
даўсын уқсатып салып, барлық сайғақларды ертип әкеледи. Усылайынша ол сайғақларды саңлақтан үлкен қораға
киргизеди, соң басқа шуқырға өтип сес бериўди даўам етеди; ҳәрекет басланғалы үндемей жатырған басқа қырғыз
болса саңлақтан сайғақлардың изинен киреди де қышқыра баслайды. Үркек дүз жәниўарлары күтилмеген сестен
қорқып кетип, қутылыўды ойлап шуқырға қарай секиреди ҳәм сол жерде усланады» [2, 99-б.].
Тарийхый мағлыўматлардан белгили, усы экспедиция әйне Дуўана тумсығына келген. Сол жылы қыстың қатты
келиўи экспедицияның изге қайтыўына мәжбүр еткен. Үстирттиң ызғырған қәҳәрли суўығында экспедицияның көп
ағзалары, 1500 ат-түйеси менен қырылып қалған [6].
Демек, жебе тәризли қурылыслар Үстиртте жасаўшы халықлар тәрепинен XIX әсирге шекем қолланылып
келинген.
В.Ягодин Үстиртте жасаўшы айырым ески көз қариялар ата-бабаларының усындай жол менен аң аўлағанлығы
ҳаққында еске түсиргенин жазады. Информаторлардың айтыўынша, бул қурылыстың аты «аран» екен. Аранның
дөңгелек шуқыры мүйешлерине үшкир етип жонылған қамыс қатырылған. Аранның әтирапында бирнеше арнаўлы
шуқырлар болған. Бул шуқырларда аңшылар жасырынған. Аўға 30-40 атлы аңшылар қатнасқан. Жәниўарлар
аранның ишине алданып кирип қалады ҳәм сол жерде усланады. Аң аўлаў гүзде өткерилген.
Илимпаздың пикиринше, «Аран» сөзи қарақалпақ миллетиниң Кенегес арысындағы араншы руўы менен
байланыслы. Араншы Кенегеслер өз дәўиринде аңшы халық, яғный аран қурыў арқалы аң аўлаған болыўы мүмкин
[2, 102-б.].
Аранды көшпели халықлардың аң аўлаў ушын қурғанлығы усы жазба дәреклер тастыйықлай түседи.
Үстирт узақ әсирлер даўамында сак-массагетлер, сарматлар ҳәм монғоллардың, ҳәтте олардан да әййемги
халықлардың цивилизациялары түйискен мәканы саналады. Неше әсирлер бойы ушы-қыйырсыз кеңисликтен
уллы көшлер өткен. Үстирттеги ески кәрўан жоллары Шығыс пенен Батысты тутастырыўшы транзит хызметин
атқарған. Платодан өткен кәрўанлар Хорезмнен Төменги Волгабойы ҳәм Қубла-батыс Европа мәмлекетлерине ҳәм
ол жақлардан товарлар тасыған. Сол арқалы мәдений, саўда-экономикалық байланыслар раўажланған.
Аранларда мың-мыңлап тутылған туяқлы дүз жәниўарларының гөши, териси, шақлары товар алмасыў
хызметин атқарып, Уллы Үстирт үстинен өткен усы саўда жоллары арқалы Хийўа, Бухара, Самарқандқа, ҳәттеки
Қытайға шекем жөнетилип турған.
Үстирттиң ең итибарлы орынлары – оның археологиялық естеликлери. Үстирт үстинде ҳәзирги күнде де
Пулжай, Белеўли, Алан, Дәўкескен ҳәм т.б. сыяқлы әййемги ҳәм орта әсирлерге тийисли кәрўан сарайлары,
қала-қорғанларлар сақланып қалған. Адамзаттың аяғы жетиўи бираз мүшкил болғанлықтан бул естеликлердиң
көпшилиги еле жетерлише изертленбеген.
Әжайып естеликлери менен тарийх сырларын ишине бүгип жатырған Дуўана аймағы туристлик саяхатты
раўажландырыўға оғада қолайлы жер. Үстиртке, Арал теңизи аймағына туристлик маршрутларды тартыў,
туристлик инфраструктураны раўажландырыў шешимин күтип турған әҳмийетли мәселе саналады. Перудағы
Наска сүўретлери ЮНЕСКОның мәдений мийраслары объектине киргизилген ҳәм бул естеликти тамашалаўға ҳәр
жылы мыңлап туристлер ағылады. Үстирт аранларының бул естеликлерден кем жери жоқ. Биз де усы бағдардағы
жумысларды жеделлестирсек нур үстине нур болар еди.
Достарыңызбен бөлісу: