Ибрайым юсупов



Pdf көрінісі
бет21/28
Дата08.03.2023
өлшемі0,8 Mb.
#72537
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   28
УСЫНЫҢ ӨЗИ ТОПЫЛЫС ҒОЙ… 
Жасыл жапырақ сылдырлысын
Жаны сүйген рус қызы,
Жас тоғайдың тәрбиясын
Бежерди ол жазы-қысы. 
Перзентиндей жақсы бағып,
Жүрди ислеп жас келиншек,
Жазда ағашлар сылдыр қағып,
Бирте-бирте жамылды көк. 
Еслер күлип:— "Бул жағада
"Жуўсан" күтиў қыйын ис ең… 
"Асыққышпан-аў мен оғада
Питсе деймен бәри бирден. 
Иске керек батыл жигер,
Сонда болар ойлағаның.
Деп мийнетке ықлас төгер
Шаршамастан Таняжаным. 
Тоғайға болған қумарлылық,—
Өмирге болған ықласы сол
Топырақтың қунарлылық
Сапасын да тексерди ол. 
Анаў терек өсти қәйтип,
Мынада неге аз жапырақ?
Ақ терек тур бойға тартып,
Биразы тутпай қалды, бирақ! 
Басқа жерден бул араның
Өзгеше емес топырағы.


95 
Қәйтип, сонда акацияның
Өсти ғаулап жапырағы? 
Ҳәр ағаштың байқап сырын,
Суўдай енди тамырына,
Талап етсе қандай төгин
Берди жаз ҳәм қыс бойына. 
Комсомоллар қолға алды
Тоғай исин салып жөнге.
Гүзде көплеп екти нәлди
Жол бойына, көшелерге. 
Отырғызды мықлап терек,
Созды тоғай участкасын.
Бос ўақтында берди көмек,
Қуўандырды бул Танясын. 
Узақ түнлер Татьянам
Отырды ол китап жайып.
Тәбият сырын айтты оған
Вильямс ҳәм Докучаев 
"Тәбияттан күтпе мийрим"
Деп Мичурин берди сабақ.
Кожевниковтың "Қунарлы суўын",
Оқыды тағы талай кптап. 
Иске гилт ҳам мийге азық,
Деп илимге қойды дыққат.
Терек егиў жөнинде жазың,
ВАСХНИЛ ге жоллады хат. 
Мийнет, илим, жигер, қыял.
Бир түйисип кирсе иске.


96 
Шөл кудайы, айтыңшы ал,
Не шара бар жеңилмеске! 
Және Әму жағасына
Жыл айланып келди бәҳәр.
Қайтты қуслар баслап тырна,
Қубла жақтан қатар-қатар. 
Долы дәрья сеңиң жутты...
Пароходлар шықты жолға. 
Жақты шопан қосқа отты,
Маллар өрип кетти қырға. 
Әтшөк шығып, ағашларда
Шоқ шымшықлар ашты жыйнақ,
Жол бойында қонып сымға,
Қарлығашлар қалды сайрап. 
Бай колхоздың падасындай,
Ызғыр көкте өткинши булыт.
Қырда мотор үни тынбай,
"Егиске" деп атланды журт. 
Тоғай көрген бажбандай-ақ,
Далаларда адым керип,
Жасыл түске жерди бояп,
Жүрди бәҳәр айдай көрик. 
Тахиатаста кетти бурқып,
Қурылыстың нәўбәҳәри.
Қулақ түрген аңдай үркип,
Қум шаңғытар бир мәҳәли. 
"Булты қалың, жаңбыры аз,
Түсте самал, ақшам тымық.


97 
Ҳаўа ырайын уғып болмас,
Бар өзинде қандай қылық. 
Телеграфтың шертип сымын,
Жаңа, түнде ескен самал
Мине, ҳәзир тапқан тыным,
Шаршатқандай жөнсиз нама". 
Дейди Таня әйнегинен
Бозғылт таңға күле қарап,
Сергей ҳәлек уйқы менен,
Оятпады оны, бирақ. 
Суў әкелип қоймақшы болып
Әсте басып шықты тысқа,
Қулақ салды сымға қонып,
Сайрап турған қарлығашқа. 
Деди оған ҳәзиллесип:
- "Таптық-аў бир сазендени!
Өлер адам иши писип,
Тура берсе тыңлап сени. 
Билгениң тек жалғыз қосық,
Артта қалған композитор...
Ой, әнекей, кетти-аў ушып,
Критиканы сүймес пахыр..." 
Деди де Таня күлим қағып,
Жуп шелегин алды қолға.
Жазғы салқын етине жағып,
Сергитеди оны жолда. 
Шыйрақ басып бойы балқып,
Қарар ойшаң әтирапқа.


98 
Ақ қанатлы бултлар қалқып,
Барар, әне, қубла жаққа. 
Жалғыз жанған шамға қусап
Таң Шолпаны көкке өрледи.
Ушар қөкте шеңбер жасап
Тынышлықтың кептерлери. 
Кала жатыр карсы алдында,
Генералдың шатырындай.
Таняны ол таң қойнында
Топылысқа шақырардай. 
Трубалардан жалқаўланып
Созылады түтин ғаўлап.
Туў алыста шаң оранып,
Жүйрик, "газик" келер зуўлап. 
Бой оздырып жас теректен
Экскаватор кранлары,
Булдыр-булдыр көк жийектен
Сазарады қум гүзары. 
Сонда жайлар тасасынан
Көрер Таня жас тоғайын.
Перзентиндей күлип оған,
Дер елжиреп: "Айнанайын! 
Айнанайын жас бөбегим,
Өс тезирек бойға тартып.
Кең даланы бүркеп көгиң,
Жаңа қоныс жатсын шалқып. 
Ушқыр поезд айнасынан
Көз салған жан қумға мына,


99 
Шын сүйсинип кетсин саған,
Сен комсомол тоғайына." 
Турды сонда көмкерилип,
Нарт ағашлар маўжырасқан,
Анасына анты берик
Жас әўладтай сөз байласқан. 
- Ой, жас тоғай-жасыл көрик,
Майда желден тапқан селтең,
Жапырағың жер көрки болып
Өс кулпырып, жайна ертең! 
Шүмек бурап суў толтырып,
Бир шелегин қойып шетке,
Салқын суўға бетин жуўып,
Келди Таня фонтан бетке. 
Фонтан суўы айдалада
Ақ теректей жалғыз өскен.
Шапшып барып, майдалана —
Моншақланып қайта түскен. 
Сулыў фонтан жийегинде
Отырды ол қарап пәске.
Сонда абайсыз келип демде
Биреў көзин басты әсте. 
Сөйлетпек болыи қол ийесин,
Таня сумлық қурды бәле!
-Танысам егер, не бересең
Жүз түп терек егесең бе? 
- Ал егейин! 
"Бул қай даўыс? 


100 
Курбан ба екен? Жоқ өзгеше. 
Антон аға турар алыс 
Ҳәм онда жоқ бундай пеше, 
Сережа ма? Жаңа үйде — 
Уйқы менен төбелесип,— 
Жатқан адам қәйтип демде 
Келер екен...
Бол тез, шешип! — 
Деп сыбырлар қол ийеси.
"Ҳаял қолы емес ғой бул.
Ким де болса еркек киси.
"Қурбан" деўди көрди мақул. 
- Қурбанбысан, ўәй бийәдеп!
Пай таптың-аў, атын билип!
- Аҳ, минлеттен қутылдым деп
Политотдел турды күлип. 
- Оҳ, Сизбисиз урланып келип,
Қорқытқан мени? Әпиў етиң:
Ишимде, егер, балам болып —
Түсип қалса қәйтер едиң!... 
Ай—яй, сол бир жүз түп терек,
Жиберместен түслик асқа:
Санап берип журттан бөлек
Ектиргенде мен полнтчастьқа... 
Деди Таня жумып көзин.
- Асыққансаң! Азтурғанда
Танытар едим бәлки өзим,
Ендиги қыял бермес иайда,— 
Деди политотдел оған,


101 
Папирос тартып отырды жай.
Уйқы сүймес қабағынан
Парасатлы балқып шырай. 
- Мүмкин бе жолдас политотдел,
Саўалым бар сизге қысқа? 
Қашан енди өтемиз, ең —
Зор шешиўши топылысқа? 
Терең ойлы- күлки менен
Таняға көз қырын салып,
Папиросын сорып әстен,
Отырды бир аз ойланып: 
(Зор ислерди бежергенин
Аңламайды-аў адам гейде,
Қарапайымлық дегениңниң—
Өзи сол ғой тусингенге!) 
- Сениңше қалай, айтшы Таня,
Қашан өтсек болар мақул?
- Маған десе усы таңда...—
Деди Таня, силкип шашын. 
- Өйтип, исти артқа сүйреп –
Кешиктириўге бермеймиз жол,
Ойлап көрши тереңирек
Әлле қашан басланған ол: 
Бунда ҳәр бир тикленген жай,
Ҳәр бир көше, ҳәр түп терек,
Сен өсирген нәлше тоғай
Топылыстан берер дәрек... 
* * *


102 
Сөз кесилди, бөлинди дыққат,
Екеўи де турды жылдам,
Келди тусқа сонда зуўлап
Жүйрик "газик" шаң оранған: 
Түсти оннан бас инженер
Келемиз—деп Москвадан.
- Қәне, Таня бийлеп жибер,
ВАСХНИЛ-ден хат бар саған! 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   28




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет